NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.62K subscribers
5.41K photos
562 videos
5.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#күн_аяты

Намазды кәмил оқың, зәкат бериң ҳәм руку қылыўшылар менен бирге руку қылың!

Бақара сүреси, 43-аят

Жума намазының пазыйлетлери ҳәдислерде көп зикир етилген. Үзирсиз онда қатнаспаў қатты қараланады.

Әбиў Ҳанийфа раҳимаҳуллаҳ. нәзеринде жума намазын оқыў ушын кеминде төрт адам, Әбиў Юсуф раҳимаҳуллаҳ нәзеринде үш адам, Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ нәзеринде еки адам, Имам Шафиий раҳимаҳуллаҳ нәзеринде қырық адам болыўы шәрт деген.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео #күн_аяты

ФАТИҲА СҮРЕСИ

«Әъуўзу билләәҳи минәш-шәйтоонир рожийм»
«Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм»

«Әлҳамду лилләәҳи Роббил ъааләмийн. Арроҳмәәнир роҳийм. Мәәлики йәўмиддийн. Иййәәкә наъбуду ўә иййәәкә нәстәъийн. Иҳдинас сироотол мустәқийм. Сыротолләзийнә әнъамтә ъаләйҳим ғойрил мәғдуўби ъаләйҳим ўәләд-дооллийн».

Мәниси: Барлық ҳамд әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтыки, (Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли. Ол – қыямет күниниң ийеси. Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз. Бизлерди туўры жолға басла. Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла), ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Күндизди тиришилик (ўақты) қылдық.

Наба сүреси, 11-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Ант етемен (Қуяш батып атырған ўақыттағы) шапақ пенен,

Иншиқоқ сүреси, 16-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Ҳаж ҳәм умраны Аллаҳ ушын кәмил атқарың. Егер (кеселлигиңиз ушын ямаса қарақшылар себебинен) қоршаўда қалсаңыз, қурбыңыз жеткенинше қурбанлық қылың! (Сол) қурбанлық өзиниң (сойылатуғын) орнына бармағанша, шашларыңызды алдырмаң. Сизлерден ким аўырса ямаса басларыңызда (бит ямаса басқа бир) дәрт болса, (шашларын ўақтынан ертелеў алдырыўы мүмкин, бирақ бундай қылғаны ушын) ораза тутыў ямаса садақа бериў яки қурбанлық қылыў менен фидясын төлейди. Егер (қоршаўға түсиўден) аманда болғаныңыздан кейин, ким ҳажға (ўақтына) шекем умра қылыўы менен таматтуъ қылса (иҳрамнан ўақтынша шығып алса), онда, олар қолайлы болған қурбанлықты қылсын. Ким (буған имканият) таба алмаса, үш
күн ҳажда, жети күн қайтқаныңыздан кейин ораза (тутсын) – ҳәммеси толық он күн. Бул «Масжидул Ҳарам»да жасамайтуғынлар ушын. Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.

Бақара сүреси, 196-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Биз (өткен) ҳәмме үмметке, Аллаҳ берген шарўа ҳайўанларын (сойыў) алдынан Оның атын зикир етиўи ушын – қурбанлық қылыўды буйырғанбыз. Сизлердиң (бәршеңиздиң) илаҳыңыз – бир Илаҳ. Солай екен, Оған ғана бойсының. (Ҳәй Муҳаммад) Итаатлыларға хош хабар бер.

Ҳаж сүреси, 34-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

(Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң. Әлбетте, ол (намаз Аллаҳға) бойсыныўшылардан басқаларға жүдә үлкен ис.

Бақара сүреси, 45-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

ЯРЫМ АЯТТА ПҮТКИЛ МЕДИЦИНА

Аллаҳ таала баян қылып айтады:
👉 “… жеп-ишиң, (бирақ) ысырап қылмаң! …”

(“Аъроф сүреси, 31-аят").

Әли ибн Ҳусайн ибн Ўақид раҳимаҳуллаҳ айтады:
👉 “ Аллаҳ усы ярым аятта пүткил медицинаны жәмлеген”.

Имам Қуртубий раҳимаҳуллаҳ айтады:
👉 “Алымлар келисимине көре, Аллаҳ тааланың усы сөзинде пүткил медицина жәмленген”.

Усы аятта төмендеги еки мәселеге итибар берилген:
👉 Taғам ҳәм ишимликти тәрк қылып, денени әззилетиў шәриятымызда жоқ.
👉 Taғам ҳәм ишимликти ҳәдден тыс ишип-жеп, денеге зыян бериў де шәриятта қараланған.

Бул – медицинаның негизги мақсети!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#күн_аяты

«Ийгиликли ис қылыўыңыз, тақўа қылыўыңыз ҳәм адамлардың арасын жарастырыўыңыз ушын ишкен антларыңызға Аллаҳты келтире бермең! Аллаҳ —Еситиўши, ҳәм билиўши».

(Бақара сүреси, 224-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

(Ҳәй Муҳаммад) Айт: «Булардан да жақсырақ нәрсе ҳаққында хабар берейин бе? Тақўа қылғанларға Рәббиси алдында астынан дәрьялар ағып туратуғын, ол жерде мәңги қалынатуғын жәннетлер, пәкизе жубайлар ҳәм Аллаҳ тәрепинен разылық бар. Аллаҳ – бенделерди көрип турыўшы».

Әли Имрон сүреси, 15-аяты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

«Бир Пайғамбар келсе, (оны сынап көриў ушын) қылған қурбанлығын (аспаннан түскен) жалын жеп болмағанша оған исенбеўимиз ушын Аллаҳ бизлер менен келискен», – дегенлерге: «Меннен алдын да сизлерге (ата-бабаларыңызға) Пайғамбарлар анық ҳүжжетлер ҳәм сизлер айтқан нәрсе (қурбанлық киби мөжизалар) менен келген еди. Егер рас сөйлеп атырған болсаңыз неге оларды өлтирдиңиз?» – деп айт.

Әли Имрон сүреси, 183-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ал, ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ, ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға, ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға (мүсәпирлерге) ҳәм қолыңыз астындағыларға (жақсылық қылың)! Әлбетте, Аллаҳ тәкаббыр, мақтаншақты жақсы көрмейди.

Ниса сүреси, 36-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Аллаҳға ибадат қылың ҳәм Оған ҳеш нәрсени шерик қылмаң! Ал, ата-аналарға жақсылық қылың! Сондай-ақ, ағайин-туўысқанларға, жетимлерге, мискинлерге, ағайин қоңсыларыңызға, ағайин емес қоңсыларыңызға, қасыңыздағы жолдасларыңызға, жолаўшыларға (мүсәпирлерге) ҳәм қолыңыз астындағыларға (жақсылық қылың)! Әлбетте, Аллаҳ тәкаббыр, мақтаншақты жақсы көрмейди.

Ниса сүреси, 36-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Еслең, Биз Исрайыл әўладынан: «Аллаҳтан басқаға ибадат қылмайсыз, ата-анаға, ағайинлерге, жетимлерге, мискинлерге жақсылық етиң, адамларға жақсы сөз айтың, намазды кәмил оқың, зәкат бериң» – деп келисим алған едик. Кейин азғантайыңыздан басқаңыз (бул келисимнен) жүз бурып кеттиңиз.

Бақара сүреси, 83-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube