NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.62K subscribers
5.43K photos
564 videos
5.62K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Бәҳәр мәўсимине таярлық жумыслары басланбақта

Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде жасыл әлемди қорғаў ҳәм кеңейтиў ислери мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилди. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек нәллерин егиў ҳәм буның нәтийжесинде қала ҳәм районлардағы жасыл майданларды көбейтиў режелестирилген.
Ҳәдиси шәрийфлерден биринде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Кимде-ким «Субҳаналлоҳил аъзим ўа биҳамдиҳи» десе, жәннетте ол ушын бир терек егиледи», – деди. Рәўияттан көринип турғанындай, терек егиў соныңдай уллы ис, ол тек бул дүньяда емес, ал жәнетте де егиледи ҳәм ол бендениң жақсы әмели ушын сыйлық ретинде бериледи.
Республикамыздағы мешит ҳәм зияратгаҳ орынлар қәўендерлер ҳәм пуқаралар кѳмеги менен бәҳәрги егиске таярлық жумысларын баслады. Атызларға тѳгин шығарыў, жап-салмаларды тазалаў ҳәм терек егиў жумысларын баслап жиберди.
... «Пәк журттың шөплери Рәббиңниң руқсаты менен (өнип) шығады. Ал, напәк (журт)тики тек қыйыншылық пенен шығады» («Аъроф» сүреси, 58-аят).
Ҳақыйқатында да, қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Келиң әзизлер, имканиятымыз, қүдиретимиз бар екен, усы садақа әмеллерден болған терек егиўге, өзимиз жасап атырған үлкемизди жасыл аймаққа айландырыўға, елимизди және де абад қылыўға асығайық.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

😃 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат #ораза

ОРАЗА ҚАНДАЙ ИБАДАТ?

Ораза дәслеп Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанынан кейин арадан бир ярым жыл өткеннен соң – яғный ҳижраттың он сегизинши айы, шаъбан айының оныншы күнинде, қубла Байтул Мақдистан Кааба тәрепке өзгертилгеннен кейинги айда парыз қылынған. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тоғыз жыл Рамазан оразасын тутқан. Олардан екеўин отыз күннен, қалған жетеўин жигирма тоғыз күннен тутқан.
Араб тилиндеги “саўм” (ораза) сөзликте “өзин тыйыў” деген мәнини билдиреди. Шариятта болса Рамазан айында таң атқаннан қуяш батқанша нийет пенен аўқат жеўден, ишимлик ишиўден, жинсий жақынлық қылыўдан тыйылыўға “ораза” делинеди. Ораза тутыў Ислам дининиң бес тийкарынан бири, Қуран ҳәм Сүннет пенен парыз болған.

Мөминниң меъражы китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайсы саҳабаны "Әмийн" (жүдә исенимли) деп атаған?
Anonymous Quiz
30%
Сайид ибн Әбиў Ўаққос разыяллаҳу анҳу
42%
Әбиў Убайда ибн Жарроҳ разыяллаҳу анҳу
28%
Абдуроҳман ибн Аўф разыяллаҳу анҳу
#күн_ҳикмети

Ҳәдден артық мийримсизлик қылғанлар жеңиледи, жүдә мүлайимлик болса сени шынжырлайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума_салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп–көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.
Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйқлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
16-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:00
  ШАМ — 18:39
  ҚУПТАН — 20:00

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

16-фебраль            2024
6-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

(Ҳәй ийман келтиргенлер) Ҳақыйқатында да, сизлер ушын, Аллаҳтан ҳәм ақырет күнинен үмит қылғанлар ушын ҳәм Аллаҳты көп зикир қылғанлар ушын Аллаҳтың пайғамбарында жақсы өрнек бар.

Аҳзаб сүреси, 21-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
018. Кахф
<unknown>
#жума
#қуран
#каҳф_сүреси

🕌 Жума мүбәрек болсын!

▪️Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ким жума күни Каҳф сүресин оқыса, қиямет күни оның қәдеми астынан нур шығып, аспанды жарытады ҳәм оның еки жума арасындағы қәтелери кешириледи”, деди.


•┈•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

ИНСАННАН ҚАЛАТУҒЫН ЕҢ ЖАҚСЫ ҮШ НӘРСЕ

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Инсан өзинен кейин қалдыратуғын нәрселердиң ең жақсысы үшеў: Дуўа қылып турыўшы салиҳ перзент, садақаи жария, өзинен кейин пайдаланылатуғын илм", деди.


Ибн Можа рәўияты.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминиң мәжилислер залында усы аймақтағы “Нур”, “Алмазар”, “Ели абат”, “Дарбент”, “Қурылысшы” МПЖ  турғынларына руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажға Жоқарғы Кеңес депутаты В.Каленова, Нөкис қаласы  бас имам - хатиби А.Набатов, Нөкис қалалық «Нураный» қоры баслығы К.Календеров, Нөкис қаласы Қорғаныў ислери бөлими қәнигеси резервдеги майор Д.Алламуратов, Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми методисти С.Абаданова ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими қәнигеси И.Аметовлар қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы сонғы өзгерислер, қаламызда алып барылып атырған унамлы жумыслар сондай-ақ, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм жасларды китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў ҳаққында сөз етти.
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
17-февраль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 07:20
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 17:05
  ШАМ — 18:40
  ҚУПТАН — 20:05

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:25
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 18:55

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә барокатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

17-фебраль            2024
7-шаъбан   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Айт: «Ол Аллаҳ жалғыз».

(Ихлас сүреси, 1-аят).

Тафсир: Аўа, ҳәй Пайғамбар, ҳәммеге айт Аллаҳ таала бир, жалғыз.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Бир адамнан:
- Бул кимниң түйелери?
- Мениң қолымдағы Аллаҳтың түйелери!

Туўры исенимдеги мусылманның түсиншеси ҳәм жуўабы әйне усындай болады...

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube