NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳәдис

КЕШ КИРГЕНДЕ НЕ ДЕЛИНЕДИ?

Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады:
«Әбиў Бәкир:
«Я Аллаҳтың Расулы! Маған азанда ҳәм кешқурын айтатуғын нәрсени үйретиң», – деди.
«Я ғайыпты ҳәм барлықты билиўши, аспанлар ҳәм жерди жаратыўшы Аллаҳым! Ҳәр бир ис Сениң еки алақаныңда! Гүўалық беремен, Сеннен өзге илаҳ жок! Сеннен нәпсимниң жаманлығынан, шайтанның жаманлығынан ҳәм ширк келтириўинен пана тилеймен» - де .
Буны азанда, кешқурын ҳәм уйқылаўға жатқаныңда айт» -
деди».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

АНАҒА ЖАҚСЫЛЫҚ ҚЫЛЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деди:
«Түсимде жәннетти көриппен. Бир қарыйдың тилаўатын еситип, «Бул ким?» десем, «Ҳариса ибн Нуъман», деди».
Кейин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Жақсылық мине усындай, жақсылық мине усындай, Ҳариса адамлардың ишинде анасына ең көп жақсылық қылыўшылардан еди», деди.

Имам Насаий ҳәм Аҳмад рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

БАЙРАМ

Ибн Мәжа Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Әлбетте бул (жума күни) байрам күни. Аллаҳ оны мусылманлар ушын (байрам қылған). (Солай екен) Ким жумаға келсе ғусыл қылсын. Егер онда хош ийисли әтир болса оннан сеўип алсын. Мисўәк пенен тис тазалаўға да беккем турсын».

Имам Суютийдиң «Хасоисул жумъа», китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #зикир

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Мен ҳәм меннен алдын жиберилген пайғамбарлардың айтқан сөзлери ишинде ең абзалы «ЛӘӘ ИЛӘӘҲӘ ИЛЛӘЛЛООҲУ ЎАҲДӘҲУ ЛӘӘ ШӘРИЙКӘ ЛӘҲ» кәлиймасы», деген.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким күн бойы жумыстан, мийнеттен шаршап, кеште ҳадал мийнеттиң шаршаўы менен жатса таң намазға шекем Аллаҳ оның гүнасын кеширеди”, деди.
Ҳадал мийнеттиң пазыйлети, ҳадал кәсиптиң шарапаты гүналардың кеширилиўине себеп болады, ибадатлардың қабыл болыўына себеп болады, перзентлерди ҳадал пәкизе ырысқы менен бағыўға себеп болады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия

ӨЗ АЙЫБЫН БИЛИЎ ЖОЛЛАРЫ

Аллаҳ таала бендесине жақсылықты раўа көрсе, оны өз айыбын өзи көре алатуғын қылып қояды. Айыбын көргеннен кейин оны туўрылаў аңсат болады. Өз айыбын анықлаўдың төрт жолы бар:

1. Адамлардың айыпларын жақсы билетуғын устаздың алдында тәлим алыў. Сол устаз айыпларды көрип ҳәм оның даўасын қылып береди.

2. Диндар, ықласлы ҳәм садық дос табыў.
Ол бақлап барып, кемшиликлерди табады ҳәм хабарын береди. Үлкен имамлар ҳәм уллылар усы исти қылған.
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу: «Маған айыпларымды ҳәдия қылған адамды Аллаҳ рейим қылсын», дейтуғын еди.
Ол Салман разыяллаҳу анҳудан өзиниң айыплары ҳаққында сорайтуғын еди. Бир күни оның алдына келгенинде:
«Меннен саған унамайтуғын қандай нәрсе жетти?» деди. Ол айтыўдан бас тартты. Умар разыяллаҳу анҳу қатты турып алды. Сонда:
«Маған жетип келген хабарға қарағанда, бир дастурқанда еки түрли тағам жейтуғын екенсең. Еки түрли кийим кийетуғын, бирин күндизи, екиншисин түнде кийетуғын екенсең», деди.
«Буннан басқа нәрсе жетпеди ме?» деди.
«Яқ», деди Салман разыяллаҳу анҳу.
«Екеўин туўрыланды деп есаплайбер», деди Умар разыяллаҳу анҳу.
Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу Ҳузайфа разыяллаҳу анҳудан да бәрҳа: «Сен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мунафықлар ҳаққындағы сырларын билесең. Менде мунафықлардың белгилерин көресең бе?» деп сорап жүретуғын еди.

3. Өз айыпларын билиў ушын душпанлардан пайдаланыў.
Душпанның көзи ең кишкене айыпларды да көреди. Гейде адам оны бәрқулла мақтап жүретуғын досларына қарағанда тырнақтан кир излейтуғын душпанынан көбирек пайда алыўы мүмкин. Дос аяўы мүмкин, бирақ душпан аямай айта береди. Соның ушын душпанның ҳәр бир гәпин ҳасадқа жоя бермеў керек. Жақсылап анализ қылып, оннан өзине пайда алыў ҳәрекетинде болыў лазым.

4. Адамларға араласып, олар жаман көрген нәрсени жаман көрсин. Мөмин мөминниң айнасы. Басқаларға қарап, өзиниң айыбын таўып алыў қыйын емес.
Ҳая (ийбе) жөнинде де тап усы қағыйдалар иске түседи. Соның ушын да усы биз үйренип атырған ҳәдиске түсиндирме берген уламалардан айырымлары бул мәселеге айырықша итибар берген.

«Зуҳд ҳәм ҳая» китабынан.

⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер сизлерди Аллаҳ ҳәм расули жақсы көриўди қәлесеңиз, үш қәсийетке – рас сөйлеўге, аманатты орынлаўга ҳәм жақсы қоңсышылыққа әмел етиң», деп айтқан.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамларға миннетдаршылық айтпаған адам Аллаҳға шүкир етпеген болады», – деди».

Шолыў: Бул – жүдә итибарға ылайық нәрсе. Демек, өзине жақсылық қылған адамға рахмет айтып, өзиниң разылығын билдирмеген адам Аллаҳ таалаға да шүкир етпейтуғын болады.
Соның ушын, бир адам бизге жақсылық етсе, оған, әлбетте, миннетдаршылық айтып, сыйлықлаў керек болады.
Бәршеге белгили, шүкир менен неъмат зыяда ҳәм даўамлы болады. Егер жақсылық қылғанға миннетдаршылық айтылмаса, ол да екинши рет жақсылық қылыўға урынбай қояды. Ўақтында миннетдаршылық айтпағанның өзи зыян көреди. Оған жаңағы адам жақсылық қылыўды тоқтатады. Соның менен бирге, жақсылық қылған адам да зыян көреди. Себеби, ол бир адамға жақсылық қылып саўап алыўдан бийнесип болады.
Өзине уқсаған адамға оның жақсылығы ушын миннетдаршылық айтпаған адамның Аллаҳ таалаға шүкир қылыўы да қыйын болады.



👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #тәрбия

Урўа ибн Ияздан хабар бериледи:
«Ол Абдуллаҳ ибн Амр Асстың «Аллаҳ тааланың алдында үлкен гүналардан бири – адамның ата-анасына сөгис алып бериўи», – дегенин еситкен екен».

Шолыў: Бир адам өз ата-анасына сөгис келтиретуғын болса, әне усы адам үлкен гүналардан бирин қылған болады. Бул алдынғы ҳәдистиң бираз өзгешелеў мәниде айтылғаны. Алдынғы ҳәдисти де Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳудың өзи рәўият қылған еди.
Демек, перзент ҳәмме ўақыт ата-анасына алғыс, миннетдаршылық алып бериўге ҳәрекет етиўи зәрүр екен. Мусылман перзент ҳеш қашан ата-анасына сөгис, кейис келтиретуғын болмаўы керек екен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Бир адам егер ғәзепленген ўақытта: «Әъуўзу билләәҳи», деп айтса, ғәзеби сөнеди», деди.

Ибн Адий рәўияты.

Ибн Қойюм бул ҳәдистиң шолыўында төмендегилерди айтқан:
Ғәзеп жыртқыш ҳайўан киби, егер ийеси оны қойып жиберсе, ийесин жеп баслайды.

Шаҳўат жалын киби, егер ийеси оны жақса, ийесин күйдириўди баслайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube