#рәўият
Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ бир күни бир достының гөне кийимде жүргенин көрип қалды. Адамлар тарқалып, екеўинен басқа ҳеш ким қалмағаннан кейин, оған:
– Анаў жайнамазды көтерип астындағыны ал, – деди.
Ол киси жайнамазды көтерип қараса, оның астында мың динар турған екен.
Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ оған:
– Соны алып ислериңди ямаса үсти-басыңды жаңалап ал, – деди.
Сонда ол киси:
– Мени ким деп ойлап турсаң? Мен де өзиме тоқ байман. Аллаҳ маған Өз ғәзийнесин инам еткен, сениң пулыңа күним қарап қалмаған.
Сонда Әбиў Ҳанифа раҳимаҳуллаҳ оған:
– Егер Аллаҳ сеннен Өз неъматларын аямаған болса, оның белгиси қәне? Саған Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның: "Әлбетте, Аллаҳ азза ўә жәллә Өзи берген неъматларының белгисин бендесинен көриўди қәлейди", деген сөзи жетип келмеген бе? Сен достыңды уўайымлатпаў ушын үсти-басыңа қарап жүриўиң керек, – деди.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram
Интернет сайтымыз: alberuniy.uz

#рәўият #тәрбия
Тәрбияның қәншелли керек екенлиги
Өткен дәўирлерде уламаның алдына бир дийқан келип баласынан шикәят етип: "Ҳәзирет балам ҳәр күни азанда мени урады", деди.
- Субҳаналлаҳ, бала да әкесин урама екен?!
- Аўа, мени балам урып, бет-аўзымды көгертеди.
- Сен оған тәлим-тәрбия, әдеп-икрамлықты үйретиппедиң өзи?
- Яқ, бала-шаға деп жуғыр-жуғыр менен ўақыт болған жоқ.
- Сен оған үлкенге иззет, кишиге ҳүрмет, Қуран аятлары, ҳәдиси шәрийфлерди үйретпедиң бе?
- Яқ.
- Балаң өзи не ис қылады?
- Егин егеди.
- Онда балаң азанда үйден шыққан ўақытта ешегине минип баратырып дуўа оқып, күниниң берекетин сорап үйден шығыўдың орнына, қосық айтып шығып баратырғанда алдынан шығып қалған шығарсыз, сол ўақытта ол сени де мал деп ойлап бир теўип өткен шығар. Шүкир етиң, басыңызды жармағаны ушын, деген екен.

Өмирдиң алтын қағыйдасы
Патшаның жүдә ақыллы ҳәм гөззал қызы тосаттан қәстеленип қалыпты: аяқ-қолы ислемей, еситиў ҳәм көриў қәбилети әззилесипти. Шыпакерлер ҳәм тәўиплердиң даўалаўға урыныўларынан нәтийже болмапты.
Бир күни сарайға нүраний кексе келип, мәликаның дәртин даўалаў сырын билиўин айтыпты. Сарай әҳли оннан жәрдем бериўин, мәликаны дүзетиўин сорапты. Сонда кексе бийтаптың қолына тал шақаларынан тоқылған, үсти таўар менен жаўылған себет берип:
Мәлика асығып таўарды көтерипти, себет ишиндеги нәрсени көрип ҳайран қалыпты: онда кеселликтен жүдә әззилеген, зорға нәпес алып атырған гөдек бар екен. Мәликаның қәлбинде мийрим-шәпәәт ояныпты, денесиндеги аўырыўды жеңип гөдекти қолына алыпты да, әсте-ақырын тебирете баслапты.
Айлар өтеберипти, мәлика балаға пәрўана болыпты: оны аўқатландырыпты, еркелетипти ҳәм сүйипти, ойнатыпты. Балаға меҳири түскеннен кейин, дәртлерин умытып, түнлери уйқыламай оны тәрбиялапты.
Күн, айлар өтипти. Бала күлипти, бир күни жүрип кетипти. Қуўанғанынан оны көтерип алған мәлика жүдә жеңил ҳәрекет қылар, оған ҳеш қандай аўырыў азап бермес екен. Бала менен өткен жыллар даўамында мәлика әсте-ақырын дүзелип барған екен.
Өмирдиң қағыйдасы негизинде сол – биреўге меҳир берип, меҳир таўасаң, бахыт үлесип, бахытқа ерисесең.
Әзизлер, меҳир үлесип бахтияр жасаң!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
Өмирдиң алтын қағыйдасы
Патшаның жүдә ақыллы ҳәм гөззал қызы тосаттан қәстеленип қалыпты: аяқ-қолы ислемей, еситиў ҳәм көриў қәбилети әззилесипти. Шыпакерлер ҳәм тәўиплердиң даўалаўға урыныўларынан нәтийже болмапты.
Бир күни сарайға нүраний кексе келип, мәликаның дәртин даўалаў сырын билиўин айтыпты. Сарай әҳли оннан жәрдем бериўин, мәликаны дүзетиўин сорапты. Сонда кексе бийтаптың қолына тал шақаларынан тоқылған, үсти таўар менен жаўылған себет берип:
«Себетти ал, ондағы нәрсеге ғамхорлық қыл, Аллаҳ қәлесе, саламат боласаң»,
– деди. Мәлика асығып таўарды көтерипти, себет ишиндеги нәрсени көрип ҳайран қалыпты: онда кеселликтен жүдә әззилеген, зорға нәпес алып атырған гөдек бар екен. Мәликаның қәлбинде мийрим-шәпәәт ояныпты, денесиндеги аўырыўды жеңип гөдекти қолына алыпты да, әсте-ақырын тебирете баслапты.
Айлар өтеберипти, мәлика балаға пәрўана болыпты: оны аўқатландырыпты, еркелетипти ҳәм сүйипти, ойнатыпты. Балаға меҳири түскеннен кейин, дәртлерин умытып, түнлери уйқыламай оны тәрбиялапты.
Күн, айлар өтипти. Бала күлипти, бир күни жүрип кетипти. Қуўанғанынан оны көтерип алған мәлика жүдә жеңил ҳәрекет қылар, оған ҳеш қандай аўырыў азап бермес екен. Бала менен өткен жыллар даўамында мәлика әсте-ақырын дүзелип барған екен.
Өмирдиң қағыйдасы негизинде сол – биреўге меҳир берип, меҳир таўасаң, бахыт үлесип, бахытқа ерисесең.
Әзизлер, меҳир үлесип бахтияр жасаң!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram
Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
✅@alberuniyuz
#рәўият #тәрбия
ТУЎРЫ ЖОЛ...
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мүбәрек ҳәдислериниң биринде: "Егер Аллаҳға ҳақыйқаттан да тәўекел қылсаңыз, ол азан менен аш шығып, кешқурын тоқ қайтатуғын қусларды ырысқыландырғаны сыяқлы сизлерди де ырысқыландырады", деди.
Шақиқ Балхий ҳәзиретлери ибадат ҳәм итаатта теңсиз еди. Бир күни ол шөлде қанаты сынып, уша алмай атырған бир қусты көрип қалды. Қыялына, бул қус уша алмаса, аў қыла алмаса, қалайыншы жан сақлап атыр, деген гәп келди. Алым бир паналаў жерге өтип, қусты бақлай баслады. Бир пайыт шегиртке тутып алған басқа қус ушып келди де, жарадар қустың аўзына алып келген азықлығын салып қойды. Сонда Шақиқ Балхий ҳәзиретлери бир қанаты сынған қусты тәмийнлеген Аллаҳ мени де тәмийнлейди, деди де, усы күннен баслап барлық ислерин жыйнастырып қойды. Бул жағы Аллаҳға тәўекел деп күни-түни ибадатқа бел байлады.
Шақиқ Балхий ҳәзиретлериниң бул исин еситкен Ибраҳим Адҳам оны алдына шақырды.
– Неге сен тиришилигиңди жыйнастырып қойдың?!
– Ҳаў бир жарадар қустың ырысқысын берип турған Аллаҳ таала мени де тәмийнлеўине шубҳа қылайын ба? – деди Шақиқ Балхий ҳәзиретлери ҳәм болған ўақыяны айтып берди.
Оның гәпин еситкен Ибраҳим Адҳам:
– Онда маған айт, неге сен сол жарадар қусты тәмийнлеп атырған саў қус болмайсаң? Негизинде ҳүрметке ҳәрекет қылыўшы қус көбирек ылайық ғой. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның: "Берген қол алған қолдан жақсырақ болады", дегенин еситпедиң бе? – деди.
Ибраҳим Адҳамның бул сөзлерин еситкен Шақиқ Балхий жаңылыс жолдан жүргенин аңлады.
Дурыс, Аллаҳ таала Өзи жаратып қойған бендесиниң ҳәм жанзатлардың ырысқысын Өзи ғана береди. Бирақ, биз бенделер себеплер дүньясында жасап атырған екенбиз, Аллаҳ таала көрсетип берген жолдан жүрсек ғана, туўры деп көрсеткен исин қылғанымыздан соң, себептиң арқасында ырысқымыз пүтин, бала-шағамыздың қарны тоқ ҳәм үсти пүтин жасап келмекте. Әзизлер, келиң себеплер дүньясында бизлер ушын ырысқы қылып жаратып берилген себеплерди қылыўдан тоқтамайық. Сонда ғана бахыт-саадатқа, саўапқа ерисемиз!
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🌐 alberuniy.uz | 🟥 youtube
🌐 instagram | 🌐 facebook
Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️ @alberuniyuz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият
Әке – перзент ушын таяныш
Бир патша баласын сынаў ушын оны алдын шақыртып:
– Балам, ким зор мен бе я сен? –деп сораў берипти. Сонда баласы:
– Әкежан, мен зорман, – депти.
Патша және сорапты:
– Балам, ойланып жуўап бер, өйткени мен патшаман. Сениң әкеңмен, мен зорман ба я сен?
Бала екинши мәрте де: "Әкежан, мен зорман", – депти.
Патшаның ғәзеби келип:
– Ойланып сөйле, мен зорман ба я сен?
Бала үшиншисинде:
– "Әкежан, сиз зорсыз", – деди.
Ҳәмме ҳайран болды. Неге бала еки мәрте мен зорман деп турып, үшиншисинде сиз зорсыз деп айтты, деп. Патша баласынан буның себебин сорағанда:
– Әкежан, бастағы еки мәрте сорағаныңызда қолыңыз желкемде еди. Соның ушын мен зор едим. Үшинши рет сорағаныңызда қолыңызды желкемнен алдыңыз. Мен күшсиз болып қалдым. Сизиң қолыңыз мениң желкемде екен ҳәр дайым мен зорман", – деп жуўап берипти.

🌐 alberuniy.uz 🟥 youtube
🌐 instagram 🌐 facebook

Дүнья – ақыретке таярлық майданы
Әбиў Назрдан рәўият қылынады: "Жәбир деген адам айтады: "Умар разыяллаҳу анҳудың ҳүкимранлық дәўиринде оның алдына исим түсип бардым. Мәдина қаласына кешқурын кирдим. Маған парасат ҳәм сайрайтуғын тил берилген еди. Дүньяны жаманлап, оны жерге урдым. Оны ҳеш нәрсеге арзымайтуғын бир нәрсеге шығардым. Оның алдында шашы ҳәм сақаллы аппақ бир адам отыр еди. Гәпимди айтып болсам, жаңағы адам:
– Ҳәмме гәплериң шырайлы шықты. Бирақ, дүньяны сөккениң жаман болды. Сен өзи дүньяның не екенин билесең бе? Бизлер ақырет ушын керекли саўапларды усы жерден аламыз-ғо! деп дүньяны мақтай баслады. Бул адам дүньяны меннен де жақсы биледи екен.
– Ҳәй мусылманлардың басшысы, қасыңыздағы адам ким? деп сорадым.
– Бул адам мусылманлардың жол баслаўшысы Убай ибн Каъб, деди Умар разыяллаҳу анҳу.
"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан

🍀 ЖҮДӘ ГӨЗЗАЛ ҚУЛЫҚ ИЙЕСИСИЗ, Я РАСУЛУЛЛАҲ!
Аўылдан бир кәмбағал адам, қолында себет толы жүзим менен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саламның алдына, саўға етиў нийетинде келди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оның қолында жүзимнен алып жеди, бир мәрте алып жегенинен соң мыйығында күлди, екинши мәрте алып жегенинен соң күлимсиреди.
Әлемлер Сәййиди саллаллаҳу алайҳи ўа саламның күле шырайын көрген пақыр адам жүдә қуўанды. Әтирапында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саламның саҳабалары турар еди. Бирақ, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам, ҳәр сапарғыдай жүзимди оларға үлеспеди, ҳәтте себеттеги жүзимнен ҳәр жегенде күлимлеп, ақырына шекем жеп тамамлады.
Кәмбағал адам қуўанышы қойнына сыймай, қайтып кетти.
Саҳабалар Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға қарап:
"Я, Расулуллаҳ! Не ушын бизлерди жүзимге шерик қылмадыңыз?" – деп сорады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам оларға бир күлимсиреп қарап:
"Ол жүзимнен бир алғанымда, жүдә ашшы екен, сизлерге де берсем, сизлерден бириңиз оны жеп, ашшы екенин билдирип қойып, оның қуўанышын бузып қойыўыңыздан қорықтым!" – деп жуўап берди.
🌺Аллоҳумма солли ала сәййидинә Муҳаммад!

ҚЫЗЫҚ ҲИКАЯ
Бир қазының алдына нан жаўыўшы келип, бир пақыр адамның үстинен шикаят етипти:
– Бул адам ҳәмийше базарда мениң дүканым алдында турады, мен жаўып атырған нанлардың ийисин тойып ийискелейди, бирақ пул бермейди.
Әбиў Нуўас көп ўақыт ойланып қалды. Соң нан жаўыўшыға деди:
– Сен ҳақсаң. Бул адам сениң нанларыңды ийискелеп рәҳәтленген болса, демек, сениң мийнетиң нәтийжесинен пайдаланыпты. Буның есесине ол қәрежетлериңди төлеўи керек. Саған еки динар жетерли ме?
Шадлықтан нан жаўыўшының көзлери қуўанып кетти. Пақыр адам жылай баслапты.
– Жүдә жарлы екенлигим, Аллаҳға аян. Мениң аяғымды силкитсеңизде, бир теңге түспейди. Торақтан шербет алып бола ма?
Қазы оның сөзлерин еситип, тағы ойланып қалды. Кейин былай деди:
– Сен кәмбағал болғаның ушын пулды мен қасымнан төлеп жиберемен.
Солай деп, ол шыжланынан еки алтын тенге шығарды. Нан жаўыўшы сабырсызлық пенен пулды алыўға асықты.
– Асықпа, – деди оған Әбиў Нуўас. – Бул адам наныңды жеди ме?
– Яқ, тақсыр, – деди нан жаўыўшы.
– Наныңнан аз ғана сындырып алды ма?
– Яқ, тақсыр.
– Болмаса, наныңа үплеп, олардың көринисин өзгертип қойды ма?
– Яқ, ондай қылғаны жоқ, тақсыр.
– Ондай болса, нанларыңды биймәлел сата берсең болар екен? Бәлким, әллеқашан сатып та болған шығарсаң?
– Аўа, тақсыр.
– Бул адам наныңның ийисине қанаат еткен болса, саған да теңгениң сыңғырлаўы жетерли болады, – депти.

Истиғфардың пазыйлети
Ҳасан Басрий (раҳматуллаҳи алайҳ) алдына бир адам қурғақшылықтан арыз қылып келди. Ҳасан Басрий (раҳматуллаҳи алайҳ) оған: «Гүналарыңа истиғфар айт», деди. Екинши бир адам өзиниң кәмбағаллығынан, басқасы нәсли кемлигинен, және бири жеринен дәраматы азлығынан арыз қылды. Олардың ҳәммеси истиғфар айтыўға буйырылды. Сонда сол жерде отырған бир адам Ҳасан Басрийге қарап: «Ҳәй имам, сизге адамлар ҳәр түрли қәжетлерин арыз қылды, сиз болсаңыз олардың ҳәммесине бир қыйлы жуўап бердиңиз?», деп сорады.
Ҳасан Басрий (раҳматуллаҳи алайҳ) бул сораўға жуўап ретинде мына аятларды оқып берди:
«Рәббиңизге истиғфар айтың! Әлбетте, Ол – (бенделерине) Кеширимли. (Сонда истиғфар айтсаңыз,) ол аспаннан үстиңизге (берекетли) көп жаўын жаўдырады, сизлерге мал-дүнья ҳәм бала-шаға менен жәрдем береди. Сизлер ушын бағларды (пайда) етеди ҳәм дәрьяларды (пайда) етеди».
(Нуҳ сүреси, 10-12-аятлар).

Истиғфар ҳәм тәўбениң пазыйлети
Рәўият қылыныўынша, Муўса алайҳиссалам дәўиринде Бәний Исрайыл қәўимине қәҳәтшилик жетипти. Адамлар Муўсаның алайҳиссалам алдына келип: «Ҳәй Аллаҳтың пайғамбары, Рәббиңе дуўа қыл, бизге жаўын жаўдырсын», – деп өтиниш етти. Муўса алайҳиссалам олар менен бирге саҳраға шықты. Олар жетпис мың яки оннан да көп еди. Муўса алайҳиссалам дуўа қылып: «Илаҳим, бизге жаўыныңды жаўдыр ҳәм мийримиңди түсир, емизиўли нәрестелер, отлайтуғын ҳайўанлар ҳәм қариялардың себебинен бизге рейим қыл», деди. Дуўадан соң қуяш ыссылығы және де күшейди. Муўса алайҳиссалам ҳайран болып, Рәббисинен сораған еди, Аллаҳ ўаҳий қылып: «Араңызда қырық жылдан бери гүна қылып, Маған әси болып киятырған бенде бар, сол бенде саптан шықсын, оның себебинен жаўынды тоқтатып турыпман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳым, мен бир әззи бенде болсам, ҳаўазым да күшсиз болса, қай жерге де жетер еди, олар жетпис мыңнан көп», деди. Аллаҳ таала: «Сен айта бер, даўсыңды жеткизиў бизден», деп ўаҳий қылды. Сонда Муўса алайҳиссалам турып : «Ҳәй қырық жылдан бери гүна қылып, Аллаҳға әси болып киятырған бенде, арамыздан шық, сениң себебиңнен жаўын тоқтап турыпты», деп бақырды.
Гүнакар бенде оң ҳәм сол тәрепине қарады, бирақ ҳеш кимниң шыққанын көрмеди. Талап қылынып атырған адам өзи екенин билди. Илажсыз қалған гүнакар адам егер жәмәәттен шықсам шерменде боламан, шықпасам мениң себебимнен жаўын жаўмайды, деп ойлады ҳәм гүналарына қатты пушайман болып, Аллаҳ таалаға жалбарынды: «Пәрўардигар, қырық жыл гүна қылдым, азап жиберместен, шерменде қылмастан мүддет бердиң. Енди болса саған бойсынып сорайман, тәўбемди қабыл қыл». Бенде еле гәпин тамамламай турып аспанға булт келип, мес аўзынан суў төгилгендей жаўын жаўа баслады.
Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, гүнакар бендең арамыздан шықпады-ғой, не ушын жаўын жаўдырып атырсаң?», деди. Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса, сол тәўбе қылған бенде себебинен жаўын жаўдырып атырман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, маған сол бендеңди көрсет», деди. Аллаҳ таала: «Мен оны гүна қылып жүрген ўақытында шерменде қылмадым енди бойсыныўшы болғанында шерменде қыламан ба?» деп жуўап берди.

ӘБИЎ ҲАНИФА РАҲМАТУЛЛАҲИ АЛАЙҲТИҢ ГӨЗЗАЛ ҚУЛЫҚЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Заҳабий Мужалиддин рәўият қылады:
«Мен Ҳарун Рашидтиң қасында едим. Сол пайыт Әбиў Юсуф келип қалды.
Ҳарун Әбиў Юсуфке:
«Маған Әбиў Ҳанифаны тәрийплеп бер», – деди.
Әбиў Юсуф былай деди:
«Аллаҳға ант, Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳи Аллаҳ ҳарам қылған ислерден қатты сақланған, дүнья әҳлинен шетте жүриўши, сөйлей бермейтуғын, бәрқулла пикирлеўши, бийҳуда сөзлерден сақланыўшы инсан еди. Қашан оннан сораў соралса, билсе жуўап берер еди. Ҳәй мөминлердиң әмийри, мен Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳти нәпси ҳәм дининде беккем, инсанлардың айыбын излеўди тәрк етип, өзиниң нуқсанларын дүзетиўге бел байлаған инсан деп билемен. Кимди еслесе, жақсылық пенен еслер еди».
Сонда, Ҳарун Рашид:
«Бул солиҳ инсанлардың көриниси», – деди».
Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳтиң жоқарыда зикири келген қулықларын еки бөлимге ажыратыў мүмкин:
1. Аллаҳ таала менен болған қулықлары. Яғный, оның Аллаҳ таалаға ықлас пенен ибадат етиўи, Оннан қорқыўы ҳәм Оған болған тақўасы.
2. Инсанларға болған қулықлары. Яғный, инсанларға сақыйлығы, нәсиятлары, жақсылық қылыўы, сабыры ҳәм кишипейиллиги.

✈️ alberuniyuz

«Имам Аъзам» китабынан
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Каналға ағза болыўды умытпаң!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият
Өткен уламалардан бири айтады: «Жума күни намазлыгер менен намазшамның арасында дуўа қылғанымда Раббим дуўаларымды қабыл ете бергенинен ҳәтте (Раббимнен бир нәрсени сораўға) уялатуғын болып қалдым».
Әзизлер, бүгин Жума. Дуўалар қабыл болып, гүналар кеширилетуғын күн. Әсиресе рәўиятта келгениндей намазлыгер менен шамның арасында кеўилимизге түйип қойған жақсы нийет, арзыў-тилеклеримизди, шаңарақларымыз аманлығын Аллаҳ тааладан дуўа етип сорайық. Аллаҳ дуўаларымызды, тилеклеримизди қабыл етсин!

#тәрбия #рәўият
НӘПСИМЕ КЕЙИН БЕРГЕНИМ ЖАҚСЫ
Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ семиз қойдың гөшин сатып турған қассабтың қасынан өтип қалды. Қассаб:
– "Ҳәй Әбиў Хазым, гөш алың, оғада жақсы гөш" – деди. Әбиў Хазым раҳимаҳуллаҳ:
— "Қасымда пулым жоқ" – деди. Қассаб:
– "Пулын кейин-ақ берерсиз" – деди. Сонда Әбиў Ҳазым:
– "Мен ушын сизге (пулын) кейин бергеннен, нәпсиме (гөшти) кейин бергеним жақсырақ" – деп жуўап берипти.

Пайда бермеген ҳийле
Уламалардан Жунайд ҳәзиреттиң алдына шаш-сақалы ағарған бир ғарры келип:
– Ҳәй Жунайд, мени шәкиртликке қабыл ет, шәкиртиң болғым келип атыр, – деди.
Жунайд ҳәзирет:
– Егер растан да шәкиртим болғың келип атырған болса, бир шәрт пенен қабыл етемен, – деди.
Ғарры оннан:
– Қандай шәрт екен? – деп сорады.
Жунайд:
– Мениң ҳәмме айтқанларымды қыласаң, – деди.
Ғарры:
– Болады, – деп разы болды.
Арадан жигирма жыл өтти. Бир күни ҳәзирет Жунайд ғаррыға:
– Ҳәй ғарры, шыраға май қуйып таярла, бүгин түнде бир жерге барамыз, – деди.
Ғарры шыраны таярлап қойды. Геўгим түскенде ҳәзирети Жунайд ғарры менен жолға шықты. Жол ылай еди. Сонда алдынан бир адам шығып:
– Ҳәзирет усында ылайлы жолда бир ғаррыға шыраны көтертип жолға шығыўыңыз туўры бола ма? – деди.
Жунайд оған:
– Аллаҳға бойсынбаған шайтанды усындай қыйнаў керек – деди.
Қолындағы шыраны зорға көтерип жүрген ғарры шыраны жерге ылақтырып жиберип:
– Ҳәй Жунайд! Сен мениң шайтан екенимди билер ме едиң? – деп сорады.
Жунайд:
– Сениң шайтан екениңди келген күниң ақ билген едим, – деди.
Шайтан жигирма жылдан берли күткен ўақты келгенин сезип:
– Ҳәй Жунайд! Сен ҳақыйқатта зор адам екенсең, сени бир мәрте ўасўаса қылыў ушын есигиңде жигирма жыл қулдай болып жүрдим. Бирақ буны қыла алмадым, – деп оның қәлбиндеги тәкаббырлықты оятпақшы болды.
Аллаҳтың жәрдеми менен шайтанның бул ҳийлесин сезген Жунайд:
– Болды, енди бул жерден кет! Қәлбиме тәкаббырлықты салып, жигирма жыл даўамында қыла алмаған исиңди бир майданда қылып кетежақсаң ба?, – деп шайтанның ҳийлесинен Аллаҳтан пана сорады.
Жунайд ҳәзиреттиң уллылығына итибар бериң, ол ҳәттеки шайтанды да жигирма жыл ибадат етиўге мәжбүр еткен екен.
Аллаҳ таала бизлерге де усындай беккем ийманды несип етсин!

alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Бес нәрсе
Шақиқ ибн Ибраҳим айтады: Жети жүз алымнан бес нәрсе ҳаққында сорадым. Олардың жуўаплары бирдей болды.
«Ақыллы инсан қандай болады?» деп сорадым
«Ақыллы инсан дүньяны жақсы кѳрмеген инсан» деп айтты.
«Зийрек инсан қандай болады?» деп сорадым.
"Дүняға алданып қалмаған инсан» деп айтты.
"Бай ким" деп сорадым
"Алланың бѳлистирип берип қойған нәрсесине разы болған инсан" деп айтты.
"Кәмбағал ким" деп сорадым.
«Қәлби тоймайтуғын инсан" деп айтты.
"Сықмар ким" деп сорадым?
«Мал-дүньясынан Аллаҳтың ҳаққын (яғный зәкатын) бермейтуғын адам» деп айтты.

Бир данышпаннан сорады: "Сықмарлықтан да жаманырақ нәрсе бар ма?",
Данышпан: "Аўа, қолы ашық адам өзи берген нәрселерин басқаларға айтып мақтаныўы", деди.

🧿 alberuniy.uz 🟥 youtube
🌐 instagram 🌐 facebook
Каналға ағза болың !