Қарақалпақстан ҳаўазы
6.8K subscribers
3.21K photos
843 videos
26 files
1.97K links
Керекли мағлыўматларды сизге жеткерип барамыз. Сын мақалалар ҳәм жеке пикир.

Реклама: @Sadaxaliq_bot
Download Telegram
⚡️Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын «Nukus Eleсtroapparat» қоспа кәрханасы менен танысыўдан баслады.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын «Nukus Eleсtroapparat» қоспа кәрханасы менен танысыўдан баслады.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Президент Шавкат Мирзиёев Программалық өнимлер ҳәм информация технологиялары технологиялық паркиниң Қарақалпақстан филиалын барып көрди.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанға сапары даўамында Кегейли районындағы Жүзимбағ аўылында жүзимгершилик пенен шуғыланып атырған жаслар менен ушырасты.

Буннан соң Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша мәжилис басланды.

Барлық аймақлар қатары Қарақалпақстанда да экономиканы тез өсириўге имкан беретуғын драйвер жөнелислерде инвестиция, жумыс орны, экспортты көбейтиўге өзалдына итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Өткен дәўирде Қарақалпақстанда 1,4 миллиард доллар туўрыдан-туўры сырт ел инвестиция есесине 150 жойбар иске түсти. Исбилерменлер 12 мыңнан 25 мыңға, коммерция майданлары 1,5 миллион квадрат метрге көбейип, 212 мың адам турақлы жумысқа жайласты.

Қарақалпақстанда бизнес ҳәм инвестиция ушын қолайлы орталық, дәрамат табыў ушын жаңадан-жаңа имканиятлар пайда болды.

Мәселен, жумысын микро-жойбардан баслаған 13 мың исбилермен киши бизнеске, және 351 исбилермен орта бизнеске өтти. Жыллық айланбасы 100 миллиард сумнан жоқары исбилерменлер 43 ке жетти.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Қарақалпақстанның имканиятларын толық иске қосыў мақсетинде аймақты раўажландырыў бойынша берилген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен қадағалаў Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева ҳәм Президенттиң Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Турсынхан Худайбергеновқа жүкленди.
Қарақалпақстан халқына қолайлы шараятлар жаратып бериў ушын республика бюджетинен жыл жуўмағына шекем қосымша 100 миллиард сум берилиўи белгиленди.

Келеси жылда Қарақалпақстанда социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў режелестирилген. Соннан, 24 мекте, 5 бақша, 7 медицина мәкемеси қурылады ҳәм оңланады.

Санаат зоналары ҳәм ири ислеп шығарыўшы объектлерге инфраструктура алып барыўға 353 миллиард сум бағдарланады.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Полат Махсетбаев Президентке финанслық жағдайына бола бахыт тойын өткере алмаған жаслардын тойын өткериўде жәрдем бериў бойынша усыныс билдирди

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«Қарақалпақстан Республикасында исленетуғын жумыслар көп...»,Саида Мирзиёева.

Каналға ағза болың 👇🏻
https://t.me/Qaraqalpaqstan_xawazi