NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳәдис #дуўа

АЗАНДА ҲӘМ КЕШҚУРЫН
ОҚЫЛАТУҒЫН ЗИКИР

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким ҳәр күни азанда ҳәм кешқурын "Родийту билләәҳи Роббәә, ўә бил Исләәми дийнәә, ўә би Муҳаммадин соллаллооҳу аләйҳи ўә сәлләмә Нәбиййәә, ўә Росуўләә" деп үш мәрте айтса қыямет күни Аллаҳтың разылығын табады", деди.

Зикирдиң мәниси: "Аллаҳты Рәбб, Исламды дин, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Нәбий ҳәм Расул деп разы болдым".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ЖАЎЫН ЖАЎЫП ТУРҒАНДА АЙТЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, Ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

АТА-АНАНЫҢ ҲАҚҚЫНА
ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА🤲

«Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл»

Исро сүреси, 24-аят.

Оқылыўы: «Рәббир-ҳәмҳумәә кәмәә раббәяний сағийраа»

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

КҮШЛИ САМАЛ БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам егер қатты самал болса:
"Аллооҳуммә инний әсәлукә хойроҳәә ўа хойро мәә фийҳәә ўә хойро урсиләт биҳи ўа аъуўзу бикә мин шәрриҳә ўа шәрри мәә фийҳәә ўа шәрри мәә урсиләт биҳи", деп айтатуғын еди.

Мәниси: Я Рәббим, Сеннен оның жақсысын, ондағы жақсылықты ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жақсысын сорайман. Я Рәббим, Сеннен оның жаманлығынан, ондағы жаманлықтан ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман.

Имам Муслим рәўияты.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Самал бенделерге жиберилген мийрим. Базыда ол мийрим менен келеди базыда азап пенен. Егер самал ессе, оны сөкпең. Аллаҳтан оның жақсысын сорап, жаманлығынан пана тилең", деди.

Әбиў Даўид ҳәм Ибн Можа рәўиятлары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

Бир күни Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:

• «Нәпсим қолында болған Аллаҳға ант, бир дуўа бар, оны ким оқыса, әлбетте Аллаҳ таала оның тәшўишин кеткизеди».

«Лә иләәҳә илләә әнтә. Субҳаанака. Инний кунту миназ зоолимийн».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҮЙДЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТТИ ҲӘМ ЫРЫСҚЫНЫ КЕҢЕЙТИРИЎШИ (КӨБЕЙТИЎШИ)
ДУЎА

Аллооҳуммағфир лий зәнбий ўә ўәссиъ лий фий дәәрий ўә бәәрик лий фий ризқий.
Аллооҳуммәжъалний ми­нәт тәўўәәбийнә ўәжъалний минәл мутәтоҳҳирийн.


Мәниси: Я Аллаҳым! Мениң гүналарымды кешир, үйим­ди кең қыл, ырысқымды берекетли қыл. Я Аллаҳым! Ме­ни (бәрқулла) тәўбе қылыўшылардан ҳәм (бәрқулла) пәк жүриўшилерден қыл.


«Исми аъзам» китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси #дуўа

БЕС МЫҢ ҚОЙДАН АБЗАЛ

Ҳәзрети Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, бир күни меннен:
– Ҳәй Әлий, саған бес мың қой берейин бе яки дүнья ҳәм ақырет ушын пайдалы бес кәлийманы үйретейин бе? – деп сорады.
– Я Расулуллаҳ, бес мың қой анаў-мынаў пайда емес. Бирақ маған сол бес пайдалы кәлийманы үйретиўиңизди қәлеймен, – дедим.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, мына дуўаны үйретти:
– «Аллаҳым, гүналарымды мәғфират қыл. Маған кең пейил ҳәм ҳадал бир дәрамат несип ет. Нәпсимди берген ырысқыңа қанаатлы қыл ҳәм қәлбимди Өзиң қайтарған нәрселерге мейил қылып қойма».

"Ҳикметлер ғәзийнеси" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

БӘЛЕНИ КЕТКИЗИЎДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Аллаҳ таала бир бендесине, ҳаялына, перзентине бир неъмат берсе, ол:
«Мәә шәә Аллооҳу ләә қуўўата илләә билләәҳ» деп айтса, сол неъматларда өлимнен басқа бәлеге дус келмейди», деди.

Мәниси: Аллаҳтың қәлегени болады. Аллаҳдан басқа күш-қуўат жоқ.

Ибн Сунний рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

Егер таўлардай қарызыңыз болса да

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуға мынандай деди: “Ҳәй Муаз, саған бир дуўа үйретейин бе? Егер усы дуўаны оқыйтуғын болсаң, Уҳуд таўындай қарызың болса да, Аллаҳ таала ол қарызыңды үзиўиңде жәрдемшиң болады" – деп төмендеги дуўаны үйреткен.

Дуўа: Аллооҳуммә, мәәликәл мулки туътил мулкә мәң тәшәә ўә тәнзиъул мулкә миммәң тәшәә. Ўә туъиззу мәң тәшәә ўә тузиллу мәң тәшәә. Биядикәл хойр. Иннәкә ъаләә кулли шәй-иң қодийр. Роҳмәәнәд дунйәә ўәл аахироҳ. Ўә Роҳиймәҳумәә. Туътий мәң тәшәә минҳәә ўә тәмнаъҳу мәң тәшәә. Ирҳамний роҳмәтән, туғнийний биҳәә ъан роҳмәти мәң сиўәәк.

Мәниси: Аллаҳым, бәрше мал-мүлклердиң жалғыз ийеси Өзиңсең. Қәлегениңе мал-мүлкти бересең, қәлегениңнен оны аласаң. Қәлегениңди әзийз қыласаң. Қәлегениңды хор қыласаң. Жақсылық Сениң қолыңда. Сен бәрше нәрсеге қәдирсең. Сен дүнья ҳәм ақыретте мийрим ийесисең. Қәлеген бендеңди Өз мийримиң менен сыйлайсаң. Қәлеген бендең бул бахыттан бос қалады. Аллаҳым, маған Сеннен басқаның раҳметине қәжет қалдырмайтуғын мийримиңди бер.

Тарқатың: https://t.me/niyetuz
#дуўа

Жәннет ғәзийнелеринен бири

Әбиў Муўса Ашъарий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам маған: «Жәннет ғәзийнелеринен бирин саған айтайын ба?» деди.
Мен: «Аўа, айтың, я Расулуллаҳ», дедим. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә биләәҳ» ти айт, ол жәннет ғәзийнелеринен», деди.

Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары.

“Ал-Азкар” китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Көлик (машина ҳәм соған уқсас нәрселер)ге минип атырғанда оқылатуғын
дуўа

     Әлий ибн Робиъадан рәўият қылынады:
     Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу атына минежақ болып, аяғын зәңгиге қойғанда "Бисмилләәҳ", деди. Оның үстине мингенде:

    "Субҳанәлләзий  саххоро ләнәә ҳәзә ўә мәә куннәә ләҳуў муқринийн ўә иннә илә Роббинәә ләмуңқолибуўн", деп айтты.

      Мәниси: "Бизге буларды бойсындырып қойған Аллаҳға ҳамд болсын. Бизлер өзимиз буған қәдир емес едик. Бәримиз Рәббимизге қайтыўшымыз".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Дуўа қабыл болатуғын ўақытлар:

1. Түнниң ақырғы үштен биринде. (Бухарый, Ҳәдиси қудсий);
2. Азан ҳәм тәкбир арасы. (Әбиў Даўыт, Аҳмад);
3. Сәждеде. (Әбиў Даўыт, Муслим);
4. Парыз намазынан кейин. (Термизий);
5. Жаўын жаўып турғанда. (Әбиў Даўыт, Ибн Мажа);
6. Мүсәпиршиликте. (Байҳақий, Термизий);
7. Арафа күни. (Имам Мәлик, Термизий);
8. Рамазан айында. (Бухарый, Термизий);
9. Ифтар ўақты. (Аҳмад, Термизий);
10. Наўқасты көриўге барғанда. (Муслим).




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

Арафа күни айтылатуғын ең жақсы дуўа

– Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Дуўаның ең жақсысы бул арафа күнинде қылынған
дуўа. Мен ҳәм меннен алдын өткен пайғамбарлар дуўада айтқан ең жақсы сөзлери:

"Ләә иләәҳә иллаллооҳу ўаҳдәҳу ләә шәрийкә ләҳу, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамду ўә ҳуўә ъаләә куллий шәй-иң қодийр".

Мәниси: Аллаҳтан басқа илаҳ жоқ. Ол жалғыз, шерики жоқ. (Бәрше) мүлик те, мақтаўлар да (жалғыз) Оныкы ҳәм Ол бәрше нәрсеге қадир.

(Имам Термизий рәўияты)

Бүгин усы дуўаны ҳәм басқа да кеўлимизге түйип қойған тилеклеримизди тилесек, әлбетте қабыл болады, иншааллаҳ.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #дуўа

ИБРАҲИМ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ДУЎАСЫ

«Роббәнәғфир лий ўәл ўәәлидәйя ўә лил муъминийнә яўмә яқуўмул ҳисәәб».

«Я Рәббимиз! Есап-санақ қылынатуғын (қыямет) Күни мени, ата-анамды ҳәм (бәрше) мөминлерди (гүналарын) кешир»

Ибраҳим сүреси, 41-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

ҲӘММЕ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРДЫ ӨЗИНДЕ ЖӘМЛЕГЕН ДУЎА

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жүдә көп дуўалар менен Аллаҳға жалбарынатуғын еди. Ал, биз оннан ҳеш биреўин ядлап қала алмайтуғын едик. Сонда мен: « Я Расулуллаҳ, көп дуўалар менен жалбарынасыз. Биз олардан ҳеш бирин ядлай алмаймыз», десем, Ол: «Әне сол дуўалардың бәршесин өзинде жәмлеген дуўаны үйретейин бе? Ол:
«Аллоҳуммә инний әс-әлукә мин хойри мәә сә-әләкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә нәъуўзу бикә миң шәрри мәстаъаазәкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә әнтәл мустаъан. Ўә алайкәл балағ. Ўә ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләҳ», деди».

Мәниси: Аллаҳым нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сораған нәрселердиң жақсысын Сеннен сорайман. Ҳәм нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пана сораған нәрселердиң жаманынан пана сорайман. Ҳәм Сен жәрдем соралыўшысаң. Жетиклик Саған. Аллаҳтан басқа өзгертиўши ҳәм қуўат жоқ.

Имам Термизий рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҚУРАНДА КЕЛГЕН ГӨЗЗАЛ ДУЎАЛАР

🌱«Я Рәббимиз, бизлерди туўры жолға салғаныңнан кейин кеўиллеримизди (сол туўры жолдан) аўдырма»
(Әли Имрон сүреси, 8-аят).

🌱«Я Рәббимиз, бизлерге тақатымыз жетпейтуғын нәрсени жүклеме!»
(Бақара сүреси, 286-аят).

🌱«Бизлерди әпиў ет, кешир ҳәм рейим ет!»
(Бақара сүреси, 286-аят).


🌱«Я Рәббимиз! Бизлердиң гүналарымызды ҳәм ишимиздеги ысырапкершилигимизди (бендешилигимиздеги қәтешиликлерди) Өзиң кешир».
(Әли Имрон сүреси, 147-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Саған ғана тәўекел еттик, Саған ғана қайттық ҳәм қайтып баратуғын жер де тек Өзиңниң алдыңда».
(Мумтаҳана сүреси, 4-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Өзиң бизлерге нурымызды кәмил етип бер, гүналарымызды кешир, әлбетте, Сен ҳәмме нәрсеге қәдирсең».
(Таҳрим сүреси, 8-аят).

🌱«Рәббимиз, бизлерге сабыр-тақат бер, қәдемлеримизди беккем қыл».
(Бақара сүреси, 250-аят).

🌱«Рәббимиз, әлбетте, бизлер ийман келтирдик, бизлердиң гүналарымызды кешир ҳәм дозақ азабынан сақла».
(Әли Имрон сүреси, 16-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Бизлер (өзиңе ғана) ийман келтирдик. Енди Бизлерди кешир ҳәм бизлерге рейим қыл! Сен рейим қылыўшылардың жақсысысаң».
(Муъминун сүреси, 109-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#дуўа

ҮЙДЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТТИ ҲӘМ ЫРЫСҚЫНЫ КЕҢЕЙТИРИЎШИ (КӨБЕЙТИЎШИ)
ДУЎА

Аллооҳуммағфир лий зәнбий ўә ўәәссиъ лий фий дәәрий ўә бәәрик лий фий ризқий.
Аллооҳуммәжъалний ми­нәт тәўўәәбийнә ўәжъалний минәл мутәтоҳҳирийн.


Мәниси: Я Аллаҳым! Мениң гүналарымды кешир, үйим­ди кең қыл, ырысқымды берекетли қыл. Я Аллаҳым! Ме­ни (бәрқулла) тәўбе қылыўшылардан ҳәм (бәрқулла) пәк жүриўшилерден қыл.


«Исми аъзам» китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның көп оқып жүретуғын дуўасы.

«Аллооҳумма әтина фид-дүнья ҳасәнәтән ўа фил әхироти ҳасәнәтән  ўа қинәә ъазәәбән-нәәр» еди.

Мәниси: Аллаҳым, бизлерге бул дүньяда ҳәм ақыретте  жақсылық қыл бизди дозақ  азабынан сақла.

(Имам Бухарий ҳәм Муслим рәўияты.)




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:https://t.me/niyetuz
#ҳәдис #дуўа

КҮШЛИ САМАЛ БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам егер қатты самал болса:
"Аллооҳуммә инний әсәлукә хойроҳәә ўа хойро мәә фийҳәә ўә хойро урсиләт биҳи ўа аъуўзу бикә мин шәрриҳә ўа шәрри мәә фийҳәә ўа шәрри мәә урсиләт биҳи", деп айтатуғын еди.

Мәниси: Я Рәббим, Сеннен оның жақсысын, ондағы жақсылықты ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жақсысын сорайман. Я Рәббим, Сеннен оның жаманлығынан, ондағы жаманлықтан ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман.

Имам Муслим рәўияты.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Самал бенделерге жиберилген мийрим. Базыда ол мийрим менен келеди базыда азап пенен. Егер самал ессе, оны сөкпең. Аллаҳтан оның жақсысын сорап, жаманлығынан пана тилең", деди.

Әбиў Даўид ҳәм Ибн Можа рәўиятлары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа #абитуриент

🤲 АБИТУРИЕНТЛЕР УШЫН УСЫНЫЛАТУҒЫН ДУЎАЛАР

Бәршемизге белгили мине усы кеше күндизимизде жасларымыз жоқары оқыў орынларына студент болыў мақсетинде тест имтиханларын тапсырмақта. Әлбетте, абитуриентлер барлық күш-жигерлери менен таярланғанлығы сөзсиз.

Аллаҳ тааладан абитуриентлеримиз ушын қайырлы дуўалар тилеген ҳалда, төменде имтихан күнлери оқып ядлап алыў усыныс етилетуғын дуўаларды келтиремиз:

1️⃣. «Робби йәссир ўә ләә туъассир. Робби тәммим бил-хойри».
Рәббим! Жеңил қыл, қыйын қылма. Рәббим, (нәтийжемди) жақсылық пенен жуўмақла!

2️⃣. «Роббишроҳ лий содрий ўә йәссир лий әмрий ўәҳлул ъуқдәтән мин лисәәний йәфқоҳу қоўлий» (Тоҳа сүреси, 25-28-аятлар).
«Я Рәббим, (бул ислерди қылыўда) мениң кеўлимди кең қыл, исимди жеңил қыл, тилимдеги түйинди (тутлықпаны) шеш ҳәм (қәўмим) сөзимди (жақсы) аңласын.


3️⃣. «Робби зидний ъилмән ўә фәҳмән».
Рәббим! Илимимди ҳәм зейнимди арттыр.

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM