NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
БИЛИМ ЖУРТЫНДА ПЕДАГОГ-ОҚЫТЫЎШЫЛАР УШЫН
ОҚЫЎ ПРОЦЕССИНЕ ТИЙИСЛИ НОРМАТИВ - ҲУҚУҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕР, ЗАМАНАГӨЙ ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАР ҲӘМ МЕТОДЛАР ҲӘМДЕ ҚӘНИГЕЛИК ПӘНЛЕР БОЙЫНША ОҚЫЎ СЕМИНАРЛАРЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ


     Оқыў орынларында тәлим – тәрбия ислери нәтийжелилигин және де раўажландырыў бойынша пән оқытыўшыларының өз үстинде турақлы түрде ислеўи, тәжирийбе асырыўы, шынығыўларда билим бериўдиң интерактив методларынан кең пайдаланыўына итибар қаратыў мақсетинде Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында 2023-жылдың 25-декабрь сәнесинен 2024-жылдың 06-январь сәнеси аралығында улыўма билимлендириў ҳәм қәнигелик пәнлери оқытыўшылары ушын оқыў-семинарлары шөлкемлестирилмекте.
    Өткерилип атырған оқыў-семинарына Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин асырыў орайы тәжирийбели оқытыўшылары тәрепинен “Тәлимде инновацион мобиллик”, “Педагогикалық шеберлик”, “Педагогикалық дизайн ҳәм заманагөй оқыў контентлерин жаратыў технологиялары”, “Креатив тәлим технологиялары”, “Оқыў барысында мәлимлеме  технологияларидан пайдаланыў”, “Педагогик квалиметрия” сыяқлы темалар (модуллар) оқытылыўы белгилеп алынған. 
Бул оқыў семинарын өткериўден мақсет талабалардың қысқы дем алыс пайытында тараў қәнигелерин жәмлеген ҳалда олардан тәлим сыпатын тағы да асырыўға қаратылған жаңа инновациялық, педагогикалық технологияларды әмелиятта қолланыў арқалы талаба жаслардың билим дәрежесин еле де асырыўдан ҳәмде педагок оқытыўшылардың болса өз үстинде тынбай ислеўи ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўынан ибарат.
Оқыў семинары басланыўында тәжирийбели педагок хызметкерлер тәрепинен тәлим технологиялары, ҳәр түрли метод шынығыўы, сабақ өтиў процесслерине тийисли басқа кәсиплик мәсләҳәтлерге, жуп болып ислең, пикир үлесиң олардың мазмун-мәниси, әмелиятта қолланыў тәртиби ҳәм күтилген нәтийже ерисиў жоллары кең түсиндирилди.

Семинарда тәжирийбели қәнигелер тәрепинен берилген сораўларға жуўап бериў арқалы ҳәр бир оқытыўшы өзлерин билим алыўға талпынып турған талабалардай, берилген сораўға жуўап берип, өзлериниң билимин асырыўға еристи. Буннан тысқары сабақ процессинде ҳәр бир  методлар “key board” тахтасы ҳәм слайдлар жәрдеминде өз алдына түсиниклер берилди.
Семинар соңында оқытыўшылар өзлериниң бир күнлик семинарда алған тәсирлери, оларды өз пәни менен байланыстырған ҳалда улыўмаластырып, тәлим тараўындағы билимлерин кеңейтиўге муўапық болды.
Семинар даўам етпекте.

Билим журты
Баспа сөз хызмети

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
#еслетпе #мағлыўмат

Жәннеттиң сегиз есиги кимлер ушын ашылыўын билесизбе

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
Ким таҳәрат алып, оны шырайлы тәризде әмелге асырса, соң:
«Әшҳәду әлләә иләәҳә иллаллооху ўәҳдҳу ләә шәрийкә ләҳу. Ўә әннә Муҳаммадан әбдуҳу ўә Росулуҳу. Аллооҳуммәә ижъалний минәт тәўўәбийн ўә ижъалний минәл мутәтоҳҳирийн», деп айтса, әлбетте, оған жәннеттиң сегиз есиги ашылады ҳәм ол қәлегенинен киреди», деди».

Мағанасы: «Жалғаз Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ, Оның шериги ҳәм жоқ, әлбетте Муҳаммад алайҳиссалам Аллаҳтың қулы ҳәм расули. Аллаҳым! Мени көп тәўбе қылыўшылардан ҳәм пәклениўшилерден қыл».

Имам Термизий рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырызқландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
6-январь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:45
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 16:10
  ШАМ — 17:48
  ҚУПТАН — 19:20

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:50
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:05

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube