NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
593 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳәдис #дуўа

Басына аўыр ис түскенде оқылатуғын дуўа

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаларынан бирине: «Басыңа аўыр ис түскенде – «Ҳасбуналлооҳ ўә ниъмәл ўәкийл», – деп айт», деди.

Имам Аҳмад ибн Ҳанбал рәўияты

Дуўаның мәниси: «Бизлерге Аллаҳтың Өзи жетерли. Ол қандай ҳәм жақсы жәрдемши».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
23-апрел күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:30
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:00
  ШАМ — 19:58
  ҚУПТАН — 21:30

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:15
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

23-апрель           2024
14-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #ораза

ОРАЗА

"Егер билсеңиз, ораза тутыўыңыз сизлер ушын жақсы".

Бақара сүреси, 184-аят.

Бир саҳралы адамнан соралды:
– Усындай ыссы күнде не ушын ораза тутып атырсаң?

Ол жуўап берди:
– Буннан да ыссырақ күн ушын ораза тутып атырман.

Яғный, буннан да ыссырақ күн бул – қыямет күни. Аллаҳ тааланың алдына барғанда, "Не ушын ораза тутпадың, Мен буйырып едим ғо?", десе не қыламан, сол күннен аманда қалыўым ушын ораза тутып атырман, деген екен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ӘДЕП

Әдеп - таўсылмас ғәзийне, инсанның ең үлкен байлығы. Оның жәрдеминде адам еки дүньяда шырайлы нәтийжелерге ериседи.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
БИР КЕСЕ ШАЙ

Қыялыңызға келтириң: алдыңызда бир кесе шай турыпты. Оған бир қасық қумшекер қосың. Бирак, араластырмаң. Ишип көриң-ши, қумшекердиң мазасы шықтымекен? Әлбетте, жоқ. Кесеге бираз карап турың да, соң шайдан уртлаң. Қалай? Маза кирип пе? Мениңше, жоқ.
Ўақыт өтип, шай суўып баратыр, бирақ сиз еле бир уртлам да шийрин шай ише алғаныңыз жоқ. Бул турыста шай суўып, ақыры ҳеш ким ишкиси келмей де қалады...
Турмыс та сондай. Ол мисли бир кесе шай. Ал, Аллахтың сизге берген ақыл-санасы қумшекер. Егер оны пайдаланбайды екенсиз, қумшекердиң мазасын биле алмайсыз.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мақала

"МӘНАЎИЙ ҚӘЎИПТЕН САҚЛАНАЙЫҚ".

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Аминжан Набатов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#шәўўәл_айы_оразасы

ШӘЎЎӘЛ АЙЫ ОРАЗАСЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Бул оразаны қашан тутқан мақул?

Шәўўәл айы ҳижрий сәнениң оныншы айы болып есапланады. Бул айда саламатлығы ҳәм мүмкиншилиги болған адам нәпил оразасын тутса, Аллаҳ таала ол бендеге көп әжир-сыйлықларын бериўин ўәде қылған. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
“Ким Рамазан оразасын тутып, изинен Шәўўәл айынан алты күн ораза тутса, жыл бойы ораза тутқандай болады” Имам Мүслим рәўияты).

Бул алты күнди Шәўўәл айының екинши күнинен баслап тутыў мүмкин.
Рамазанда базы бир себеплерге көре айрым күнлери ораза тута алмай, мойнында қазасы бар адамлар биринши сол қазаларын тутып алып, кейин Шәўўәлдың нәпил оразасын тутса мақсетке муўапық болады. Уламалардың көпшилиги Рамазан оразасының мәртебеси парыз, ал Шәўўәл айы оразасының мәртебесин нәпил екенини итибарға алып, биринши қазаны тутыўды усыныс еткен.
Керисинше, биринши Шәўўәлдың 6 күн оразасын тутаман, кейинги айларда Рамазаннан қалған қаза оразаларды тутаман, десе де орынлы болады.

Көпшилик уламалар Шәўўәл айындағы оразаны избе-из емес, ҳәптеде еки-үш күннен тутыўды усыныс етеди. Әсиресе, дүйшенби ҳәм пийшенби күнлери тутса, сүннетке де әмел еткен болып, 2 есе саўапқа ийе болады инша Аллаҳ. Алты күн избе-из тутса да инша Аллаҳ саўабынан ҳеш нәрсе кемейтирилмей бериледи.


https://t.me/niyetuz
#ҳәдис #тәрбия

БИРАДАРЫНА ҒАЙЫБАНА ДУЎА ҚЫЛЫЎ

Әлбетте, биреўдиң алдында турып, оның ҳақына дуўа қылыў да мақталған ис. Бирақ ғайыбана бирадарының ҳақына қылынған дуўа ҳақыйқый, хожакөрсинсиз ҳәм қалыс дуўа болады.

Абдуллаҳ ибн Амрдан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қабыл болыўы ең тез болған дуўа ғайыптың ғайыпқа қылған дуўасы», деди».

Түсиндирме: Бир-бирин көрмей турып, бирадарының ҳақына ғайыптан қылынған дуўа дуўалар ишинде ең тез қабыл болатуғыны екен. Соның ушын ҳәммемиз бир-биримиздиң ҳақымызға ғайыбана дуўа қылып турыўымыз керек екен. Бул жүдә лазым нәрсе. Себеби, дуўа мөминлердиң куралы есапланады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Миллий қәдирият мазмунында иләж ѳткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында республикамыздағы жоқарғы оқыў орынларында үгит-нәсият иләжларын ѳткериў шѳлкемлестирилген.
Иләжда Жаңа Ѳзбекстанның билимлендириў реформалары ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар муўапықлығын үгит-нәсиятлаў, руўхый әдеп-икрамлылық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар үстемлигине ерисиў, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў белгиленген.
Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ѳткерилген «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында ѳткерилген иләжда қатнасып, университет оқытыўшылары ҳәм студент жасларға динимизде миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мазмунында баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz