NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.65K subscribers
5.61K photos
594 videos
5.84K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳадис

Расулуллaҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди:

“Ҳәр бир нәбийдиң қабыл болатуғын дуўасы бар. Мен бул дуўамды қыямет күни үмметимниң шәпәәти ушын асыраўды қәлеймен”.

Имам Бухарий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ийман

ИЙМАН ҲАҚҚЫНДА

«Ийман»ның мәниси – тастыйықлаў, исеним. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға Аллаҳ таала тәрепинен берилген барлық нәрселерди қәлби менен тастыйықлап, оларға тили менен ықрар болыў «ийман» делинеди.

Ийман төмендегише билдириледи:

«Әшҳәду әлләә иләәҳә иллаллооҳу ўә әшҳәду әннә Муҳаммадан ъабдуҳу ўә росулуҳ» (яғный «Гуўалық беремен, Аллаҳ тааладан өзге илаҳ жоқ ҳәм гуўалық беремен, Муҳаммад алайҳиссалам Оның бендеси ҳәм Расули).

Ким бул кәлийманы тили менен айтып, қәлби менен оның мәнисин тастыйықласа ҳәм қабыл қылса, яғный «Аллаҳ таала жалғыз сыйынатуғын илаҳ, Оннан өзге сыйыныўға ылайық ҳеш нәрсе жоқ, Муҳаммад алайҳиссалам Аллаҳ тааланың бендеси ҳәм расули, Муҳаммад алайҳиссалам Аллаҳ таала тәрепинен жеткерген барлық нәрсе ҳақ-рас», деп қәлби менен тастыйықласа ҳәм қабыл қылса ҳәм де тили менен соған ықрар болса ғана ийманлы саналады. Ибадат ҳәм ийгиликли әмеллердиң қабыл болыўы ушын ийман шәрт.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Илим уйрениў ушын үш тәрептен ҳәрекет болыўы керек. Бул үш тәреп қайсы қатарда дурыс көрсетилген?
Anonymous Quiz
10%
А. Устаз, талабаның өзинен, досларынан.
13%
Б. Талабаның өзи, ата-анасы, дослары
62%
С. Талабаның өзи, устазы, ата-анасы
15%
Д. Бундай гәп жоқ
Ҳәдисти даўам еттириң!
Қашан бир мусылман өзиниң аўырған мусылман ағайынын көриўге барса,...
Anonymous Quiz
31%
А. Он жақсылық жазылады
13%
Б. Қылған гүнаҳлары кешириледи
33%
С. Аллаҳ оған жәннеттиң жолын жеңил қылып қояды
23%
Д. Жәннет мийўелери ишинде болады
#рәўият

Дүнья

     Бир алым ағаштың астында отырып, бир неше шәкиртлерине мал-дүнья Аллаҳға деген қулшылықты умыттырмаўы керек екенин түсиндирип отырып:
– Мал-дүнья көлеңкеге уқсайды, қуўсаң қашады, қашсаң қуўады,- деди.
Сол ўақытта бир гедей бала келип, алымнан садақа сорады. Алым:
– Ҳәзир ҳеш нәрсем жоқ еди, сен үстимдеги мына шапанымды ал, сатсаң пул болады, еле таза - дейди.
Ол бала шапанды алып, базарға апарып, арзан баҳаға сатып жибереди. Арадан биршама ўақыт өткеннен кейин бир киси келип, қолындағы қоржынын ашып:
– Қабыл етсеңиз, буны сизге алып келдим, дейди ҳәм алымның ийнине жаўады.
Оның алып келген шапаны, ярым саат алдын баланың алып кеткен шапаны екен.
Буны билген алым:
– Мине дүнья дегени усындай. Бири алып кетсе, екиншиси алып келеди, деген екен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
4-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:46
  ҚУПТАН — 19:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 17:50

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

4-январь                    2024
22-жумадус сәний   1445

🤲🏻
Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ол аспанлар ҳәм Жерди ҳақыйқат (ҳикмет) пенен жаратты ҳәм сизлерге көринис берди, кейин көринисиңизди шырайлы қылды. Қайтыў тек Оның алдына.

Тағобун сүреси, 3-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер сизлерди Аллаҳ ҳәм расули жақсы көриўди қәлесеңиз, үш қәсийетке – рас сөйлеўге, аманатты орынлаўга ҳәм жақсы қоңсышылыққа әмел етиң», деп айтқан.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума_салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп–көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
5-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:47
  ҚУПТАН — 19:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 17:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#зикир

ЖУМА ТАҢЫНДА

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким жума күни таң намазынан алдын:
"Әстағфируллоҳ әлләзий ләә иләәҳә иллә ҳуўәл ҳаййул қоййум ўә әтуўбу иләйҳ",
деп үш мәрте айтса, Аллаҳ таала оның гүналарын теңиз көбигиндей көп болса да, кеширип жибереди", деди.

Мәниси: Ҳай (тири) ҳәм қоййум (ҳәмийше бар) болған Заттан басқа иләҳ жоқ ҳәм Оған истиғфар айтаман, Оған тәўбе қыламан).

Ибн Сунний рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

5-январь                    2024
23-жумадус сәний   1445

🤲🏻
Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум!

🕌 Жума күни кимге нени раўа көрсеңиз соны жибериң дейди. 😊

Мен сизлерге ҳаж, умра зыяратларын қылыўды, 2 ракат намаз оқыўды раўа көрдим. Нийет қылған бәршеге несип етсин!


Жума күниңиз мүбәрек болсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#сүннет_жума

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

"Қуяш шыққан күнлердиң ең жақсысы жума күни", деди.
(Муслим рәўияты).

Жума сүннетлери:

🔸Ғусыл қылыў;
🔸Мисўак ҳәм әтирден; пайдаланыў;
🔸Шырайлы кийим кийиў;
🔸Мешитке ерте барыў;
🔸Көп салаўат айтыў;
🔸Каҳф сүресин оқыў;
🔸Хутбаны тыныш отырып еситиў;
🔸Мешитке пияда барыў;
🔸Дуўалар қылыў, Қуран тиләўәт етиў.

     Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.

Жума күниңиз мүбәрек болсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума #тилек

ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН ҚӘДИРДАНЛАР!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ЖУМА НАМАЗЫ

«Жума» сөзи «жәм болыў, топланыў» деген мәнини аңлатады. Аллаҳ таала мөминлерге жума намазын парыз қылған, буйырған: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикрине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың!»
(«Жума» сүреси, 9-аят).

Ал, усы күни жәмәәт болып орынланатуғын намаз «жума намазы» делинеди. Аллаҳ таала аспанлар ҳәм жерди жума күни жаратқан, Адам Атаны усы күни жаратқан, оны усы күнде жәннетке киритип, ол жерден шығарған. Қыямет те жума күни келеди. Бул күнде дуўалар қабыл болатуғын айрыкша саат бар, мөминниң Аллаҳ тааладан жақсылықты сорап кылатуғын өтиниши сол ўақытқа туўры келип калса, Аллаҳ оны әлбетте қабыл етеди. Жума намазы мискин-пақырлардың
ҳажына теңлестириледи.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында мүбәрек жүзигин сақлаўшы инсан ким еди?
Anonymous Quiz
24%
А. Зайд ибн Ҳариса разыяллаҳу анҳу
24%
Б. Әлий разыяллаҳу анҳу
27%
С. Муъайқиб разыяллаҳу анҳу
25%
Д. Әбиў Бакр разыяллаҳу анҳу
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайсы қызын "жәннет әҳли ҳаялларының саййидасы" деп атаған?
Anonymous Quiz
19%
Зайнаб
18%
Умми Күлсум
63%
Фатийма