ШҮКИР ƏЙЛЕ
184 subscribers
138 photos
60 videos
1 file
45 links
Пикир хəм илтимаслар ушын
@ubijanovaa
Download Telegram
Forwarded from Алия
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
5👍2💋1
АРАФА
(Қурбан хайттан бир күн алдыңғы күн)

Балаларша қарай  бердим жолыңа
Көзим тигип киятырған тобыңа
Қол жайыулы тилек ушын ерте таң,
Тез-тез қарап оңыма хəм солыма

Тутыу керек оразаңды тутайын
Көзиме көринсең, дəрриу қушайын
Тилегимди жеткерегөр Аллама
Сен қəлеген нəрсеңе мен усайын

Жауын менен келдиң,  таңда нөсерлеп
Шахмағыңды шағып алдың дүсирлеп
Жеткениңде бизиң ана Уатанға
Көз аштырмай тилек айттық еселеп

Жүрек көптен қалған еди тарылып,
Кетсин барлық жаманлықлар арылып
Жақсы хабар менен кеуил толтырың,
Булттан шыққан қуяш киби жарылып

Қəдемиң сəтли келгей, қайғы арысын!
Қууандыр,елимниң жас хəм ғаррысын!
Гүллендирип, берекетин берип тур!
Қоллап турғыл,халқым еткен хəр исин!!!

Сени күтип қалайық хəр жыл хайтта
Жақсылық ислеуден хасла қайтпа!
Көбейсин қарекеңниң ул хəм қызлары
Енди келгениңде хешкимди жойтпа!

Автор:Үмит Бижанова
@ubijanova
4🔥2👏1💋1
Ассалаума әлейкум канал ағзалары!  Бүгинги улыстың уллы күни,мусылманның байрамы хәрбир жүрегинде Аллаға деген шексиз мийрими бар Сиздей мүсылман ушын мубарек болсын! Дениңиз сау болғай,үйиңизде хәмийше берекет,сөнбес нур,от басыңызға аманлық,шаңарағыңызға ауызбиршилик, бахыт, жүрегиңиз ийманға хәм бир бириңизге деген сөнбес мехирге тола болғай 🙏🙏🙏

Хүрмет пенен Үмит Бижанова
3💋1
АСЫҒАМЫЗ

Асығамыз хәмме жерде хәр жақта
Билмеймиз ау мәнзилимизди бирақта
Жетип барып "кайтаман"ды баслаймыз
Ой бөлинер,кеуил калар жырақта

Таң азаннан асығамыз жумысқа
Тынбай кеттик, мисли болдық кумырска
Өзи уақыт тез қысқарып баратыр
Биз оннан да жүйрик болдық турмыста

Азан еди,түс болғанын сезбеймиз
Жумыс таусылып дем алыуды гөзлеймиз
Үлгере алмай қалсақ баслы мақсетке
Өзим емес, өзгеден  айып излеймиз

Қуяш батып кеш болса екен тез деймиз
Тезрек жатып уйқылауымызды қәлеймиз
Күни бойы не иследим деместен
Алладан оғыры көбин тилеймиз

Той мереке, садақаға барамыз
Бир биреуди дәрхал сынап қаламыз
Алдымызға койған асты асығып
Жеп болыудан орнымыздан турамыз

Баламыздың үлкейгенин сезбеймиз
Жаслык шағын ғаррылыққа бөлеймиз
Бағдарлаймыз, биз қәлеген кәсипке
Әмелдар,бай инсан болса екен деймиз

Өмирде хәр кимниң диди хәр түрли
Ийсин сезбей ийискелеймиз хәр гүлди
Ойланайық баратырмыз кай жерге
Асығамыз билмей турып мәнзилди

Асығамыз, жууырамыз жортамыз
Гейбир затты көбейтемиз,қуртамыз
Жалғаншыда не кылсақ та бәрибир
Хақыйқый дүньяға қарай тартамыз

Автор Үмит Бижанова
@ubijanova
👍43🥰1👏1💋1
УЗАҚЛАСЫП БАРАТЫРМЫЗ...

Узақласып баратырмыз хәммеден
Едикғой биз шыққандай бир кемеден
Хошласқанда деуши едим бәриңе
Мени кутиң, еле талай келемен

Досты көрсем қолым былғап шақырдым
Сәубет қурдым, гә күлип, гә бақырдым
Ал үйиме келеғойса ол достым
Қонақ асын сойып берип қатырдым

Тууысқанды излеп бардым үйине
Қоймадым хеш тыныш халы,күйине
Бала шаға менен бирге қыдырып
Хәм хошластым жақсы гәпке сүйине

Курдаслардың ортасында шадланып
Бәзим курдық, ойнап, күлдик йошланып
Таң атқанша таркағымыз келмейди
Турар едик кыймасқа хеш хошласып

Қоңсы менен әлпим жүда алысқан
Таныр едим жас-ғаррысын алыстан
Қояр едим мақтау сөзди асырып
Жақсы менен жақсы бирге табыскан

Дос тутындым қайын журтты бауырлап
Жыллы сөйлеп, тилим жүрди сауылдап
Басым менен жомаладым хызметте
Жаман қатын болмайын деп шауылдақ

Дайы журтым жақын болды өзиме
Қулақ салды айткан хәрбир сөзиме
Толып тасып отырар едик бас қосып
Еслеп турып, жаслар келер көзиме

Бүгинлиги уақыт аз ба сондай ақ
Неге көриспеймиз бирге қонбай ақ
Жатырқамай бир бириниң тоныны
Кийе берсек болмаспеди тоңбай ақ

Хәммеден де узақласып барамыз
Неге деймен сууып кетти арамыз
Баяғыдай басып барыу деген жоқ
Шакырса да мойын таулап турамыз

Сол күнлерди еслеп турып сағындым
Тәниримниң буйрығына бағындым
Бир мен емес хамме солай баратыр
Хәммемизге мехир тилеп табындым

Автор Үмит Бижанова
@ubijanova
💋2👍1
АҚЛЫҒЫМ СОФИЯға

Қылықлары еркеленип жарасқан
Хәмме саған сүйсинисип карасқан
Күлкисине шомылады дүнья да
Жүзи гүлдей ай нурына таласқан

Үлкен қыздай барлық затты билесең
Жақсы гәпке мудам қулақ түресең
Бала болсаңдағы тилин түсинип
Нигинаны жүдә жақсы көресең

Шүлдир шүлдир етип тез тез сөйлейсең
Келешектен не нәрсени гөзлейсең?
Жарқырайды алыслардан келбетиң
Аспандағы жулдызларға мегзейсең

Саған бахыт шын жүректен тиледим
Еле жаспан деп мактанып жүр едим
Әжеликке жетиргенсең сен мени
Саған мийрим менен урар жүрегим

Айналайын, сүп сүйкимли ай кызым
Сен өзиңсең әкешиңниң жулдызы
Қәдирданы иниң хәмде сиңлиңниң
Анаңның да тилеп алған хүр кызы

Ақлық көрдим дедим мен де ай көрдим
Софияны хәммеден де бай көрдим
Қарекеңниң Самат мүйтен батыры
Сени қырық қыз Гүлайымға сай көрдим

Автор Үмит Бижанова
@ubijanova
15
ЖАҚСЫ НИЙЕТ

Жаратқаным жаратыпты бизлерди
Инсан етип, үйретипти сөйлеуди
Зибан берди, бағышлаң деп жыллы сөз
Жаманлықты кеулимизге түймеуди

Еринип турар едик, таңды атырып,
Ал жатамыз қара түнди батырып
Ис буйырса, тилимиз бар қулаштай
Орынлап қойғандаймыз бәрин қатырып

Той-мерекеге де айтса барамыз
Кемшилиги бар ма деп сынап турамыз
Гәп-сөз айтып мийман болған жерлерде
Өсеклерден салтанатты қурамыз

Намаз,лазым, садақаға зып етип
Шығарыуға зорға келемиз жетип
Мың сылтау тауамыз, тез кетиу ушын
Жумысымызды көз-көз, бәнелер етип

Хәмме асығыста жүреди тынбай
Дыз-дыз етип ушқан қара шыбындай
Бирақ бәрин телефоннан питирер
Барып-келер жерге сирә урынбай

Инсанның мийнетин жеңилткен сайын
Ериншеклик кеселге берипти пайын
Көп болса да ислеуге қайырлы исти
Уақытты бәнелеуге жууабы тайын

Хәзир елде аш әпдада,гедей жоқ
Хәммениң де турмысынан кеули тоқ
Бирақ излемейди жақын-жууықты
Бир-биреуге деген мийрим онша жоқ

Дүнья тәшуишлери етипти герең
Мине усыларды ойлатып терең
Пандемия бирим-бирим еслетти
Соған дейин көп затты умытып жүр ең

Зар болдықғой, жақсы тойлар бериуге
Ағайинди,дос яранды көриуге
Телефонды шуқлай бермей орынсыз
Жақынларға кеулимизди бөлиуге

Тарқайғойса дедик ишлей ойланып
Сол ылаңды деп турдық ау қыйналып
Не бир жақсы инсан кетти арадан
Бир тиллесалмай қалдық байланып

Барымызға енди қәнәәт етейик
Алла буйрығы бул, басқа не дейик
Жумсарсын жүреклер,өкпелер қайтсын
Кеулимиз пәкленсин,өзгерейик!!!

Тәғдир бизди тууры жолға басласын
Көзимизди хәр нәрседен асырасын
Жаратыушы мийнет берип атайлап
Бендесине сырттан қарап турмасын

Қәне өзгерейик, жақсы таманға
Ойларымыз бурылмасын жаманға
Уллы ислер баслап қойсын хәр адам
Жеткеймиз сол биргеликте аманға!!!

Автор: Үмит Бижанова
@ubijanova
🙏4
САЯХАТ

Үш жыл жазда саяхатты гөзледим
Керек емес пикири деп өзгениң
Өзим ушын жасау ушын бел байлап
Қай еллерди, қай жерлерди гезбедим

Көрмеп едим Бухараның нағысын
Кетсе кетсин дедим бир жыл табысым
Варнет деген жерин көрип хәз еттим
Көклемзардан салған екен хәр исин

Нақшбандий бабамыздан айландық
Шайханаға кирип алып шайландық
Жоқтан бар қылған мына дәргайдың
Бир зум қарап тәбиятына байландық

Кейинги тур Самарқандқа жол алдық
Регистанға және қайтадан бардық
Өтмиш пенен байланысқан рәуияттан
Өзимизге жаңа сабақлар алдық

Ислам атамызға тәзимлер еттик
Жақсылығын қайта қайта еследик
Хәм айланып Самарқандтың базарын
Порсылдаған нанларынан тиследик

Ең қызығы Жиззах Замин таулары
Ағып турған сарқырама, сайлары
Бизди жаулап алды тәбияты менен
Таң қалмастан жүре алмадық жайдары

Канат жоллар апарады төбеге
Аспа көпир, әткөншеклер төбеде
Шебер Алла бәрин бизге берипти
Баратқандай океанда кемеде

Тоялмадым қарай берип артыма
Хәуес еттим көрип турып жутына
Көзиме жас келди бир ойлар менен
Аянышта қарап көрдим журтыма

Кейингиси Сангардактай тау болды
Узақ мәнзил,машинаға жау болды
Қыйналсақ та жетип алып таңландық
Келип алып айтқанымыз ВАУ болды

Шаршарасы бийиклерден шапшыған
Сайлары да булақ сууын қақшыған
Мап мазалы сууларынан уртладым
Мөлдиреген реңсиз екен,тас жууған

Таулары хеш тәкирарламас бир бирин
Тоғайзардың ушыраттым хәр түрин
Уша баста кийик ойнар секирип
Халласлап кең ушқан көрдим бүркитин

Тәрийплесем қағаз жетпес қәлемге
О Раббим ау сен жаратқан әлем бе
Шүкир еттим қайта қайта қууанып
Ойланаман ойым кетип тереңге

Бизди жаратыушы көрсин деген ғой
Бере бермей себеби жоқ жылда той
Жыйнай бермей мал дүньяны ууыслап
Өзиң ушын жылына бир жасап қой!

Саяхат тек айланып қайтыу деген бе
Түсиндим мен усыны рети келгенде
Жақсы жолдас пенен болсаң узақта
Жолың өнер екен соны билгенге

Саяхатым түс көргендей таусылды
Тек сууретлер альбом бетин қаусырды
Әтирапымда орап алған инсанлар,
Жақсы дослар шаршағымды жасырды

Мәслахатым; ел көриңлер,жер көриң
Керек болса мийнет етип тер төгиң
Ертең демең, атлана бер бүгин ақ
Аяғыңызды басып жеткенше жүриң

Үмит Бижанова
@ubijanova
👍7
Саяхат адамдағы бәрше стресслерди,кеуилсизликлерди кетиреди дегенде бир жыллары исенбейтуғын едим. Енди жаз мәусими келиуден жүрегим САЯХАТқа барыуды қумсап туратуғын болған. Рәббимиздиң бизге атайлап берген ғайрытәбийий нәрселерин усы уаққа шекем неге көрмедик екен деп ойланаман. Расы биз өмирге келиуден мақсетимиз хожалық қурып, бала тәрбиялап, соларды аяққа турғызыудан ибарат деп қарайды екенбиз. Негизи Аллатаала бизге байлық жыйнауды емес, ал өзи жаратқан тәбиятын көриуди буйырған екен. Бирнешше жыллар алдын сырт еллик туристлерди көрсем ақылдан азған, қыларға талабы жоқ адамлардай көретуғын едим😁оларды енди түсиндим, өзлери ушын да жасап атырғанын. Енди мени де базылар тап солай ойласа керек, бирақ маған оның хеш қызығы жоқ. Мен жолымды таудым, Алланың хәмирине қулақ салдым, жақсы дослар арттырдым хәм өзим ушын жасауға уакыт ажыраттым. Жоқарыда жазылған қосығым жүрегимдеги сезимлеримниң оннан бири, саяхат маған қандай рәхәт бағышлағанын, бирге барған инсанлар менен өткизген хәрбир демлерим олар теңгениң 2-тәрепинде жатыр. Жуумақластырып айтқанда адамзат хәрбир жақсы исти ертеңге қалдырмауы керек екен, себеби ертең алдымызда не бары тек жаратқанға мәлим. Аяғымыз жүрип, көзимиз көрип, қулағымыз еситип, сезимлеримизди басқарып турғанымызда бизди не услап тур??? Тек барыу хәм көриу керек
👍5🙏1
Бухарадағы Варнет деген теплица, Туркия менен бирге курылған екен
Хәммеге таныс Самарқанд
4
Легендарный Зомин,Жиззахта
3
Өзбекстандағы 2-Швейцария деп аталатуғын мәнзил-САНГАРДАК
👏43