Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.22K subscribers
11.3K photos
990 videos
10 files
1.1K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Гүлнара_Нурлепесова_60_жаста

Шоманай районы 13-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде районлық улыўма орта мектеплериниң Дөретиўшилик ҳәм мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары тәрепинен «Дослық» ордениниң ийеси, шайыр Гулнара Нурлепесованың 60 жасқа толыўы мүнәсибети менен әдебий ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзалары, елимизге белгили кɵркем ɵнер ғайраткерлери, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бɵлими, район белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда шығып сɵйлегенлер тәрепинен атап ɵтилгениндей, Гүлнара Нурлепесова елимизге белгили тәжирийбели журналист ҳәм жәмийетлик искер болыўы менен бирге, талантлы шайыр болып та табылады. Оның дɵретпелеринде инсан қәдир қымбаты, дослық ҳәм Ана-Ўатанға мухаббат сезимлери айрықша орын ийелейди.

Кɵтериңки руўхта даўам еткен ушырасыў жуўмағында Гүлнара Нурлепесова Район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq