alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.12K subscribers
17.9K photos
3.42K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#Зикир

Көплеў зикир етиң. Қыямет күни қылынған зикирлер таўдай гүналарды бөлеклеп таслар екен!

• ЛӘӘ ИЛӘҲА ИЛЛАЛЛАҲ (10 мәрте)

• ӘСТАҒФИРУЛЛАҲ (10 мәрте)

• СУБҲАНАЛЛАҲ (10 мәрте)

• АЛЛАҲУ ӘКБАР (10 мәрте)

• ӘЛҲАМДУЛИЛЛАҲ (10 мәрте)

• РОББИҒ ФИРЛИЙ (10 мәрте)

• СУБҲАНАЛЛАҲИ ЎӘ БИҲАМДИҲИ (10 мәрте)

• СУБҲАНАЛЛАҲИЛ ЪАЗИЙМ (10 мәрте)

• АЛЛАҲУММА СОЛЛИ АЛА САЙЙИДИНА МУҲАММАД (10 мәрте)


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

    Қурбанлық қылың! Себеби, ол атаңыз Ибраҳим алайҳиссаламның сүннети

    Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

    "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен намазжайда Қурбан (ҳайыт) намазына қатнастым. Ол хутбасын жуўмақлап, минберинен түскенинде бир қошқар алып келинди. Нәбий алайҳиссалам оны өз қоллары менен сойды ҳәм:

    "Бисмилләҳи ўа Аллооҳу әкбәр! Бул меннен ҳәм мениң қурбанлық қылмаған үмметимнен", деди".

    Әбиў Даўыт ҳәм Термизий рәўият қылған


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳәдиси

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Қай жерде болсаңыз да, Аллаҳ таалаға тақўа қылың. Егер бир гүна ис қылған болсаңыз, әлбетте, дәрҳәл изинен саўаплы ис қылың. Ол қылған гүналарыңызды өширип жибереди. Инсанларға шырайлы тәризде мәмиледе болың", – деди.

(Имам Термизий рәўияты)

Шолыў: Қайсы бир бенде, қай жерде болса да, мени Аллаҳ таала көрип турыпты, қылып атырған ислеримнен хабары бар, деген ой пикирде болыўы керек. Мусылман бенде ҳәмийше Аллаҳ тааладан қорқыўы керек. Себеби, Аллаҳ таала да, тақўалы инсанларды мақтап Қураны кәриймде: "Әлбетте, Аллаҳтың алдында ең ҳүрметлирегиңиз - ең тақўалырағыңыз" деп айтқан. Қолыңыздан келгенше саўаплы ис қылыўға урының. Себеби, қылған садақаңыз ямаса берген иҳсаныңыздың қайсы бири қабыл болғанын билмейсиз. Адамларға мәмиле қылғанда да, жақсы мүләйим тәризде мәмиле қылыў керек. Өйткени, бул ис мүләйимлик Пайғамбарымыз алайҳиссаламның тутқан жоллары, сүннетлери есапланады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Егер биз жек көриўшиликти электр энергиясына айландыра алғанымызда еди, пүткил әлемди жарытып жиберген болар едик.

© Никола Тесла

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мәлҳам бар ма?

Бир адам дәриханаға барып, сатыўшыдан "Сизде цемент ушын мәлҳам бар ма?" деп сорады.

Сатыўшы оны масқаралап, "Бар, бизде тас ҳәм темир ушын да мәлҳам бар. Шеттен алып келинген, сыпатлысын қәлейсиз бе яки өзимизде ислеп шығарылғанын ба?" деди.

Жаңағы адам "Маған шетте ислеп шығарылған, сыпатлысын бериң" деди.

Сатыўшы және масқаралаў тәризинде "Онысы қымбат-дә" деди де, ҳа-ҳа-ҳалап күлип жиберди.

Ол сатыўшыға қолларын көрсетип, "Мен – цемент пенен ислейтуғын исшимен. Қолларыма цемент қалдықлары жабысып, қабарып кеткени ушын кишкене қызымның жүзин сылай алмай атырман. Егер сизде қолымды жумсартатуғын мәлҳам болса, берсеңиз. Пулын бир әмеллеп төлеймен" деди.

Бул гәпти еситкен сатыўшы үнсиз болып қалды, исшиниң алдында өзин пәс санады. Себеби, ол әдеўир ўақыттан берли перзентлерин қушағына баспаған, еркелетпеген еди.

Ҳақыйқый жарлылық қалталарымыздың бослығы емес, ал қәлблердиң бослығында.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

АЛЛАҲ ТААЛАДАН ҚОРҚЫЎДЫҢ БЕЛГИЛЕРИ

     Имам Әбиў Ләйс Самарқандий "Мукәшәфәтул қулуб" шығармасын"да: "Аллаҳ тааладан қорқыўдың белгиси жети нәрседе көринеди" деген. Олар:

1⃣. Тилде. Аллаҳтан қорыққан адам тилин жалған сөзден, ғыйбат қылыўдан, басқаларға дөҳмет тасын атыўдан ҳәм бийкаршы сөзлерди айтыўдан сақлайды;

2⃣. Қәлбте. Аллаҳ тааладан қорыққан инсанның қәлбинде басқаларға деген душпаншылық сезимлери болмайды;

3⃣. Көзде. Аллаҳтан қорыққан адам жеп-ишиўинде де, кийиниўинде де ҳәм басқа орынларда да көзин ҳарам нәрселерден сақлайды;

4⃣. Асқазанда. Аллаҳтан ҳақыйқый қорыққан инсан асқазанын ҳарам луқма менен толтырмайды;

5⃣. Қолда. Аллаҳтан қорыққан адам ҳарам иске қолын созбайды. Аллаҳ тааланың разылығы, саўабы бар ислерге жәрдем көрсетеди;

6⃣. Аяқта. Аллаҳтан қорыққан адам гүна жолында емес, Аллаҳ таалаға ибадат қылыўға, Оған бойсыныўға өзин сарыплайды;

7⃣. Итәәтта. Аллаҳ тааладан қорыққан адам өзин ҳәр дайым пәс санап, тек ғана Аллаҳ тааланың разылығын қәлейды. Басқаларға өзин көз-көз қылыўдан, ҳәм еки жүзлемешиликтен сақланады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#зикир

Зикир қылыўшыларға жәннет болсын

Аллаҳ тааланың алдындағы уллы периштелер алдында атың менен ядқа алыныўды ҳәм мақталыўды қәлейсең бе? Онда жалғыз болған Аллаҳ тааланы зикир қыл, Ол да сени зикир қылады: «Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!» (Бақара сүреси, 152- аят).

Қаншелли уллы мақтаў! Қаншелли Уллылық! Қаншелли уллы нәтйже! Зикир қылыўшыларға жәннет болсын!

✍️ Шайх Аиз Қарний ҳафизаҳуллаҳ

📖 "Қәлб түбинен" китабынан

🌱Субҳанәллоҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллоҳил азийм!

🌱Субҳанәллоҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллоҳил азийм!

🌱Субҳанәллоҳи ўә биҳамдиҳи. Субҳанәллоҳил азийм!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Адамларға бир гәп айтыўдан алдын оны өзиңизде сынап көриң. Себеби, қәте сөйлегеннен кейин оннан кеширим сорасаңыз да, адамлардың кеўлинде сиз пайда қылған жараның изи сақланып қалады. Айтылған сөз – атылған оқ!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бир дирҳам жүз мың дирҳамнан озып кетти" деди.
"Ҳәй Аллаҳтың Расули, бул ис қандай болды?" деп саҳабалар сорады.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бир адамның көп мал-мүлки бар еди. Ол сол байлығынан жүз мың дирҳамын садақа қылды. Басқа бир адамның тек ғана еки дирҳам пулы бар еди. Оннан бир дирҳамын алып садақа қылды", – деди.

Ибн Ҳиббан рәўияты

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz       🟥youtube 
🌐instagram          🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM