NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
12.8K subscribers
7.98K photos
2.26K videos
1 file
13.5K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

ЖАЎЫН ЖАЎЫП ТУРҒАНДА АЙТЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, Ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

@nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Оқың #Актуал_мәселе

«ШАҢАРАҚЛЫҚ БАХЫТ» еркектиң қолындама ямаса ҳаялдың?

Шаңарақлық бахыт – ерисилиўи қыйын болған арзыў емес. Ол әллеқандай арнаўлы дәрилер ишип ҳасыл қылынатуғын, қандайда бир көриниске ямаса өлшемге ийе болған нәрсе де емес.
Шаңарақлық бахыт ҳәр бир еркек ҳәм ҳаял үйрениўи керек болған пән. Шаңарақлық бахытты қолға киргизиў еркек ҳәм ҳаялдың тек биреўиниң мойнында деген гәп жоқ. Ал, ол турмыстың барлық салаларында еки жастың бирге қолға киргизетуғын биргеликтеги утысы.
Көпшилик қәнигелердиң атап өтиўинше, шаңарақлық бахыттың ең үлкен жүги ҳаялдың мойнына түсетуғын екен. Ҳаяллар тәрепинде: «Не ушын биз, еркеклердей емеспиз? Не ушын ҳәмме нәрсе ҳаялдың мойнында?», деген сораўлардың пайда болыўы тәбийий. Расында да не ушын шаңарақлық бахыттың аўыр жүгин ҳаяллар көтериўи керек?
Себеби ҳаял өзиндеги дәртлеслик ҳәм мүләйимлик туйғылары, сабыр ҳәм шыдамлылығы менен шаңарақлық бахытқа ерисиўде тийкарғы фактор бола алады.
Егер ҳаял ери менен қандай мәмиле қылыўды билсе, ери жақсы көрген нәрселерди бежерип қойып, оған жақпайтуғын ислерди қылмаса, оның қәлбине аңсат жол таба алады.
Ерди итаатшыл ҳәм мүләйим ҳаял бахытлы қыла алады. Себеби, ерди сүйги ҳәм мүләйимлық тутқын қылып алады. Бул болса ақыллы ҳаяллардың ғана қолынан келеди. Соның ушын да шаңарақлық бахыттың гилти ҳаяллардың қолында.

Ериниң қәлбинде батырлықты пайда қыла алатуғын, оннан шаңарақтың машақатларын ҳәм перзентлер тәрбиясындағы машқалаларды көтеретуғын, уўайым-қайғыларына шерик бола алатуғын ҳәм ерин разы қылыў ушын шын кеўилден ҳәрекет қылып атырған ҳаял «Шаңарақлық бахыт» пәнин кәмил өзлестирген ҳаял болып табылады!

Доктор Ҳассон Шәмсий Паша «Келин-күйеўге нәсиятларым» китабынан.

«:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::» «:::»

t.me/nasiyatuz
Audio
#Жума_марузасы

Тема: "Ықлас сүреси тафсири"


⬇️Сыйымлылығы:24,мб
🎵Формат:Мп3.
00:25:31

@nasiyatuz
Нөкис ўақты менен 15-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Таңғы_сәлемнама

🌸 ASSALAMU ALAYKUM QÁDIRLIM !!! 🌼

🍃 Bir is qıladı ekenseń Allah seni kórip turǵanın túsin.
🍃 Bir nárse sóylegenińde Allah seni esitiwin esle.

🕊 Solay eken, tek tuwrı islerdi qıl, jaqsı nárselerdi sóyle. Óytkeni, buzıq iske, buzıq sózge Rábbiń razı bolmaydı!!!

☘️ Háy mehriyban Rábbim! Men adasıwshıman, bárqulla adasıp júremen, házir-de jolımnan adasıw aldındaman. Sen maǵan Óziń razı bolatuǵın joldı kórset!

🍀 Háy rahmeti álemlerden keń bolǵan Rábbim! Sen razı bolmaytuǵın, jaqsı kórmeytuǵın nárselerdi qılǵanıma meni ápiw et, qılmaǵanlarımdı qılıwdan saqla!!!

🌼 Atqan tań bereketli bolsın!
🌸

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

📱http://t.me/nasiyatuz
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
#Сүннет

   УЙҚЫДАН ТУРҒАНДА БЕЖЕРИЛЕТУҒЫН 5 СҮННЕТ ӘМЕЛ


📌1. Жүздеги уйқы белгилерин қол менен кетириў;

📗 "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянып, отырды ҳәм жүзин ысқылап сыйпап, уйқысын ашты".
(Имам Мүслим рәўияты)

📌2. Төмендеги дуўаны оқыў;

اَلْحَمْدُ لِلَّهِ الَّذِي أَحْيَانَا بَعْدَ مَا أَمَاتَنَا وَإِلَيْهِ النُّشُورُ
"Әлҳәмдүлилләҳил-ләзий әҳяәнәә бәъдә мәә әмәәтәнәә ўә иләйҳин-нушуур"

"Бизди өлтиргеннен кейин қайта тирилткен Аллаҳға ҳәмди сәне болсын. Қайта тирилиў Оның Өзине".

📌3. Аўызды мисўәк ямаса басқа нәрсе менен тазалаў;

📗"Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам уйқыдан турғанында аўзын мисўәк пенен тазалайтуғын еди".
(Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты)

📌4. Қолды жуўыў;

📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, қолларын ыдысқа салмай (ыдысларды усламай) турып, (қолын) үш рет жуўсын", деген.
(Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты)

📌5. Мурынды (тазалап) сүңгириў;

📗Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қайсы бириңиз уйқыдан турсаңыз, мурнын үш рет шайсын, өйткени шайтан оның мурнының ишинде түнлеткен болады".
(Имам Бухарий ҳәм Имам Мүслим рәўияты)

📱
http://t.me/nasiyatuz
Audio
Анажан сизди сағындым

@nasiyatuz
#шаңарақ_күни

15-МАЙ – ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ШАҢАРАҚ КҮНИ

Бүгин, 15-май Халықаралық шаңарақлар күни. Бул күн БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен берли турақлы түрде белгиленип келинеди.

😌 Бүгинги шаңарақ күни менен бәрше шаңарақларға Аллаҳ тааладан бахыт-саадат, қут-берекет тилеймиз.

@nasiyatuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

🔹 Тема: "Ихлас сүреси тәфсири".

    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


@nasiyatuz
“Сиз бизге керексиз!” атамасындағы ушырасыў бойынша мағлыўмат

Өзбекстан Республикасында нәгиранлар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенсияны әмелге асырыў бойынша 2023-2025-жылларға мѳлшерленген Миллий ҳәрекетлер режеси “Жол картасы”ның 35-бәнтиниң орынланыўы жүзесинен еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны бар пуқаралар менен иләж ѳткериў режелестирилген.
Мине усы илажды даўам етиў мақсетинде 15-май күни Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” жаме мешити мәжлислер залында республикамыздағы нәгиранлығы болған инсанлар менен ушырасыў өткерилди.
Онда республикамыздан 100 ге жақын еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсанлары болған нәгиранларға ислам дини ҳаққында ҳәдис ҳәм аятлардан мысаллар келтирип, түсиниклер берилди.
Ушырасыў қатнасыўшылары ҳүкиметимиз тәрепинен нәгиранлығын есапқа алып, бундай диний-мәрипий ушырасыўды шөлкемлестиргени, муқәддес динимиз ҳаққында түсиниклер бергени, қәлблерине ҳидаят нурын таратқаны ушын ел басшымызға, тийисли мекеме ўәкиллерине өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
Илажда Ѳзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкиллери, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы қәнигеси М.Абубакирова, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан гереңлер жәмийети Қарақалпақстан Республикасы бѳлими баслығы М.Бекназаровалар қатнасып, диний-ағартыўшылық, елимиздеги әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында түсиник берди ҳәм ушырасыў қатнасыўшыларының мүрәжатлары тыңланды.
Нәгиранлығы болған пуқараларға Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы “Вақф” қайырқомлық жәмәәтлик фонды Қарақалпақстан бѳлими тәрепинен ушырасыў қатнасыўшыларына азық-аўқат ѳнимлери тарқатылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

@nasiyatuz