Paziyletuz | Рәсмий канал
69.1K subscribers
24.1K photos
3.13K videos
33 files
29.6K links
Download Telegram
​​#Пикирлеў

🌙 ЗАМАН ӨЗГЕРДИ МЕ, БИЗЛЕР МЕ?

Өткен күнлерде мийманға:
"Ҳәр дайым сиз ушын есигимиз ашық, қашан қәлесеңиз мийманға келиң, хош келипсиз!", – дер едик.

🔳 Ал, бул күнлерде:
"Келиўиңизди алдын ала ескертип қойсаңыз болмаспеди!" – демектемиз.

Өткен күнлерде:
"Ҳәўли алма, қоңсы ал!", дер едик.

🔳 Ал, бул күнлерде:
"Сен маған тийме, мен саған тиймеймен!" – демектемиз.

Өткен күнлерде ағайинлерди:
"Желкелеслер!", делинетуғын еди.

🔳 Ал, бул күнлерде:
Ағайинлер ағайин, делинбекте.

Өткен күнлерде күнлик жыйналыўымыз болатуғын, арамызда жоқларды сорап-сорастыратуғын едик...

🔳 Ал, бул күнлерде я байрамларда ҳәм я (жаназа намазларда) кеўил айтыўда көрисип атырмыз.

Өткен күнлерде:
"Мен бүгин не жақсылық еттим?!", деп өзимизди тергейтуғын едик...

🔳 Ал, бул күнлерде:
"Неге ҳеш ким жақсылық қылмай атыр?!", деп басқаларды тергеп атырмыз.

Өткен күнлерде душпан ким екенин жақсы билер едик.

🔳 Ал, бүгин дос ким екенин де билмей қалдық.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #пикирлеў #оразаның_пазыйлети

​​     РАМАЗАН ИЙИСИ
 
     Инсан бир нәрсени қатты сағынса, ол жақынласқаны сайын сағынышының күшлилигинен, сол нәрсениң ийисин сезе баслайды.
      Юсуф алайҳиссаламның әкеси перзентин қатты сағынғанынан: «Мен Юсуфтың ийисин сезип атырман», – деген екен.
      Рамазан жақын. Бизлер оны сағындық па? Рамазанның ийисин сезип атырмыз ба?
     Көпшилик Рамазан берекетли ай, түнлери де, күнлери де узақ ўақыт даўам етеди, деп ойлайды.
       Бирақ, умытпаң, әзизлер Рамазан айы да басқа айлар сыяқлы 30 күннен ибарат!
       Ҳәр бир күни де басқа күнлер киби 24 саат!
       Рамазан айында да басқа айлар сыяқлы төрт ҳәпте бар, яғный Рамазан да басқа айлар киби тез өтип кетеди.


😢"Рамазан сағынышы" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #пикирлеў
#оразаның_пазыйлети

🙄 Жәбрайыл алайҳиссалам былай деген екен:

🧔‍♀Егер Аллаҳ таала океанлардағы суў зәррелерин санап кел десе, санап келе аламан.

🧔‍♀Егер Аллаҳ таала шөлдеги қум зәррелерин санап кел десе, қанша қум зәрреси болса да санап келе аламан.

🧔‍♀Егер Аллаҳ теректе қанша жапырақ бар екенин санап кел десе, барып жер бетинде неше дана жапырақ барлығын санап келе аламан.

😮 Бирақ, Аллаҳ таала Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметлерине Рамазан айында беретуғын саўапты санай алмайман...

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

Жаслық дәўир

   Бәҳәр мәўсими басланыўы менен дийқанның жумысы көбейеди. Жерге ислеў береди. Туқым себеди. Нәл отырғызады, суўғарады, төгин береди. Ўақтында жаман шөплерин шаўып, тазалап турмаса, еккен нәрсеси өспейди. Ўақтында суўғармаса, егини қуўрап қалады. Дәнди кебир жерге сепсе, гүзде зүрәәт болмайды.

   Инсан баласының өмири де әне тап сондай. Жаслық ўақытта жол қойған қәтеси, қылған унамсыз ис-ҳәрекети, билип-билмей қылған гүна иси жасы үлкейип, қартайғанда, ашшы мийўе бериўи анық...

Дийқан бул – бәҳәрде қылған қәте-кемшилигин келеси жылы дүзетиўи мүмкин. Бирақ, инсанға жаслық дәўири бир мәрте бериледи.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

«Шаңарақ турмысында бир нәрсени ядда тутың! Қай жерде муҳаббат кем болса, айыплар үлкен болып көрине береди. Арзымас киши нәрселерге де урыс-жәнжел шыға береди. Соның ушын динимиз ерли-зайыплы өз ара меҳир-муҳаббатлы болып өмир сүриўге буйырған».

📖 Шайх Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

Бир нәрсени ўәжиб ямаса ҳарам деп айтыў, биреўге саўап ямаса азап бериў, биреўди кәпир ямаса фасық деп ҳүким қылыў Аллаҳтың иси! Бул бизлердиң исимиз емес. Бизлер тек ғана Аллаҳ ҳәм оның Расулы ҳарам дегенди "ҳарам" деймиз, ҳадал дегенди "ҳадал" деймиз.

Имам Аҳмад ибн Ҳанбал раҳматуллаҳи алайҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

ҚУРАН ЎАҚТЫМЫЗҒА МҮТӘЖ ЕМЕС

"Бул Биз түсирген китап – мүбәрек..." (Анъам сүреси, 92-аят).

Қуран мүбәрек, яғный берекетли Китап!
Қуран ўақтыңызға, өмириңизге ҳәм бәрше ислериңизге берекет алып киреди.

Гейде "Қуран оқыўға ўақтым жоқ", деген сылтаўлар қулаққа еситиледи.

❗️Умытпаң!

Қуран бизлердиң ўақтымызға мүтәж емес!
Керисинше, биздиң ўақтымыз Қуранға мүтәж!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

ЎАЗЫЙПАҢЫЗ

«Сен: «Я Рәббим! Маған илимимди зыяда қыл!» – деп айт» (Тоҳа сүреси, 114-аят).

Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды көбирек илим үйрениўге қызықтырған.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да өз гезегинде: "Меннен бир аят болса да (басқаларға) жеткизиң", деп илимди тарқатқан.

👉 Ҳәй Қуран үйренип, басқаларға үйретип атырғанлар!

Билиң, сизлердиң ўазыйпаңыз тек ғана бир бетти ядлаў ямаса ядлатыўдан ибарат емес!

Сизлердиң ўазыйпаңыз – үмметти тирилтиўден ибарат.

© Шайх Әлий Тантаўий раҳматуллаҳи алайҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

ЕҢ ГӨЗЗАЛ ҚЫССА

"Биз саған усы Қуранды ўаҳий қылыўымыз бенен гөззал қыссаны айтып беремиз" (Юсуф сүреси, 3-аят).

Ҳақыйқатында да, Юсуф алайҳиссалам қыссасы ҳикмет, ибрат, ўаз-нәсиятларды өз ишине алған ең шырайлы қысса.

Бул қыссаның ақыры жақсылық пенен жуўмақланған. Сонлықтан да "ЕҢ ГӨЗЗАЛ" қысса дәрежесин алған:

👉 Яқуб алайҳиссалам қыссаның ақырында балаларын тапты, көзи ашылды, баласының жоқары лаўазымға көтерилгенин көрди, бәрше шаңарақ ағзаларының рәҳәтине гүўа болды. Әке ушын буннан артық бахыт бар ма?!
👉 "Әзиздиң ҳаялы" (Зулайҳа) да қыссаның ақырында тәўбе қылып, Аллаҳға қайтты.
👉 "Қаладағы ҳаяллар" да ақыры Юсуф алайҳиссаламның гүнасыз екенин тән алды.
👉 Зиндандағы сақий (суў қуйыўшы) да азат болып, өз ўазыйпасына қайтты.
👉 Юсуф алайҳиссаламның әжағалары да әкесинен кеширим сорап, туўры жолға қайтты.
Бул қыссадағы дерлик бәрше қатнасыўшылардың ақыбети қайырлы жуўмақланды.
Соның ушын да бул қысса "ЕҢ ГӨЗЗАЛ ҚЫССА" атын алған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

👎 Қуранға бийпәрўалық ақыбети

"Қуран тиләўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей, рейим қылынсаңыз!" (Аъроф сүреси, 204-аят).

Қуран тиләўаты ўақтында басқа нәрселерге шалғымаў талап етиледи.

Бир адам бул ҳаққында рәўият қылады:

👉 Қуран оқып атырған едим, қолымда Мусҳаф (Қуран) бар еди.
👉 Телефоныма келген хабарларды оқыў пикири ойыма келди.
👉 Мен қирәәттен тоқтап, телефоныма келген хабарларды бирме-бир оқый басладым.
👉 Қуран қолымда турар еди.
Хабарлар арасында Мәлик ибн Динар раҳимаҳуллаҳтың төмендеги сөзлерин оқып, өзимнен уялып кеттим:


"Ким мақлуқатлардың сөзинен ўаз кешип, Аллаҳтың Сөзине дос болмаса, ҳақыйқатында да, ОНЫҢ ИЛИМИ АЗ, ҚӘЛБИ КӨР БОЛЫПТЫ ҲӘМ ӨМИРИН ЗАЯ ЕТИПТИ".

📖 Доктор Аҳмад Ийса ал-Маъсараўий.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

🙄 ТАСТАН ӨСКЕН ӨСИМЛИКТЕ ЖАСЫРЫНҒАН ҲИКМЕТ

"Ҳәм Зайтунды да (өндирдик)..." (Абаса сүреси, 29-аят).

Зайтун ең жумсақ өсимлик болып, тамыры таўда болады.
Ал, таў ең қатты дене.

👉 Ең қатты нәрседен ең жумсақ нәрсени шығарыўға қәдир болған Аллаҳ, ҳеш бир гүмансыз, жоқтан бар қылыў ҳәм қайта тирилтиўге де қәдир.

Солай екен:
👉 Ең қатты нәрседен ең жумсақ нәрсени шығарыўға қәдир болған Аллаҳ, ҳеш бир гүмансыз қатып қалған қәлблерди жумсатып, Аллаҳтың зикири менен ләззет таптырыўға да қәдир.


©️ Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

📖 Шаңарақлық хатмы Қуран режеси

🌙 "Ямаса оған (бираз ўақыт) қос (ярымынан көбирегинде уйқылаң) ҳәм Қуранды «тартийл» менен (дана-дана етип) тиләўат ет!" (Муззаммил сүреси, 4-аят).

Ҳасан ибн Солиҳ ибн Яҳя раҳимаҳуллаҳтың шаңарағы хатмы Қуран қылыўды әжайып усылда жолға қойған еди.
Ҳасан раҳимаҳуллаҳтың егизеги бар еди. Ата-анасы оларды Қуран муҳаббаты менен тәрбиялады.
Аға-ини егизеклер анасы менен бирге реже дүзип, түнди үшке бөлип алған еди:
👉 Ҳасан раҳимаҳуллаҳ түнниң әўелинде Қуран оқыйтуғын еди.
👉 Түнниң екинши бөлиминде Қуран оқыў гезеги инисине өтетуғын еди.
👉 Ал, түнниң қалған үшинши бөлиминде анасы Қуран оқыйтуғын еди.
Анасы қайтыс болғаннан кейин аға-ини түнди тең бөлип, Қуран оқыйтуғын болды.
Иниси де қайтыс болғаннан кейин, Ҳасан раҳимаҳуллаҳ бир өзи түнди Қуран қирәәти менен өткеретуғын болды.

📖 Имам Заҳабий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

РАСУЛУЛЛАҲ ﷺ ҚУРАНДЫ ҚАНДАЙ ЯДЛАҒАН?

🔹 "(Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған (Қуранды Жәбрайыл арқалы) қирәәт еттиремиз, кейин сен (оны) есиңнен шығармайсаң" (Аъла сүреси, 6-аят).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ўаҳий қылынған аятларды бир мәрте еситип, ядлап алыўы пайғамбарлық белгиси есапланады.

Себеби, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жазыўды да, китап оқыўды да билмейтуғын еди.

Бундай инсанлар (әдетте) бир нәрсени өз ана тилинде бир неше мәрте еситсе де ядлаўы қыйын болады.

Ал, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир мәрте еситип, ўаҳий қылынған бәрше аятларды ядлап, соң оқып берер еди.

Демек, бул да пайғамбарлықтың бир белгиси!

📖 Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

🙄 СОННАН КЕЙИН ТӘРЕЗИДЕН УРМАЙТУҒЫН БОЛДЫ

"(Саўдада тәрези ҳәм өлшеўден) урып қалыўшыға ўайл болсын!" (Мутоффифийн сүреси, 1-аят).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы аятты Мәккә халқына оқып бергенинде, мәккәлылар өлшеўден кемейтиўди тәрк қылды.

Мәккәлылар соннан кейин ҳасла өлшеўди кемейтпейтуғын болды.

📖 Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тек Мәккәға пайғамбар етип жиберилмеген.

Ол пүткил әлемге, бәрше инсанларға пайғамбар болған.

Бул аятты ким ҳәм қайерде оқыўына қарамастан, оған әмел қылыўы тийис.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

ШАЙТАНҒА ЕРГЕН КИМГЕ УҚСАЙДЫ?

📖 "Қашан Қуран оқысаң, әлбетте, қуўылған шайтан (ўасўасасы)нан Аллаҳ пана бериўин сора!"

Ким шайтанның жаманлығынан пана тилеп, Аллаҳға илтижа қылса, соң шайтанға ерип, гүнаға кетсе, бундай инсан кимге уқсайды?

Бундай инсан көп ҳәм үлкен муғдардағы мал-дүнья менен сапарға шыққан адам киби. Ол өз мал-мүлкин әззи ҳәм күшсиз қорғаўшыға тапсырып, оны қорғаў ушын дүньядағы ең шебер урыларды жәрдемге шақырғандай!

📖Әбиў Ҳафс Насафий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM