NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
12.2K subscribers
8.45K photos
2.4K videos
1 file
14.1K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
#Пикирлең

АБЫРОЙЫҢЫЗДЫ ТӨГИП АТЫРМА?

Сиз ҳаққыңызда өтирик сөзлерди, ғыйбатларды айтып, сизиң абыройыңызды төгип атырғанларға кеўил бөлмең. Олар жәҳәннемдеги «Ўайл» ойпатлығын сизиң абыройыңыздың есесине сатып алыўына қойып бериң.

Аллаҳ таала «Ҳумаза» сүресиниң 1-аятында: «(Адамлардың артынан) ғыйбат қылыўшы, масқара қылыўшылардың ҳәр бирине ўайл болсын» дегенин есиңизде тутың да жолыңызды даўам етиң.

Шақлы қойдан шақсыз қойдың ҳақысы алып берилгенде, сизиң ҳақыңыз қалып кететуғынба еди?!

Әлемлердиң Рәббиси сизиң тәрепиңизди алып, сизди қорғаўына алып, ҳақыңызды алып беретуғын күн жүдә жақын…


📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қараң #Пикирлең

МУСЫЛМАНШЫЛЫҚТА ЖОҚ НӘРСЕЛЕР🙅

Тандырды бузбай сақлап қойыў;
Қәбирди айланыў ҳәм топырақ шашыў;
Қәбирге гүл қойыў;
Теректи айланыў;
Пал ашыў;
Палкерге барыў;
«Пәлен үйдиң әрўағы бар» деген түсиник;
Өлген адамның әрўағы (руўҳы) менен сөйлестиў, сөйлестириў;
«Арақты әкелип берген гүна емес» деген түсиник;
«Күйеўи қайтыс болған ҳаялға барған саўап болады» деген түсиник;
«Әдираспан жин-жыпырды қуўады» деген түсиник;
От аласлатыў;
Сүмелек былғап тилек тилеў;
Қыз алып қашыў.

Еле де көп нәрселер…

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлең

​​​​ДУЎАЛАР ҚАБЫЛ БОЛМАЎЫ ҲАҚҚЫНДА

     Көп инсанлар айтады: "Не ушын Аллаҳға көп дуўа қылсақ та дуўаларымыз қабыл болмай атыр?!"
     Әййемги Бағдат турғынларынан болған Ибраҳим ибн әл-Адҳам атлы адамнан сорапты:
     "Неге дуўаларымыз ижәбат болмай атыр?"
Ибраҳим ибн әл-Адҳам төмендегише жуўап берди:
    
    Себеби, қәлбиңиздеги он нәрсе сөнип қалған.
1. Аллаҳты таныйсыз, бирақ хаққын орынламайсыз!
2. Қуран оқыйсыз, бирақ әмелин орынламайсыз.
3. Шайтан душпанымыз дейсиз, бирақ оған ересиз.
4. Жалын хақ дейсиз, бирақ оннан сақланбайсыз!
5. Адамлардың айыбы менен әўересиз, бирақ өзиңизди умытқансыз!
6. Нәбийдиң үмметимен деп мақтанасыз, бирақ сүннетлерге әмел қылмайсыз!
7. Аллаҳтың неъматын жейсиз, бирақ шүкир қылмайсыз!
8. Жәннетти ҳақ дейсиз, бирақ оған кириўге умтылмайсыз.
9. Өлимди ҳақ дейсиз, бирақ оған таяр емессиз!
10. Қайтыс болғанларды жерлейсиз, бирақ ибрат алмайсыз!

Аллаҳым, дуўалары ижәбат ететуғынларың қатарында бизлер де болайық! Әмийн.

"Хикметлер саадатқа жетеклер" китабынан.

•••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄•••••

http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлең

«САБАҚ»

Мен Россияда жумыс ислеймен. Айырым ўақытлары буйыртпа болып қалса сантехника ислери менен де шуғылланып тураман. Бир күни бир русс адам қоңыраў қылды.
– Алло… сантехниксизбе? Номериңизди достым берди, жаңа кир машина сатып алған едим, соны орнатыў керек.
– Яқшы, орнатып беремиз, бирақ ҳәзир жумыстаман, кешқурын жумыстан кейин барсам боладыма?
– Аўа болады, тек қасыңызға бир шерик алып келиң, кир машина төменде машинамда турыпты, көтерип лифтке шекем алып келиўге сизге бир жәрдемши керек болады.
– Мейли кешке барамыз, усы номерде ватсапым бар үй мәнзилиңизди толық жазып жибериң, – дедим.
Кешқурын жумыстан шығып, қасыма жақында аўылдан келген жасы он сегизден өткен аўыллас жигитти шерик қылып алдым да айтылған мәнзилге жол алдық.
Таза кир машинаны лифтте он тоғызыншы қабатқа алып шығып, көрсетилген орынға орнатып атырмыз.
– Зор машина екен-я әжаға, мен бундайын биринши мәрте көриўим – деди жас шеригим.
– Аўа машинаның зоры екен, ең соңғы моделлерден бири, кирлерди жуўып өзи кеўдирип те береди.
– Өзимизде де бармекен?
– Өзимизде де бар, бул жерде бар нәрсениң бәри Өзбекстанда да бар – дедим.
– Үйленсем биреўин тазасынан аламан – деди шеригим машинаға ҳәўес пенен тигилип турып.
– Неге үйленсең? – деп сорадым.
– Ҳаялым қолда кир жуўып қыйналып жүрмейди-дә – деди ол.
Басына бир шапалақ бердим.
– Ҳе не болды?
– Бундай ислемейтуғын басты урып турыў керек, ҳәзир ким жуўып атыр кирлерди үйиңде?
– Анам, қарындасым жуўады.
– Олар усы ўақытқа шекем де сениң кир кийимлериңди қолда жуўған, олар қыйналса ишиң ашымайдыма? Неге анам ушын аламан, қарындасым ушын аламан, ҳәзир аламан демейсең? Оларды аямайсаң, еле жоқ ҳаялыңды аяйсаң? Неге нийетиңди туўры қылмайсаң? Неге арзыўыңда болса да анаңа жеңилликти тилемейсең?
– Кеширимли болсын әжаға.
– Кеширимиңди анаңнан сора, саған ҳайраң қаламан гейде, анаў күни де көшеде кетип баратырсақ қасымыздан шырайлы үрптеги машина өтип кетсе, зор машина екен-я, тазасын алып, артына ҳаялыңды мингизип жүрсең-я – деп айтқан едиң.
Берекет тапқыр, әкең тири, анаң тири, алдын соларды мингизип жүрейин деп нийет қыл!
Туўры нийет қылыўды үйрен, әкежан, анажан таза машина алыўды нийет еттим, сизлерди мингизип жүремен, дуўа қылың, нийетиме жетейин деп айт.
Ата-анаң дуўа қылса машина да аласаң, ҳаял да аласаң оны да кейин мингизип жүресең – дедим.
– Дурыс айтасыз – деп шеригим жер сызып қалды.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•


t.me/nasiyatuz
#Пикирлең

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның айтыўынша бахытсызлықтың төрт белгиси бар:

1. Өткен гүналарын умытыў, негизинде болса бул гүналар Аллаҳ тааланың ҳүзиринде сақланып турған болады.

2. Қылған жақсылықларын еслеў. Оны Аллаҳ таала қабыл қылдыма, қабыл қылмадыма белгисиз болыўы менен бирге.

3. Дүнья жөнинде өзинен бийикке қарап ибрат алады.

4. Динде өзинен пәске қарап ибрат алады.

Бахытлылықтың белгиси де төртеў:

1. Өткен гүналарды еслейди.

2. Қылған жақсылықларын умытады.

3. Динде өзинен жоқарыдағыларға қарап ибрат алады.

4. Дүнья жөнинде өзинен төмен адамға қарап ибрат алады.

Базы уламалардың айтыўынша, ийманның уранлары төртеў.

1. Тақўа (яғный Аллаҳ буйырған әмеллерди қылып, қайтарған ислерден тыйылыў).

2. Ҳая (Аллаҳ ҳүзиринде де, бенделериниң алдында да қылмысларынан уялыў).

3. Шүкир (Аллаҳ берген неъматларға шүкир қылыў).

4. Сабыр (басына түскен мүсийбетлерге ис-ҳәрекетинде де, сөзинде де шыдамлы болыў).

👇 👇 👇 👇 👇 👇 👇 👇 👇 👇 👇

t.me/nasiyatuz
#Пикирлең

ФИЗИКАЛЫК НЫЗАМ ҲӘМ ИЙМАНЫЙ РӘҲӘТ

Инсанның басындағы мийдиң ҳақыйқый аўырлығы 1700гр шығады. Бирақ соған қарамастан неге бул аўырлықты сезбеймиз?!

Себеби ол арқа мийдиң суйықлығына батып турады. Физикалық нызам бойынша: Қандайда бир дене суўға батырылса, аўырлығынан тасып шыққан суў муғдарынша жеңиллейди.

Усылайынша мийдиң аўырлығы 50 гр болып қалады ҳәм биз оны сезбеймиз.

Булардың бәри Аллаҳ тааланың өлшеўи.

Бул суйықлық намаздағы рукуъ ҳәм сәжде ўақтында төменге ҳәм жоқарыға ҳәрекетленип бас мийди массаж қылады, нәтийжеде инсан намазда рәҳәтленеди.

Субҳаналлаҳ, Рәббимиз не деген уллы!

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM