NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
5.95K photos
537 videos
6.12K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#нәсият

КҮЙЕЎЛЕРГЕ ОН НӘСИЯТ

1) Үйден шығып атырғаныңызда ҳаялыңыз бенен шырайлы хошласың. Оның кеўлин көтеретуғын гәплер айтың.

2) Ҳаялыңыздың көзин төрт қылып күттирмей, ўақтында жумыстан қайтың.

3) Ҳаялыңыздың кемшиликлерин басқаларға айтпаң, оның жақсы тәреплерин айтың.

4) Жумысыңыздағы машқалаларды үйге көтерип келмең.

5) Инсаплы бооың. Күши жетпейтуғын ислерди ҳаялыңызға ислетпең. Керек болса жәрдем бериң.

6) Саўғалар бериң, кеўлин көтериң.

7) Үйге сәлем берип, жүзиңизде күлки менен кириң. Шаңарақ ағзаларыңыз келгениңизден қуўансын.

8) Шаңарағыңызды пулсыз қалдырмаң, олды биреўлерге мүтәж қылмаң.

9) Көшеде жеп-ишкениңизден үйиңизге де алып келиң.

10) Үйлениў дүньяға мухаббат қойыў емес. Дин, Ўатан, халық ҳәм инсаныйлық жолында мийнет қылыўды умытпаң.

"Ғам-қайғысыз жасайын десеңиз (өксинбе)" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырызқландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
21-апрел күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:30
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:00
  ШАМ — 19:55
  ҚУПТАН — 21:25

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:10
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

21-апрель           2024
12-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #күн_дуўасы

ПАЙҒАМБАР ҚЫЛҒАН ДУЎА

Адам алайҳиссаламның дуўалары:

«Я Рәббимиз, бизлер өзлеримизге
(өзимиз) зулым қылдық. Егер бизлерди кеширмесең ҳәм бизлерге рейим қылмасаң, бизлер, әлбетте, зыян көриўшилерден болып қаламыз», – деди.

Аъроф сүреси, 23-аят.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ОЛ МЕНИҢ БИРӘДАРЫМ

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу гүнә ислеп қойған адамның қасынан өтип қалды. Адамлар оны жаманлап атыр еди. Ол адамларға қарап, "Егер ол қудыққа түсип кетсе, оны шығарып алмайсызларма?" деп сорады. Олар: "Шығаратуғын едик" деди. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: "Бирадарыңызды жаманламаң, оны жаманлағаннан көре, сизлерди гүнәдан сақлаған Аллаҳ таалаға ҳамд айтың", деди. Адамлар: "Бул адамды жаман көрмейсиз бе?" деп сорады. Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: "Мен оның қылған әмелин ғана жаман көремен, бирақ ол бул исти тасласа ол мениң бирәдарым", деп жуўап берди.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

НӘСИЯТ

1. Сырыңызди екеўден артық ҳеш ким билмесин.
Бириншиси Аллаҳ екиншиси өзиниз.

2. Дүньяда еки инсанның разылығын алыўда ҳәрекетте болың:
Ата-анаңыз.

3. Қыйыншылықларда еки нәрсе менен Аллаҳтан сораң:
Сабыр ҳәм намаз.

4. Еки нәрседен ҳеш қорықпаң:
Ырысқы ҳәм әжел. (Себеби ырысқыңыз ҳәм жаныңыз Аллаҳға аманат).

5. Еки нәрсени ҳеш еслемең:
Басқаға қылған жақсылығыңызды, басқадан көрген жаманлығыңызды.

6. Еки нәрсени ҳеш умытпаң:
Рәббиңизди ҳәм ахыретти.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

КЕКСЕЛЕРДИ ҲҮРМЕТЛЕЎ

Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
«Жас жигит кексе адамды жасы үлкенлиги ушын хүрмет қылса, Аллаҳ таала оны қартайғанда хүрмет қылынатуғын инсанлардың қатарына қояды», деди.

Имам Термизий рәўияты.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

КҮШЛИ САМАЛ БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам егер қатты самал болса:
"Аллооҳуммә инний әсәлукә хойроҳәә ўа хойро мәә фийҳәә ўә хойро урсиләт биҳи ўа аъуўзу бикә мин шәрриҳә ўа шәрри мәә фийҳәә ўа шәрри мәә урсиләт биҳи", деп айтатуғын еди.

Мәниси: Я Рәббим, Сеннен оның жақсысын, ондағы жақсылықты ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жақсысын сорайман. Я Рәббим, Сеннен оның жаманлығынан, ондағы жаманлықтан ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман.

Имам Муслим рәўияты.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Самал бенделерге жиберилген мийрим. Базыда ол мийрим менен келеди базыда азап пенен. Егер самал ессе, оны сөкпең. Аллаҳтан оның жақсысын сорап, жаманлығынан пана тилең", деди.

Әбиў Даўид ҳәм Ибн Можа рәўиятлары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

🔹 Тема: "Аллаҳ таала қәлбимизге қарайды".

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#қайырлы_түн

Уйқыға кетиўден алдын оқылатуғын дуўа:

"Бисмикәллооҳуммә аҳяә ўә әмўўт"

"Эй Рәббим, сениң атың менен тирилемен ҳәм өлемен".

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады " Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан уйқлаў ушын жамбасласа, он алақанын оң жүзине қоятуғын еди. Соң төмендеги дуўан оқыр еди.

"Эй Рәббим! Бенделериңди есап китап ушын қәбирден турғызатуғын күниңде мени азабыңнан сақла!"

🌙ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ БОЛСЫН!

🌙🌟ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:
https://t.me/niyetuz
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң дүйшемби күни

22-апрель           2024
13-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #нәсият

     Күнделикли өмирде көп, тәкирар-тәкирар қулаққа шалынатуғын сөзлер:
Жумыс жоқ...
Жумыста берекет жоқ...
Пайда кем...
Зиян көп...
Пулда берекет жоқ...
Ай күнде берекет жоқ...
Шаңарақта берекет жоқ...

     Себеби не? Себеби Аллаҳ ҳәм оның Расули, Қуран ҳәм Сүннеттен жүз бурыў. Бәрше шәрий ислерди арытқа таслап, Аллаҳ ҳәм оның Расулина қарсы ис қылыў. Бәле болса ҳәммеге бирдей келеди ...

     Аллаҳ таала:
     Егер (усы) журтлардың халқы ийман келтиргенде ҳәм (Аллаҳтан) қорыққанда еди, Биз, әлбетте, оларға аспан ҳәм Жерден берекетти ашып қойған болар едик. Бирақ, олар (пайғамбарларды) жалғаншыға шығарды. Кейин, оларды қылған ислери себепли (азапқа) туттық.

Аъроф сүреси, 96-аят.

     Үстимиздеги берекетсиз өмирдиң себеби гүна. Тақўа жоқ. Ыхлассыз әмел. Қәлбде жаманлық. Дин ислери болса ақырғы орында.
Нәтийже болса аяттағыдай...



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ГӘП ТАСЫЎШЫ РАСГӨЙ БОЛМАЙДЫ

«Иҳяиу улумид-дин» китабында мына рәўият келтириледи:

«Патша Сулайман ибн Абдулмалик Имам Зуҳрий менен бирге отырғанда оның қасына бир адам әкелинди, патша оған:
– Маған жеткериўинше, сен мен ҳаққымда түрли гәплерди тарқатар екенсең? – деди.
Ол киси:
– Бундай қылмадым, сиз ҳаққыңызда ҳеш нәрсе демедим, – деди.
Патша былай деди:
– Маған хабар жеткерген адам расгөй адам!
Сонда Имам Зуҳрий раҳматуллаҳи алайҳ:
– Гәп тасыўшы расгөй болмайды, – деди.
Патша азмаз ойланып қалды да, кейин:
– Рас айтасыз, – деди ҳәм әкелинген адамға:
– Бар кетебер, аман қалдың..., деди.

"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌