Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.25K subscribers
10.6K photos
943 videos
10 files
1.06K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
“Кекселерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет кɵрсетиў – халқымызға тән ийигиликли пазийлет” сүрени астында ɵткерилип атырған илажға Нөкис каласы жәмийетлик Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап қуўатлаў бөлиминиң баслығы орынбасары К.Қалендеров, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм Нɵкис қалалық Мәденият бөлиминиң баслығы Ш.Юлдашовлар катнасты ҳәм шығып сɵйледи.

Атап ɵтилгениндей, соңғы жылларда Ɵзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде жасы үлкенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийет, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, ɵсип киятырған жас әўладларды халқымыздың кɵп әсирлик үрп-әдетлерин ҳүрметлеў руўхында тәрбиялаў жумысларындағы ролин арттырыўға қаратылған кең кɵлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда «Мүриўбет» үйи тәрбияланыўшылары дɵреткен қол ɵнерлери үлгилери менен танысылып, жыйналғанларға Нɵкис қалалық мәденият бɵлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы усынылды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
<<Қарақалпақлардың тутыныў буйымлары>>

Толық мағлыўмат 👇👇👇
ӘТӨШКҮР~әтөшкүр ени 2-2,5 сантиметрлик, беккем темирден жасалады. Оның бас бети кишкене ярым ай тәризде исленген болып, түп бетинде темирден кийгизбели белдиги ҳәм ушында дөңгелек шыңғасы болады.
Белдик ошақтан алатуғын қозды қысып услап турыў ҳәм босатыўға арналып, ол жылжымалы ҳәрекетленеди.
Әтөшкүр~өзиниң аты айтып турғандай отты көсеў [аташ-от, күр-күрек] хызметин атқарады. Ол тандыр ошақтың қапталына қойылады.

ДҮМШЕ~дүмшелер шойын қуманлар шықпастан бурын исленген ҳәм пайдаланылған. Ол жуқа болып, суў тез қайнайды. Дүмше пайдаланыў ушын жүдә ийкемсизлеў, себеби оның тутқасы ҳәм шүндиги болмайды. Айырым жағдайда оның мойнына сымнан тутқа ислеп қойған.

ШӘЎГИМ~шәўгим полаттан исленген кишкене қазан. Оның түби жалпақ, қапталы бүйирли, қулағы жоқ болып келеди. Оны аналарымыз шай қайнатыў ушын отаўдан сырттағы арнаўлы ошақларға асып пайдаланған.

ҚЫРҒЫШ~қырғыш узынлығы бир қарыс шамасындағы жуқа, лекин, қатты темирден исленеди. Оның бас бети жалпақ, қыялап кесилген болып, аўқат жеп болынғаннан кейин қазандағы қаспақ ҳәм майлықты қырып тазалаў ушын пайдаланылады.

ДАСМАЛ~дасмал-суў қабақ сыяқлы "дасмалқабақ" деп аталған палыз өниминен исленеди. Дасмалқабақ үлкенлиги сарғайып писип кеткен қыярдың көлеминдей болады. Ол пискеннен кейин ишиндеги туқымы ҳәм ети алып тасланып, қуяшқа кептириледи. Оның сыртқы териси қатар-қатар қырлы болып келеди де, қазанның майлылығын кетириўде жүдә қолайлы болады.

Дәрек: М.Нзанов “Қарақалпақлар”

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мәмлекетлик_тилге_32_жыл

Ɵзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилгениниң 32 жыллық байрамына бағышланады.

Видеочеллендж: Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Кун_ҳикмати

Агар шогирд шайхулислом, агар қозидур,
Aгар устоз рози – Танг­ри розидур.

Алишер Навоий

manaviy_markaz

@QR_Ruwxiyliq
#Кексалар_хафталиги

“Кексалар хафталиги” доирасида 9202-У Харбий қисмда Нуронийлар ва нафақадаги ҳарбий хизматчилар иштирокида “Кексалар маърифати” мавзусидаги маънавий тадбир ўтказилди.

Тадбирда Туман Маҳалла ва оилани қўллаб-қувватлаш бўлими бошлиғи С.Дурсымбетова, ўринбосари Т.Абдухаликов, Республика Маънавият ва маърифат маркази Хўжайли тумани бўлими бошлиғи А.Джиенбаев, туман Мудофа бўлими Фахрийлар Кенгаши раиси У.Нуржанов иштирок этишди.

Республика Маънавият ва маърифат маркази Хўжайли тумани бўлими

@QR_Ruwxiyliq
#Баспасɵзде

“Қарақалпақ әдебияты” газетасының 2021-жылдағы 8-9-санлары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Давлат_тилига_32_йил

Она тилим

Ўзбек тилига давлат тил мақоми берилганининг 32 йиллик байрамига бағишланади.

✏️Республика бўлими расмий канали 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Кекселер_ҳәптелиги

Нөкис қаласы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ бөлими ҳәм Республикалық Руўхыйлык ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис калалық бөлими тәрепинен пайтахтымызда жайласқан 25-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-сектор аймағында жасаўшы нураный ақсақаллар менен ушрасыў шөлкемлестирилди.

Онда жасы үлкенлердиң турмысымызда, әсиресе келешек әўладларды Ана-ўатанымызға садық ҳәм Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда кɵп жыллық турмыслық тәжирийбеге ийе кекселердиң орны айрықша екени, Республикамыз бойлап ɵткерилип атырған “Кекселер ҳәптелиги” илажларының мазмун мәнисине кеңнен тоқтап ɵтилди.

Ушрасыўда усы аймақта жасаўшы белсенди нураныйларымыздан бири Д.Жуматаева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң“Ардақлы Нураний” көкрек белгиси менен сыйлықлады.

Илаж Нɵкис қалалық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы
#Кекселер_ҳәптелиги

Нөкис қаласы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ бөлими ҳәм Республикалық Руўхыйлык ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис калалық бөлими тәрепинен “Кекселер ҳәптелиги” шеңберинде пайтахтымыздағы “Шаңарақ тойханасы”нда “Наўрыз” МПЖда жасаўшы нураный жас үлкенлеримиз ушын бир кесе шай үстинде сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.

Ушрасыўда шɵлкемлестириўшилер жасы үлкен нуранийлерымыз бенен шын жүректен пикирлесип, олардың ибратлы ɵмир жоллары ҳаққында сɵз етти. Ɵз гезегинде жасы үлкен кекселер Ҳүрметли Президентимиз ҳәм Республика басшыларына ɵзлерине қаратылып атырған жоқары дыққат-итибар ушын терең миннетдаршылық билдирди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq