NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
12.4K subscribers
8.32K photos
2.35K videos
1 file
13.9K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
#Қараң

   Еркек адам ҳаялынан кеширим сораўы қыйын. Еркеклер көбинесе ҳеш нәрсе болмағандай сөйлесип кетеди. Бул иси «Өткен исти умытайық, болары болды» дегени. Ҳаялы да усындай жағдайда жарасып кетсе, кеўил қалыспа болмайды.



🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram| Instagram| Youtube |Facebook
#Қараң

   Ибн Аббас разыяллаҳу анҳума айтады:

   Ҳәй гүнаға қол урыўшы қол! Сен оның (қылған гүнаңның) ақыбетинен ҳәргиз аманда емессең!
   Гүна қылып турып, қасыңдағы адамлардан уялмаўың қылған гүнаңнан да үлкен.
   Аллаҳ таала сол гүнаңды не қылыўын (кеширедиме кеширмейдиме) билмей турып күлиўиң гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қылыў имканиятын қолға киргизгениң ушын қуўаныўың қылынған гүнадан да үлкен.
   Бир гүнаны қыла алмағаныңа қайғырыўың сол гүнаны қылғаннан да үлкен.
   Гүна қылып турып, пердени қыймылдатқан самалдан қорқыўың, бирақ Аллаҳ көрип турғанынан жүрегиң қалтырамаўы сол гүнадан да үлкен.

   Аллаҳ таала Айюб алайҳиссәләмды қайсы гүнасы ушын денеси ҳәм малына соншелли мүсийбет жеткергенин билесеңбе?

   Айюб алайҳиссәләмның бар-жоқ гүнасы сол, бир мискин оннан басына түскен зулымды кеткизиўде жәрдем сораған, ол болса оған жәрдем бермеген, залымға нәсият қылмаған ҳәм оны мискинге зулым қылыўдан қайтармаған еди. Сол себептен Аллаҳ таала оны бәлелерге батырып жиберди.


🌐Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram| Instagram| Youtube|Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қараң

ЖАҚСЫ
(ҳаялларға)

Муҳабатты оятыўшы ҳәм басқаларға меҳир бөлистириўши гөззал күлимсиреўиңиз жақсы.
Шәрий дослық қурып, жеркеништи кетиретуғын шийрин сөзиңиз жақсы.
Мискинди шадландыратуғын, пақырды қуўандыратуғын ҳәм ашты тойдыратуғын қабыл болыўшы садақаңыз жақсы.
Қуранды тилаўат қылып, оны пикирлеп, оған әмел қылып, зикир ҳәм истиғфар айтып отырыўыңыз жақсы.
Перзентлериңизди динимизге муўапық қылыўыңыз, сүннетти үйретиўиңиз ҳәм пайдалы нәрселер тәрепке оларды бағдарлаўыңыз жақсы.
Ийбеңиз ҳәм Аллаҳ буйырған әўретиңизди бекитиўиңиз жақсы.
Аллаҳтан қорқатуғын, динин сүйетуғын ҳәм қәдир-қунын билетуғын ҳаяллар менен сәўбетиңиз жақсы.
Ата-анаға жақсылық қылыўыңыз, туўысқанлар менен қатнасықты беккемлеўиңиз, қоңсыларға жақсылық қылыўыңыз ҳәм жетимлерди кепиллигиңизге алыўыңыз жақсы.
Пайдалы китап оқыўыңыз жақсы.

«Дүньядағы ең бахытлы ҳаял» китабынан

«» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «»

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

Аз сөйлеў инсанның Исламының гөззаллығынан

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип:
«Ҳәй Аллаҳтың Расулы, қәўимим маған итаат қылады. Оларға нени буйырайын?» деди.
«Оларға сәлемди жайыўды ҳәм күтә әҳмийетли сөзден басқасын аз қылыўды», деди».
«Имам Хараийтий рәўияты».

Бул ҳәдиси шәрийфте гүна болатуғын сөзлерден тысқары, жай, қуры сөздиң өзи ҳаққында да гәп кетип атыр.
Умар ибн Абдулазиз раҳматуллаҳи алайҳ: «Ким сөзин әмелинен деп есапласа, оның оғада әҳмийетли сөзинен басқа сөзи аз болады», деген.

•••••┄┄┄┄༻❅༺┄┄┄┄•••••

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

ҲАЯЛЛАРДА БЕРЕКЕТ БАР

Ҳаяллар өзлерин еркекке теңеўи – ақмақлық. Ҳаял еркектен әдеўир жоқары турады. Себеби еркек ҳаялға не берсе, оны артығы менен еркекке қайтарады.

Егер еркек оған бир тамшы суўды жиберсе, ол еркекке перзент қылып қайтарады.

Егер еркек ҳаялға төрт дийўалды берсе, ол еркекке оны шырайлы уя қылып қайтарады.

Егер еркек оған мийўе-шийўе берсе, ол еркекке тағам қылып қайтарады.

Егер еркек оған бир ғана күлимсиреўди инам етсе, ол еркекке пүткил жүрегин тартық қылып жибереди.

Ҳаял адам өзине берилген не нәрсени болса да көбейтеди ҳәм мол-көл қылады. Сонлықтан егер оған бир жаманлық қылсаңыз, алдын көрмеген жаманлықларды қабыл қылыўға таяр турың .

Британиялы жазыўшы Ўилям Голдинг (1911 – 1993)


📱http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

Өмириңизде қандай инсан болмасын, оны жаман көрип, ол менен танысқаныңызға өкинип жүрмең! Себеби, жақсы инсанлар сизге бахыт-саадат берсе, жаманлары тәжирийбе береди. Олардың ең жаманлары сизге сабақ болса, ең жақсылары шырайлы сәтлериңизге айланады.

📱
http://t.me/nasiyatuz
#Қараң

Төгилген көз жаслар ҳәм жарақат алған қәлблерди еслең

Әдебиятшылардың бири айтады: «Егер заманнан барлық ислериңиз сиз қәлегендей болыўы ҳәм тек ғана сизге жағатуғын нәрселерди бериўи жөнинде ўәде алғанман деп билетуғын болсаңыз, онда ҳәр сапар ойлағанларыңыз әмелге аспаған ўақытта өзиңизди уўайым-қайғы көшелерине таслаўға таяр турабериң. Егер сиз күнлериңиздиң гейде сиз ойлаған нәрселерди берип, гейде бермеўин, гейде сизге берген инамын дәрриў қайтарып алыўын ҳәм бул нәрсе сизден алдын өткен сарай ийелери ҳәм ылашықларда күн кеширген адам балаларының ҳәммесинде болғанын аңлаған болсаңыз, кеўилсизликти кемейтиң ҳәм көз жасларыңызды сыпырың! Сиз заманның зәҳәрли оқлары тийген биринши адам емессиз. Кеўилсизлик дәптериндеги ең биринши мүсийбет сизге жеткени жоқ, өзиңизди қолға алың.

«Дүньядағы ең бахытлы ҳаял» китабынан.

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қараң

Көп жасап, көпти көрген бир дана адамнан «Сиз өмириңиз даўамында нени түсиндиндиңиз?» деп сорады.

Ол: «Мен өмирим даўамында инсанлардың мал ушын денсаўлығын қурбан қылыўын. Кейин денсаўлық ушын мал-дүньясын қурбан қылыўын түсиндим. Және келешеги ушын соншелли қайғырады ҳәттеки алдындағы рәҳәтинен ўаз кешеди. Улыўма өлмейтуғындай болып жасайды. Лекин улыўма жасамағандай болып өледи», деген екен.

📱http://t.me/nasiyatuz