New Muynak City
385 subscribers
2.07K photos
186 videos
10 files
406 links
Новостной канал о Муйнакском районе. Бот обратной связи: @NMuynakCbot
Download Telegram
New Muynak City
Ески шығынды қутылары жаңасына алмастырылмақта
Ески шығынды қутылары жаңасына алмастырылмақта

#Күнниң_темасы
#Додалаў_пикирлесиў_ушын

Ҳәр күни район орайы көшелерин сыпырып, терек, гүллерди тәрбиялап атырған абаданластырыў басқармасы жумысларына дус келемиз. Қалаберди, график тийкарында  бәрше мәҳәлледен, көп қабатлы турақ жайлар әтирапынан шығындылар алып кетиледи. Бундай тазалық, азадалық көзди қуўандырады, әлбетте.

Деген менен, көп қабатлы турақ жайлар алдында шығынды қутылары бар болыўына қарамастан сол жердиң айырым турғынлары тәрепинен шығындылар қутының сыртына тасланылғаны аянышлы. Бул тәбиятқа болған итибарсызлық ҳәм биреўлердиң мийнетин қәдирлемеў есапланады.

- Бундай болыўының тийкарғы себеплери - айырым аналар кишкене балаларына шығындыны таслап келиўди буйырады. Тасланды шығынды қутыға жетпей-ақ ылақтырылып кетиледи. Және биреўлери ўақтынша мәҳәллениң турғынлары. Оларда "мениң мәҳәллем емес, мениң көшем емес, маған не?" деген түсиник бар. Айырым турғынларымыз үй ҳайўанларын байлап сақламаслығында - дейди "Таллыөзек" мәҳәллеси баслығы Байрам Дәўлетяров.

Президентимиздиң мәҳәллелерге ажыратылған 500 млн.сўм қаржысы шеңберинде усы мәҳәллениң көп қабатлы турақ жайлар турғынларына жаңа шығынды қутылары алып берилди. Оның ескисинен парқы аўзы жаўылады. Бул үй ҳайўанларының шығындыларды тинтип, шашып кетиўине жол бермейди ҳәм қутының астына орнатылған дөңгелек шығындыны арнаўлы полигонларға апарыўда қолайлық туўдырады.

Енди пуқаралардан буларды таза услаў, әтираптың тазалығына жуўапкершилик пенен қараў ҳәм шығынды таслаў мәдениятына итибарлы болыў талап етиледи. Сондай-ақ, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслаў жәриймаға себеп болыўын умытпаў тийис.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#күнниң_темасы

Тазагүл Қудайбергенова: - Қысы менен жейтуғын азығымызды сатып алмаймыз!

Тазагүл Қудайбергенова Мойнақ районы "Мәдели" аўыл пуқаралар жыйыны Шеге аўылының турғыны. Оның атызы түрли мийўелер ҳәм палыз өнимлери менен толы. Т.Қудайбергенова биринши писикти жыйнап алып, жерин тәкирарый егиске таярламақта. Оның атап өтиўинше, дәслепки жетилисип шыққан өнимлерди базарларға шығарады, ал екинши писиклерди қысқа азық етип, ғамлап қояды. "Напақаға шықсам да, қарап отырмайын деймен", дейди ол биз бенен сәўбетте. Әзиз жерлесим, Сиз есаплап көриң, күнине, ҳәптесине ямаса айына азық-аўқат ушын қанша қәрежет жумсайсыз? Ал, Тазагүл апа өзиниң мийнетсүйгишлиги менен дийханшылығының арқасында сонша қәрежетти хожалығына тежеп қалмақта. Әлбетте, Президентимиз тәрепинен алға сүрилип атырған Сайҳунабад тәжирийбеси - елимиз пуқараларына мине усындай пайда келтириўи менен әҳмийетли. Бүгинги күнде Сайҳунабад тәжирийбеси районымыз бойлап кең ен жаймақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter