Қарақалпақстан ҳаўазы
7.77K subscribers
3.16K photos
831 videos
26 files
1.95K links
Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир.

Реклама: @Sadaxaliq_bot
Download Telegram
Д Ы Қ Қ А Т! ДАҒАЗА !

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органлары хызметине кириў нийетин билдирген ер балалар ушын таңлаў жәрияланады.
📌 Таңлаўда қатынасыў нийетин билдирген талабанлар:
2024-жыл 22-август күнинен 24-август күнлери аралығында ҳәр күни
саат 09:00 ден 17:00 ге шекем министрликтиң Руўхый-ағартыўшылық ислер
ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызметине тийисли ҳүжжетлери (паспорт яки идентификатсия ИД-карта, диплом ҳәм әскерий гүўалық түп нусқалары) менен келиўи керек;
📌 Талабанларға қойылған талаплар:
👨🎓 Жоқары оқыў орынларын жеңилликли (қызыл) диплом менен тамамлаған;
👨🎓 Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекет стипендиясы ийеси болған;
👨🎓 Спорт жарысларының яғный, Олимпия спорт түрлери бойынша Олимпия ҳәм Азия ойынлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында ақырғы төрт жылда ҳәмде республика чемпионатларында ақырғы бир жылда спорттың индивидуал түрлеринде жеңимпаз болған ҳәм сыйлы орынларды (1-3 орин) ийелеген, жоқары мағлыўматлы ҳәмде сыртқы бөлимде оқып атырған, мүддетли әскерий хызметти ямаса мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызметти өтеген талабанлар ушын:
✔️ Жасы 18 жастан киши, 25 жастан үлкен болмаған;
✔️ бойы 170 (бир жүз жетпис) сантиметрден пәс болмаған;
✔️ Бос турған қатардағы лаўазымларға көрип шығылады.

👮 Талабанлар турақлы жасаў орны бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында есапта турған болыўы шәрт.

Белгиленген мүддетлерден (2024-жыл 22-24-август күнлеринен)
алдын ҳәм кейин мүрәжат еткен талабанлар дизимге алынбайды.

🏢 Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Темур көшеси, 112-жай.
☎️ Мағлыўмат ушын телефон: (61) 229-93-36

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇺🇿 Қарақалпақ халқының қара үйи «Гиннестиң рекордлар китабы»на киргизилди

Видео: Kruz.uz

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Нөкис қаласы аймағындағы "Ақ қус" комплексинде қурып питкерилген дүнядағы ең үлкен диаметрли Қарақалпақ халқының миллий Қара үйи Гиннесстиң рекордлар китабына киргизилди.

Қара үйдиң диаметри 40,540 метрди қурайды.

Бүгин усы комплексте Қара үйдиң Гиннесс рекордлар китабына киргени ҳаққындағы сертификатты тапсырыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм мекеме шөлкем басшылары, жаслар, ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
⚡️Қарақалпақстанлы абитуриентлерге және 3 500 квота бериледи

Быйыл да ҳүрметли Президентимизтиң тапсырмасы менен қарақалпақстанлы абитуриент жаслар ушын 6500 квотадан тысқары 3500 квота бериледи.

Бул жерде Президентимиздиң Қарақалпақ жасларына деген айрықша меҳир ҳәм ҳәм итибарын айтып өтиў орынлы. Бул квоталар тек ғана қарақалпақ жаслары ушын. Қарақалпақстан Республикасы ҳалқы ушын.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Айгуль Надыроваға Өзбекстан Республикасы халық артисти атағы берилди.

https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Орынбаев Аманбай Тлеубаевич «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңа оқыў имаратының ашылыў салтанаты болып өтти

Бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының еки мың орынлық жаңа оқыў имаратының салтанатлы ашылыўына арналған «Сен теберик дәргайысаң билимниң!» атамасындағы илаж болып өтти.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды елимиз бойлап кең түрде белгиленип атырған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы менен қутлықлады.

Толық оқыў

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
📸 Күн фотосы

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi