NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
593 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#тәрбия

ЗӘЙИД ИБН ӘЛИЙДИҢ НӘСИЯТЛАРЫ!

✏️Тилек ҳәм қалеўлериңизди сақлаң. Аллаҳ таала берген немъатлардан гүна ислерде пайдаланбаң!

✏️Жақсы қоңсы үйиңе берекет алып келеди.

✏️Жасырын садақа мал-мүлкиңизди көбейтеди.

✏️Жалқаў болма. Егер сондай қылсаң, желкеңдеги жүкти умытасаң.

✏️Турпайы болма, Аллаҳ тааланың буйырған ҳүкмине сабырсызлық қылған боласаң.

✏️Саған душпан болғаны ушын ақыллы инсаннан узақласқаның киби саған дос болған наданнан да узақлас. Надан адам күнлер келип саған пәнт береди. Ал, ақыллы душпан саған дузақ таслайды.

✏️Инсанлар менен жағаласыўдан узақ жүр. Бул исиң менен бир келиспеўшиликтиң алдын алған боласаң.

✏️Саған гүналардан тыйылыўды кеңес беремен. Аллаҳ таала да тақўалы бенделерин жақсы көреди ҳәм олар ырысқысын таба алмай жүргенде, олардың ырысқысын күтпегенде мол қылып береди.

✏️Илим үйренип атырғанда, сол алған илимиңиздиң нурынан басқалар да пайдаланыўына руқсат бериң.

✏️Илим ҳәр дайым итибар беретуғын нәрсеңиз болсын. Себеби, ибадаттың басы ҳәм динниң сүтини илим есапланады.


https://t.me/niyetuz
#тәрбия

Кәмбағаллық, мүтәжлик ҳәм қәстелик себеплери ҳаққында

1. Мийманға унамсыз мүнәсибетте болыў.

2. Қураны кәриймди таҳәратсыз услаў.

3. Бисмилләҳ айтпай тағам жеў.

4. Тик турып тағам жеў.

5. Ыдыс табақты таза ҳәм пәк тутпаў.

6. Қолды жуўмай аўқатланыў.

7. Намазды қаза қылыў.

8. Мешитте дүньялық сөзлерди айтыў.

9. Уллы адамларға, жасы үлкенлерге ҳәм алымларға ҳүрметсизлик етиў.

10. Босағада отырыўға әдетлениў.

11. Нәмәҳрам ҳаялларға шаҳўат нәзери менен қараў.

12. Жалған сөйлеў.

13. Таң мәҳәли уйықлаў.

14. Шамнан кейин уйқылаў.

15. Жалаңбас ҳәжетханаға кириў.

16. Ҳәжетханада сөйлесиў.

17. Ҳаялы менен жәнжеллесиў.

18. Пақырды кемситиў.

19. Жалғанға муҳаббат қойыў.

20. Ҳәўиз яки ғусылханаға киши дәрет қылыў.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият #тәрбия

АНАҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТТИҢ ЕҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ

Даўыт ибн Қайстан рәўият қылынады:
«Бир адам маған хабар берди. Әбиў Ҳурайра азанда үйинен шықпақшы болса, кийимлерин кийип, анасының алдына келип:
«Ассаламу алайкум, анажан ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ! Мени кишкенелигимде
тәрбия қылғаныңыз ушын Аллаҳ сизди жақсы сыйлықласын!» – дер еди.
«Балам, қартайғанымда маған жақсылық қылғаның ушын сени де Аллаҳ жақсы сыйлықласын!» – дейтуғын еди анасы.
Кейин шығатуғын еди. Қашан қайтса, және соған уқсаған гәпти айтар еди».

Мине, перзент пенен ананың арасында болатуғын мүнәсибеттиң үлгили бир көриниси. Уллы саҳаба, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның медресесин питкерген Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу ананы ҳүрмет қылыў бойынша дүньядағы бәрше перзентлерге үлгили сабақ өтпекте.


«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
​​#тәрбия

Айырым әкелер баласына болған муҳаббатын "сандық"ларда жасырып сақлайды.

Айырым әкелер өз перзентлерин жақсы көреди, бирақ өз муҳаббатын баласына билдириўди билмейди ямаса қорқады. Көпшилик әкелер балаларына меҳир көрсетиўдиң кереги жоқ деп ойлайды. Оларға көрсетип атырған ғамхорлығымыздан билип алады деп ойлайды. Бул – қуяштың нурысыз да өсимлик өседи деўге уқсайды. Дурыс, қуяштың нурысыз да өсимлик өсиўи мүмкин. Бирақ, бул өсимликтиң бойы пәс, денеси әззи, мүйўесиз болып өседи.
Бундай пикирлеў бала тәрбиясындағы қәтеликтиң өзеги есапланады. Егер сиз балаңызға жақсы көриўиңизди билдирмесеңиз, ол "жақсы көриў" деген туйғыны билмей өседи. Әсиресе, жас балалар ата-аналарының оларға деген муҳаббаты жоқ екенлигиниң хабарын сезиндиреди. Соның ушын олар: "Сиз де мени жақсы көресиз бе?" деген сораўды қояды. "Аўа, мен сени жақсы көремен, балам" деген гәпиңиз ол ушын жетерли емес. Ол ата-анасы ушын ең жақын инсан екен еситиўди қәлейди. Оларды еркелетип сүйиў, басын сийпаў, қолын услап сийпалаў ямаса баласының желкесине қолын қойып: "сен зорсаң!" деп айтыў да, сизиң ол ушын қәдирли екениңизди билдирип қояды.



https://t.me/niyetuz
#күн_аяты #тәрбия

Аллаҳ таала Ясин сүресиниң 7-аятында: «.. Олардың гәпи сени қапа қылмасын...», деп айтқанында адамлар арасында сөзлери тек азар жеткериўден ибарат адамлар болыўын билген.
Аллаҳым, олардың жаманлығынан Өзиң сақла!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия

Аз ҳәм саз сөйле

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: "Ким Аллаҳқа ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, жақсы гәп айтсын ямаса тыныш турсын", - деди».

Бухарий, Муслим, Әбиў Даўыт, Термизийлер рәўият қылған.

Бабаларымыз аз сөйлеўди, көп пикирлеўди, сөйлегенде де, тек зәрүр, рас, пайдалы сөзлерди сөйлеўди, сөзди ысырап етпеўди әдет қылған, басқаларды да соған шақырған. Егер ақыл адамлардың гәп сөзлериниң муғдары бойынша өлшенгенде, адамлардың ең ақыллысы олардың ең көп сөйлейтуғынлары болар еди.

Бирақ әлбетте, ондай емес.

Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳу: “Аўзыңа қарағанда қулақларыңды көбирек ислет. Аз сөйлеп көп тыңлаўың ушын саған бир аўыз, еки қулақ берилген», - деп айтады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Уламалар мийнетлеринде жүдә бир жақсы ҳикмет келген. Онда айтылыўнша:
“Ким Аллаҳтан да жақынырақ достым бар, деп ойласа, онда ол Аллаҳты жақсы танымайтуғын екен.
Ким өз нәпсимнен де жаман душпаным бар, деп ойласа, онда ол өз нәпсин танымайтуғын екен”.

Демек, Адам баласы ушын ең жақын дос – Аллаҳ. Өйткени адамның басына қашан қыйыншылық түссе, я Аллаҳым Өзиң жәрдем бер, деп дуўа етиўге түседи.
Адам баласы ушын ең жаман душпан – өзиниң нәпси. Өйткени адамның басына түсетуғын қыйыншылықлардың көпшилигине өз нәпси себепши болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

      Ата-ананы разы қылыў ушын 7 қәдем

1⃣- Ислериңизди олар менен мәсләҳәт қылың;

2⃣- Олардың сизлерге жақпайтуғын ҳәрекетлерине сабыр қылың;

3⃣- Олардан бир нәрсе сораған ўақытта жумсақ, мүләйим мәмиле қылың;

4⃣- Мүтәжликлерин толтырың;

5⃣- Оларды күлдириўге, бахыттан қуўанып жүриўине ҳәрекет етиң;

6⃣- Оларға жақын инсанларға ғамхорлық қылың;

7⃣- Көшеге шықса бирге шығып, оларға жолдас болың;

     "Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): "Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелегимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл" - деп айт".

Исра сүреси, 24-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #тәрбия

АЛЛАҲ ТААЛА ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ ПЕРЗЕНТ АТА-АНАНЫ ҚАЛАЙ ҲҮРМЕТЛЕЎ КЕРЕК ЕКЕНИН ӨЗИ ҮЙРЕТКЕН

Аллаҳ таала мөмин-мусылман перзентлер ата-анасын қалай ҳүрмет етиўи керек екенин баян етип айтады:
«Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет» (Исро сүреси, 24-аят)

Қанат – ушыў ҳәм көтерилиў себепшиси. Аллаҳ таала бизлерге мысал ретинде мынандай деп буйырып атыр: Ата-анаңыздың алдында сизди басқалардың алдында уллылап турған себеплерди пәслетиң:

🔷Ҳәмелиңиз болса, естен шығарың;

🔷Бай болсаңыз, кәмбағал сыяқлы турың;

🔷Жолбасшы болсаңыз, умытың;

🔷Дәрежеңизди билдиретуғын медалларыңыз болса, шешип қойың;

🔷Шешен болсаңыз, үндемей турың…

Ата-аналарымыздың алдында әпиўайы перзент болайық.

«Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл» (Исро сүреси, 24-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

6 НӘРСЕДЕН ҚӘЛБ ҚӘСТЕЛИГИ ПАЙДА БОЛАДЫ:

☑️ 1. Тәўбе үмитинде гүна қылыў.

☑️ 2. Әмел қылмаған ҳалда тәлим алыў.

☑️ 3. Әмел қылғанда да ықлассыз болыў.

☑️ 4. Аллаҳтың ырысқысын шүкир қылмастан жеў.

☑️ 5. Аллаҳтың бөлистиргенине разы болмаў.

☑️ 6. Өлилерди көмип ибрат алмаў.

Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube