Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы
956 subscribers
5.74K photos
1.14K videos
10 files
3.31K links
Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы

Beb-sayt: www.karakalpakstan.travel
Facebook: facebook.com/turism.rk
Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d

E-mail: karakalpakstan@motas.uz
E-xat: tourismrk@exat.uz
61 222-31-16
Download Telegram
Париж олимпиадасына жол алған автокәрўан Нөкисте

5-июль күни арнаўлы автокәрўан Ташкент қаласынан Парижде болып өтетуғын Олимпиада ойынларына жол алды. Атақлы спортсмен ҳәм блогер Абдурахмон Фозилов, “Autotuning_uz” тийкаршысы Иброхим Икромов, “LITTOS” авторы Асаль Сапарбаева ҳәм басқа да бир қатар блогерлерден ибәрат болған бул автокәрўанның мақсети елимиздиң туристлик потенциалын Европа мәмлекетлерине кең үгит нәсият етиў.

7-июль күни автокәрўан Нөкис қаласына жетип келип, блогерлер И.Савицкий музейи алдында ықласбентлери менен ушырасты. Илажда Спорт министри Адилбек Алланазаров, Туризм басқармасы баслығының орынбасары Байрам Кусекеев, И.Савицкий музейиниң директоры Тигран Мкртычев, “ARAL” футбол клубының ықласбентлери, жергиликли спортшылар ҳәм жаслар қатнасты. Илаж соңында мийманлар ушын музей бойлап экскурсия өткерилди.

Мағлыўмат орнында, автокәрўан Қазақстан, Россия, Грузия, Турция, Греция, Италия, Швейцария, Монако мәмлекетлери бойлап 15.000км аралықты басып өтеди.

👉 t.me/turizm_kr
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Стамбул ҳәм Москва қалаларына
бизнес-класс билетлери ушын шегирме жәрияланды


"Uzbekistan Airways" 31-август күнине шекем Нөкис-Стамбул-Нөкис ҳәм Нөкис-Москва-Нөкис авиақатнаўлары ушын бизнес-клас билетлерине 15% шекем шегирме инәм етеди.

Толық мағлыўматты www.uzairways.com сайты арқалы алсаңыз болады.

Авиабилетлерди www.uzairways.com сайты, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🎞 КҮН ВИДЕОСЫ

⚡️Қырғызстан Республикасы Ош қаласында өткерилип атырған II Халықаралық "Ойын өнери 2024" хореографиялық фестивалында Қарақалпақстан Республикасының дөретиўшилик топары қатнаспақта.

#рубрика
#кун_видеосы

Каналға ағза болыў
👉 t.me/kar_anons
“Туризм хызметлерин сертификатлаў орайы” МУК тәрепинен елимизге келиўши мийманларды жайластырыў орынларынан қанаатланыў дәрежесин билиў мақсетинде сораўнама системасы жолға қойылған.

Егер Сиз мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў орынларындағы хызмет сапасынан қанаатланбаған (наразы) болсаӊыз төмендеги силтеме арқалы усыныс ҳәм сыӊ пикирлериӊизди билдирсеӊиз болады 👉 https://tourquality.uz/uz/poll/

Соныӊ менен бирге:

▪️ Улыўма аўқатланыў объектлери
▪️ Зыярат туризм объектлери
▪️ Мағлыўмат бериўши объектлери
▪️ Кеўилашар объектлер
▪️ Жасаў орнында хызмет сапасын бахалаў бойынша сораўнама
▪️ Транспорт
▪️ Даўаллаў-саўалландырыў объектлери бойынша бәрше мийманлар өзлериниӊ пикирлерин жазыўы мүмкин

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Қарақалпақстан Республикасы «Бердақ» жәмийетлик фонды «Қарақалпақ этно аўылы» жойбарын жеңип алды

160.000.000 сўм муғдарындағы бул жойбардың тийкарғы мақсети - республикамызда туризм тараўын раўажландырыўға үлес қосыў, жас әўладты миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, елимиз, жеримиз тарийхын, халқымыздың мәдений, әдебий мийрасларын таныстырыўдан ибарат.

«Қарақалпақ этно аўылы» - деп аталған жойбарды әмелге асырыў барысында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң қасынан «Қарақалпақ этно аўылы»н орнатыў ҳәм ол жерде ата-бабаларымыздың бийбаҳа мийрасы болған еки отаў тигип, оны безеў жумысларын алып барыў режелестирилген.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
📣 Мийманханалар дыққатына!

Өзбекстан Мийманханалар ассоциациясы Туризм комитетиниң “Миллий PR орайы” МУК менен биргеликте мийманхана басшыларын 2024-жылдың екинши ярымында өткерилетуғын бир қатар халықаралық көргизбелерде қатнасыўға мирәт етеди.

Тийкарғы илажлар:

🇲🇾 6-8 сентябрь – "MATTA Fair" Куала-Лумпур, Малайзия
🇫🇷 17-19 сентябрь – "IFTM Top Resa" Париж, Франция
🇷🇺 17-19 сентябрь – "Отдых. Leisure" Москва, Россия
🇯🇵 26-29 сентябрь – "Tourism Expo Japan" Токио, Япония
🇮🇹 9-11 октябрь – "TTG Rimini" Римини, Италия
🇨🇳 16-18 октябрь – "COTTM Beijing" Пекин, Қытай
🇺🇸 21-23 октябрь – "WTE Miami" Майями, АҚШ
🇬🇧 5-7 ноябрь – "WTM London" Лондон, Уллы Британия
🇮🇩 6-8 декабрь – "Halal Indonesia Expo" Жакарта, Индонезия

Бул көргизбелер елимиздиң туризм потенциалын халықаралық майданда кең үгит-нәсият етиў ушын әжайып имкәният жаратады.

ℹ️ Қосымша мағлыўмат:

Нилуфар Солижонова +998938353223
Мубина Мухторова
+998971444846

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
“Жаслар туризми ҳәптелиги” өткериледи

“Жаслар туризми ҳәптелиги” мүнәсибети менен оқыўшы, студент ҳәм жаслар бул айлық шеңберинде жайластырыў орынлары ҳәмде улыўма аўқатланыў орынлары тәрепинен жәрияланатуғын шегирмелерден пайдаланыў имкәниятына ийе болады.

Соның менен бирге, бул айлық шеңберинде жаслардың мәдений мийрас объектлери ҳәм музейлерге болған сапары даўамында шеберлик сабақлары, театрластырылған тамашалар шөлкемлестириў, жаслар ушын өнерментшилик өнимлерин таярлаў бойынша сәўбетлер ҳәмде китапқумарлық күнлериниң өткерилиўи күтилмекте.

Өзбекстан Республикасы Туризм комитети “Жаслар туризми айлығы” шеңберинде 7 жастан 30 жасқа шекемги жастағы оқыўшы, студент ҳәм жасларды елимиздиң дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат етиўге шақырады.

Дерек: @uzbektourismofficial

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
✈️ Үргенишке пәрўаз ететуғын жолаўшылар дыққатына!

Үргениш халықаралық аэропорты 20-июльден 7-августқа шекем реконструкциялаў себепли ўақытша жабылыўы мүнасибети менен, Үргеништен режелестирилген авиақатнаўлардың бир бөлеги Нокис аэропортына көшириледи.

Жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде “Uzbekistan Airports” тәрепинен Үргениш ҳәм Нөкис аэропортлары арасында автобус қатнаўы жолға қойылады.

ℹ️ Автобуслар қатнаўы ҳаққында қосымша мағлыўмат ушын Өзбекстан аэропортлары байланыс орайына хабарлассаңыз болады +998555014555

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қәдирли Ўатанласлар!

Гүллән халқымызды 20-июль күни саат 19:00 де пайтахтымыздағы орайлық амфитеатрда болып өтетуғын ϴзбекстан, Қарақалпақстан, Қазақстан, Татарстан, Тәжикстан халық артисти Фарруҳ Зокиров ҳәм өзиниӊ 50 жыллық дөретиўшилиги менен Орта Азияға белгили “Ялла” ансамблиниӊ концерт бағдарламасына мирәт етемиз.

Қадрли Ватандошлар!

Барчангизни 20-июль куни соат 19:00 да пойтахтимиздаги марказий амфитеатрда бўлиб ўтадиган Ўзбекистон, Қорақалпоғистон, Қозоғистон, Татаристон, Тожикистон халқ артисти Фарруҳ Зокиров ва ўзининг 50 йиллик ижоди билан Ўрта Осиёга таниқли «Ялла» ансамблининг концерт дастурига таклиф этамиз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында исбилерменлер ҳәм тийисли жуўапкерлерден ибарат делегация Башқуртстан Республикасына барды

Жўқорғи Кенгес Раиси раҳбарлигида тадбиркорлар ва тегишли масъуллардан иборат делегация Бошқирдистон Республикасига борди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Биринши ярым жыллықта Өзбекстанға 3,5 милионнан аслам сырт елли турист келди

2024-жылдың январь-июнь айларында 3,5 милионнан аслам сырт ел пуқаралары туристлик мақсетинде Өзбекстанға келди.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 415,6 ямаса 13,3% ға асты.

Туристлик ағымының тийкарғы бөлеги Қырғызстан – 1 миллионнан аслам, Тәжикстан - 1 миллион ҳәмде Қазақстан – 668 мың туристти қурайды.

Буннан тысқары, ТОП 10 көрсеткиште Қытай (28,7 мың), Ҳиндистан (28,2 мың), Қубла Корея (19,6 мың) ҳәм Италия (17,7 мың) мәмлекетлери орын алған.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
“Жаслар туризми ҳәптелиги” шеңберинде шегирмелер ҳәм акциялар еңгизиледи

Усы жылдың июль айында “Жаслар туризми айлығы” илажларының шөлкемлестирилиўи мүнәибети менен елимиздиң бәрше аймақларында улыўма аўқатланыў орынлары ҳәм жайластырыў орынларында көрсетилетуғын хызметлер ушын ыктыярый шегирмелер ҳәм акциялар еңгизилмекте.

Тийкарғы мақсет, жаслардың демалыс ўақтында мәўсимли льготалы туристлик пакетлери тийкарында республиканың дыққатқа ылайықлы орынларына саяхатларды шөлкемлестириў, ЖОО студентлери, мектеп оықыўшылары ҳәм мәҳәллеле жасларының саяхатларын шөлкемлестириў, майыплығы болған оқыўшы, студент ҳәм жаслардың республика бойлап саяхат етиўи ушын зәрүр шөлкемлестириў илажларды әмелге асырыўдан ибәрат.

Акция ҳәм шегирмелер ҳаққында толық мағлыўматларды төмендеги силтеме арқалы көрсеңиз болады:

Улыўма аўқатланыў орынлары
Жайластырыў орынлары

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин үйрениў

Сизден Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлериниң раўажланыўына бағышланған әҳмийетли иззертлеўде қатнасыўыңызды сораймыз. Сизиң жуўапларыңыз бизге бүгинги күнде мийманханалардың жағдайдын анықлаў ҳәм оларды қалайынша еледе жақсылаўды анықлаўда жәрдем береди.

Сораўнама аноним ҳәм сырлы тәризде өткерилмекте. Жеке мағлыўматлар талап етилмейди.

Сизиң үлесиңиз бизлердиң иззертлеўимиз ушын жүдә әҳмийетли.

Сораўнамада төмендеги силтеме арқалы қатнассаңыз болады👉 https://docs.google.com/forms/d/e/1FAIpQLSfPbLHIJPo4bQw6LrhFkiQi9T_X8CdTLDyjMMv6WnmLhc7yxA/viewform?usp=sf_link

Өзбекстан Мийманханалар ассоциациясы

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президентнинг Фарғона вилоятига ташрифи. Қўқоннинг биринчи хусусий олийгоҳи ва модернизация қилинган аэропорти. 7 миллиард долларлик инвестиция лойиҳалари.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў:
Президенттиң Ферғана ўәлаятына сапары.
Биринши жеке-меншик университет ҳәм модернизация қылынған Қоқан аэропорты.
7 миллиард долларлық инвестиция жойбарлары

Обзор важнейших событий за неделю: Визит Президента в Ферганскую область. Первый частный вуз и модернизированный аэропорт Коканда. Инвестиционные проекты на 7 миллиардов долларов.

Facebook|Instagram|X
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Буннан былай жолаўшылар Нѳкис автовокзалынан жөнелислерге ҳәрекетлениўши автобусларға билетлерди автовокзал кассаларына барып жүрместен «UzBus» қосымшасы арқалы сатып алыўына болады.

Яғный, бул қосымша арқалы жолаўшылар аймақларға  жүретуғын автотранспортлардың қайсы мәнзилге қандай ўақытлары барыў кереклигин билип ала алады ҳәм ѳзлерине қолайлы орын белгилеп, билет сатып алыўы мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги
Бүгин пайтахтымыздағы Көргизбе сарайында көркем өнер дөретиўшилер аўқамының ағзасы, художник Мурат Жаримбетовтың "Қыял" атлы көргизбеси өткериледи.

Басланыў ўақты саат 11.00де

Мәнзил: Нөкис қаласы, Бердақ гүзәры 52а

Каналға ағза болыў 👉 t.me/kar_anons