NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.65K subscribers
5.61K photos
594 videos
5.84K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

31-декабрь                    2023
18-жумадус сәний   1445

🤲🏻 Аллаҳ таала бүгинги күнимизди бәршемиз ушын қайырлы, берекетли қылсын!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Еркек пе, ҳаял ма – ким мөмин ҳалында бир жақсы әмел қылса, Биз оған жақсы өмир сүргиземиз ҳәм оларды қылып жүрген шырайлы әмеллери муғдарындағы саўап пенен сыйлықлаймыз.

Наҳл сүреси, 97-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ЫРЫСҚЫ

Сулайман алайҳис салам бир үлкен қумырсқаны көрип оннан:
~ ʺКүнине қанша азық жейсең..?ʺ ~ деп сорады. Қумырсқа:
~ ʺБир гүнжи муғдар жейменʺ, деп жуўап берди...
Сулайман алайҳис салам оның қасына бир дана гүнжини қойып, үстинен бир кесени аўдарып кетти:
~ "Ҳәр күни ырысқыңды мен өзим әкелип тураман..!ʺ деди...

Сулайман алайҳиссалам ертеңине келип кесени ашып қараса ол қумырска гүнжиниң ярымын жеп, қалған ярымын услап отырған екен..!

Сулайман алайҳиссалам қумырсқаға:
~ ʺСен маған күнине бир гүнжи жеймен, деп едиң ғо! Ярымы аўысып қалыпты..!?ʺ ~ деди.

Қумырска Сулайман алайҳиссаламға қарап:
~ ʺЫрысқым Аллаҳ тааланың қолында екен, Аллаҳ таала маған күнлик ырысқымды бериўди умытпайды..! Буған иснимим кәмил ..! Бирақ күним сизге қалғаннан кейин, есиңизден шығып қалса не қыламан, деген ой менен ярымын алып қойдым...

Өйткени бендеге исеним жоқ! Ырысқы тек Аллаҳтан болады, деп айтқан екен..!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

      Қашан ойыңа бир мусылман ҳаққында жаман пикир келсе, дәрҳал оның ҳаққына жақсы дуўа қыл. Себеби бул шайтанның ғәзебин келтиреди. Шайтан сеннен жаман ойды узақластырады. "Және дуўа қылып қоймасын" деген қорқыў менен шайтан сениң  ойыңа жаман пикирлерди салмайды.

Ибн Қудома

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
1-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:44
  ҚУПТАН — 19:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 17:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни

1-январь                  2024
19-жумадус сәний   1445

🤲🏻 Аллаҳ таала бүгинги күнимизди бәршемиз ушын қайырлы, берекетли қылсын!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

(Аллаҳ жолында түрли машақатларға) сабыр еткениңиз ушын (енди бул жерде) сизлерге тынышлық болғай! Дүньяның ақыбети болған (жәннет) қандай жақсы (– дейди).

Раъд сүреси 24-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

     Бир адам Имам Шәфеий раҳматуллаҳи алайҳтан сорады:
– Ҳәй Әбиў Абдуллаҳ, инсан ушын қайсысы жақсы: имканият берилиўи ме ямаса сыналыўы ма?
Имам Шәфеий жуўап берди:
– Сыналмағанша имканият берилмейди. Себеби Нуҳ, Ибраҳим, Муўса ҳәм Муҳаммад алайҳумусаламлардың ҳәммесин Аллаҳ сынады, олар сабыр еткеннен кейин ғана оларға имканият берди. Ҳеш ким маған улыўма мүсийбет жетпейди, деп ойламасын.

«Әл-Фәўәид»



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Ҳәдисти даўам еттириң!
Ким ырысқысы кең болыўын ҳәм артынан изи қалыўын қәлесе ...
Anonymous Quiz
8%
А. Көп дос арттырсын
24%
Б. Мешит қурдырсын
32%
С. Шаңарағына жумсақ мүнәсибетте болсын
37%
Д. Силаи раҳм қылсын
"Асадуллаҳ" (Аллаҳтың арысланы) аты менен танылған саҳаба ким?
Anonymous Quiz
27%
Зайд ибн Собит разыяллаҳу анҳу
44%
Умар разыяллаҳу анҳу
29%
Ҳамза разыяллаҳу анҳу
#уламалар_сөзи

ӘЛИЙ РАЗЫЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ НӘСИЯТ СӨЗЛЕРИ:

🌱Бенде Аллаҳ тааладан басқа ҳеш кимнен үмитленбесин. Гүна қылыўдан басқасынан қорықпасын!

🌱Билмеген нәрсесин сорап үйрениўден хәм билмеген нәрсеси соралғанда "билмеймен" деп айтыўдан уялмасын!

🌱Сөздиң пазыйлети оның қысқа болыўында;

🌱Жақсылық мал-мүлкиңниң көп болыўы ҳәм перзентлерди көбейтиўден ибарат емес. Жақсылық – қылған саўаплы әмеллериңиз көп болып, кишипейил болыўыңызда;

🌱Ҳәр дайым жақсы, саўаплы ислерди қылып жасаң. Ҳеш кимге сыр емес бәрибир бир күн келип бул дүньядан өтесиз. Жалғаншы дүнья сизди алдап қоймасын. Дүнья өмиринде әмеллер қылыў бар, бирақ есап-китап жоқ. Ертеңги күни есап-китап бар, бирақ әмел жоқ;

🌱Қәлбиң бир қалтаға уқсайды. Қәлблердиң ең жақсысы илим ҳәм нурға толған қәлб есапланады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!



https://t.me/niyetuz
#қайырлы_түн

Уйқыға кетиўден алдын оқылатуғын дуўа:

"Бисмикәллооҳуммә аҳяә ўә әмўўт"

"Эй Рәббим, сениң атың менен тирилемен ҳәм өлемен".

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады " Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан уйқлаў ушын жамбасласа, он алақанын оң жүзине қоятуғын еди. Соң төмендеги дуўан оқыр еди.

"Эй Рәббим! Бенделериңди есап китап ушын қәбирден турғызатуғын күниңде мени азабыңнан сақла!"

  🌙ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ БОЛСЫН!

🌙🌟ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:
https://t.me/niyetuz
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
2-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:45
  ҚУПТАН — 19:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 17:50

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

2-январь                    2024
20-жумадус сәний   1445

🤲🏻
Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Аспанлар ҳәм Жердиң (барлық) мүлки – Аллаҳтики. Аллаҳ – ҳәмме нәрсеге қәдир.

Әли Имрон сүреси, 189-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Ибн Аббас разияллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:
«Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рәббисинен рәўият қылып айтады:
«Әлбетте, Аллаҳ жақсылықлар ҳәм жаманлықларды жазып қойды. Кейин соларды баян етти. Ким бир жақсылықты нийет қылып, кейин оны қылмаса, Аллаҳ оны Өзиниң алдында кәмил бир жақсылық қылып жазып қояды. Егер оны нийет қылып, әмелге де асырса, Аллаҳ азза ўа жалла оны өзиниң алдында оннан жети жүз жақсылыққа шекем, оннан да бир неше есе көп қылып жазады. Егер бир жаманлықты нийет кылса, кейин оны қылмаса, Аллаҳ
оны Өзиниң алдында бир жақсылық қылып жазады.
Егер ол
(жаманлық)ты нийет қылып, әмел де кылса,
Аллаҳ оны бир жаманлық қылып жазады»,
деди».


Бесеўинен тек Әбиў Даўыт рәўият қылмаған.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Мусылман адамның мусылман жолдасындағы ҳақы алтаў:

1. Көрискенде сәлем бериў;

2.Үйине шақырса шақырығына барыў;

3. Қашан кеңес сораса оған кеңес бериў;

4. Қашан түшкирсе ҳәм Аллаҳқа мақтаў айтса, оған жақсылық тилеў;

5.Қашан кесел болса, оны барып көриў;

6. Қашан әлемнен өтсе жаназасында болыў.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
3-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:46
  ҚУПТАН — 19:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 17:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

3-январь                    2024
21-жумадус сәний   1445

🤲🏻
Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube