NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
«Қарақалпақстан» посёлкасы турғынлары менен ушырасыў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов «Қарақалпақстан» посёлкасына еткен хызмет сапары даўамында посёлка турғынлары менен де ушырасып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформалар, сыясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы соңғы ѳзгерислер, елимизде алып барылып атырған саўаплы ислер сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын илим-билим алыўға бағдарлаў ҳаққында сѳз етти.
Ушырасыў даўамында «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы апа Қошымбетоваға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Сапар даўамында посёлкадағы қурылыс-ремонт, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Посёлкадағы жәрдемге мүтәж 2 шаңарақ ҳалынан хабар алды, олардың турмыс тәризи менен жақыннан танысып, азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берди.
Хызмет сапары соңында қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровқа «Қарақалпақстан» посёлкасы район орайынан алыс аймақта жайласқанлығын инабатқа алып, посёлкадағы «Бердақ баба» мешити имам-хатиби пенен тығыз байланыста болыўы кереклиги ҳаққында айтты ҳәм бир қатар тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

БӘРШЕ ЕСИКЛЕР ГИЛТИ

🗝Әзизлик гилти – Аллаҳ ҳәм Расулине итаат.
🗝 Ырысқы гилти – истиғфар ҳәм тақўа менен биргеликтеги ҳәрекет.
🗝Жәннет гилти – таўҳид.
🗝Ийман гилти – Аллаҳтың мөжизалары ҳәм мақлуқатлары барасында пикирлеў.
🗝Жақсылық гилти – расгөйликте.
🗝Қәлблер өмири гилти – Қуранды түсиниўде.
🗝Илим гилти – шырайлы сораў яки шырайлы тыныш турыў.
🗝Утыстың гилти – сабыр.
🗝Нәжат гилти – тақўа.
🗝Зыядалық гилти – шүкир.
🗝Ақыреттеги мақтаў гилти – дүньяда азына да қанаат қылыўда.
🗝Ижабат гилти – дуўа.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
4-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:15
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:10
  ШАМ — 20:10
  ҚУПТАН — 21:45

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:25
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

4-май            2024
25-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Сапар қылың - саламат боласыз ҳәм ырысқыланасыз", деди.

Имам Аҳмад ҳәм Имам Табараний рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет #тәрбия

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айтады:

Үш нәрсе ҳаққында көп ойға талма:

1. Жарлылық ҳаққында ойлама, өйткени ғамың көбейип кетеди. Бундай ғам адамды ашкөз етип қояды.

2. Саған зулым еткен адам ҳаққында ойлама, өйткени қәлбиң ғәзепке толып, душпаншылығың күшейип, қәҳир-ғәзебиң даўамлы болып қалады.

3. Дүньяда узақ қалыў ҳаққында ойлама, өйткени мал-дүньяға қызығып, өмириңди зая етесең ҳәм жақсы ислерди артқа сүресең.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

17 нәрсе қәбир азабынан сақлайды

1. Ата-анаға жақсылық қылыў.
2. Намаз.
3. Рамазан оразасы.
4. Ҳаж ҳәм Умра.
5. Жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарыў.
6. Аллаҳ тааладан қорқыў.
7. Аллаҳтан үмитин үзбеў.
8. Аллаҳ ҳаққында жақсы гүманда болыў.
9. Ҳәр дайым таҳәратли жүриў.
10. Ҳәр дайым Аллаҳтыӊ зикиринде жүриў.
11. Жунубликтен кейин дәрриў ғусл қылыў.
12. Жақын туўысқанлық қатнасықларды тиклеў.
13. Жақсы минез-қулық.
14. Гөдеклигинде дүньядан өткен перзент.
15. Аллаҳтан қорқып жылаў.
16. «Ләә иләәҳә иллаллаҳ»ты көп айтыў.
17. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Түнди (ҳәмме нәрсени жасыратуғын) кийим қылдық.

Күндизди тиришилик (ўақты) қылдық.

Наба сүреси, 10-11-аятлар.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Әпсана

Әкежан!
- Ләббәй!
- Месси әпсанама ямаса Роналдома?
- Қураны Кәриймниң бәршесин бир ракатта оқыған Усман ибн Аффан әпсана, балам.
Бир айда бир мәрте де Қуран оқый алмаған биз де ”әпсана”мыз.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
5-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:15
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:10
  ШАМ — 20:11
  ҚУПТАН — 21:45

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:25
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

☀️ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!!!

Аллаҳ тааланың сәлеми,
Пайғамбар ﷺның дуўасы,
Қуранның нуры күн даўамында сиз бенен бирге болсын!

Жақсы нийетлер менен баслаған күниңизди, Аллаҳ таала жақсылықлар менен толтырсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң екшемби күни

5-май            2024
26-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳикмет

Тәўбе екиге бөлинеди:

1. Инаба тәўбеси - бендениң Аллаҳтан қорқып қылған тәўбеси;

2. Истижаба тәўбеси - бендениң Аллаҳтан уялып қылған тәўбеси.

Зунунни Мисрий раҳимаҳуллаҳ



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#сораў_жуўап

Қәбирди зийнетлеў, үстине жай салыў ҳәм атын жазыў

عَنْ جَابِرٍ  قَالَ: نَهَى رَسُولُ اللهِ  أَنْ يُجَصَّصَ الْقَبْرُ وَأَنْ يُقْعَدَ عَلَيْهِ وَأَنْ يُبْنَى عَلَيْهِ. رَوَاهُ الْخَمْسَةُ إِلاَّ الْبُخَارِيَّ. وَلَفْظُ التِّرْمِذِيِّ: نَهَى النَّبِيُّ  أَنْ تُجَصَّصَ الْقُبُورُ وَأَنْ يُكْتَبَ عَلَيْهَا وَأَنْ يُبْنَى عَلَيْهَا وَأَنْ تُوطَأَ.

Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қәбирди пор менен сыбаўдан, оның үстине отырыўдан ҳәм оның үстине жай қурыўдан қайтарды».
Имам Шәфеий қәбирди ылай менен сыбаўға руқсат берген. Басқа ҳәр қандай нәрсени қәбир үстине ислеў мүмкин емес. Тек ғана белги ушын тас қойса болады.
Қәбирлер ата-бабаларды еслететуғын бир орын болғанлықтан өткен үмметлердиң адасыўының тийкарғы себеплеринен бир қәбирстан болған. Сол себепли исламда бул мәселеге айрықша итибар қаратылған.
Бул ҳәдиси шәрийфте қәбирлерде мүмкин болмаған ислер саналған:
1. «Қәбирди пор менен сыбаў».
Пор сыбаў ылай сыбаўдан бираз шырайлы, зийнетли, ақ болыўы ҳәммеге мәлим. Соның ушын қәбирге бул исти ислеў мүмкин емес. Себеби бул исте тирилер ушын керек болатуғын нәрсени зая етиў бар. Динимизде ҳәр қандай нәрсени зая етиў ҳарам есапланады. Азмас ақыл жүритилип ойланылса, пор сыбаўдың өзи ҳарам болғаннан кейин оннан көре көбирек қаржы кететуғын қурылыс материалларын жумсақ буннан да беттер ҳарам болыўын түсинип жетиў қыйын емес. Солай екен, түрли басқа сыбаўлар, қымбат баҳалы таслар, шынжырлар, тосықлар ҳәм басқа усындай нәрселер улыўма мүмкин емес.
Екиншиден, қәбир қурыўшыға да, марҳумға да, басқаларға да қәбирге жай қурыўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ. Пайдасы жоқ нәрсени ислеў, мусылманға ҳарам болады.
Үшиншиден, қәбир әпиўайы, тәбийий ҳалда турса жаўған қар-жаўыннан, өскен от-шөптен қәбир ишиндеги мәйитке пайдасы тийеди. Қәбир үстин түрли нәрселер менен жаўғанлар болса, мәйитти бул жақсылықтан тосқан болады.
2. «Қәбир үстине отырыў».
Сондай-ақ, тик турыў ҳәм жатыў да мүмкин емес. Себеби бунда қәбирдеги адамға ҳәм оның жақынларына ҳүрметсизлик бар.
3. «Қәбир үстине жай салыў».
Бул қәбирди сыбаўдан да үлкенирек бир ис.
Имам Мәликтиң шәкирти Ибн Абдулҳакам қәбири үстине жай салыўға ўәсият еткен адамның ўәсиятына әмел етилмейди, соның ушын, қәбирлердиң үстине қурылған жайлар бузып тасланыўы керек, деген.
Қәбир үстине жай салыўдың дурыс емес екенине усы дәлиллер жетерли болса керек. Лекин айырым орынларда, әсиресе, бизлердиң журтымызға уқсаған қәбирстанлар қоршалмаған жерлерде қәбирге ҳәр түрли ҳайўанлардың түсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде ағаштан қәбир үстин қоршап қойса болады. Бунда да ҳеш қандай зийнет бермеў керек.
Өкинишлиси журтымызда қайсы бир қәбирстанға кирсек сарайға барып қалғандай боламыз. Адамлар бир-биринен озарға қәбирлердиң үстине жай салып атырғанын көремиз. Бийшара ата-анасына тири ўақтында пайдасы тиймеген перзентлер, енди ата-анасы өлгеннен кейин оларға азар бериў өтип алған. Дос-яранларымнан уяламан, ата-анасына қарамай қойыпты екен деп айтпасын деген ойда ата-анасының қәбирлериниң үстине қымбат баҳалы таслардан үй салып бергенин көремиз. Бирақ бул ислери менен олар өзлери гүнакар болыўы менен бирге ата-анасын қыйнап атырғанын бир ойлап көрсе жақсы болар еди.
4. «Қәбирдиң үстине жазыў».
Жумҳур уламалар қәбир үстине оның ийесиниң атын да, басқа бир нәрсени де жазыў мүмкин емес, деген.
Ҳанафий мәзҳабы уламалары қәбирдиң жоғалып кетиўи яки хорланып қалыўы мүмкинлиги себепли белги қойыў зәрүр болып қалса, белги болатуғын нәрсени жазып қойса болады, деген.
Бул ислерди жақсылап үйренип, шәрият бойынша ис көриўге ҳәзирги күнде жүдә үлкен мүтәжлик бар.


https://t.me/niyetuz
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға қыямет күни ең жақын отырыўшылар кимлер?

«Әдеплер ғәзийнеси» 1-том
Anonymous Quiz
31%
Минез-қулқы жақсылар
59%
Ата-анасына жақсылық қылыўшылар
10%
Перзентине туўры тәрбия бергенлер
Шууро сөзиниң мәниси қандай?

«Әдеплер ғәзийнеси» 1-том
Anonymous Quiz
46%
Дүзим
10%
қосық
44%
мәслаҳат, мәслаҳат қылыў
#пикирлеў

Ең уллы неъмат не екенин билесизбе?

Аллаҳ таала сизге қанша неъмат бергенин сезиниўди қәлейсиз бе?

Көзиңизди жумып он адым жүрип көриң!

Жүрип көрдиңиз бе? Нени сезиндиңиз? Бир неъматтың әҳмийети қәншелли екен?
Мениңше түсиндиңиз?!

Қолыңызды қыймылдатпай, дастурқанда турған кеседен суў ишип көриң!

Не деген қыйын екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Бир аяғыңызды ислетпей, тек биреўинде жүрип сол жағдайда ҳәжетханаға кирип көриң!

Нени көз алдыңызға келтирдиңиз?!
Мениңше отырып-турыўдың қәншелли қыйын екенин көз алдыңызға келтирдиңиз?!

Үстиңизде турған кийимиңиз қоңсыларыңыз кийетуғын кийимлерден гөнерек, модасы да артта қалып кеткен бе?

Енди арылаўдағы пәленше қоңсыңыз кийетуғын кийим ҳаққында ойлап көриң! Оның кийиминиң алдында сизиң кийимиңиз кәншелли жаңа екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Машинаңыз жоқ екенинен налыйсыз ба?!

Еле машинаңыз жоқ екенине өкинсезиз бе?!

Аллаҳ таала дүньяда жасап атырған миллиардлаған бенделери арасынан сизди таңлап, сизге "ИЙМАН" неъматын берген. Бул сиздеги ең уллы неъмат!Буған шүкир етиң! Өмиримизди ИЙМАН шақыратуғын ибадатлар, жақсы әмеллер менен өткизип, гүна-маъсыятлардан узақ болайық!


https://t.me/niyetuz