alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.71K subscribers
16.9K photos
3.19K videos
22 files
14.5K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#тәрбия

УСТАЗҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТ

Имам Шаъраний раҳимаҳуллаҳ айтты:
Бизлерге имам Наўаўий раҳимаҳуллаҳ ҳаққында төмендеги хабар жетип келди:
Бир күни имам Наўаўий, бирге аўқатланыў ушын устазы Камал Ирбилийди зыяпатқа шақырды. Устазы келгеннен соң: “Устазым, кешириң, шәрий үзирим болғаны ушын ҳәзир аўқатлана алмайман", деп дастурханнан турып кетти.
Сонда базы бирәдарлары: “Ол қандай үзир еди?” деп сораған еди, имам Наўаўий: “Мен бир луқманы жеў ушын алғанымда, меннен алдын сол луқманы устазым жегиси келип көзлери түскен болса, мен сезбей қалып, әдепсизлик етип, қойыўдан қорықтым", деп жуўап берген екен.

Шолыў: Алдынғы уламалар, устазларына сол дәрежедеги ҳүрмети себепли илимде жоқары мәртебелерге шыққан болса, әжеп емес.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

САДАҚА...

Садақа – Аллаҳ таалаға ең сүйикли әмеллерден.

Садақа – оны бериўшиден ҳәм оның шаңарағынан бәлениң кетиўине, оның жаман өлим табыўынан қутылыўына себеп болады.

Садақа – денени, малды пәклейди.

Садақа – малдың берекети зияда болып, ырысқы кеңеўине себеп болады.

Садақа – әжирдиң (саўаптың) көбейиўине себеп болады.

Садақа – жәннеттиң арнаўлы есигинен кириўге себеп болады.

Садақа – малдың зияда болып, кемеймеўине себеп болады.

Садақа – дозақтан қутылыўға себеп болады.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

ПАЙДАЛЫ СӨЗЛЕР

🔰 Турақлылық - нәтийжеге ерисиў қуралларынан ең исенимлиси.

⚜️"Муса: «Я Рәббим, (бул ислерди қылыўда) мениң кеўлимди кең қыл, исимди жеңил қыл», деди. (Тоҳа сүреси 25-26-аятлар).
❗️Сиз де бир исти баслаўдан алдын ҳәм сол исти ислеў барысында усы дуўаны оқып жүриң!

🔹Ҳәр күни кишкене бир мақсетти болса да, әмелге асырып, жоқары нәтийжелерге көтерилгениңиз, орныңызда қазықтай қағылып, абстракт (белгисиз) нәрсени күткениңизден жақсырақ.

🔹Адамлардың гәпинен қорықпайтуғын болдыңыз ба, демек, жоқары мәртебелер тәрепке туңғыш қәдемиңизди таслапсыз!

🔹Жеңиске ерисиў ушын реже дүзбегениңиз, қулаўыңыз ушын ең жақсы реже.

🔹Жоқары шоққыларға шығыў ушын жол таўа алмасаңыж, өзиңизге жаңа жол ашың!

🔹«Ким жақсы нийет есигин ашса, Аллаҳ оған жетпис ийгиликли нәтийжелер есигин ашып қояды».
Имам Жунайд

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

ДЕНЕ ҲӘМ ҚӘЛБ РӘҲӘТИ

Жети қәсийеттен өзиңди сақласаң, денең ҳәм қәлбиң рәҳәтленеди:

— Өткен нәрсеге өкинбе, қапа болма;

— Еле басыңа түспеген нәрсеге ғам шекпе;

— Өзиңде бар айып пенен басқаларды айыплама;

— Ислемеген исиңе сыйлық сорама;

— Ийе болмаған нәрсеңе ҳәўес қылма;

— Ғәзебинен саған зыян жетпеген адамға ашыўланба;

— Мақтаўға ылайық болмаған адамды марапатлама!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет #тәрбия

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айты:

Үш нәрсе ҳаққында көп ойға талма:

1. Жарлылық ҳаққында ойлама, өйткени ғамың көбейип кетеди. Бундай ғам адамды ашкөз етип қояды.

2. Саған зулым еткен адам ҳаққында ойлама, өйткени қәлбиң ғәзепке толып, душпаншылығың күшейип, қәҳир-ғәзебиң даўамлы болып қалады.

3. Дүньяда узақ қалыў ҳаққында ойлама, өйткени мал-дүньяға қызығып, өмириңди зая етесең ҳәм жақсы ислерди артқа сүресең.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ДОСЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА 6 НӘСИЯТ

1. Умар ибн Хаттаб былай деген: “Инсанларға шырайлы дос болыў – ақылдың ярымы. Билмегенин шырайлы тәризде сораў – илимниң ярымы. Шырайлы илаж етиў – өмирдеги бахыттың ярымы”.

2. Адамның досты көп болса, душпаны кем болады. Себеби, досты көпке ҳәр ким душпаншылық етиўге жүрексинбейди.

3. Қәлпеки дос – ашық душпаннан жаманырақ.

4. Егер мениң достым душпаным менен көп отырған екен, мен оны ҳеш дос деп билмеймен. Ҳақыйқаттан да, зәҳәр араласқан шекерден сақланыў керек.

5. Ҳәр нәрсениң жаңасы, бирақ достың ескиси жақсы.

6. Қыйыншылық себепли Аллаҳ қәлпеки досларыңды електен өткереди. Қыйыншылықта алдыңда туратуғынларды беккем тут.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ПЕРЗЕНТ

  Перзент – Жаратқанның ата-анаға берген ең үлкен инәмы.

  Ал перзенттиң қәлби – Жаратқанның ата-ана қолына тәрбиялаўы ушын берген ең үлкен аманаты.

  Балаңызға ўақыт ажыратың, оларды Аллаҳға итиқадлы, адамларға исеними бәлент етип тәрбиялаң. Олардың өмириндеги ең исенимли досқа айланың.

  Қартайғаныңызда перзентлериңизге ажыратқан ўақытларыңыздан басқа ислериңиздиң ҳеш бири сизге пайда бермейди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Ата-анаға жақсылық
қылыў перзент ушын саадат

1. Ата-анасына жақсылық қылыў себепли перзенттиң басына түскен күлпетлер кетеди.

2. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң несийбеси кең ҳәм өмири узын болыўына себеп болады.

3. Ата-анаға жақсылық қылыў перзенттиң қылған жақсы әмеллери қабыл болыўына себеп болады.

Ата-анаға жақсылық қылыў төмендеги ислерде көринеди:

1. Ата-анаға қалыс нийет пенен жақсылық қылыў;

2. Ата-ананы жақсы көрип уллылаў;

3. Ата-анаға ҳүрметли болыў;

5. Ата-ана қуўанатуғын ислерди қылыў;

6. Ата-анадан алдын аўқатланбаў;

7. Ата-ана алдына кириўде, шығыўда сәлем бериў;

8. Ата-ана алдында бәлент даўыста сөйлемеў;

9. Ата-ана ушын мал-дүньясынана сарыплаў;

10. Ата-ана жақсы көретуғын адамларды да ҳүрметлеў;

11. Сапарға шыққанда ата-ана дуўасын алыў;

12. Ата-ананың ашыўы келетуғын ислерди қылмаў;

13. Ата-ананы аты менен шақырмаў;


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

ТАҚЎА (АЛЛАҲ ТААЛАДАН ҚОРҚЫЎ) ЫРЫСҚЫ КЕЛТИРИЎШИ СЕБЕПЛЕРДЕН

Аллаҳ таала тақўаны ырысқы келтириўши ҳәм оны зыяда етиўши себеплерден қылды.
Қураны кәриймде: “Ким Аллаҳға тақўа қылса, Ол оған (тәшўишлерден) шығыў жолын (пайда) қылады ҳәм оны өзи ойламаған тәрептен ырысқыландырады” (Талақ сүреси, 2-3-аятлар), делинген.
Аллаҳтан қорққан ҳәм барлық аўҳалларда оның разылығын көзлеген адамды Аллаҳ бул дүньяда да, ақыретте де сыйлықлайды. Оған ҳәр бир машақат ҳәм қыйыншылықтан қутылыў жолын ашыўы, билмеген ҳәм ойламаған жерден ырысқы келтириўи әне сол сыйлықлар қатарынан.
Ибн Касир раҳимаҳуллаҳ айтады: “Ким Аллаҳ буйырған нәрселерде тақўа қылса ҳәм қайтарған нәрселерди тәрк етсе, оның қыйын ислеринде шығыў жолын көрсетеди, ойламаған жеринен ырысқыландырады, яғный күтпеген жеринен ырысқы келеди”.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Ата-ананың перзентинде он ҳақы бар:

1. Ата-ана аш қалса, тойдырады.

2. Кийимге мүтәж болса, кийиндиреди.

3. Ис буйырса, орынлайды.

4. Шақырса, “ләббай” деп дәрҳал жанына барады.

5. Бир нәрсе буйырса, орынлайды. Буйырған нәрселери гүна болса, жумсақлық пенен түсиндиреди ҳәм шырайлы тәрк етеди. Кеўлин алады.

6. Ата-анаға жумсақ сөйлейди.

7. Атларын айтып шақырмайды.

8. Олардың изинде жүреди.

9. Өзи ушын қәлеп, раўа көрген нәрсесин ата-ана ушын да қәлеп раўа көреди, өзи ушын қәлемеген, раўа көрмеген нәрсени олар ушын да қәлемейди, раўа көрмейди.

10. Өзи ушын дуўа қылғанда, олар ушын да Жаратқаннан кеширим сорайды – мағфират тилейди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM