#тәрбия
Айырым әкелер баласына болған муҳаббатын "сандық"ларда жасырып сақлайды.
Айырым әкелер өз перзентлерин жақсы көреди, бирақ өз муҳаббатын баласына билдириўди билмейди ямаса қорқады. Көпшилик әкелер балаларына меҳир көрсетиўдиң кереги жоқ деп ойлайды. Оларға көрсетип атырған ғамхорлығымыздан билип алады деп ойлайды. Бул – қуяштың нурысыз да өсимлик өседи деўге уқсайды. Дурыс, қуяштың нурысыз да өсимлик өсиўи мүмкин. Бирақ, бул өсимликтиң бойы пәс, денеси әззи, мүйўесиз болып өседи.
Бундай пикирлеў бала тәрбиясындағы қәтеликтиң өзеги есапланады. Егер сиз балаңызға жақсы көриўиңизди билдирмесеңиз, ол "жақсы көриў" деген туйғыны билмей өседи. Әсиресе, жас балалар ата-аналарының оларға деген муҳаббаты жоқ екенлигиниң хабарын сезиндиреди. Соның ушын олар: "Сиз де мени жақсы көресиз бе?" деген сораўды қояды. "Аўа, мен сени жақсы көремен, балам" деген гәпиңиз ол ушын жетерли емес. Ол ата-анасы ушын ең жақын инсан екен еситиўди қәлейди. Оларды еркелетип сүйиў, басын сийпаў, қолын услап сийпалаў ямаса баласының желкесине қолын қойып: "сен зорсаң!" деп айтыў да, сизиң ол ушын қәдирли екениңизди билдирип қояды.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
https://t.me/niyetuz

Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#күн_аяты #тәрбия
Аллаҳ таала Ясин сүресиниң 7-аятында: «.. Олардың гәпи сени қапа қылмасын...», деп айтқанында адамлар арасында сөзлери тек азар жеткериўден ибарат адамлар болыўын билген.
Аллаҳым, олардың жаманлығынан Өзиң сақла!
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

#ҳәдис #тәрбия
Аз ҳәм саз сөйле
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, жақсы гәп айтсын ямаса тыныш турсын", - деди».
Бабаларымыз аз сөйлеўди, көп пикирлеўди, сөйлегенде де, тек зәрүр, рас, пайдалы сөзлерди сөйлеўди, сөзди ысырап етпеўди әдет қылған, басқаларды да соған шақырған. Егер ақыл адамлардың гәп сөзлериниң муғдары бойынша өлшенгенде, адамлардың ең ақыллысы олардың ең көп сөйлейтуғынлары болар еди.
Бирақ әлбетте, ондай емес.
Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: “Аўзыңа қарағанда қулақларыңды көбирек ислет. Аз сөйлеп көп тыңлаўың ушын саған бир аўыз, еки қулақ берилген», - деп айтады.

Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизийлер рәўият қылған.

Уламалар мийнетлеринде жүдә бир жақсы ҳикмет келген. Онда айтылыўнша:
“Ким Аллаҳтан да жақынырақ достым бар, деп ойласа, онда ол Аллаҳты жақсы танымайтуғын екен.
Ким өз нәпсимнен де жаман душпаным бар, деп ойласа, онда ол өз нәпсин танымайтуғын екен”.
Демек, Адам баласы ушын ең жақын дос – Аллаҳ. Өйткени адамның басына қашан қыйыншылық түссе, я Аллаҳым Өзиң жәрдем бер, деп дуўа етиўге түседи.
Адам баласы ушын ең жаман душпан – өзиниң нәпси. Өйткени адамның басына түсетуғын қыйыншылықлардың көпшилигине өз нәпси себепши болады.

Ата-ананы разы қылыў ушын 7 қәдем
1⃣- Ислериңизди олар менен мәсләҳәт қылың;
2⃣- Олардың сизлерге жақпайтуғын ҳәрекетлерине сабыр қылың;
3⃣- Олардан бир нәрсе сораған ўақытта жумсақ, мүләйим мәмиле қылың;
4⃣- Мүтәжликлерин толтырың;
5⃣- Оларды күлдириўге, бахыттан қуўанып жүриўине ҳәрекет етиң;
6⃣- Оларға жақын инсанларға ғамхорлық қылың;
7⃣- Көшеге шықса бирге шығып, оларға жолдас болың;
"Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): "Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелегимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл" - деп айт".

Исра сүреси, 24-аят.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#күн_аяты #тәрбия
АЛЛАҲ ТААЛА ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ ПЕРЗЕНТ АТА-АНАНЫ ҚАЛАЙ ҲҮРМЕТЛЕЎ КЕРЕК ЕКЕНИН ӨЗИ ҮЙРЕТКЕН
Аллаҳ таала мөмин-мусылман перзентлер ата-анасын қалай ҳүрмет етиўи керек екенин баян етип айтады:
«Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет» (Исро сүреси, 24-аят)
Қанат – ушыў ҳәм көтерилиў себепшиси. Аллаҳ таала бизлерге мысал ретинде мынандай деп буйырып атыр: Ата-анаңыздың алдында сизди басқалардың алдында уллылап турған себеплерди пәслетиң:
🔷Ҳәмелиңиз болса, естен шығарың;
🔷Бай болсаңыз, кәмбағал сыяқлы турың;
🔷Жолбасшы болсаңыз, умытың;
🔷Дәрежеңизди билдиретуғын медалларыңыз болса, шешип қойың;
🔷Шешен болсаңыз, үндемей турың…
Ата-аналарымыздың алдында әпиўайы перзент болайық.
«Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл» (Исро сүреси, 24-аят

6 НӘРСЕДЕН ҚӘЛБ ҚӘСТЕЛИГИ ПАЙДА БОЛАДЫ:
☑️ 1. Тәўбе үмитинде гүна қылыў.
☑️ 2. Әмел қылмаған ҳалда тәлим алыў.
☑️ 3. Әмел қылғанда да ықлассыз болыў.
☑️ 4. Аллаҳтың ырысқысын шүкир қылмастан жеў.
☑️ 5. Аллаҳтың бөлистиргенине разы болмаў.
☑️ 6. Өлилерди көмип ибрат алмаў.
Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ

ИЛИМ ҲАҚҚЫНДА
Илим еки нәрсе арқалы зыяда болады.
1. Илимге әмел қылыў арқалы.
Ҳәдисте:
“Ким илимге әмел қылса, Аллаҳ таала оған билмеген нәрселерин де билдирип қояды”, делинеди.
Демек, илимге әмел қылыў менен билмеген нәрселеримизди де билиўге ерисемиз.
2. Тақўа арқалы.
Гүналардан сақланыў ҳәм тақўа қылыў да илим зыяда болыўына себеп болады. Буның дәлили сыпатында Аллаҳ таала Қураны Кәриймде былай деген:
«Аллаҳтан қорқың! Аллаҳ сизлерге тәлим береди»

(Бақара сүреси, 282-аят)
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия
ХАБАР АЛЫҢ!
Бүгин ата-анаңызға еки дана ыссы нан алып барың.
Олардың аўҳалынан хабар алың.
Егер узақта болсаңыз оларға қоңыраў етиң ҳәм оларды жақсы көриўиңизди айтың.
Олардың кеўлинде оянған жыллылық, билесиз бе қаншелли сиз- ушын жоқары мәртебелерди, саўап, сыйлықларды алып келеди.
Ата-анаңыз бул исиңизди өмириниң ақырына шекем умытпайды.
Исениң бир күн сизиң де жүзиңизге әжинлер түседи.
Сиз де перзентлериңиздиң меҳирине, шийрин сөзлерине қулақ салып жасай баслайсыз.
Кекселикте әттең айтып қалмаң. Бүгин баслаң! Әлбетте, сиз қылған жақсылықлар перзентлериңизден бир күни қайтады.
Ата-анаңыз ҳәм жақынларыңыздан ўақыт таўып хабар алың!

АДАМЛАРҒА ЖӘРДЕМ БЕРИЎДИҢ ПАЗЫЙЛЕТИ
Базы бир қолы узын, бай адамлардың мынандай дегенин еситип қаламыз:
“Адамларға ҳайранман, жүдә көпшилик алдыма ҳәр қыйлы машқалалар менен келип жәрдем сорайды. Биреўден жәрдем сорамастан өзин-өзи еплесе болмай ма екен?!”
Бундай шағымның орнына бай адамлар мынандай десе өзлерине жақсы болар еди:
“Сонша мал-дәўлетти адамлар ишинен таңлап маған берген Аллаҳ таалаға ҳәмд ҳәм шүкирлер болсын! Мени көпшилик қыйналған мусылманларға жәрдем бериўши адамлар қатарында қылды. Мени биреўлерден жәрдем сорайтуғынлардан қылмады. Қолымнан келгенинше, имканым барынша адамларға жәрдем беремен”.
Себеби, Аллаҳ таала қәлеген адамды бай қылады, ал қәлегенин камбағал қылады. Байды мүтәж ҳәм мүтәжди бай қылыў Аллаҳ таалаға оғада аңсат. Солай екен, биреўге жәрдемимиз тийиўинен қуўаныўымыз ҳәм мине усындай мәртебени берген Аллаҳ таалаға ҳамда айтып, бул ийгиликли исте алдынғы қатарларда турыўымыз ҳәм даўамлы болыўымыз керек. Бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
“Ким бир мөминнен дүнья қыйыншылықларынан бирин кеткизсе, Аллаҳ таала қыямет күни оның машақатларынан бирин кеткизеди.
Ким бир камбағалдың исин жеңиллетсе, Аллаҳ оның бул дүнья ҳәм ақырет ислерин жеңиллетеди.
Ким бир мусылманның айыбын жасырса, Аллаҳ таала оның айыбын дүнья ҳәм ақыретте жасырады.
Адам бирәдарының жәрдеминде болар екен, Аллаҳ таала оның жәрдеминде болады”.

Ҳәдисти Имам Термизий рәўият еткен.
https://t.me/niyetuz
Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#тәрбия #ҳақыйқат
Уйқы түрлери
Уйқының "ҳайлула", "қайлула" ҳәм "айлула" деген түрлери бар екенлигин билесиз бе?
Ҳайлула - Таң намазынан кейинги уйқы болып, ол ырысқыны тосады.
Қайлула - Песин намазынан алдынғы (Базы рәўаятларда песиннен кейинги) уйқы болып, ол пайдалы уйқы есапланады.
Айлула - Намазлыгер намазынан кейинги уйқы болып, ол түрли кеселликлерге себеп болады.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Уйқы түрлери
Уйқының "ҳайлула", "қайлула" ҳәм "айлула" деген түрлери бар екенлигин билесиз бе?
Ҳайлула - Таң намазынан кейинги уйқы болып, ол ырысқыны тосады.
Қайлула - Песин намазынан алдынғы (Базы рәўаятларда песиннен кейинги) уйқы болып, ол пайдалы уйқы есапланады.
Айлула - Намазлыгер намазынан кейинги уйқы болып, ол түрли кеселликлерге себеп болады.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия
УРЫ БАЛА ҲӘМ АҚЫЛЛЫ АНА
Жаслық шағымда саҳрада жасайтуғын едик. Аўылдағылардың қойларын бағып беретуғын, үйден таңда шығып, геўгимде қайтатуғын едим. Биз оғада төмен туратуғын едик. Анам наўқасланып, күн сайын дәрти артып баратуғын еди. Бир күни мешиттиң алдында қойларды бақтым. Сонда мешит шарбағындағы сандыққа көзим түсти. Мешитке кирдим де сандықты аштым. Қарасам ишинде үш ярым қирш бар екен. Қуўанып кеттим дә, оны алып, кешки ўақыт ҳәр түрли ҳалўаларды алып анама алып барып бердим. Анам кеселинен уўайымда болып, бираз болса да бул исим менен уўайымын жеңиллетиўди қәледим. Анам қуўанып, мен келтирген ҳалўалардан жеди, раҳмет деди, бирден меннен «бул ҳалўаларды қайсы ақшаға алдың?» деп, сорап қалды.
Өтирик сөйлей алмадым, расын айттым.
Анам қолларымды услап: «Балам мени қуўантыў ушын бул исти қылғаныңа рахмет, бирақ биз ҳарам жей алмаймыз. Себеби ҳарам нәрсе пайда бермейди, бәлким зыян береди деди» ҳәм қолыма үйимиздеги ақырғы пул бес қиршти берип, мешиттеги сандыққа таслаўымды буйырды.
Ертеси күни мешитке барып бес қиршти сандыққа тасладым. Кеште үйге қайтып, анама айтқанын қылғанымның хабарын берген едим, қуўанды ҳәм күлимсиреп: «Бәрекелла балам, енди бул исиң ушын Аллаҳға тәўбе қыл ҳәм дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери ораза тут» деди.
Мине усы иске қырқ жыл болған болса, елеге шекем дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери ораза тутыўды тоқтатпадым. Бүгинги күнде архитекторман, шәраятым жақсы, бирақ үш ярым қиршти елеге шекем умытпадым ҳәм дүйшемби және пийшемби күнлери ораза тутыўды тоқтатпадым. Анажаным Аллаҳ сизге рейим қылсын.

ЕКЕЎИ ДЕ АЙЫПЛЫ ЕКЕН
Бир қалада еки қоңсы жасар еди. Биреўиниң хожалығындағылар ҳәмме нәрседе бир-бирин айыплар, ҳеш келисе алмас, үйлеринен қатты бақырыс даўыслары келип турар еди.
Ал, екинши қоңсының үйинен ҳеш қатты даўыс еситилмес еди. Бир күни жәнжелкеш қоңсының ҳаялы күйеўине:
– Бар, неге олардың жәнжеллеспеўиниң себебин билип кел, – деди.
Күйеўи қоңсысының үйине кирип, бир мүйешке жасырынып, аңлый баслады. Үй бийкеси ыдысларды жуўып атыр еди. Бирден телефон шыңғырлап қалды. Ҳаял қолындағы гүзени стол шетине қойып, телефонды алды. Ол қайтқанша күйеўи басқа ханадан шығып, абайсыздан сол гүзени жерге түсирип жиберди.
“Енди жәнжел болады”, деп ойлады қоңсы жасырынған жеринде.
Ҳаял келип, өкиниш пенен:
– Кеширесиз, хожайын. Меннен болды, ыдысты столдың шетине қойған едим, – деди.
– Яғаў, ондай емес – жуўап берди күйеўи.
– Меннен болды. Ҳәмме ўақыт асығып жүремен, итибарсызбан.
Кейин қосып қойды:
– Яқшы, сынса сынар, бир ыдыс ғой!..
Жәнжелкеш қоңсы үйине келген ўақытта ҳаялы сорады:
– Ҳе, көп қалып кеттиң? Не екен?
– Ҳеш нәрсе. Олардың екеўи де айыплы екен. Бизиң үйде болса айыплы жоқ, ҳәммемиз ҳақ бола беремиз...
Аўа әзизлер. Ким өз айыбы менен бәнт болса, өзгелердиң айыбы оған көринбейди.
https://t.me/niyetuz
ЕКЕЎИ ДЕ АЙЫПЛЫ ЕКЕН
Бир қалада еки қоңсы жасар еди. Биреўиниң хожалығындағылар ҳәмме нәрседе бир-бирин айыплар, ҳеш келисе алмас, үйлеринен қатты бақырыс даўыслары келип турар еди.
Ал, екинши қоңсының үйинен ҳеш қатты даўыс еситилмес еди. Бир күни жәнжелкеш қоңсының ҳаялы күйеўине:
– Бар, неге олардың жәнжеллеспеўиниң себебин билип кел, – деди.
Күйеўи қоңсысының үйине кирип, бир мүйешке жасырынып, аңлый баслады. Үй бийкеси ыдысларды жуўып атыр еди. Бирден телефон шыңғырлап қалды. Ҳаял қолындағы гүзени стол шетине қойып, телефонды алды. Ол қайтқанша күйеўи басқа ханадан шығып, абайсыздан сол гүзени жерге түсирип жиберди.
“Енди жәнжел болады”, деп ойлады қоңсы жасырынған жеринде.
Ҳаял келип, өкиниш пенен:
– Кеширесиз, хожайын. Меннен болды, ыдысты столдың шетине қойған едим, – деди.
– Яғаў, ондай емес – жуўап берди күйеўи.
– Меннен болды. Ҳәмме ўақыт асығып жүремен, итибарсызбан.
Кейин қосып қойды:
– Яқшы, сынса сынар, бир ыдыс ғой!..
Жәнжелкеш қоңсы үйине келген ўақытта ҳаялы сорады:
– Ҳе, көп қалып кеттиң? Не екен?
– Ҳеш нәрсе. Олардың екеўи де айыплы екен. Бизиң үйде болса айыплы жоқ, ҳәммемиз ҳақ бола беремиз...
Аўа әзизлер. Ким өз айыбы менен бәнт болса, өзгелердиң айыбы оған көринбейди.
https://t.me/niyetuz
Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#тәрбия
Бир достым айтып берген ўақыя: Кеше анам маған «қоңсыдан дуз сорап кел» - деди. Мен ҳайран болып: - Анажан, кеше бир қалта дуз алып келдик ғо?! - дедим.
- Дурыс. Дузға мүтәжлигимиз жоқ. Бирақ, олар кәмбағал адамлар. Бизлерден анаў-мынаў нәрселерди сорап турады. Бизлер де бираз өзимизди мүтәж болғандай көрсетейик, сонда кейинги сапары тартынбай, биймәлел бизлерден зат сорай алады, - деп жуўап берди.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Бир достым айтып берген ўақыя: Кеше анам маған «қоңсыдан дуз сорап кел» - деди. Мен ҳайран болып: - Анажан, кеше бир қалта дуз алып келдик ғо?! - дедим.
- Дурыс. Дузға мүтәжлигимиз жоқ. Бирақ, олар кәмбағал адамлар. Бизлерден анаў-мынаў нәрселерди сорап турады. Бизлер де бираз өзимизди мүтәж болғандай көрсетейик, сонда кейинги сапары тартынбай, биймәлел бизлерден зат сорай алады, - деп жуўап берди.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия
Туўры аўқатланыў – саламатлық гиреўи
Миқдам ибн Маъдәкәрийб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Адам баласы толтыратуғын ыдыслардан ең жаманы қарын. Адам баласына қәддин көтерип туратуғын тағам жеткиликли. Егер жүдә лазым болса, тағамы ушын үштен бир, ишимлиги ушын үштен бир ҳәм ҳаўа ушын үштен бир», деди».
Термизий, Аҳмад ҳәм Ҳәким рәўияты
Медицина илими султаны Әбиў Әлий ибн Сина «Тиб нызамлары» атлы мийнетинде туўры аўқатланыўдың әҳмийети ҳаққында тоқталып: «Ким саламат турмыс тәризине ериспекши болса, өз саламатлығын сақламақшы ҳәм беккемлемекши болса, аўқатланыў тәртибине, жеп атырған аўқатының сыпатына, муғдарына, аўқатты жеў ўақты ҳәм оның сиңиў процессине тийкарғы итибарды қаратыўы тийис», деп атап өткен.

УМАР ИБН ХАТТАБ РАЗИЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ БӘРШЕ ЕРКЕКЛЕРГЕ НӘСИЯТЫ:
«...Сизлер ҳаялларға үлкен ўәделер берип үйленесиз.
Олар аўыр машақатлар менен перзентлериңизди қарнында көтерип, кейин дүньяға келтиреди, оларды жедирип-иширеди, көп уйқысыз түнлерди басынан өткереди.
Қашан балалары наўқасланса, бул олардың саламатлығы ҳәм наўқыран жаслығын тартып алады.
Қашан гөззаллық ҳәм жаслық оларды таслап кеткенинде, күйеўлери олардан жүз бурады...
Егер олар үй ислерин ҳәм балалар тәрбиясын бир шетке сүрип, тек өзлериниң шырайына қараў ҳәм күйеўлери ушын жасаныў менен ғана бәнт болғанында еди, олар ҳаққында «Жаман ана ҳәм үй бийкеси екен...», деп айтар едиңиз.
Қәне сиздеги жуўапкершилик сезими...???
Аллаҳтан қорқың ҳәм өз ҳаялларыңызға бундай мүнәсибетте болмаң!»
Умар ибн Ҳаттаб разыяллаҳу анҳу

#күн_аяты #тәрбия #зикир
Ҳақыйқый тәўбе ҳаққында
Ҳикмет ийелери болған данышпан алымлар төмендеги ҳикметли гәплерди айтады:
"Тәўбе қылыўшы инсан он нәрсеге әмел қылыўы лазым:
1. Тил менен истиғфар айтыў;
2. Қәлби менен пүшайман шегиў;
3. Денесинен гүнаны суўырып таслаў;
4. Пүткиллей сол гүнаға қайтып жақынламаўды нийет қылыў;
5. Ақыретке муҳаббат қойыў;
6. Дүньяға кеўил бөлмеў;
7. Сөйлеўди азайтыў;
8. Аўқатланыўды да азайтыў;
9. Суйықлық ишиўди азайтып, илим ҳәм ибадат пенен бәнт болыў;
10. Уйқылаўды азайтыў;
Аллаҳ таала Зәрият сүресириң 17-18-аятларында:
"Олар (түнниң) азғантай (бөлегинде ғана) уйқылар еди. Олар сәҳәрлерде (Аллаҳтан) мағфират сорар еди" деп айтқанын еслең.

#рәўият #тәрбия
Өмирдиң алтын қағыйдасы
Патшаның жүдә ақыллы ҳәм гөззал қызы тосаттан қәстеленип қалыпты: аяқ-қолы ислемей, еситиў ҳәм көриў қәбилети әззилесипти. Шыпакерлер ҳәм тәўиплердиң даўалаўға урыныўларынан нәтийже болмапты.
Бир күни сарайға нураный кексе келип, мәликаның дәртин даўалаў сырын билиўин айтыпты. Сарай әҳли оннан жәрдем бериўин, мәликаны даўалаўын сораныпты. Сонда кексе бийтаптың қолына тал шақаларынан тоқылған, үсти таўар менен жаўылған себет берип:
Мәлика асығып таўарды көтерипти, себет ишиндеги нәрсени көрип ҳайран қалыпты: онда кеселликтен жүдә әззилеген, зорға нәпес алып атырған гөдек бар екен. Мәликаның қәлбинде мийрим-шәпәәт ояныпты, денесиндеги аўырыўды жеңип гөдекти қолына алыпты да, әсте-ақырын тебирете баслапты.
Айлар өтеберипти, мәлика балаға пәрўана болыпты: оны аўқатландырыпты, еркелетипти ҳәм сүйипти, ойнатыпты. Балаға меҳири түскеннен кейин, дәртлерин умытып, түнлери уйқыламай оны тәрбиялапты.
Күн, айлар өтипти. Бала күлипти, бир күни жүрип кетипти. Қуўанғанынан оны көтерип алған мәлика жүдә жеңил ҳәрекет қылар, оған ҳеш қандай аўырыў азап бермес екен. Бала менен өткен жыллар даўамында мәлика әсте-ақырын дүзелип барған екен.
Өмирдиң қағыйдасы негизинде сол – биреўге меҳир берип, меҳир таўасаң, бахыт үлесип, бахытқа ерисесең.
Әзизлер, меҳир үлесип бахтыяр жасаң!
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/niyetuz
Өмирдиң алтын қағыйдасы
Патшаның жүдә ақыллы ҳәм гөззал қызы тосаттан қәстеленип қалыпты: аяқ-қолы ислемей, еситиў ҳәм көриў қәбилети әззилесипти. Шыпакерлер ҳәм тәўиплердиң даўалаўға урыныўларынан нәтийже болмапты.
Бир күни сарайға нураный кексе келип, мәликаның дәртин даўалаў сырын билиўин айтыпты. Сарай әҳли оннан жәрдем бериўин, мәликаны даўалаўын сораныпты. Сонда кексе бийтаптың қолына тал шақаларынан тоқылған, үсти таўар менен жаўылған себет берип:
«Себетти ал, ондағы нәрсеге ғамхорлық қыл, Аллаҳ қәлесе, саламат боласаң»,
– деди. Мәлика асығып таўарды көтерипти, себет ишиндеги нәрсени көрип ҳайран қалыпты: онда кеселликтен жүдә әззилеген, зорға нәпес алып атырған гөдек бар екен. Мәликаның қәлбинде мийрим-шәпәәт ояныпты, денесиндеги аўырыўды жеңип гөдекти қолына алыпты да, әсте-ақырын тебирете баслапты.
Айлар өтеберипти, мәлика балаға пәрўана болыпты: оны аўқатландырыпты, еркелетипти ҳәм сүйипти, ойнатыпты. Балаға меҳири түскеннен кейин, дәртлерин умытып, түнлери уйқыламай оны тәрбиялапты.
Күн, айлар өтипти. Бала күлипти, бир күни жүрип кетипти. Қуўанғанынан оны көтерип алған мәлика жүдә жеңил ҳәрекет қылар, оған ҳеш қандай аўырыў азап бермес екен. Бала менен өткен жыллар даўамында мәлика әсте-ақырын дүзелип барған екен.
Өмирдиң қағыйдасы негизинде сол – биреўге меҳир берип, меҳир таўасаң, бахыт үлесип, бахытқа ерисесең.
Әзизлер, меҳир үлесип бахтыяр жасаң!
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/niyetuz
Telegram
NIYET.UZ | Рәсмий канал
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
#рәўият #тәрбия
ҚУРАН ОҚЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ
Қуран оқыў – бул үлкен ибадат, зикирдиң ең жақсысы. Өйткени Қуран оқыў менен адамның ийманы күшейеди. Оның саўабы соншелли көп екенлиги ҳәдислерде баян етилген.
Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә сәлләм: «Ким Аллаҳтың Китабынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап бериледи. Бир саўап он есеге көбейтиледи. Әлиф, ләм, миймди бир ҳәрип демеймен. Әлиф – бир ҳәрип, ләм – бир ҳәрип, мийм – бир ҳәрип», деген.
(Имам Термизий рәўияты.)
Фәрўа ибн Нәўфал әл-Ашжаъи разыяллаҳу анҳу: «Мен Ҳаббаб ибн Араттың қоңсысы едим. Бир күни мешиттен шыққанымызда ол мениң қолымнан услап: «Ҳәй Аллаҳтың қулы! Қолыңнан келгенинше Аллаҳға жақын бол! Әлбетте, сен Оған ҳеш қашан Кәламынан (Қураннан) басқа нәрсе менен жақын бола алмайсаң», деди. (Ҳәким рәўияты).
Қуран оқыў, тәсбиҳ, ҳәмд, тәҳлил, тәкбир айтыўдан да жақсы.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан келген ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә сәлләм: «Аллаҳтың үйлеринен биринде жыйналып, Аллаҳтың китабын оқыған ҳәм бир-бирине үйреткен қәўимге тынышлық бериледи, рейим қылынады, оларды периштелер орап алады, Аллаҳ оларды Өзиниң дәргайындағылардың ишинде еслейди», – деген. (Имам Муслим рәўияты).
Қуран оқыў ушын жыйналыў саўаплы ис. Қуран оқыўшыға да, тыңлаўшыға да саўап жазылады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә сәлләм Қуранды оқыйтуғын да болған, тыңлайтуғын да. Аллаҳ таала:
«Қуранды «тартийл» менен (дана-дана етип) тилаўат ет!» (Муззамил сүреси, 4-аят).
«Аллаҳ (исми) зикир қылынса, кеўиллери елжирейтуғын, аятлары тиләўат қылынса, ийманлары зыяда болатуғын ҳәм Рәббисине тәўекел қылатуғынлар ғана» (Анфал сүреси, 2-аят) – деген.

ЕРТЕ ТАҢДА ЖУМЫС БАСЛАЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ
Ҳәр исти жақсы нийет пенен ерте таңда баслаўдың ҳикмети көп. Оқыўшы ерте турып сабағын оқыса, илиминде берекет болады. Сапарға ерте турыў менен атланса, гөзленген мақсетке ерисиледи. Булардың бәри тәжирийбеден өткен нәрсе. Ерте турған адам сол күнниң берекетин сезеди. Ал, кеш турған адам болса сол күнин жоғалтқанын кеш түсиниўи мүмкин. Егер сезгенде ғәплет басып жатпас еди.
Сахр ибн Ўадаъа Ғомидий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Я Аллаҳ, үмметиме ерте турыўында берекет бер», – деген.
(Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўияты).
Ерте турған адамға Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның дуўасының берекети бар.
Фатийма разыяллаҳу анҳу айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мен жатқанымда алдымнан өтип қалды. Сонда мени оятыў ушын аяғы менен түртти ҳәм: «Ҳәй қызым, тур ҳәм Рәббиңниң беретуғын ырысқысына гүўа бол, ғәплетте қалыўшылардан болма. Әлбетте, Аллаҳ таала таң менен қуяш шығыў арасында бенделердиң ырысқысы бөлистиреди», – деди
(Байҳақий рәўияты).

️https://t.me/niyetuz