Forwarded from Segment.uz
#Кегейли_районы
Нуранийлер ҳәм кекселер орайы қурылмақта
Кегейли районы орайындағы “Кегейли гүзары” көшеси бойынан смета баҳасы 1 млрд 860 миллион сўм болған 2 этажлы "Нуранийлер ҳәм Кекселер" орайының жаңа имараты қурылмақта.
Әҳмийетлиси, Орай ɵз ишине “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны имаратын да қамтып алады.
Әйне пайытта жумысты бɵлип алып ислеўши “Нөкис қурылыс монтаж сервис” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен имараттың тырнағын қалаў жумыслары алып барылып атырған болып, имаратты усы жыл жуўмағына шекем пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq

Ѳзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш. Шерматов Нѳкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектепте болып, мектептиң бүгинги күндеги жағдайы менен танысты.
Мектепке келиўи даўамында инглис тили, немис тили сабақларына қатнасып, оқыўшылар менен инглис тилинде сәўбетлести. Мектеп шараятын үйренип, ѳзиниң пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, мектеп китапханасына әдебий китаплар саўға етти.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Мектепке келиўи даўамында инглис тили, немис тили сабақларына қатнасып, оқыўшылар менен инглис тилинде сәўбетлести. Мектеп шараятын үйренип, ѳзиниң пикир-усынысларын билдирди. Сондай-ақ, мектеп китапханасына әдебий китаплар саўға етти.
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
#Үш_әўлад_ушырасыўы
Қанлыкөл районы Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 24-санлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрам мүнәсибети менен “Жана Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!” сүрени астында “Үш әўлад ушырасыўы” принципи тийкарында оқыўшы жаслар ҳәм оқытыўшылар, ҳәзирги ўақытта мийнет дем алысында болған нураний устазларымыз қатнасыўында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Онда нураний устазлар, соның ишинде усы мектептен ҳүрметли мийнет дем алысына шыққан жасы үлкенлер ɵзлериниң үлгили мийнет жолын жас әўлад ўәкиллери менен бɵлисти.
Илаж даӯамында оқыўшылар нураний устазлардан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды алды ҳәм мектеп жәмәәти атынан белсенди нураний устазларға байрам сауғалары тапсырылды.
Г. Узақбергенова
24-санлы улыӯма билим бериӯ мектебиниң
Дөретиӯши мәдений мәселелер бойынша үгит нәсиятшысы

Кегейли районы Оқыў спорт техника клубында «Ўатанымыз ғәрезсизлиги – биз ушын күш-қүдирет ҳәм илҳам дереги, раўажланыў ҳәм тынышлық тийкары» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы шѳлкемлестирилди.
Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бѳлими баслығы Б.Матеков, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң Карақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Кегейли районы бойынша бас қәнигеси Қ.Аллахов, «Мәрифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы Б.Худайназарова, Кегейли районы Оқыў спорт техника клубы бас қанигеси И.Нарымбетовлар қатнасты.
Онда Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик ғәрезсизликтиң 30 жыллық байрамында шығып сɵйлеген сɵзи, соның ишинде ғәрезсизлик дәўиринде алып барылып атырған жаңа реформалар ҳақкында кең түрде түсиник берилди.

Forwarded from Mánawiyatlı áwlad
Nókis rayonına qaraslı 22-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde "Aydınlar" filminiń dóretiwshi topar aǵzaları menen ushırasıw bolıp ótti.
Ushırasıuǵa "Aydınlar" filminiń bas qaharmanları Ózbekstan mámleketlik kórkem óner xám mádeniyat institutı Nókis filialı studenti A.Baraxov xám Gúljaxan Palwaniyazova, Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik akademiyalıq muzıkalı teatrı aktyorları A.Akimov hám D.Baymurzaevlar qatnastı.
Ushırasıwda mektep oqıwshılırana "Aydınlar" filmi qoyıp berildi. Ilaj sońında qatnasıwshılar film qaharmanlarınan ózleriniń qızıqtırǵan sorawlarına juwaplar aldı.
Aǵza bolıń:👇👇👇
t.me/manawiyatliawlad

Forwarded from Qaraqalpaqstan xabar agentligi
⚡️«Айдынлар» фильми халықаралық кино-фестивальдың Гран-при жеңимпазы болды
Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Өзбектелефильм» мәмлекетлик мәкемесинде сүўретке алынған «Айдынлар» фильми Болгария кино, телевидение ҳәм интернет коммуникация академиясы тәрепинен өткерилген IX халықаралық кино-фестивальда Гран-при жеңимпазы болды. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
«Айдынлар» фильми «Ең жақсы режиссёрлық жумыс», «Ең жақсы операторлық жумыс», «Кинофильм ушын жазылған ең жақсы музыка» номинацияларында жеңимпазлықты қолға киргизди.
«Айдынлар» фильмин «YouTube» тармағы арқалы тамаша етиң 👉 https://www.youtube.com/watch?v=rDVHhIg6z90
Каналымызға ағза болың 👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng