NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#аят_дуўа

Я Рәббим! Мени ҳәм зүрядымды (көп перзентлеримди) намазды кәмил оқыйтуғын қыл Я Рәббим! Дуўамды қабыл ет!

Ибраҳим сүреси, 40-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят #ҳикмет

Төрт ис бар. Ҳәр бириниң орнына бөлек-бөлек ўәде бар.

Шүкир. “Егер шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан”. (Ибраҳим сүреси, 7-аят).

Зикир – еслеў. “Солай екен, мени еслең (Мен де) сизлерди еслеймен”. (Бақара сүреси 152-аят).

Дуўа. “Маған дуўа қылың, сизлер ушын (дуўаларыңызды) қабыл етемен”. (Ғофир сүреси 60-аят).

Истиғфар – кеширим сораў. “Олар истиғфар айтар екен, Аллаҳ оларды азаплаўшы емес”. (Анфал сүреси 33-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят #пикирлеў

«... Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз».
(Әнбия сүреси, 35-аят).

Көпшилик адамлар байлықты Аллаҳ таала разылығының белгиси деп есаплайды. Кимниңдур мал-дүньясы кем болса, өзин бул разылыққа ылайық көрилмеген деп түсинеди. Ал, негизинде олар Аллаҳ таала алып имтиҳан қылғаны киби, берип те имтиҳан қылыўын умытып қояды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикирине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың! Егер билсеңиз, бундай етиўиңиз – өзлериңизге жақсы.

Жума сүреси, 9-аят.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#аят_ҳәдис

Аллаҳ таала айтады:
«Пайғамбар сизлерге нени әкелсе, соны алың ҳәм неден қайтарса, соннан қайтың».
(Уллы Аллаҳ рас айтады).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Мениң гәпимди еситип, ядлап, сиңдирип, соң әмел кылған адамды Аллаҳ жарылқасын».

Имам Аҳмад рәўият қылған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер сизлерге жыйналысларда «(ортаны) кеңейтиң» – делинсе, онда кеңейтиң, Аллаҳ сизлерге де (керек ўақытта) кең орын береди, егер «турың» – делинсе, дәрриў турың! Аллаҳ сизлерден ийман келтиргенлерди ҳәм илим берилгенлерди (бәлент) дәреже (мәртебе)лерге көтереди. Аллаҳ ислеп атырған (бәрше жақсы ҳәм жаман) ислериңизден хабардар.

Мужадала сүреси, 11-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Аллаҳға берген келисимин ҳәм антларын арзан баҳаға сататуғынларға ақыретте несийбе жоқ, Қыямет күни Аллаҳ оларға сөйлемейди де, қарамайды да, пәклемейди де. Оларға аўыртыўшы азап бар.


Әли Имрон сүреси, 77-аят.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикирине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың! Егер билсеңиз, бундай етиўиңиз – өзлериңизге жақсы.

Жума сүреси, 9-аят.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#аят

     Солай екен, Рәббиңе (бес ўақыт ҳәм қурбан ҳайыты ушын) намаз оқы ҳәм (түйе) сойып, қурбанлық қыл!

Кәўсар сүреси, 2-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Аспанлардағы нәрселер де, Жердеги нәрселер де Ҳүкимдар, (нуқсанлардан) Пәк, Қүдиретли, Ҳикметли болған Аллаҳға тасбиҳ айтады.

Жума сүреси, 1-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube