NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
5.95K photos
537 videos
6.12K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўаның_пазыйлети #мағлыўмат

ДУЎАНЫҢ ҚАБЫЛ БОЛЫЎ ШӘРТЛЕРИ

Уламаларымыз диний дереклерди үйренип шығып, дуўалардың қабыл болыўы ушын бир неше шәртлер бар екенин атап өтеди. Ол шәртлер төмендегилер:
– Ықлас пенен дуўа қылыў;
– Дуўаның қабыл болыўына гүмансыз исениў;
– Дуўа қылып атырғанда қәлби ояў болыўы, шын кеўилден, үмит пенен дуўа қылыў;
– Луқмасы, кәсиби ҳадалдан болыўы керек;
– Дуўада ҳәддинен аспаў, гүнаға ҳәм силаи раҳмды үзиў ушын қылынған дуўа қабыл болмайды;
– Дуўа қыламан деп оннан үлкенирек, әҳмийетлирек исти тәрк етпеў, мәселен парызлардан бирин яки ата-ананың шақырғанына жуўап қайтарыўды тәрк етип қылынған дуўа да қабыл болмайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўаның_пазыйлети #мағлыўмат

ДУЎА ҚЫЛЫЎДЫҢ ӘДЕПЛЕРИ

Уламаларымыз дуўаның қабыл болыўын жақынластырыў ушын бир неше әдеплерди де санап өтеди. Ол әдеплерден базыларын айтып өтемиз:

– Қублаға жүзленип, кәмил таҳәрат пенен, қолларды ашып дуўа қылыў;

– Дуўаны Аллаҳ таалаға ҳәмд ҳәм Пайғамбарымызға салаўат пенен баслаў, ақырында да Пайғамбарымызға салаўат айтыў. Ҳәдисте айтылыўынша еки салаўат ортасындағы дуўа қабыл болады;

– Дуўа қылғаннан кейин асықпаў. Қылған дуўам қабыл болмады, демесе, оның дуўасы ерте ме, кеш пе қабыл болады. Дүньяда яки ақыретте өз нәтийжесин береди;

– Дуўаның сөзлерин келистирип қәлипке салып айтыўдан узақ болыў керек;

– Дуўада ҳәдден аспаў, яғный ҳәдден тысқары бақырып дуўа қылыў, мүмкин болмаған нәрселерди сораў, өзине яки өзгеге жаманлық сораў мүмкин емес;

– Жәмлеўши дуўаларды қылыў, аят ҳәм ҳәдислерде келген сөзлери қысқа болса да мәниси кең дуўаларды қылыў;

– Дуўаны үш мәрте тәкирарлаў. Пайғамбар алайҳиссалам сондай еткен;

– Беккем исеним менен дуўа қылыў, қәлесең бер, қәлемесең берме киби сөзлерди ислетпеў;

– Дуўаның басында өзиниң ҳақына кейин өзгелердиң ҳақына дуўа қылыў;

– Ҳәр дайым дуўада болыў;


https://t.me/niyetuz
#мағлыўмат

    ҲИЖРИЙ - ҚАМАРИЙ АЙЛАР
12 АЙДАН ИБАРАТ:


1. Муҳаррам
2. Сапар
3. Рабиъул аўўал
4. Рабиъус саний
5. Жумадул аўўал
6. Жумадус саний
7. Ражаб
8. Шаъбан
9. Рамазан
10. Шаўўал
11. Зулқаъда
12. Зулҳижжа

Мағлыўмат ушын бүгин күн батыўы менен 1446-жыл Муҳаррам айының 1-күни басланады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат #еслетпе

МУҲАРРАМ АЙЫНЫҢ ҚАНДАЙ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ БАР?

Аллаҳ таала жүдә меҳрибан ҳәм кәрамы кең, пазыйлети уллы ҳәм ҳикмети теңсиз. Өйткени, уллы Аллаҳ жаратқан жанзатларының айырымларын базыларынан Өзиниң ҳикмети менен пазыйлетли етип қойған.
Әне, сондай пазыйлетке муҳаррам айын мысал етиўимиз мүмкин. Бул ай мүбәрек, пазыйлети уллы ай болып, ҳижрий сәнениң биринши айы. Соның менен бирге, муҳаррам айы урыс ҳарам етилген муқаддес айлардың бири есапланады.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
«Әлбетте, Аллаҳтың алдында айлардың саны - аспанлар ҳәм Жерди жаратқан күни Аллаҳтың жазғанына муўапық - он еки ай. Олардан төртеўи (урыс) ҳарам қылынған (айлар). Бул - туўры дин. Оларда (сол айларда) өзлериңизге (урыс қылып) зулым қылмаң! Мушриклер (усы төрт айдың ишинде) сизлерге қарсы ҳәммеси урысқанындай, сизлер де оларға қарсы ҳәммеңиз урысың! Билип қойың, әлбетте, Аллаҳ тақўалылар менен бирге!»

(Тәўбә сүреси, 36-аят).

Динимизде урыс қадаған етилген төрт ай бар. Олар: Зулқаъда, Зилҳижжа, Муҳаррам ҳәм Ражаб айлары.
Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Бир жыл он еки айдан ибарат. Солардан төртеўи ҳарам (урыс қадаған етилген) айлар.
Үшеўи избе-из келеди. Зул-қаъда, Зул-ҳижжа ҳәм Муҳаррам айлары ҳәм төртиншиси Жумад ҳәм Шаъбан арасындағы Музар қәўиминиң Ражаб айы”.


(Бухарий рәўияты)

Демек, бул ай Аллаҳ субҳанаҳу ўа тааланың нәзеринде дәрежеси жүдә уллы айлардан екен. Бул айды қәдирлеп, көбирек жақсы әмеллерге умтылыўымыз тийис. Шәриятымызда да көбирек нәпил ибадатларды ислеўге шақырылған.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам: “Абзаллықта Рамазан айының оразасынан кейин Аллаҳтың айы Муҳаррам оразасы турады”-деп мәрҳамат қылған.

(Муслим рәўияты).

Дерек: islaminstitut.uz

http://t.me/Niyetuz
​​#мағлыўмат

АШУРАНЫҢ МӘНИСИ

     «Ашура» сөзликте «оныншы күн» деген мәнини билдиреди. Муҳаррам айының оныншы күни Ашура аты менен белгили болған.

     Ҳакам ибн Аъраж разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Замзам алдында шапаны үстинде жамбаслап жатқан Ибн Аббастың алдына барып: «Маған Ашура оразасы ҳаққында айтып бер», дедим.
«Қашан Муҳаррамның таза айын көрсең санап бар, тоғызыншы күни ораза тутқан ҳалда таң аттыр», деди ол.

     Мен: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усындай қылып, оның оразасын тутар еди ме?» дедим. Ол: «Аўа», деди».

     Биз танысқан рәўиятта Ашура оразасы Муҳаррам айының тоғызыншы күни тутылыўы ҳаққында сөз кетпекте. Не ушын бундай екен деп ойламастан алдын төмендеги ҳәдислерди үйренип шығамыз.

     Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күни оразасын тутты ҳәм ол күнниң оразасын тутыўға буйырды.
Адамлар: «Я Расулуллаҳ, бул күнди яҳудий ҳәм насранийлар уллылайды», деди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Қашан келеси жыл болса, иншааллаҳ, тоғызыншы күнниң оразасын да тутамыз», деди.
     Соннан кейин, келеси жыл болмастан турып, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болды».

     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзи Ашура күни оразасын тутип, үмметлерине де сол күнниң оразасын тутыўды буйырғанында айрым хабардар саҳабалар Ашура күнин яҳудий ҳәм насранийлер уллылаўын Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айтты. Себеби саҳабаи кирамлар Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның яҳудий ҳәм насранийлертикине уқсас ис қылмаўын, ҳәмме ўақыт олардан басқаша ис тутыўын, Ислам үмметине тән ис қылыўын жақсы билер еди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәмме ўақыт саҳабаларды басқа диндегилерге уқсаўдан қайтарған.

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабаи кирамлардың Ашура күни оразасы ҳаққындағы хабарларын кеңпейиллик пенен қабыл қылып алды. Усыларды есапқа алып кейинги жылы яҳудий ҳәм насранийлерге уқсап Муҳаррам айының тек оныншы күни емес, ал олардан басқашалаў қылып, тоғызыншы күниде оразасын тутыўларын айтты. Бирақ өзлери кейинги Ашура келместен Рафиқи Аълаға қайтыс болды.

     Бирақ гәплери өз күшинде қалды. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметлери айтқанларын қылып, Муҳаррам айының тоғызыншы ҳәм оныншы күнлери ораза тутыўға әдетленди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат #ҳәдис

Дүйшемби күни не ушын ораза тутылады?

Себеби бул уллы күн. Оның уллылығының биринши белгиси ақыр заман Пайғамбары, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Пил жылы, Робиъул әўўәл айы, дүйшемби күни дүньяға келген.

Сондай-ақ, Қураны кәриймниң биринши аятының түсиўи де Рамазан айының 17-күни, дүйшембиде болған. Бул күнлер дүнья тарийхындағы ең уллы, ең мүбәрек күнлер есапланады.

Ҳәдис китапларында бул күнниң оразасын тутыў усынылған.

Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан дүйшемби ҳәм пийшемби күнлеринде ораза тутыўы ҳаққында сорадық.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Сол күни мен туўылдым ҳәм усы күни Қуран нәзил болды», деди».

Имам Әбиў Даўыт ҳәм имам Муслим рәўият еткен.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube