NASIYAT.UZ |Рәсмий канал
12.6K subscribers
8.08K photos
2.28K videos
1 file
13.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Имам ийшан Мухаммад» жоме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Сораўлар, усыныслар ҳәм пикирлер ушын: @NASIYATUZ_bot

Facebook👉https://www.facebook.com/profile.php?id=100038389871899
Download Telegram
Ҳаж зыяратына барыўшыларға зыярат тәртиплери түсиндирилди

Бүгин, Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжлислер залында усы жылы Ҳаж зыяратына барыўшыларға зыярат тәртиплерин түсиндириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳәм басқа да тийисли шѳлкем ўәкиллери қатнасып, Ҳаж зыяраты әмеллерин орынлаўдың шәрий ҳүкимлери, атап айтқанда, Ҳаждың парыз ҳәм ўәжиблери, иҳрамға кириў, таўап ҳәм саъй қылыўдың тәртип-қағыйдалары, ҳаж қылыў ўақтында қадаған етилген әмеллерден сақланыў, соның менен бирге, Мадинаи мунаўўара ҳәм Мәккәи мукаррамадағы мүбәрек орынларды зыярат етиў әдеплери, сырт елге шығыў ҳәм кириў тәртиби ҳаққында айтып ѳтти.
Соның менен бирге, зыяратшыларға мүбәрек сапар даўамында мудамы салдамлы болыў, бир-биреўге жәрдем көрсетиў, зикир ҳәм ибадатларды көбейтиў ҳаққында да айрықша айтып өтти. Жыйналыс қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен керекли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

@nasiyatuz
Нөкис ўақты менен 12-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
#Зикирлер

  Қәлеген ўақытта айтып жүриў ушын зикирлер:


سُبحان اللّٰه .
الحمد للّٰه .
لا إله إلا اللّٰه .
اللّٰه أكبر .
لا حول ولا قوة إلا باللّٰه .
أستغفر اللّٰه العظيم وأتوبُ إليه .
اللهم صلِ وسلم على سيدنا مُحمد.💎

  "Субҳаналлоҳ".
  "Әлҳәмдүлилләҳ".
  "Ләә иләәҳә иллаллоҳ".
  "Аллоҳу әкбәр".
  "Ләә ҳәўләә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ".
  "Астағфируллоҳәл-ъазыйм ўә әтуубу иләйҳ".
  "Аллаҳуммә солли ўә сәллим ъаләә Сәййидинәә Муҳаммад".

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Аянышлы

  Бул ўақыя араб мәмлекетлериниң биринде болып өткен. Бул ҳәр биримиз ушын ибрат болыўы лазым.

  Сөзимиздиң басында жалғызлық ҳаққында бираз пикир жүргизиўди лазым деп таптық. Ҳәзирги күнде, адамлардың саны асып атырғанына қарамастан, жалғыз ҳалда қалып қойып, жалғыз жасап атырғанлардың да саны асып баратыр. Гейде перзентлери ушын барын берген, өмирин оларға бағышлаған ата-аналар қартайғанда жалғыз қалады. Бул аянышлы жағдай. Ҳәзир келтирежақ болған ўақыямыз да усыған мысал бола алады.

  80 жастан асқан ҳаял өз үйинде қайтыс болып, шириўди баслайман дегенше жалғыз қалып кетеди. Оның қызы кесел анасынан бир ай даўамында хабар алмайды. Хабар алғанында болса, анасының әллеқашан-ақ шириўди баслаған, гөши сүйегинен ажыралыўды баслаған денесин табады. Бир әсирге шамалас өмирди жасап өткен, зорға ҳасаға таянып жүрген майып ҳаялдың бул дүньядағы ақырғы сәтлери қалай өткени ҳаққында экспертиза төмендегише жуўмақ шығарады:
  «Ҳаял жығылып түскени себепли оның тобығы шығып кетип, сүйеги сынады. Алынған жарақатлар оғада қатал болғаны себепли ҳаял орнынан да қозғала алмайды, биреўди жәрдемге де шақыра алмайды. Ҳәттеки телефонына да жете алмайды. Ҳаял усындай аўырыўлар менен биреў келип қалыўынан үмит етип өлимин күтип жата береди. Жуўмағы болса ҳәммемизге аян…».

  Сол ҳаял қандай азаплар менен өлимди қарсы алғанын биз қыялымызға да келтире алмаймыз. Бул оғада аянышлы жағдай. Аллаҳ таала оны раҳметине алған болсын. Солай екен қәдирлим, сиз ата-анаңызды қәдирлең, оларға ғамхорлық қылың. Ата-анаға жақсылық қылыў инсанның Аллаҳға таат ибадат қылыўдан кейинги орында турыўшы мәжбүрият:
  «Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт».

  (Исро сүреси, 23-аят).

  «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «» «»

t.me/nasiyatuz
#нәсият

  Уллы саҳабийдиң ҳикметлери

🐝  Аллаҳтың жаратқанларын көрип турып, Аллаҳ ҳаққында гүман қылған кимсеге таң қалдым…

🕋  Өлгенлерди көрип турып, өлимди умытқан кимсеге таң қалдым…

🦋  Биринши рет пайда болыўды көрип турып, кейинги пайда болыўды жоқ деген кимсеге таң қалдым…

🏦  Паный дүньяны абат қылып, бақый (мәңги) дүньяны тәрк еткен кимсеге таң қалдым…

💧  Кеше бир тамшы суў болып, ертең мәйит болатуғын кимсениң тәкаббырлық қылғанына таң қалдым…

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу

  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»  ««»»

t.me/nasiyatuz
Нөкис ўақты менен 13-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
#Таңғы_сәлемнама

🌞 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! ☺️

🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿 🌱 🌿

🍃🌱 Жаңадан атқан таң! 🌱🍃

🌸 Жаңадан басланған ҳәпте! 🌺

🌺 Жаңадан дүзген жобалар! 🌸

🌸 Жаңадан баслайжақ ислер! 🌺

🌺 Жаңадан болатуғын дослар! 🌸

🌸 Жаңадан алатуғын илимлер! - қутлы ҳәм берекетли болсын! 🌺

🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼 🌹 🌼

🌹 Жаңа күн, жаңа ҳәпте, жаңа жобалар сизге жаңа бахытлы сәтлерди алып келсин! 🌹

Аллаҳ таала сизиң жаңадан болатуғын ислериңизде сизге күш-ғайрат берсин!

🍀 Жаңа күн сәтли болсын! 🍀

🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹🔸🔹

📱
http://t.me/nasiyatuz
Ҳәр бир атқан таңымыз ушын Жаратқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:👉 @nasiyatuz
#Дуўа

   Ҳәр күни, қәлеген ўақытта оқыўға болатуғын дуўа:


اللهُم اغَفر لِي ذنبي كلهُ ،دقه وجلّه ،و أوله وآخرهُ ، وسرهُ وعلانيته ،ما عَلمت منهُ وما لَم أعلم.💎

🌸 Аллаҳым, мениң барлық гүналарымды, майдасын да, үлкенин де, алдынғыларын да, ақырғыларын да, жасырын болғанларын да, әшкере болғанларын да, билип қылғанымды да, билмей қылғанымды да мәғфират ет.🌸

📱
http://t.me/nasiyatuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис ўақты менен 14-май күнги намаз ўақытлары

🌎Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👇👇👇

Telegram |Instagram |Youtube |Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дуўа

   Қуран оқып болып қылатуғын шырайлы дуўа:

«اللَّهُمَّ إنَّا نَسْألُكَ أنْ تَجْعَلَ القُرْآنَ العَظِيمَ رَبِيعَ قُلُوبِنَا ، وَنُورَ صُدُورِنَا ، وَجِلَاءَ أحْزَانِنَا ، وَذَهَابَ هُمُومِنَا»💎

 
Оқылыўы: "Аллаҳумма иннәә нәс-әлүкә ән тәжъаләл қүр-әәнәл ъазыймә робийъу қүлүүбинәә, ўә нуўро судууринәә, ўә жиләә-ә әҳзәәнинәә, ўә зәҳәәбә ҳүмүүминәә".

Мәниси: "Аллаҳым, биз Сеннен Уллы Қуран қәлбимиздиң бәҳәри, кеўлимиздиң нуры, қайғымызды кетириўши, қәўетеримизди жоқ қылыўшы болыўын сораймыз".

📱
http://t.me/nasiyatuz