New Muynak City
391 subscribers
2.07K photos
186 videos
10 files
406 links
Новостной канал о Муйнакском районе. Бот обратной связи: @NMuynakCbot
Download Telegram
Эпоксид смола. Бул қандай бизнес?

Мойнақта жаңа бизнес түри ашылды

Айсәнем Жийемуратова өзиниң талапшаңлығы, излениўшеңлиги ҳәм шаққанлығы менен көзге түсип киятырған жасларымыздың бири. Ол социаллық тармақлар арқалы эпоксид смоласы ҳәм гипс өнимлеринен түрли формадағы буйымларды ислеп үйренди. Соң "Жайҳун" мәҳәллесиндеги ҳәким жәрдемшисинен 5 млн.сум кредит алып, өзин-өзи бәнт етти ҳәм кем ушырасатуғын бизнес түрин жолға қойды. - Социаллық тармақларда ҳешқандай әҳмийети жоқ нәрселерди тамашалаў менен ўақтымызды босқа өткериў әдет болып қалғаны ҳақыйқат. Деген менен интернет тармақларынан нәтийжели пайдаланса да болады. Мен социаллық тармақлардан эпоксид смоласы ҳәм гипс өнимлеринен түрли буйымлар исленип атырған видеоларды тамашалап жүрип, қалай ислеў кереклигин үйренип алдым. Бүгин буйыртпаларым көп. Бундай имканият, бундай қоллап-қуўатлаў ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремен! - дейди А.Жийемуратова.

Буйыртпа ушын: https://t.me/artbyaysanem

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мийнеттиң көзин тапқан,
Бахыттың өзин табады


Мәҳәллелерге тайынланған ҳәким жәрдемшилери халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың өзин-өзи бәнт етиўи, қайта кәсипке оқыўы, сондай-ақ исбилерменлик жумысын жолға қойыўы ушын жуўапкер ўәкил. Ол бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда тек мәмлекет бюджетинен ажыратылған кредит ямаса субсидия есабынан ғана емес, бәлким басқа да қаржы дереклери арқалы кәмбағаллықты қысқарттырыўға ерисиўи тийис. Мойнақ районы "Ҳәким ата" АПЖ ҳәким жәрдемшиси Әжинияз Абдирасуловтың жәрдеми менен Бирлескен миллетлер шөлкеми Раўажландырыў бағдарламасы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық Траст фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўларға қатнасып, грант қәрежетлерин жеңип алып, өзин-өзи бәнт етип атырған пуқаралар көпшиликти қурайды. Атап айтқанда, Қалбаев Илфат Зиятбаевич. Сегиз қырлы, бир сырлы азаматлардың бири. Жойбар тийкарында утып алған мотокультиваторға тиркеме ислеп, тек жер аўдаратын үскене сыпатында ғана емес, буйыртпаға барып, келетуғын көлик ретинде де пайдаланбақта.

Толық видеода👆👆👆
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қазақстанға, басқа шет мәмлекетлерге шыққанды, барғанды қойдық - Қуўаныш Сапаров, Мойнақ районы турғыны

"Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси қоллап қуўатлаўы менен мәҳәлледеги жумыссыз пуқараларға 30 дан аслам мотороллер алып берилди.

Сап тартып жүрип киятырған мотороллер кәрўанындағы пуқаралар Мойнақ ДСП кәрханасына орташа есап пенен бир айда 30-35 тонна қамыс өнимлерин жеткерип бермекте.

Буның ушын кәрхана "Қазақдәрья" аўылы жигитлерине 90-95 млн. сум қаржы төлеп атыр. Бул болса пүткил мәҳәлле турмысының, жасаў шараятының жақсыланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосары анық.

Telegram | Facebook | YouTube | Instagram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни»

Жаңа жойбар: Бала тили - пал

Перзент - инсан өмириниң мазмуны. Көзимиз қуўанышы, келешегимиз ийеси болған балаларды абайлап-сақлаў, кәмил инсан етип тәрбиялаў ҳәр бир ата-ананың ҳәм шаңарақтың, қалаберсе мәмлекеттиң миннети.

Дүнья балалар күлкиси менен гөззал. Әсирсе, «1-июнь - Халықаралық балаларды қорғаў күни»нде планетамыз балалардың күлкиси менен және де жайнап кетеди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақта жаңадан ашылған мәдений дем алыў орны ҳаққында еситкенсиз бе?

Батут, ролик, балалар ушын элекронлы машиналар, каруселлер, поп корн, муз қаймақ, салқын ишимлик суўлары, әжайып намалар, түнги жарытқышлар булардың ҳәммеси әжайып композиция.

Булар Сизге, Сизиң шаңарағыңыз ағзаларына ҳәм бир-биринен шийрин балаларыңызға жоқары кейпият бағышлайды.

Жаслар айлығы мүнәсибети менен өткерилетуғын жаслар гала концертинен соң Биз бенен ўақтыңыз мазмунлы өтеди. Мәдений-руўхый заўық алың ҳәм кеўилли дем алың!

Жумыс ўақты: ҳәр күни саат 18:00 ден 23:00 ге шекем.

Мәнзил: Районлық Мәденият үйи жанындағы Өнерментлер аллеясы

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
✈️Нөкис – Мойнақ – Нөкис жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар даўам етпекте

Билетлерди интернет тармағындағы http://silk-avia.com/uz/ сайты, google play'дағы https://play.google.com/store/apps/details?id=com.hititcs.silkavia жүклемеси ҳәм +998938439291 байланыс номердеги кассир арқалы алсаңыз болады.

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35 

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Хабарды жақынларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#күнниң_темасы

Тазагүл Қудайбергенова: - Қысы менен жейтуғын азығымызды сатып алмаймыз!

Тазагүл Қудайбергенова Мойнақ районы "Мәдели" аўыл пуқаралар жыйыны Шеге аўылының турғыны. Оның атызы түрли мийўелер ҳәм палыз өнимлери менен толы. Т.Қудайбергенова биринши писикти жыйнап алып, жерин тәкирарый егиске таярламақта. Оның атап өтиўинше, дәслепки жетилисип шыққан өнимлерди базарларға шығарады, ал екинши писиклерди қысқа азық етип, ғамлап қояды. "Напақаға шықсам да, қарап отырмайын деймен", дейди ол биз бенен сәўбетте. Әзиз жерлесим, Сиз есаплап көриң, күнине, ҳәптесине ямаса айына азық-аўқат ушын қанша қәрежет жумсайсыз? Ал, Тазагүл апа өзиниң мийнетсүйгишлиги менен дийханшылығының арқасында сонша қәрежетти хожалығына тежеп қалмақта. Әлбетте, Президентимиз тәрепинен алға сүрилип атырған Сайҳунабад тәжирийбеси - елимиз пуқараларына мине усындай пайда келтириўи менен әҳмийетли. Бүгинги күнде Сайҳунабад тәжирийбеси районымыз бойлап кең ен жаймақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Гәптиң расы...
Жойбары
Нәўбеттеги саны!
Тез күнде!


🎙«Smart school» oқыў орайы ҳәм район жаслары менен биргеликте жаңа жойбар иске түсирилмекте.

«Гәптиң расы...» атамасындағы жойбар районымыздағы түрли тараў ўәкиллериниң жумыс искерлиги, белгили шахслардың мийнет жолы, жетискенликлери ҳәм олардың жеке ой кеширмелерин сәўлелендириўди мақсет еткен.

Бәрше Мойнақлыларды усы жойбарды қоллап-қуўатлаўға ҳәм социаллық тармақлар арқалы бақлап барыўға шақырып қаламыз!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🔊Мойнақ районы турғынлары дыққатына!

СИЗ

▪️мүддетли шақырыў резервиндеги әскерий хызмет төлеминиң 50 пайызын шегирме менен төлеўди;

▪️мүддетли әскерий хызметке бириншилер қатарында жеңилликлер пенен жиберилиўди;

▪️Темурбеклер мектебине тест сынақларысыз оқыўға қабыл етилиўди;

▪️көп тармақлы медицина мәкемесинен бир мәртелик бийпул тереңлестирилген медициналық көриктен өтиўди;

▪️перзентлериңизди район аймағындағы билимлендириў ҳәм дем алыў мәкемелерине нәўбетсиз жайластырыўды;

▪️жумыс орныңыз есабынан дем алыў орайлары ҳәм санаторияларға бийпул жолламалар алыўды;

▪️республика дәрежесинде жумысқа яки оқыўға қабыл етилиўинде физикалық таярлық талап етилетуғын имтихан шынығыўларында жеңилликлерге ийе болыўды

ҚӘЛЕЙСИЗ БЕ?

💪Бул жеңилликлер Сизиң жас (30 жастан 70 жасқа шекемги ер ҳәм ҳаял адамлар) көрсеткишлериңизден келип шығып,спорт сынақларының арнаўлы талапларын табыслы орынласаңыз бериледи.

🟢Спорт сынақлары 24-август күни саат 09:00 де Арал стадионында басланады.

👆Дизимнен өтиў ушын видеоқолланба