NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#дуўа

ДҮНЬЯ ҲӘМ АҚЫРЕТ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРЫН ЖӘМЛЕП БЕРЕТУҒЫН ДУЎА

Ториқ ибн Ашям Ашжаъий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына бир адам келип: "Рәббиме дуўа қылажақ болсам, не деймен?", дегенинде:
"Аллооҳуммәғфирлий, ўәрҳамний, ўәҳдиний, ўә ъаафиний, ўәрзуқний," деп айт" деди. Усы кәлималар дүнья ҳәм ақырет ислерин жәмлеп береди".

Имам Муслим рәўият қылған

Дуўаның мәниси: "Аллаҳым мениң гүналарымды кешир, мийримиңе ал, ҳидаят жолына басла, тынышлық бер, ырысқымды кең қылып қой".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
20-апрел күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:00
  ШАМ — 19:54
  ҚУПТАН — 21:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:10
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

20-апрель           2024
11-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Айт: «Ҳәмме нәрсениң ийеси болған Аллаҳым! Қәлеген адамыңа мүликти бересең ҳәм қәлеген адамыңнан мүликти тартып аласаң, қәлеген адамыңды қүдиретли қыласаң, қәлеген адамыңды хор қыласаң. Жақсылық – Сениң «қол»ыңда. Әлбетте, Сен – ҳәмме нәрсеге қәдирсең.

Әли Имрон сүреси, 26-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

🔹 Тема: "Әззи инсанларды кемситиў үлкен гүна!"

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

Шәўўәл айы оразасы Рамазан айында тутқан парыз оразамыздағы кемшиликлерге каффарат болады

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген:

«Аллаҳ ҳәр бир жақсылық ушын он есе жақсылық береди. Солай етип, бир ай Рамазан оразасын тутыў он ай ораза тутыўдай, алты күн Шәўўәл оразасын тутыў алпыс күн ораза тутыўдай болады, екеўи қосылып бир жыл болады».

(Насаий, Ибн Мажа рәўияты).

Уламалардың айтыўынша, Рамазаннан кейин Шәўўәлдың алты күнлик оразасын избе-из тутқан абзал, бирақ шәрт емес. Бул алты күнлик нәпил оразаны Шәўўәл айы даўамында тутса да болады.
Усындай уллы саўаплардың алдында турыппыз, бул саўапларды да қолдан жибермейик!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#сергеклик

💻 Ықрар мәнзили: Садық Самарқандий шақырықлары бул — үлкен фитна!

©️ Өзбекстан халықаралық ислам академиясы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram

Интернет сайтымыз: alberuniy.uz
#ҳәдис #дуўа

ШАҢАРАҚҚА ЫРЫСҚЫ СОРАЎ ДУЎАСЫ

«Аллооҳуммәжъал ризқо әәли Муҳаммадин қуўтан»

Мәниси: «Я Аллаҳ, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаңарағына жетерли ырысқы берегөр!»

Имам Бухарий ҳәм имам Муслим рәўият қылған ҳәдислерге көре, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам барқулла Аллаҳ тааладан «Я Аллаҳ, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаңарағына жетерли ырысқы берегөр!» деп дуўа қылар еди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деп баян қылады: «Расында, ҳәр бир нәрсениң қәлби бар. Қуранның қәлби Ясин сүреси. Ким Ясин сүресин оқыса, Аллаҳ таала оның қирәәти ушын Қуран Кәриймди он мәрте оқығанның саўабын жазады».

(Имам Термизий Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: «Бир итияжы бар адам Ясин сүресин оқып итияжын (Аллаҳдан) сораса, итияжы питеди (инша Аллаҳ)».

(Әбиў Шайх Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube