Paziyletuz | Рәсмий канал
67.2K subscribers
24.3K photos
3.21K videos
33 files
29.9K links
Download Telegram
#рамазан_2024 #ҳикмет

Рамазанды шырайлы күтип алмаған болсаң да, хошласыўды гөззал тәризде орынла! Ақыры кәмил болғанынан ибрат алынады, әўели кемшиликли болғанынан емес. Ҳасан Басрий: "Сен оразаның қалғанын шырайлы орынла, өткениндеги кемшиликлерди Аллаҳ таала кеширеди", деген.

Сен қалғанын ғәниймет бил!
Қашан Аллаҳтың мийримине ерисиўиңди билмейсең. Итимал, ол Рамазан айының ақырғы саатында шығар!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#рамазан_2024
#ҳәдис #зәкат

Зәкат мал-мүликтиң қорғаны

Зәкаты берилген мүлик – байлық кәмбағаллар ҳақысынан пәкленеди ҳәм көбейеўине себеп болады. Түрли апатлардан сақланады. Табийнлерден Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳтан нақыл қылыныўынша:
“Малларыңызды зәкат пенен қорғаң, аўырыўларыңызды садақа менен емлең. Бәлелер толқынына өзиңизди пәс тутыў арқалы дуўа ҳәм жалбарыныўлар менен қарсы шығың”, делинген (Имам Табараний рәўияты).

Зәкат адамды сықмарлық қәсийетинен қутқарып, Аллаҳға жақын бенделерден қылады;

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Сақаўатлы адам Аллаҳға жақын, жәннетке жақын, адамларға жақын ҳәм дозақтан узақ. Сықмар адам Аллаҳтан узақ, жәннеттен узақ, адамлардан узақ ҳәм дозаққа жақын. Өзи надан, бирақ сақый адам ибадатгөй болса-да, сықмар болған адамнан көре Аллаҳға сүйкимлирек”, деген (Имам Термизий рәўияты).

Шайтан зәкат бериўши адамға тап малының қырықтан бирин берсе, малы азайып кеткендей көрсетиўи мүмкин. Бирақ малды жарлыға бериў менен мал ҳеш қашан кемеймейди. Ал, ийеси ойламаған тәрептен Аллаҳ таала малын зыяда қылады. Буған төмендеги ҳәдис айқын мысал болады:
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Мал-мүлик садақа қылыў менен ҳеш кемеймейди» (Имам Термизий рәўияты).


https://t.me/paziyletuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024

ОРАЗАҢЫЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН, ӘЗИЗЛЕР!

🌙 Мине, көзди ашып-жумғанша пазыйлетлерге бай Рамазан айының да ақырғы күнинде турмыз. Усы айда ораза тутыўға қәдир қылған, саўаплы ислерге баслаған ҳәм Өзине ибадат қылыў заўқын берген Аллаҳ таалаға шексиз мақтаўлар болсын!

🤲 Бир ай тутқан оразамыз қабыл болып, қыямет күни Рәббимиз бенен ушырасқанда
Рамазанда ораза тутқанымыз ушын ўәде етилген қуўанышларға бөлениўди Аллаҳ таала бәршемизге несип етсин!

❗️Еле сизде ийгиликли әмеллерге саўаплар 10 еседен 700 есеге шекем яки оннан да көбейтип берилетуғын мәўритлер бар. Азғана садақа, зикирлер, силаи раҳм ҳәм басқа да саўаплы әмеллерди қылып, мол саўапларға ийе болып қалың.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024

🙄 Рамазан кетиўге таярлық көрмекте

Ол күнлерин жыйнастырыўды баслады. Аллаҳым! Бул айдың хош ийсинен нәпес алдырғаның ушын Өзиңе шексиз ҳамдлар болсын! Я Аллаҳым! Усы айға жеткергениңдей, ондағы ибадатларды да қабыл ет!

Аллаҳым! Және узақ жыллар қәлбимиз қәтержам болған ҳалда мүбәрек Рамазан айына, оның пазыйлетлерине жеткер!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024
#әҳмийетли

🔹 ТемаРамазан – сени сағынамыз»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Рамазан_2024 #Рамазан_ҳайыты
#Қутлықлаў

🙄 ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫНА РАМАЗАН ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

👉 ТОЛЫҚ...

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM