Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.26K subscribers
10.5K photos
938 videos
10 files
1.06K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Бир_нураний_беc_жасқа_руўхый_қǝўендер

Белсенди нуранийлер сыйлықланды

«Бир нураный бес жасқа руўхый қǝўендер» принципи тийкарында өсип киятырған жас ǝўладқа жасы үлкенлердиң мийнет жолын үлги етип көрсетиў, олар менен жаслар арасында үгит-нǝсият жумысларын алып барыў арқалы туўры жол көрсетиў перзент тǝрбиясындағы ең әҳмийетли ўазыйпалардан саналады.

Қанлыкөл районында өзиниң өмир ҳǝм мийнет жолы жасларға үлги боларлықтай жасы үлкенлер көплеп табылады. Жаслар тǝрбиясына өзлериниң ақыл-нǝсиятлары менен үлесин қосып, жаслар арасында ҳәр қыйлы унамсыз жағдайлардың алдын алыўда белсендилик көрсетип киятырған жасы үлкенлер менен районлық «Нураныйлар мǝсканы»нда ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға районлық нураныйлар менен ислесиў бөлими баслығы Қ.Пирназаров, Республика руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы Қанлыкөл районлық бөлими баслығы У.Оспановалар қатнасып, жаслар тǝрбиясындағы белсендилиги ушын нураныйларға өз миннетдаршылығын билдирди.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from Segment.uz
#Президент_сайлови #Сайлов2021

🔷 Ўзбекистон Республикаси Президенти сайловига 38 кун қолди.

@yangiuzbekiston_uz
Taxiatosh tumani XTBga qarashli 18-sonli maktabning Ijtimoiy-madaniy masalalari bo'yicha targ'ibotchisi G.Bekimbetova tomonidan, O'zbekiston xalq shoiri Ramz Bobojonning 100 yilligi munosabati bilan adabiy kecha tashkillashtirildi. Adabiy kechaga, Taxiatosh tumani Axborot-kutubxona markazining Abonement va foydalanuvchilarga xizmat ko'rsatish xizmati mutaxassisi D.Xalbaeva, tuman hokimligi maslahatchisi N.Atiyazova faol ishtirok etdi.

Kechani Respublika ma'naviyat va ma'rifat markazi Taxiatosh tuman bo'limi mutaxassisi G.Reyimova ochib berdi. Adabiy kechada maktab o'quvchilari Ramz Bobojonning hayoti va ijodi haqida ko'plab ma'lumotlar berib o'tdi, o'zlarining tayyorlagan musiqali kontsert dasturlari va raqslari bilan, mehmonlarni zavqlantirdi. Shuningdek, shoirning “Yusuf va Zulayho” dostonidan Zulayho monologini ifodali tarzda o'qib eshittirishdi. Shuningdek, Axborot-kutubxona markazi tomonidan kitoblar ko‘rgazmasi tashkillashtirildi.

Respublika bo'limi rasmiy kanali 👉 @QR_Ruwxiyliq
Bozataw rayonında Ózbekstan Respublikası Mәlimleme hám telekomunikaciya ministrining orınbasarı J.Polatov qatnasıwında ushrasıw bolıp ótti.

Onda rayon aymaǵında baylanıs tarmaǵın sapa jaǵınan jaqsılaw hám joqarı tezliktegi internet tarmaǵına jalǵanıw jumısların jedellestiriw boyınsha máseleler kórip shıǵıldı.

Bul baǵdardaǵı jumıslardı nátiyjeli shólkemlestiriw, eń shetki aymaqlardı da baylanıs xızmetlerin ornatıw boyınsha pikir-usınıslar tıńlandı.

✏️Respublikalıq bólimning rásmiy kanalı 👉 @QR_Ruwxiyliq
Ózbekstan Respublikası Prezidenti Shavkat Mirziyoevtıń Ózbekstan Respublikası Mámleketlik Ǵárezsizliginiń 30 jıllıǵına arnalǵan bayram saltanatındaǵı bayanatında keltirilgen «Watanımız ǵárezsizligi – biz ushın kúsh-qúdiret hám ilham deregi, rawajlanıw hám tınıshlıq tiykarı» atamasında Qorǵanıwǵa kómeklesiwshi "Vatanparvar" Qońırat rayonlıq shólkemi májlisler zalında ruwxıy-aǵartıwshılıq ilajı shólkemlestirildi.

Ilajda Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq orayı Qońırat rayonlıq bólimi baslıǵı U.Tileumuratova, hám «Márifat» úgit-násiyatshılar jámiyeti aǵzası "Hákim Sulayman" meshiti bas imamı R.Umarovlar qatnastı. ótkerilgen ilajda ǵárezsizlik dáwirinde alıp barılıp atırǵan jańa reformalar boyınsha jıynalǵanlarǵa keń túrde túsinik berildi.

Rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

✏️Respublikalıq bólimning rásmiy kanalı 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Гүлнара_Нурлепесова_60_жаста

Шоманай районы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде районлық улыўма орта мектеплериниң Дөретиўшилик ҳәм мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары тәрепинен «Дослық» ордениниң ийеси, шайыр Гулнара Нурлепесованың 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен әдебий ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзалары, елимизге белгили кɵркем ɵнер ғайраткерлери, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бɵлими, район белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда шығып сɵйлегенлер тәрепинен атап ɵтилгениндей, Гүлнара Нурлепесова елимизге белгили тәжирийбели журналист ҳәм жәмийетлик искер болыўы менен бирге, талантлы шайыр болып та табылады. Оның дɵретпелеринде инсан қәдир қымбаты, дослық ҳәм Ана-Ўатанға мухаббат сезимлери айрықша орын ийелейди.

Кɵтериңки руўхта даўам еткен ушырасыў жуўмағында Гүлнара Нурлепесова Район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Тахтакɵпир_Белтаў

«BELTAU QARAKÓL KLASTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийети

Фото: Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
08-09-21 (2).pdf
1.1 MB
#Баспасɵзде

“Халқ сўзи” газетасының 2021-жыл 8-сентябрдеги санында Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслығы, Ɵзбекстан халық жазыўшысы Кеңесбай Кәримовтың Қарақалпақстандағы бүгинги ɵзгерислер ҳаққында сɵз ететуғын “Мўъжизалар яратган янги давроним” мақаласын оқыўыңыз мүмкин.

Дәрек: Ɵзбекстан жазыўшылар аўқамының Мәлимлеме хызмети

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq