Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.31K subscribers
9.55K photos
890 videos
10 files
1.02K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Қутлықлаў

Бәриңизге белгили, әйне пайытта Ɵзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы алдынан елимиздиң раўажланыўы жолында нәтийжели хызмет етип атырған бир қатар заманласларымыз 30 жыллық естелик белгиси менен сыйлықланбақта.

Солардың арасында кәсиплесимиз, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нɵкис қалалық бɵлиминиң баслығы Кдырбай Нуратдинов та бар.

Биз пүткил мәнаўиятшылар атынан Кдырбай Абдуллаевичти қызғын қутлықлап, алдағы дɵретиўшилик жумысларында тасқын табыслар тилеймиз!

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Кәсиплесимиз, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Тɵрткүл районлық бɵлиминиң баслығы Сеттиев Джанибек 30 жыллық естелик белгиси менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен Джанибек Сапаевичти Республикалық бɵлим атынан қызғын қутлықлай отырып, келесидеги халкымыздың руўхый дүньясын байытыўдағы дɵретиўшилик ҳәм шɵлкемлестириўшилик жумысларында табыслар тилеймиз!

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы системасындағы ең жас кадрлардың бири, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Беруний районлық бɵлиминиң баслығы Кузенбаев Нурсултан 30 жыллық естелик белгиси менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Элликқала районлық бɵлиминиң баслығы Матниязова Айша Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы алдынан арнаўлы естелик белгиси менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен Айша Атаниязовнаны шын-жүректен қутлықлап, келеси дɵретиўшилик жумысларында тасқын табыслар тилеймиз!


✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қутлықлаў

Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлиминиң методисти Руслан Аллияровтың Нөкис ФМ радиосында 1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қутлықлаўы.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Беруний районлық бөлиминиң баслығы Нурсултан Кузенбаев Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң “Манавий марифий ишлар аълочиси” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен кәсиплесимизди шын-жүректен қутлықлай отырып, оның халқымыздың руўхый дүньясын байытыўдағы келеси дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Əжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша проректоры Қуўандық Қадиров докторлық диссертациясын табыслы жақлады.
👇👇👇
#Қутлықлаў

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Бүгин Қарақалпақстан халық артисти, Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының вокал артисти, "Маърифат" үгит-нәсияшылар жәмийетиниң ағзасы Өмирбай Қосымбетовтың туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен халқымыздың сүйикли актёры ҳәм белсенди үгит-нәсиятшысы болған Өмирбай Қосымбетовқа беккем денсаўлық, халқымызды, әсиресе, өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы ийгиликли жумысларында тасқын табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Усы жылдың 15-16-май күнлери Ташкент қаласында “Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша ең белсенди үгит-нәсиятшы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Онда кәсиплесимиз, Нөкис районлық 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Ибрайымова Гөззал сыйлы екинши орынды ийеледи.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң Баслығы Татлымурат Атамуратов Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Ибрайымова Гөззалды усы жылдың 15-16-май күнлери Ташкент қаласында болып өткен “Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша ең белсенди үгит-нәсиятшы” таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында сыйлы екинши орынды ийелегени менен қутлықлады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанындағы “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы Матякубова Назира Тохтабаевна Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы менен
сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен «Қарақалпақстан таңы» газетасының бас редакторы Назира Матяқубованы қызғын қутлықлап, алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы, сенатор, шайыр Минҳожиддин Мырзаның туўылған күни

Усы мүнәсибет пенен Минҳожиддин Мырзаны Орайдың Қарақалпақстан бөлими ҳәм Республикадағы гүллән мәнаўиятшылар атынан бүгинги туўылган күни менен қызғын қутлықлаймыз!

Дөретиўши устаздың елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да раўажландырыўдағы ийгиликли ислеринде талмас күш-жигер, бул бағдардағы дөретиўшилик ислеринде бийик пәрўазлар тилеймиз!

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Орайымыздың Қараөзек районлық бөлими бас қәнигеси Палуаниязов Мухамедалий “Өзбекстан Конституциясының 30 жыллығы” естелик белгиси менен сыйлықланды.

М.Палуаниязов 1989-жылы Қараөзек районында дүньяға келген. Жоқары мағлыўматлы. Өз мийнет жолын 2008-жылдан баслаған ол бир неше жыллар даўамында аўыл хожалығы, 2014-жылдан 2019-жылға шекем районлық аўыл хожалығы ҳәм кәсип өнер колледжинде методист, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшиси, Руўхыйлық хәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары лаўазымында жумыс алып барды.

М.Палуаниязов 2019-жылдан усы күнге шекем Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қараөзек районлық бөлими бас қәнигеси сыпатында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Биз гүллан жәмәәтимиз атынан кәсиплесимиз Палуаниязов Мухамедалий Джалгасбаевичти бүгинги жетискенлиги менен қызғын қутлықлай отырып, талапшаң қәнигемизге алдағы жумысларында еле де табыслар тилеймиз!

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Хожели районы ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен жыл жуўмағына байланыслы районлық белсендилер ушын өткерилген дәстүрий "АЛҒЫС-2022" илажында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлиминиң бас қәнигеси «Жылдың ең жақсы мәкеме хызметкери», деп табылып, район хәкимлиги тәрепинен статуэтка, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Ɵз гезегинде кәсиплесимизди жетискенлиги менен қызғын қутлықлап, келеси жумысларында дөретиўшилик табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими жәмәәти

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлиминиң баслығы Айша Мәтниязова "Ең белсенди депутат" деп табылды.

Усы мүнәсибет пенен кәсиплесимиз Айша Мәтниязованы шын-жүректен қутлықлап, алдағы ийгиликли ислеринде және де жоқары шеклер тилеймиз.

Республикалық бөлим жәмәәти

Республика бўлими расмий канали @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрманына көре, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң гүллән мийнет жәмәәти атынан ҳүрметли атақ ийесин шын жүректен қутлықлап, халқымыз, әсиресе жас әўладлардың руўхый дүньясын байтыўдағы дөретиўшилик жумысларында буннан былай да тасқын табыслар тилеймиз.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы, сенатор, шайыр Минҳожиддин Мырзаның туўылған күни

Усы мүнәсибет пенен Минҳожиддин Мырзаны Орайдың Қарақалпақстан бөлими ҳәм Республикадағы гүллән мәнаўиятшылар атынан бүгинги туўылган күни менен қызғын қутлықлаймыз!

Дөретиўши устаздың елимиздеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын буннан былай да раўажландырыўдағы ийгиликли ислеринде талмас күш-жигер, бул бағдардағы дөретиўшилик ислеринде бийик пәрўазлар тилеймиз!    

ҳүрмет пенен,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
       👉👉
@QR_Ruwxiyliq 👈👈
#Қутлықлаў

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген жаслар устазы Татлымурат Жумамуратович Атамуратовты 13-апрель туўылған күни менен қутлықлаймыз ҳәмде беккем ден-саўлық, шаңарағына аманлық, жумысларында табыслар тилеп қаламыз.


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq
#Қутлықлаў

Бүгин Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Турманов Сағындық Турғанбаевичтиң туўылған күни.

Усы мүнәсибет пенен Сағындық Турмановты Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими атынан шын кеўилден қутлықлаймыз, “Мәҳәлле жетилиги”ниң жумысын буннан былай да нәтийжели шөлкемлестириўдей машқатлы жумысларында мол табыслар тилеймиз!

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими мәлимлеме хызмети


✏️ҚР бөлимниң рәсмий каналы
👉 @QR_Ruwxiyliq