alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.72K subscribers
17K photos
3.22K videos
22 files
14.6K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
Forwarded from Muslim.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Haj2024
😎 РАСУЛИМИЗ САБРИ
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎞 YouTube |💻Instagram |📝 Facebook

🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Әзизлер келиң бирге зикир қылайық!!!

📿Субҳаналлооҳ - 100 мәрте;

📿Әлҳамду лилләәҳ - 100 мәрте;

📿Аллооҳу әкбәр - 100 мәрте;

📿Ләә иләәҳә илләллооҳ - 100 мәрте;

📿Ләә ҳәўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләәҳил алийюл азийм - 100 мәрте;

📿Әстәғфируллооҳ - 100 мәрте;

📿Әс-соләәту ўәссәләәму алайка я расуләллооҳ - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳил азийм - 100 мәрте;

📿Ләә иләәҳә иллә әнтә субҳаанәкә инний кунту минәз зоолимийн - 100 мәрте;

📿Субҳаанәллооҳи ўә ниъмәл ўәкийл - 100 мәрте;


Аллаҳ таала Қураны кәриймде: "Рәббиңди азанлы- кеш ишиңнен өтинип, қорқып, сөйлегенде даўысыңды көтермей, зикир қыл ҳәм ғапыллардан болма!", деди.
Аъроф сүреси, 205-аят

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоинфографика

🐏 Қурбанлық шәртлери ҳәм әдеплери.

📹Таярлаған: muslim.uz

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ар-намысы таза, уяты бар адамның шыққан шыңы шырайлы көринеди. Өйткени, ол не нәрсеге қолы жетсе де, таза, пәк жетеди!

   Бир данышпан айтады, адамның адамгершилиги, ең ийгиликли қәсийети – жан сақлаў емес, арын сақлаў.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#уламалар_сөзи

   АТА-АНАҒА АҚ БОЛЫЎ

   Абдуллаҳ ибн Мүбәрек былай деген:

   «Егер ата-анаң сениң менен келисимге келип жасай басласа, саған сөйлегенде, ашыўың шығыўынан, ғәзеплениўиңнен қорқып абайлылық пенен ойланып сөйлесе, онда билип қой, ата-анаңа ақ болып атырсаң!»

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҲАЖ ЗЫЯРАТЫНЫҢ ӘДЕПЛЕРИ

1) Ҳаж сапарында ел-журт көрсин деген ойдан сақланыўға тырысыў керек.
2) Бар болса, қарызларды ҳәм киси ҳақыларын өтеп, олардан разылығын алыў керек.
3) Таныслары ҳәм дослары менен ушырасып, олардың дуўасын алыў.
4) Қапаласқан адамлары бар болса, татыўласыўы керек.
5) Ақ рең, кең иҳрам алыў керек.
6) Иҳрам менен жүргенде кийетуғын үсти ашық жеңил аяқкийим (тапочка) алыў.
7) Шубҳалы болмаған, толық хадал ақшасы менен ҳажға барыў керек.
8) Ҳажға баратырғанда диний ҳәм дүньялық ислерде жәрдемши болатуғын жолдаслары болыў.
9) Шаңарақ ағзаларының напақасын нуқсансыз тәмийинлеў.
10) Бул сапарда Аллаҳ тааладан көбирек қорқыў керек.
11) Аллаҳ тааланы көп зикир етиў керек.
12) Ашыўланбаўға беккем болған жақсы, салдамлы болыўға тырысыў керек.
13) Керексиз сөз сөйлеўди ҳәм керексиз нәрселерди тоқтатыў керек.
14) Ҳажға байланыслы мәселелерди жақсылап үйренип, жолда жақсы билмейтуғынларға да үйретиў керек.
15) Ҳаж ўақтында саўда-сатық ислеўден узақ болыўға тырысыў керек.
16) Мудамы таҳәратлы болып жүриўге тырысыў керек.
17) Үйинен шығыўдан алдын еки рәкат намаз оқып, ҳаж әмеллерин нуқсансыз орынлаўшылардан болыўын Аллаҳ тааладан сораў керек.
18) Үйге қайтып келгенде де Аллаҳ таалаға шүкиршилик ретинде еки рәкат намаз оқыў керек.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

    АТА-АНАМЫЗҒА ҲӘР БИР НӘЗЕРИМИЗДИҢ ӨЗИНДЕ БИР ҲАЖДЫҢ САЎАБЫ БАР ЕКЕН...

    Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳу    
    Пайғамба­рымыз алайҳиссаламнан рәўият етеди:

    -"Қайсы бир жақсы перзент ата-анасының жүзине меҳир менен қараса, Аллаҳ таала оның ҳәр бир нәзерине бир ҳаж қылғанның саўабын береди.

    Саҳабалар:
- "Я Расулуллаҳ, бир күнде жүз мәрте қараса жүз ҳаждың саўабы бериле береме?", деди.

   Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам:
   - "Әлбетте, Аллаҳ таала мийирманшылығы кең, жақсы бенделерине саўапларды береди", деп жуўап берди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қайырлы_күн

🌞 Ассаламу алайкум!
Дүйшемби күниңиз мүбәрек болсын!  
Бүгинги басланып атырған жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын! Сиз ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият тәрк етпесин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҚУРБАНЛЫҚ МАЛЫНЫҢ ЖАСЫ ҚАНШАДА БОЛЫЎЫ КЕРЕК?🐏🐑🤔

Саҳаба Жәбир разыяллаҳу анҳуден рәўият етилген ҳәдисте Пайғамбар алайҳиссалам: «Тийисли жасына толмаған малды қурбанлыққа шалмаң. Егер бул сизлер ушын аўыр болса, онда алты ай толған қойларды шалыўыңызға болады»,- деген. (Имам Муслим).

   Имам ән-Нәўаўий: «Бул ҳәдисте белгили жасқа толмаған малды Қурбанлыққа шалыўға рухсат етилмейтуғынына көрсетпе бар, буннан тек қой парықланады», - деген.
Ал қурбанлық малларының жасларына келетуғын болсақ, онда:
1) түйениң ең аз жасы – бес жастан басланады;
2) сыйыр-буғаның жасы – еки жастан;
3) ал қой-ешкиниң жасы бир жастан басланады.

Қой менен қошқарға келетуғын болсақ, егер қой-қошқар ири болса, онда бир жасқа толмағанын да шала бериўге шәрият рухсат берген.
__

Бизд
и социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мақала

🔹"ДИНИМИЗДЕ ПЕРЗЕНТ ТӘРБИЯСЫ".

Ата – ана болыў үлкен бахыт. Бул бахытқа миясар болғанлар да болмағанлар да бар. Баланың қандай болып камалға келиўи ата-ананың қандай өрнек болғанының жемиси есапланады. Ата-ана ибраты жәмийет келешегин белгилеп берери сөзсиз. Ата-ана алдында сондай қурамалы, даўамлы ўазыйпа турар екен, оның жуўапкершилигин сезиниўи лазым. 

⚡️ ТОЛЫҚ...

© Жалалатдин Абдиразақов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Тилди тыйыў ҳаққында

Қисс ибн Саида ҳәм Аксам ибн Сайдаий бир жерде отырар екен, бири басқасынан сорады:
– "Адам баласында анықлаған қанша айыплар бар екен?"
– "Адам баласының айыплары санап болмас дәрежеде көп, бирақ бир пазыйлет таўдым, егер инсан сол нәрсени бақлай алса, ҳәмме айыпларын жасырады".
– "Ол пазыйлет не екен?"
– "Тилди тыйыў".


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #тәрбия

ӘБИЎ ҲАНИФА РАҲМАТУЛЛАҲИ АЛАЙҲТИҢ ГӨЗЗАЛ ҚУЛЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

     Заҳабий Мужалиддин рәўият қылады:
      «Мен Ҳарун Рашидтиң қасында едим. Сол пайыт Әбиў Юсуф келип қалды.
   Ҳарун Әбиў Юсуфке:
        «Маған Әбиў Ҳанифаны тәрийплеп бер», – деди.
   Әбиў Юсуф былай деди:
        «Аллаҳға ант, Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳи Аллаҳ ҳарам қылған ислерден қатты сақланған, дүнья әҳлинен шетте жүриўши, сөйлей бермейтуғын, бәрқулла пикирлеўши, бийҳуда сөзлерден сақланыўшы инсан еди. Қашан оннан сораў соралса, билсе жуўап берер еди. Ҳәй мөминлердиң әмийри, мен Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳти нәпси ҳәм дининде беккем, инсанлардың айыбын излеўди тәрк етип, өзиниң нуқсанларын дүзетиўге бел байлаған инсан деп билемен. Кимди еслесе, жақсылық пенен еслер еди».
      Сонда, Ҳарун Рашид:
      «Бул солиҳ инсанлардың көриниси», – деди».

      Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳтиң жоқарыда зикири келген қулықларын еки бөлимге ажыратыў мүмкин:
     1. Аллаҳ таала менен болған қулықлары. Яғный, оның Аллаҳ таалаға ықлас пенен ибадат етиўи, Оннан қорқыўы ҳәм Оған болған тақўасы.
     2. Инсанларға болған қулықлары. Яғный, инсанларға сақыйлығы, нәсиятлары, жақсылық қылыўы, сабыры ҳәм кишипейиллиги.


«Имам Аъзам» китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Кеўлимиздеги инсанлардың мәртебесин өзлеримиз тәртиплемеймиз.(Яғный, бул нәрсе бизлердиң қәлеўимизге байланыслы емес). Бәлким, олардың қылған ислери бул исти орынлайды.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

НАҲАҚ ҒАРҒЫС

Көп адамлар ашыўланса, тиллерине ерк берип жибереди ҳәм ғарғап баслайды. Ғарғағанда да избе-из ким яки нелигине қарамастан, адам ба, ҳайўан ба, заман ба парқы жоқ. Ҳәтте, өзлерин де, перзентлерин де ғарғайды. Еркек ҳаялын ямаса керисинше ҳаял күйеўин ғарғайды. Буларды ҳәммеси қәўипли, қайтарылған ислер.
Бул ҳаққында Әбиў Зайд Сабит ибн Заҳҳак Ансарий разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деген:
“Мөминди ғарғаў – оны өлтириў сыяқлы".
(Имам Бухарий).

Пайғамбар алайҳиссалам ҳаяллардың дозаққа кириўине олардың көп ғарғаўы себеп екенин айтқан. Сондай-ақ:
• Көп ғарғайтуғынлар Қыямет күни шәпәәтгөй бола алмайды.
• Буннан да қәўиплиси ғарғаўшы егер наҳақ ғарғаған болса, ғарғысы өзине урады ҳәм өзин-өзи ғарғаған болады.
• Аллаҳтың мийримине өзин-өзи айырған болады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

Аллаҳым, маған сондай көз бер, инсанлардың тек жақсылығын көрейин!

Маған сондай қәлб бер, бенделериңе тек жақсылық үлестрейин!

Маған сондай сабыр-тақат бер, өмирдиң ҳәр қандай соққысына шыдайын!

Маған сондай зибан бер, ҳеш бир бендеңди ренжите алмайын
!

Әмийн!!!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

ПУЛДЫҢ БАҲАСЫ ҲАҚҚЫНДА

    Ашраф Әлий Таҳанаўий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Базы адамлар зәрүрий қәрежетлерин питкериў ушын пул табыўға ҳәрекет етеди. Зәрүрлиги қандырылғанынан кейин пулдың жүзин көриўди де қәлемейди. Ал, базылардың пулдың өзине муҳаббаты болады. Бул жүдә жаман кеселлик. Бундай адамлар «Мениң сонша пулым бар», – деп мақтанады.
     Пулға муҳаббат ҳәм оннан рәҳәтлениў ҳаққында сөз болғанда достым айтып берген бир судхордың ҳикаясы ядыма түседи.
     Судхор қәстеленип қалды. Пулы көп болса да, өзин емлетпейтуғын еди. Досларының ҳәм жақынларының қыстаўы менен даўаланыўға зорға разы болады. Лекин, «Шамалап есаплаң, емлениўге қанша пул кетер екен?» – деди. Дослары бийтаптың тамырын көрип, рецепт жазатуғын шыпакерди алып келиў, жазып берилетуғын дәрилердиң ишиў мүддети, қулласы ҳәммесине шама менен қанша пул сарп болыўын есаплап айтты. Ал, ол «Әне енди, өлиўге қанша пул сарп болыўын айтып бериң», – деди. Қасындағылар бул сарп қәрежетти де айтып берген еди, ол: «Өлип кетеберейин, деген пикирге келдим. Себеби, емлениўге көп пул кетер екен, өлиўге болса азлаў», - деди.
      Инсан соншелли де бола ма?! Бул пулға муҳаббат ҳаққында еситкен ҳикаяларымның ең жоқары дәрежесиндегиси еди».


«Малфузат», 6-ж, 154-б.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Шырпы шөби тек бир мәрте ислетиледи. Ол сол бир мәрте ислетилгенде жақсылыққа яки жаманлыққа хызмет етиўи мүмкин.

❗️Инсанның өмири де тап сондай.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ИЛИМ УШЫН САРПЛАНҒАН ҚАРЖЫ

Сундар Пичай 10-июнь 1972-жылда Мадурай, Тамилнад, Ҳиндистанда туўылған.
Сүўреттеги бул жигит буннан 27 жыл алдын АҚШтың Стенфорд университетинде оқыў ушын грант утады. Бирақ, Ҳиндистаннан ол жерге ушып барыўға ақшасы болмайды. Сонда, әкеси өзиниң дерлик бир жыллық айлығына тең пулға оған жол ҳаққы алып береди. Жигит өмиринде дәслепки мәрте самолётқа шығып, АҚШқа ушып кетеди.
Сол жигит - Сундар Пичай - 2015-жылда дүньяның ең бай компанияларынан бири есапланған Google ширкетиниң бас директоры етип тайынланады. 2019-жылда оның бир жыллық айлығы 281 млн долларға тең болған.
Әкениң бир ўақытлары үлкен мәртлиги күни келип, өз мийўесин берди.

Буны ҳеш қашан умытпаң!
Дүньядағы ең жақсы сарпланған қаржы – бул перзентлериңиздиң келешегин өзгерте алатуғын дәрежедеги билим алыўы ушын сарпланған қаржы!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Шүкир ҳәм сабыр ҳаққында

Имам Замахшарий өзиниң “Кашшаф” тәфсиринде төмендеги ибратлы бир рәўиятты келтиреди:
– «Имрон ибн Ҳиттан Адам балаларының ең көримсизлеринен бири болып, ал ҳаялы жүдә шырайлы еди. Бир күни сол ҳаял күйеўиниң жүзине қарап турып:
– «Әлхамду лилләҳ» – деп қойды. Күйеўи:
– «Не деп атырсаң?» – деген еди, ҳаялы:
– «Сиз де, мен де жәннет әҳлилеринен болыўымызды ойлап, Аллаҳ таалаға шүкиршилик айттым» – деди. Күйеўи:
– «Екеўимиз де жәннетий болыўымызды қалай билдиң?» – деп сорады. Сонда ҳаялы былай жуўап берди:
– «Сиз мендей ҳаялға үйленип шүкир қылдыңыз, ал мен сиздей еркекке турмысқа шығып сабыр қылдым. Аллаҳ таала шүкир етиўши ҳәм сабыр қылыўшы бенделерине жәннетти ўәде еткен.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Он ең жақсы шыпакер:

1. Қуяш нуры.
2. Көп суў ишиў.
3. Түнде жетерли уйқы.
4. Ашық таза ҳаўа.
5. Күнде ярым саат пияда жүриў.
6. Рационал аўқатланыў.
7. Қураны Кәрийм тиләўаты. Ол руўхтың азығы.
8. Пал жеў.
9. Седана.
10. Қанаат. Жақсы ҳәм жаман қадарға разы болыў.

"Ләә иләәҳа иләллаҳ" пенен нәпес алыў.
"Әстағфируллаҳ" пенен нәпсини тынышландырыў.
"Әлҳамдулиллаҳ" деп шүкир айтың.
"Субҳаналлаҳ" пенен әжеплениң.
Пайғамбарымызға "салаўат" айтыў менен шадланың.
Көз тийиўин "Маа шаа Аллаҳ, Табаракаллаҳ" пенен сақлаң.
Ҳәр бир исти "Бисмиллаҳ" пенен баслаң.
"Әлҳамдулиллаҳ" пенен тамамлаң.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz   🟥youtube 
🌐instagram 🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM