NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.6K photos
590 videos
6.75K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#уламалар_сөзи

Сорасақ та бермеди, деме, сораўды билмедиң бе, ең қурмағанда өтирик сөйлеме.

Инсан күлиўи менен тәрбиясын, күлген нәрсеси менен билимин көрсетеди.

Солай екен, ҳәй адамзат, "әдеп не?", деп сорасаң, бил, әдеп - ҳәр бир әдепсиздиң әдепсизлигине сабыр қылыў.

Шамс Табризий.

Айырымлар дуўа қылсам, дуўам қабыл болмайды, деп шикәят етеди. Негизинде бизлер қандай дуўа етиўди билмей атырмыз. Гүна исти даўам етип турып қылынған дуўа қабыл бола ма? Бул мисли гүлди жулып таслап, қара жерге суў қуйып гүл өсип шығыўын күткендей гәп.
Әдеп инсанды басқалардың үстинен күлиўден қайтарады. Басқалардың үстинен күлип атырсаң ба, демек әдебиң кете баслапты.
Келискен-келиспеген нәрселердиң үстинен күле бериўиң, бул илим дәрежеңниң, ақылыңның пәслигин билдиреди.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#уламалар_сөзи

ТӨРТ ЖАМАН ИС

Төрт жаман ис бар, бирақ соны басқалар қылса оннан да жаманырақ болады:

1. Жаслардың гүна ислерге араласып жүриўи - жаман. Жасы үлкенлердиң гүна ислерди қылыўы оннан да жаманырақ.

2. Илимсиз адам илим үйренбестен турып мал-дүньяға қызығып кетиўи - жаман. Илимли адам халыққа пайдасы тийетуғын илимин таслап мал-дүньяның изинен қуўыўы оннан да жаманырақ.

3. Адамлардың ибадат қылыўда ериншек болыўы - жаман.
Уламалардың, талиби илимлердиң ибадат қылыўда ериншек болыўы оннан да жаманырақ.

4. Бай адамлардың тәкаббыр болыўы - жаман. Жарлы адамлардың тәкаббыр болыўы оннан да жаманырақ.


"Мунаббиҳат" китабынан

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

https://t.me/Niyetuz
#уламалар_сөзи

ӘЛИЙ РАЗЫЯЛЛАҲУ АНҲУДЫҢ НӘСИЯТ СӨЗЛЕРИ:

🌱Бенде Аллаҳ тааладан басқа ҳеш кимнен үмитленбесин. Гүна қылыўдан басқасынан қорықпасын!

🌱Билмеген нәрсесин сорап үйрениўден хәм билмеген нәрсеси соралғанда "билмеймен" деп айтыўдан уялмасын!

🌱Сөздиң пазыйлети оның қысқа болыўында;

🌱Жақсылық мал-мүлкиңниң көп болыўы ҳәм перзентлерди көбейтиўден ибарат емес. Жақсылық – қылған саўаплы әмеллериңиз көп болып, кишипейил болыўыңызда;

🌱Ҳәр дайым жақсы, саўаплы ислерди қылып жасаң. Ҳеш кимге сыр емес бәрибир бир күн келип бул дүньядан өтесиз. Жалғаншы дүнья сизди алдап қоймасын. Дүнья өмиринде әмеллер қылыў бар, бирақ есап-китап жоқ. Ертеңги күни есап-китап бар, бирақ әмел жоқ;

🌱Қәлбиң бир қалтаға уқсайды. Қәлблердиң ең жақсысы илим ҳәм нурға толған қәлб есапланады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!



https://t.me/niyetuz
#уламалар_сөзи

Ҳасан Басрый айтады

Қәлб алты ис себепли бузылады:

1. Тәўбе қыламан ғой, деп гүна исти ислей бериў;

2. Илим алып оған әмел етпеў;

3. Ықлассыз әмел етиў;

4. Аллаҳ берген ырысқыны жеп, оған шүкир айтпаў;

5. Аллаҳтың тәғдирине разы болмаў;

6. Өлгенлерди жерлеп, олардан ибрат алмаў.

Оқыған, еситкен, билгенлеримизге әмел етейик. Себеби билгенлеримиз билим емес, үйренип әмел еткенлеримиз билим болады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

https://t.me/Niyetuz
#уламалар_сөзи

Биреўи болмаса екиншиси болмайды

🌱 Барына шүкир етиўди билместен кейинги неъматқа үмит етип болмайды;

🌱 Пәк нийет болмай турып, ийги ис қылынбайды;

🌱 Қолдағы нәрсеге қанаат етпестен, сабырлы болмайды;

🌱 Өзиниң қәлбине жақын, ҳүжданлы адам болмастан, басқаларға меҳирли бола алмайды;

🌱 Ата-анасының ҳүрметин орнына қоймастан, бала-шағасының иззетине жете алмайды;

🌱 Өмирдиң илаҳий неъмат екенин аңламастан турып, оны мазмунлы өткере алмайды;

🌱 Туўылып өскен үйиниң қәдирине жетпестен, Ўатанының қәдирине жете алмайды.

📚«Перзент нама» китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#уламалар_сөзи

Ким алымлар менен бирге болса, ҳүрмет қылынады. Ким наданлар менен бирге жүрсе, хор болады.

"Ал фароид ўал қолаид" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#уламалар_сөзи

Биреўдиң айыбын айтыў

“Бир мусылманның қәтесин билсең, оған буны жалғыз ўақтында айт. Артынан басқаларға оның қәтесин айтып өсек етпе. Оны туўры жолға салмақшы болсаң, оның айыбын билгениң ушын оған пәс нәзер менен қарама. Мақсетиң оны гүнадан сақлаў болсын, бунда сен гүна исти өзиң ислеп қойғандай қапа бол, усындай етсең, саған үш исиң ушын саўап болады – туўры жолды көрсеткениң ушын, достыңның кемшилигин өзиңниң кемшилигиңдей көрип, сол кемшиликти қылып қойғандай қапа болғаның ушын, достыңды дининде беккем турыўына жәрдемлескениң ушын”.

Имам Ғаззалий раҳматуллаҳи алайҳ




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube