NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Исламда биринши болып мешитлерге минәраны ким қурдырған?
Anonymous Quiz
34%
Усман разыяллаҳу анҳу
25%
Әлий разыяллаҳу анҳу
41%
Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳи
Қуранда ең шырайлы қысса қайсы пайғамбарға тийисли?
Anonymous Quiz
22%
Адам алайҳиссаллам
15%
Ҳарун алайҳиссаллам
63%
Юсуф алайҳиссаллам
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳаж_2024

Ҳажыларымыз бенен сәўбет

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #тәрбия

Ким шаңарағына берекет жаўыўын қәлесе, үйине киргенде шаңарақ ағзаларына сәлем берсин!

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Балам! Үйиңе киргениңде сәлем бер. Сонда өзиң ушын да, шаңарақ ағзаларың ушын да берекет болады», деди.

Имам Термизий рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#интернет_әдеплери

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 3

Үшинши қағыйда: бул қураллардан пайдаланыўда жуўапкершиликти тереңнен сезиниў лазым. Инсан өз өмиринен, оны нелерге сарплағаны ҳаққында соралыўын ҳеш қашан естен шығармаўы керек. Социаллық тармақ сайтлары яки форумлардан мақсетсиз, бийкарға ўақытты өткериў ушын пайдаланыў ҳасла мүмкин емес. Жуўапкершиликти бир сәт болса да естен шығармаў керек.

«Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
25-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:40
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:50
  ҚУПТАН — 22:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:00
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

☀️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

🌿 Ассаламу алайкум. Ҳәптениң сийшемби күни мүбәрек болсын...

🌿 Басланған күниңиз әўметли келсин!

🌿 Жақсылықлар ҳәм жақсы инсанлар менен күн даўамында бирге болың!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

25-Июнь            2024
   19-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

Абдуллоҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бир адам өзиниң ата-анасын сөгиўи кәбийра гүна есапланады», деди.
«Өз ата-анасын қалай сөгеди?» – деп сорады.
«Бир адамды сөгеди. Ал, ол оның ата-анасын сөгеди», деди».


«Ал-адаб ал-муфрад» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

Тәғдирге ийман келтириў дегени не?

Тәғдир – негизи биз ушын ғайып нәрсе. Оны адам баласы изертлеп түбине жете алмайды. Сонлықтан да, тәғдирге ийман келтириў мәселесинде мусылман баласы ушын еки нәрсе ҳаўадай зәрүр. Олар:

1. Болған иске өкинбеў, яғный ол болды, оның болмай қалыўы мүмкин емес еди.

2. Болажақ ис ушын уўайымламаў. Яғный, болатуғын нәрсе сен қалесең де, қәлемесең де болады. Аллаҳ қәлесе, мүмкин емес нәрсе де жүзеге шығады.

Мине, усы екеўин жақсы түсинген адам адасыўға, қәтеликке жол қоймайды, жүреги тынышлықта болады.

Тәғдирге исениўдиң пайдалары

1. Тәғдирге ийман келтирген, исенген адам бир исти басламастан алдын Аллаҳға тәўекел етеди, себеби, ҳәрекетин ислеп атырған өзи болғаны менен соның барлығын несип етип, басқарып турған Аллаҳ екенин, нәтийжесин де Ол беретуғынын биледи.

2. Бенде барлық нәрсениң Аллаҳтың қәлеўи бойынша орынланатуғынын билгенде жүреги тынышланып, жаны жай таўады.

3. Егер бир қәлегенине қолы жетсе, өз-өзине таң қалмайды, мақтанбайды. Өйткени, жетисиў дегенимиз – сол исти жүзеге асырыўға көмеклесип, жақсы нәтийжеге жетиўге мүмкинлик берген Аллаҳтың мийирими ғана. Усыны түсинген адам өз-өзине мәс болмай, Аллаҳға шүкиршилик айтады.

4. Егер қәлегенине қолы жетпей, ойындағысы болмай қалса, ямаса өзине унамайтуғын бир жағдайға түсип қалса да, ол ушын уўайымлап-қайғырып отырмайды. Себеби, барлық нәрсе Аллаҳтың тәғдири, қәлеўи менен болатуғынын, гез келген ўақытта өзгере алатуғынын биледи.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбан_хайыты_2024

НӨКИС ҚАЛАСЫ «САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ҚУРБАН ХАЙЫТЫ ҲӘМ ҚЫЛЫНҒАН ДУЎАЛАРДАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#интернет_әдеплери

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 4

Төртинши қағыйда: медиа қуралларынан пайдаланыўшыларға жақсы тәрептен өрнек болыў зәрүр. Әсиресе, жәмийетте абырай-итибарға ийе, өз артынан көплеген адамларды ерткен адамлардың интернеттеги ҳәр бир ис-ҳәрекети мыңлаған, бәлким миллионлаған адамлар тәрепинен даўамлы бақлап барылады. Бундай инсанлардың бир хабарға билдирген мүнәсибети, жазған пикири, көрген мағлыўматы басқалар тәрепинен еликлеўге мүнәсип деп табылыўын ҳәм кең ен жайыўын умытпаўы керек.

«Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қысқа_сораў_жуўаплар

CОРАЎ: Малымыз егиз туўды. Адамлар мал егиз туўса биреўин садақа қылыў керек деп атыр, ҳақыйқатта сондай ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Динимизде бундай гәп жоқ. Бул адамлардың ойлап тапқан гәпи. Мал ийеси қәлесе садақа қылады, қәлесе өзинде алып қалады. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа комиссиясы




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

ҲӘММЕ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРДЫ ӨЗИНДЕ ЖӘМЛЕГЕН ДУЎА

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жүдә көп дуўалар менен Аллаҳға жалбарынатуғын еди. Ал, биз оннан ҳеш биреўин ядлап қала алмайтуғын едик. Сонда мен: « Я Расулуллаҳ, көп дуўалар менен жалбарынасыз. Биз олардан ҳеш бирин ядлай алмаймыз», десем, Ол: «Әне сол дуўалардың бәршесин өзинде жәмлеген дуўаны үйретейин бе? Ол:
«Аллоҳуммә инний әс-әлукә мин хойри мәә сә-әләкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә нәъуўзу бикә миң шәрри мәстаъаазәкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә әнтәл мустаъан. Ўә алайкәл балағ. Ўә ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләҳ», деди».

Мәниси: Аллаҳым нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сораған нәрселердиң жақсысын Сеннен сорайман. Ҳәм нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пана сораған нәрселердиң жаманынан пана сорайман. Ҳәм Сен жәрдем соралыўшысаң. Жетиклик Саған. Аллаҳтан басқа өзгертиўши ҳәм қуўат жоқ.

Имам Термизий рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
26-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:50
  ҚУПТАН — 22:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:05
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

26-Июнь            2024
   20-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube