NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
5.95K photos
537 videos
6.12K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#аят

«Ихлас сүреси»

Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.


«Қул ҳуўәллооҳу әҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм ялид ўә ләм юўләд. Ўә ләм якул ләҳу куфуўән әҳад».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Жер бетинде тәкаббырлық етип жүрме! Себеби, сен (аяғың менен) жерди тесе алмайсаң, узынлықта таўға жете алмайсаң!

Исро сүреси, 37-аят.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

     Ҳәй адамлар! Сизлер Аллаҳға мүтәжсиз. Ал, Аллаҳтың Өзи – Бийқәжет, Мақталған.

Фатир сүреси, 15-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳақыйқат #аят #ҳәдис

ҲИКМЕТ

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте: «Ҳикмет мөминниң жоғалтқан нәрсеси, оны қай жерде тапса, алыўға ҳақлы саналады», делинген.

(Ибн Мажа рәўияты)

👉Ҳикмет – илим ҳәм ақыл менен ҳаққа ерисиў;

👉Ҳикмет – бәрше пайдалы илимлер ҳәм туўры жолға бағдарланған ақыллыр жыйнағы;

👉Ҳикмет – сөзлер ҳәм әмеллерди терең пикирлеп әмелге асырыў;

👉Ҳикмет – ҳақты таныў ҳәм соған тыйкарланып әмел қылыў;

👉Ҳикмет – илимниң тыйкары, әмелдиң қуралы, мақсетке алып баратуғын ең жақын жол;

👉Ҳикмет – ол менен қыйыншылықлар жеңиллеседи, тосықлар алып тасланады.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде ҳикмет ийесин мақтайды:
«Ол Өзи қәлеген адамға, ҳикметти береди. Кимге ҳикмет берилсе, оған көп жақсылықлар берилген болады. Тек ақыл ийелери ғана еслетпе алады».

(Бақара сүреси, 269-аят)



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Биз ҳеш бир жанды тақатынан артық нәрсеге буйырмағанбыз. Алдымызда тек ҳақыйқатты айтатуғын Китап бар. Оларға зулым қылынбайды.

Муъминун сүреси, 62-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят_дуўа

Я Рәббим! Мени ҳәм зүрядымды (көп перзентлеримди) намазды кәмил оқыйтуғын қыл Я Рәббим! Дуўамды қабыл ет!

Ибраҳим сүреси, 40-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят #ҳикмет

Төрт ис бар. Ҳәр бириниң орнына бөлек-бөлек ўәде бар.

Шүкир. “Егер шүкир қылсаңыз, әлбетте, сизлерге (оларды және де) зыяда қыламан”. (Ибраҳим сүреси, 7-аят).

Зикир – еслеў. “Солай екен, мени еслең (Мен де) сизлерди еслеймен”. (Бақара сүреси 152-аят).

Дуўа. “Маған дуўа қылың, сизлер ушын (дуўаларыңызды) қабыл етемен”. (Ғофир сүреси 60-аят).

Истиғфар – кеширим сораў. “Олар истиғфар айтар екен, Аллаҳ оларды азаплаўшы емес”. (Анфал сүреси 33-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят #пикирлеў

«... Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз».
(Әнбия сүреси, 35-аят).

Көпшилик адамлар байлықты Аллаҳ таала разылығының белгиси деп есаплайды. Кимниңдур мал-дүньясы кем болса, өзин бул разылыққа ылайық көрилмеген деп түсинеди. Ал, негизинде олар Аллаҳ таала алып имтиҳан қылғаны киби, берип те имтиҳан қылыўын умытып қояды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#аят

Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикирине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың! Егер билсеңиз, бундай етиўиңиз – өзлериңизге жақсы.

Жума сүреси, 9-аят.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#аят_ҳәдис

Аллаҳ таала айтады:
«Пайғамбар сизлерге нени әкелсе, соны алың ҳәм неден қайтарса, соннан қайтың».
(Уллы Аллаҳ рас айтады).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Мениң гәпимди еситип, ядлап, сиңдирип, соң әмел кылған адамды Аллаҳ жарылқасын».

Имам Аҳмад рәўият қылған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube