Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#рамазанның_пазыйлети

РАМАЗАН – РАЙЯН ЕСИГИНИҢ ГИЛТИ

Жәннетке кириўдиң өзи үлкен бир бахыт. Бирақ сол жәннетке Аллаҳ тааланың айырықша итибарына ерисип, арнаўлы таярлап қойылған есигинен кириў және бир өзгеше бахыт.

Имам Бухарий ҳәм Муслим Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. «Ораза тутыўшылар қәне?» делинеди. Сонда олар турады. Олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Олар киргеннен кейин, ол жабылады. Кейин ҳеш ким оннан кирмейди», деди».

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

#рәўият #рамазан_жақынласпақта #рамазанның_пазыйлети

Рамазанда жақсы әмеллердиң саўабы бир нешше есеге көбейтип бериледи

Рамазан ҳаққында Салман Фарсыйдан рәўият қылынған узын ҳәдисте: «Ким онда ықтыярлы тәризде бир жақсы ис қылса, тап бир парызды орынлағандай болады. Ким онда бир парызды орынласа, жетпис парызды ислегендей болады», делинген.
Ибн Ражаб раҳматуллаҳи алайҳи айтады: «Оразаның сонда да басқа әмеллерге қарағанда саўабы бир нешше есе көп болғаннан кейин,
Рамазанның оразасы да басқа оразаларға қарағанда бир нешше есе үстем болады. Бул оның ўақтының шарапаты ҳәм ол Аллаҳ парыз қылған ораза болғаны ҳәм Ол бул оразаны Ислам қурылған сүтинлериниң бири қылғаны итибарынан».
Рамазанда жақсы әмел қылған адам тәбийий тәризде оны ораза тутқан ҳалда орынлайды. Бир әмелди ибадат ишинде қылыў оны басқа ўақыт қылыўдан көре
пазыйлетли ҳәм саўаплы болады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #рамазанның_пазыйлети

🙄 РАМАЗАН АЙЛАРДЫҢ СУЛТАНЫ

     Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Айлардың ең абзалы Рамазан айы», деген.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Зәкаттың мәнис-мазмуны не?

💬
Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат бул – Ислам дининиң бес парызынан бири болған зәкат қаржылай ибадат есапланады. Оның “өсиў” “пәклеў” деген мәнилери бар. Шәриятымызда _бай деп есапланған адам белгили бир мал-мүлкинен өзине ўәжиб болған муғдарды кәмбағалға мүлик қылып бериўи* зәкат деп айтылады. Зәкат бериўде нысаб ҳәм жыл толыўы әҳмийетли.

Зәкат бериўдиң парыз екенлиги аяты кәриймалар ҳәм ҳәдислерде келтирилген. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

“Намаз оқың ҳәм зәкат бериң...” деген. (Бақара сүреси, 43-аят). Усы буйрық Аллаҳ тааланың кәламында сегиз мәрте тәкирарланған.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам Ислам дини бес сүтнниң үстине қурылғанын айтып, соның ишинде зәкатты да айтты.

Пайғамбарымыз алайҳиссалам әтираптағылардан зәкат алыў ушын адамларды жиберетуғын еди. Буған мысал ретинде Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға жиберип:

“Оларға Аллаҳ таала мал-мүлкинен белгили бир бөлегин алып, кәмбағалларға берилетуғын бир садақа бар екенлигиниң хабарын бериң”* деген (Имам Бухарий рәўияты).

Аллаҳ таала зәкат бермейтуғынларға қатты азап бар екенин ескертип
:

“... алтын ҳәм гүмислерди жасырын ғәзийне қылып, оларды Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға қатты азап бар екениниң хош хабарын бериң” (Тәўбә сүреси, 34-аят)

Ўаллоҳу аълам

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўә кеңеси

https://t.me/paziyletuz
#рәўият #рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

🙄 Рамазан – Райян есигиниң гилти

      Жәннетке кириўдиң өзи үлкен бир бахыт. Бирақ сол жәннетке Аллаҳ тааланың айырықша итибарына ерисип, арнаўлы таярлап қойылған есигинен кириў және бир өзгеше бахыт.

     Имам Бухарий ҳәм Муслим Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
   «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

   «Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. «Ораза тутыўшылар қәне?» делинеди. Сонда олар турады. Олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Олар киргеннен кейин, ол жабылады. Кейин ҳеш ким оннан кирмейди», деди».

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазанның_пазыйлети

🙄 ОРАЗАНЫ ПҮТКИЛ БАРЛЫҒЫҢЫЗ БЕНЕН ТУТЫҢ!

Жабир ибн Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳу айтады: "Егер ораза тутсаң, қулағың, көзиң ҳәм де тилиң өтирик (сөйлеў)ден ҳәм ҳарам нәрселерден ораза тутсын (сақлансын). Қоңсыға азар берме. Ораза тутқан күниңде сенде салдамлылық болсын. Ораза тутқан күниң менен ораза тутпаған күниңди бирдей етип қойма!"

📖  "Ҳикметлер булағы"нан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети #ораза

ОРАЗАНЫҢ СҮННЕТИ, МӘКРУҲ ҲӘМ БУЗЫЎШЫЛАРЫ

– Ораза тутқан адам қандай ислерди қылыўы сүннет?
Сәрлик қылыў; таңнан алдын оразаны нийет етиў; ораза менен нәпсини жаман нийетлерден тоқтатыўды нийет етиў; ораза болған ҳалда пайдасыз сөзлерди сөйлеў ҳәмде еситиўден өзин сақлаў; адамлар менен жәнжеллесиўден, ҳәмде ҳәр бир гүна ислерден өзин тартыў; имканы болғанша зикир айтыў ҳәмде Қуран тиләўат қылыў менен шуғылланыў; күн батқан ўақытта шам намазды оқымастан алдын аўыз ашыў сүннет болып есапланады.

– Ораза тутқан адамларға қандай ислер мәкруҳ есапланады?

Пайдасыз, биймәни сөзлерди айтыў; адамлар менен жәнжеллесиў; моншаға түсиў; суўға сүңгиў; аўқатты татып көриў; оразаны жалғап тутыў, яғный биринши күнги оразасын екинши күнге аўыз ашпастан даўам еттириў сыяқлы ислер мәкириў болып есапланады.

– Ораза тутқан адамға қандай ислерди қылыў дурыс болады?

Сатып алатуғын нәрселерди тил тийгизип татып көриў, зәрүр болғанда тағам шайнап бериў, көзге сүрме тартыў, бетти майлаў, мисўәктен пайдаланыў, қан алдырыў, зүлик қойдырыў, қуман менен ғусыл қылыў, сабын менен пәклениў дурыс болады, мәкруҳ емес.

– Оразаны қандай нәрселер бузады?

Гүнжи дәни муғдарында болса да тағам жеў; бир тамшы болса да суў ишиў; еркек ҳәмде ҳаялдың жынысый жақынлық қылыўы оразаны бузады.

– Бир адам биле тура өз қәлеўи менен оразаны бузатуғын ислерди биринши мәрте қылса, ол адам не қылыўы керек?

Оразасының қазасын тутады ҳәмде кәффәрат лазым болады.

«Идадати исламия» китабынан

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

РАМАЗАНДЫ ЗАЯ ҚЫЛМАҢ!
 
     Рәўият қылыныўынша, Ҳасан Басрий раҳмимаҳуллаҳ Рамазан айында ҳәзиллесип турған бир қәўимниң алдынан өтип, оларға төмендегише деген екен: "Аллаҳ таала бенделери ушын Рамазан айын ибадатта жарысатуғын майдан етип берди. Бир қәўим озып кетип, утысқа еристи. Ал, басқа қәўим изде қалып, қуры қол қалды.
     Озып кеткенлер утысқа ерисетуғын, ал бийҳуўда ис қылғанлар қуры қол қалатуғын усындай күнлерде ойнап-күлип жүриў жүдә ҳайран қаларлы ис!
     Аллаҳға ант, егер перде көтерилсе, жақсы әмеллерди қылыўшылар, ийгиликли әмеллери менен, жаман ислерди қылыўшылар, унамсыз ислери менен бәнт болып қалады".
     Яғный, белсендилер әмеллери қабылланғанлығы себепли бахтиярлық пенен бәнт болса, бийҳуўда ислерди қылғанлар болса, әмеллери қабылланбағаны себепли, ғам-қайғы менен бәнт болады.

📖 “Ҳикметлер булағы”нан үзинди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

Рамазан – мағфират айы

Рамазан айының ортасындағы он күни тек Рамазанның емес, ал сол жылдың «мағфират күнлери» болып есапланады.
Әбиў Фазл Рамазан
пазыйлети ҳаққында Салман разыяллаҳу анҳудан қылған рәўиятта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ол алды раҳмат, ортасы мағфират ҳәм ақыры дозақтан азат болыў пурсаты болған ай», деген.
Рамазанның ақырғы кешеси мағфират кешеси.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «О (Рамазан)ның ақырғы кешесинде ораза услаўшылардың гүналары кешириледи», деди. Олар: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы, ол Қәдир кешеси ме?», деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Яқ, бирақ жумысшы жумысын орынлап болғаннан кейин сыйлығы – ҳақысы толық қылып бериледи», деди.
Имам Аҳмад рәўият қылған.

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM