NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
593 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума #тилек

ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН ҚӘДИРДАНЛАР!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

БАЙРАМ

Ибн Мәжа Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Әлбетте бул (жума күни) байрам күни. Аллаҳ оны мусылманлар ушын (байрам қылған). (Солай екен) Ким жумаға келсе ғусыл қылсын. Егер онда хош ийисли әтир болса оннан сеўип алсын. Мисўәк пенен тис тазалаўға да беккем турсын».

Имам Суютийдиң «Хасоисул жумъа», китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жума күни ҳаққында былай деди: "Ол күнде бир ўақыт бар, мусылман бенде сол ўақытқа туўры келип қалса, Аллаҳтан сораған нәрсесин әлбетте береди".
(Муттафақун алайҳи)

     Уламалар сол ўақыт ҳаққында түрли пикирлерди айтқан.
Солардан ең күшлиси:
-имам хутба ушын минбарга шыққанда намаз таўсыламан дегенше;
-аср намазынан кейин қуяш батқанша.

Жума күниңиз мүбәрек болсын!

     🔸Аллаҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ала Муҳаммад ўә ала әәлиҳи ўә асҳабиҳи әжмаъийн!

     🔸Аллоҳумма солли ала сәййидинәә Муҳаммад!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

ЖУМА НАМАЗЫНА ПИЯДА БАРЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ❗️❗️❗️

Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады:

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким жума күни ғусыл қылса, оның гүна ҳәм қәтелери кешириледи. Намазға жүре басласа, ҳәр бир адымына жигирма (20) жақсылық, саўап бериледи. Намазды оқып киятырған ўақтында еки жүз (200) жыллық әмеллер саўабы менен сыйлықланады», – деди».

Табараний рәўият қилған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Имам Бухарийдиң шаңарағы ким себепли мусылман болған?

«Әдеплер ғәзийнеси» 1-том
Anonymous Quiz
7%
Жўфий себепли
23%
Бардизбаҳ себепли
70%
Абдуллоҳ ибн Мубарак себепли
Муҳаррам айының оныншы күни не деп аталады?
Anonymous Quiz
59%
Ашура
31%
Бараат
10%
Ташриқ
#жума #ҳикмет #Каҳф_сүреси

Ибн Дақиқ ал-Ийд раҳматуллаҳ алайҳ айтты:

Бул дүньядан көз жумған бир достымды түсимде көрдим. Ол маған былай деди:

«Қәбирде мениң қасыма жүдә қорқынышлы бир ийт келди. Тап сол ўақытта шырайлы жүзли бир адам келип сол ийтти қуўып жиберди ҳәм мени жубатты.

Сен кимсен? деп сорадым.

Мен сен жума күнлери оқыған Каҳф сүресиниң саўабыман, деди».

© Ибн Ҳажар ал-Асқаланий, «Ад-дурарул камина», 5-жүз

Жума мүбәрек!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Алыс аймаққа хызмет сапары шѳлкемлестирилди

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы республикадағы мешитлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыўы, имам-хатиблер менен ушырасыўы, олар менен мәсләҳәтлескен ҳалда ѳзиниң пикир ҳәм усынысларын берип атырғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берилмекте.
Бүгин қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаров пенен биргеликте республикамыздың ең шетки аймақларынан бири «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында хызмет сапарында болды.
Посёлкадағы барлық қолайлықларға ийе, заманагѳй үлгиде қурып питкерилген «Бердақ баба» жаме мешитинде жәмәәтке «Ата-анаға жақсылық – үлкен саўап» атамасында жума баянаты менен бирге елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, жасларымыздың тәрбиясына, илим-билим алыўларына итибар қаратыў, сырт еллерда ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди сергекликке шақырыў, миллетлер аралық дослық, сондай-ақ, елимизде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында айтып ѳтти.
Баянат соңында, «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Косутов Едилбекке ҳәм бир қатар нураныйлерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылынды. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәраўан, несийбелеримизди зыяда етсин…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM