Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.21K subscribers
11.6K photos
1.01K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Уллылардың уллысысаң

Нɵкис каласы 15-санлы улыўма билим бериу мектебинде 1-октябрь – Устазлар ҳәм муғәллимлер күнине бағышланған «Уллылардың уллысысаң» атамасындағы салтанатлы байрам кешеси болып ɵтти.

Онда мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәм усы мектептиң дɵретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгитнәсиятшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров қатнасты ҳам шығып сɵйледи.

Атап ɵтилгениндей, бүгинги сәне ҳәр жылы Республикамыз бойлап кеңнен белгиленеди. Президентимиз Шавкат Мирзиёв ɵз қутлықлаўында “...Сизлер дүньядағы ең бийбаҳа байлық ҳәм мәңги мийрасты жаратыў, оны халқымызға, өнип-өсип киятырған жас әўладымызға минсиз жеткериў жолында ҳақыйқый пидайылық көрсетип мийнет етип атырған уллы инсанларсыз..!” деген еди. Шынында да имаратлардың ең уллысы мектеп болса, кәсиплердиң ең уллысы муғаллим болып табылады.

Ушырасыўда шайыр Х.Дәўлетназаров устаз ҳәм муғаллимлерге арналған қосықлар гүлдәстесинен оқып берип, жыйналғанларға мектептиң талантлы оқыўшыларының байрам тамашалары инам етилди.
Байрам мүнасибети менен хошаметленди

Районымызда халық билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип киятырған қәдирли устазларымызға арналған байрам кешеси болып өтти.
Онда районымыздың халық билимлендириў тараўы ўәкиллер,мектепке шекемги билимлендириў хызметкерлери нураный устазлар жәмлесди. Халық билимлендириў тараўындағы алдынғы тәжрийбеге ийе дөретиўшилиги,искер,талапшан,жасларды,миллий ғәрезсиз идеясы ҳәм Ўатан суйыўшилик руўхында тәрбиялаўда ерискен жетискенлери,сондай-ақ,жас әўладтың ҳәр тәреплеме кәмил инсан болып жетилисиўинде үлгили нәтийжелерге ерискенлиги ушын 1-октябрь "Муғаллимлер ҳәм устазлар" күни мүнәсибети менен Қоңырат районы ҳәкими, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеңеси тәрепинен халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң руўхый-ағартыў ислери бойынша директор орынбасарлары ҳәмде дөретиўши мәдений мәселери бойынша үгит нәсиятшылар сыйлықланды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from AVANGARD - BASPA
Мен муғаллим деген халықты сүйемен

Жас әўладлар, келешекке баратқан,
«Устазым» деп сыйлап, арқа сүйеген,
Қалың елге билим нурын таратқан,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

Ҳәммелерден ақыллы ҳәм билимли,
Ең дәслеп силтеген жүрер жолыңды,
Мудамы кѳксиме қойып қолымды,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!.

Әййемде данышпан Әрастуў ѳткен,
Аплатун ол затқа устазлық еткен,
Искендер Зулқарнайн, Амир Темурлер
Устазға бас ийип, ҳүрмет кѳрсеткен.

Устаз болған ерси исти етпеген,
Билгирмен деп менменликке кетпеген,
Наўайылар журттан уллы болса да,
Жәмийдиң алдынан кесе ѳтпеген.

Билимли ел санасы бар, кѳзи бар,
Озық дүнья арасында ѳзи бар.
«Бир ҳәрип үйреткен устазға қырық жыл
Хызмет қылың» деген халықтың сѳзи бар.

Сиз – мураббий, турған булақ басында,
Ҳәр жеткиншек қанып ишсин жасында,
Жаңа заман талабына қанық бол,
Бүгин жаңа әсир босағасында.

«Устазым» деп, жаслар арқа сүйеген,
Алдыңызда ақ басымды ийемен.
Келешектиң гүлшанына гүл еккен,
Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ 2001- жыл.
Forwarded from AVANGARD - BASPA
ГҮЗ КҮНЛЕРИНИҢ БИРИНДЕ

Автобус аўыр силтенип жүре баслады. Наргиза автобус меңгериўшисиниң артындағы орынға отырды. Көшеде жаўын жаўып тур еди, теректен төгилген жапырақлар асфальтқа сары гилемдей болып төселип қалған.

Базарға жақын жердеги бәндиргиге келгенде автобус тоқтады. Аўыр сумкасы бар бир апа қыздың қасына келди. Қыз биреўге орын бермеў ушын айна тәрепке терис қарап отырып алды.
Автобус толып тур еди. Отыратуғын жер жоқ. Мәнзилге жеткенде қыз айна тәрептен нәзерин алды, қараса, қасында сумка көтерип турған өзиниң анасы екен.
- Апа, неге айтпадыңыз…
- Қызым, шаршаған шығарсаң, деп ойладым...

Тилекке қарсы хәзирги уақытта арамызда усындай жасларымыз ушырасып турады. Буның гууасы болып та журиппиз. "Жасы улкенге хурмет, жасы кишиге иззет" дегенди умытып баратырғандаймыз. Наргизаның жағдайына тусип калмау ушын жасы улкенлерге хурмет көрсетейик, итибарлы болайық.

И.Сержанов


https://t.me/alberuniyuz
Онда мектеп жәмәәти, соның ишинде утаз ҳәм муғаллимлер, ата-аналар ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Байрам салтанатының ашылыў мәресиминде мектеп директоры С.Утамбетова шығып сөйлеп, жыйналғанларды, устаз ҳәм муғаллимлерди «1-октябрь – Устазлар ҳәм муғаллимлер күни» менен шын жүректен қутлықлады. Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына, соның ишинде келешек әўладларға билим берип атырған устаз ҳәм муғаллимлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. 1-октябрь ҳәр жылы елимизде үлкен байрам сыпатында белгиленеди.

Ашылыў мәресимде шығып сөйлеўшилер сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы Президиум қарарына тийкар «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» атағын алған мектеп директоры Утамбетова Светлана Есемуратовнаны шын жүректен қутлықлады.

Байрам тамашасы мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Г.Дәўлетназарова
3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
«Уллылардың уллысы»

Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «1-октябрь – Устазлар ҳәм муғаллимлер күни» мүнәсибети менен «Уллылардың уллысы» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Толық оқыў 👇👇👇
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қутлықлаў

Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлиминиң методисти Руслан Аллияровтың Нөкис ФМ радиосында 1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қутлықлаўы.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ona_tilim_til_bayrami_chelendj

Respublika Ma'naviyat va ma'rifat markazi To'rtko'l tuman bo'linmasi, To'rtko'l tuman 1-son umuta'lim maktabi bilan hamkorlikda 21-oktyabr "O'zbek tiliga davlat tili maqomi berilgan kun" O'zbek tili bayrami kuniga bag'ishlanadi.
“Кекселер ҳәптелиги”

“Кекселер ҳәптелиги” шеңберинде Нөкис қаласында жайласқан «Мүриўбет» ҳаяллар интернат үйинде руўхый-ағартыўшылық илаж болып ɵтти.
👇👇👇