alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.65K subscribers
17.1K photos
3.25K videos
22 files
14.8K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
#Ҳикмет

Таң мәҳәлиндеги дуўа ҳәм истиғфар себепли, өмириңде мөжизалар жүз береди.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Бир кемшилигиңди дүзетиўди басласаң, басқа кемшиликлериңди де көре баслайсаң. Сол тәризде өзиңдеги барлық кемшиликлерди дүзетесең ҳәм еки дүнья саадатына ерисесең. Себеби, Аллаҳ ушын инсанлардың ең сүйкимлиси өз кемшиликлерин дүзете алған бенде.

Имам Ҳасан әл-Басрий


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
​​#Ҳикмет

Егер бир исте әўметиңиз келмесе билиң:
Аллаҳ таала сондай болыўының сизге жақсы екенин биледи. Яки сиз оған еле таяр емессиз. Яки оны сиз ҳәзир көтере алмайсыз. Яки келешекте оннан да жақсы ис күтип турған болады. Соның ушын Аллаҳ тааланың жазғанына разы болың! Күле шырай берип жүриң ҳәм босаспаң!

Шайх Муҳаммад Мутаўаллий Шаъраўий

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Егер қәлб тынышсызланып, қәўетерге түссе, оны Аллаҳ тааланың зикиринен басқа нәрсе тынышландыра алмайды.

Ибн Қаййим раҳимаҳуллаҳ

Зикир дегени не? "Зикир" - еслеў, ядқа алыў деген мәнилерди аңлатады. Егер бенде Рәббисин ядқа алса, ямаса тилде исимлерин айтса "Аллаҳты зикир қылды" делинеди.
Зикир етиўде көп саўаплар болыўы, адамға үлкен пайдалар келтириўи ҳәдиси шәрийфлерде айтылған.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Аңшы жигит ҳәм қасқыр

Бир күни аңшы жигит мылтығын желкесине илдирип, бөрибасар ийтин жетеклеп таўға аңға шығыпты. Таўда бир неше қуслар атыпты. Аңы оңынан келип, аңшы жигит жақсы кейпиятта таўдан пәске түсип киятырғанында көзи бир үңгирге түсипти. Әстен үңгирге кирип, қараса бир қасқыр еки баласын емизип атырған екен.

Аңшыны көрген ана қасқыр ырылдапты. Жигит тезде қасқырды атыпты. Ийти балаларын талап таслапты. Аңшы кеште үйине қайтыпты. Досларын шақырып зыяпат берипти. Зыяпат ярым түнге шекем даўам етипти.

Таңда жигит ҳәўлидеги шаўқымнан ояныпты. Жүгирип сыртқа шықса, ҳәўлиниң ортасында үлкен еркек қасқыр турар, қасында аңшы жигиттиң 5 жасар қызы қасқырдың қуйрығынан тартар ҳәм:

- Әкежан қараң, үлкен күшик! - деп бақырар еди. Ол кеше өзи өлтирген қасқыр балаларының әкеси еди.

Жигит - "Тамам! Қызымнан айырылдым! Қасқыр өш алыў ушын келди! - деген ойда еди. Қасқыр кишкене қызды ийискелеп, муңлы даўыста уўылдапты. Аралық қаншелли узақ болмасын аңшы жигит қасқырдың көзлеринен ағып турған жасты көрер еди.

Қасқыр тезлик пенен жуўырып, дийўалдан секирип, көзден ғайып болыпты. Аңшы жигит қатты қорқып қалған еди. Зорға қәдем таслап барып, қызын қушақлап жылапты. Ҳәтте, сол тилсиз, санасыз жәниўар да қызға рейим қылған еди.

Ол инсан болып турып, қасқырдың балаларына рейими келмеген еди. Жигит мылтығын тасқа урып, сындырып таслапты ҳәм аң аўламаўға ант ишипти.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

24 саатты тек өзиңе сарплама

Басқалар ушын қайғырыў, басқаларға дәлде болыў ҳәм басқалар менен пикирлесиўди де ядыңнан шығарма. Турмысыңда мазмун-мәнис жоқлығын сезген күниң әтирапқа қара ҳәм адамларға жәрдем қолын соз. Бул жақсылығың бахытлы жасаўың ушын себеп болады.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Қуўанып турғаныңда ўәде берме!

Ғәзепленип турғаныңда сөйлеме!

Қыйналып турғаныңда қарар қабыл етпе!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет


Егер өмириңиз даўамында жумыс
жүзесинен бе, мүтәжлик яки
дәртиңизди кеткизетуғын бир
мәсләҳәтке мүтәжлик сезсеңиз яки
ғайратыңызға қандай да бир нәрсе
тосқынлық етсе, билиң,
оның ең нәтийжели даўасы
- Жақсылық ислеў!


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

Басыма тәшўиш түскенде "Жақсылыққа шығар" дедим.

Егер қайғылы күн келсе "Ертең шырайлы күн келеди", дедим.

Бир нәрсени қолымнан шығарып жибергенимде: "Аллаҳ таала орнын толтырады", дедим.

Ең әҳмийетлиси Рәббим ҳаққында жақсы гүманда болдым. Ҳәр қандай жағдайда да, Аллаҳ таалаға мақтаўлар болсын!

Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ
Әлҳамдулиллаҳ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#ҳикмет

БАХЫТ ДЕГЕН НЕ?

Бахытлы болыў ушын алды менен оның не екенин билиўиңиз керек. Егер, адам бахыттың не екенлигинен хабары болмаса, ол алтынның үстинде отырып аштан, суўдың үстинде отырып шөлден өледи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook| instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz