Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы
956 subscribers
5.74K photos
1.14K videos
10 files
3.31K links
Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы

Beb-sayt: www.karakalpakstan.travel
Facebook: facebook.com/turism.rk
Youtube: www.youtube.com/channel/UCuGjtyDO2d

E-mail: karakalpakstan@motas.uz
E-xat: tourismrk@exat.uz
61 222-31-16
Download Telegram
29-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының баслығы Гульбахар Изентаева Башқуртстан Туризм ассоциациясының баслығы, “Хазина Тур” кәрханасы баслығы Комил Сирожиддинов пенен ушырасты. Ушырасыўда дәслеп Қарақалпақстанның туристлик потенциалы ҳәм жаратылып атырған имкәниятлар ҳаққында мийманларға кең мағлыўмат берип өтилди. Буннан соң, келешекте Башқуртстан ҳәм Татарстан Республикаларынан елимизге туристлер ағымын жолға қойыў мәселелери талқыланды.

Илаждан соң мийманлар ушын Нөкис қаласы ҳәм Хожели районы бойлап инфотур өткерилди. Атап айтқанда, олар Мыздақхан тарийхый комплекси, Игорь Савицкий музейи, Қарақалпақ этно аўылы, “Дослық” каналы дем алыў мәсканы ҳәмде пайтахтымыздың инфраструктурасы менен танысты.

“Хазина Тур” кәрханасы 2007-жылы Уфа қаласында иске түсирилген. 17 жыллық тәжирийбеге ийе болған бул кәрхана бүгинги күнде Россия, АҚШ, Тайланд, БАӘ, Тунис ҳәм Европа мәмлекетлерине саяхатларды шөлкемлестирмекте.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇹🇷 Стамбулға пәрўаз етемиз

Бул қала нелери менен өзине тартады?
Миймандос халқы, таң қаларлы табияты, тарийхый орынлары ҳәм әжайып теңиз көриниси менен!

Нөкис қаласынан Стамбулға саяхат етсеңиз болады.

Авиабилетлерди www.uzairways.com сайты, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

_ _ _ _

🇹🇷 Истамбулга парвоз қиламиз

Бу шаҳарнинг нимаси жозибали?
Меҳмондўст халқи, ҳайратланарли табияти, тарихий жойлари ва денгиз манзаралари билан!

Нукус шаҳридан Истамбулга саёхат қилишингиз мумкин.

Авиачипталарни www.uzairways.com сайти, мобил иловада, Uzbekistan Airways Sales филиалида ёки авиакомпания агентларидан харид қилиш мумкин.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Туризм комитети жанындағы “Миллий PR орайы” МУК тәрепинен Өзбекстанның Россия Федерациясындағы елшиханасы менен биргеликте “Russian Traveler” журналында Өзбекстанның бай мәдений мийрасы ҳәм туристик потенциалы ҳаққында арнаўлы саны жәрияланды.

Онда Қарақалпақстанның да бир қатар дыққатка ылайықлы орынлары, атап айтқанда Хожели районында жайласқан “Мыздақхан” тарийхый комплекси, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Игорь Савицкий, Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейлери, Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи ҳаққында сөз етилген.

Мағлыўмат орнында, “Russian Traveler” журналы Россияның жетекши туристлик басылымы болып, социаллық тармақлардағы аудиториясы 2 миллионды қурайды. Журналдың рәсмий сайтын болса ҳәр айда 4 миллионға жақын адам бақлап барады.

👉
t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Филиал жәмәәти ушын Мойнақ районына саяхат шөлкемлестирилди

Соңғы жыллары елимизде туризм тараўын, әсиресе, ишки туризмди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда ишки туризмди жолға қойыўда тарийхый орынлар, зыярат орынлары, Арал теңизине, Нөкис қаласы ямаса иске қосылған санаат карханаларына саяхатлар шөлкемлестириўде нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Бүгин 5-июль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен филиал жәмәәти ушын Мойнақ районына саяхат шөлкемлестирилди. Саяхат қатнасыўшылары районның дыққатқа ылайық орынларын тамашалады.

Дерек: @uzdsminf_24

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
АНОНС

🏛 7-июль күни Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Ашық есиклер күни ҳәмде "Мыздақхан табылмаларынын тарийхынан" атлы көргизбе болып өтеди.

Каналға ағза болыў: t.me/kar_anons
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Миймандослық ҳәм сыпайылық – туристлерде унамлы тәсир қалдырыўдың тийкары

Туризм тараўында хызмет көрсетиў жөнелисин раўажландырыўда инсән факторы жүдә әҳмийетли орын тутады.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
✈️ 6-июльден баслап 31-июльге шекем Нөкис-Стамбул-Нөкис авиақатнаўы ушын төмендеги жүк нормасы қолланылады:

Эконом класс - 40кг шекем
Бизнес класс - 45кг шекем

Авиабилетлерди www.uzairways.com сайты, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

👉 t.me/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өз жумысына баслады.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Манғыстаў областы ҳәкими Қилыбай Нурдәулет Игилик улы басшылығында еки ел жуўапкерлери ҳәм исбилерменлери қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы тарийхый тийкарға ийе қатнасықлар өз ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи еки мәмлекет басшыларының келешек ушын тийкар жаратыў жолында алып барып атырған әдил сиясаты себепли әмелге асып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың итибары Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда инвестиция орталығын жақсылаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформаларға, сондай-ақ, Қарақалпақстан менен саўда байланысларын беккемлеў ҳәм кеңейтиўге каратылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter