"Шахтемир" жаслары
89 subscribers
3.04K photos
367 videos
49 files
1.43K links
Download Telegram
#Сиз_ушын💛

🔘 Есиңде тут: уллы мухаббат пенен аты-шуўлы жетискенликтиң астарында зор тәўекел тур.

🔘Жеңилген жерден алған сабағыңды түйип қой.

🔘 Өзиңди сыйла, өзгени сыйла. Барлық ҳәрекетиңе жуўапкер бол.

🔘Есиңде болсын: базыда қәлеўиңе қол жеткизе алмаў - барып турған сәтлилик.

🔘Қағыйданы муқыят ядла: оны ылайықлы дәрежеде буза алыўың жеңил болады.

🔘 Жол қойма: майда-шүйде урыс-керис дослыққа зыянын тийгизбесин.

🔘 Қәтелик ислесең, оны дүзетиўге тырыс.

🔘 Күнделикли азмас ўақтыңды жалғызлыққа арна.

🔘 Ашық бол, өзгериўге бейим бол, бирақ өмирлик устанымыңды шашып алма.

🔘 Есте сақла: гейде үндемеў - ең утымлы жуўап.

🔘 Өмирлик жолдасың менен урыс-керисип қалсаң, тек бүгингини сөз ет, өткенди еске алма.

🔘Өз билимиң менен бөлис. Мәңгиликке апарар жол усы ғана.

🔘Ана-Жер, Тәбиятқа мийримли бол.

🔘Жылына бир рет ҳешқашан табаның тиймеген жерлерге  барыўға әдетлен.

🔘Жетискенлигиңди оған жетиў
ушын қандай қурбанлық ислегениң менен баҳала.

🔘Муҳаббат пенен аспазлықта жалтақлық болмаўы тийис.


👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Пикирлериңизди гүзетип барың - олар сөзлерге айланады.

Сөзлериңизди гүзетип барың - олар ҳәрекетлерге айланады.

Ҳәрекетлериңизди гүзетип барың - олар әдетлерге айланады.

Әдетлериңизди гүзетип барың - олар характерге айланады.

Характериңизге итибар бериң - бул сизиң тәғдириңизди белгилейди.

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Ҳақыйқый ер адам:

• ата-анасын разы етиў ушын барын береди;

• шаңарағын өзи тәмийинлейди, өзи бағады;

• шаңарақтағы ер адам ететуғын ислерди қатаң өз мойнына алады;

• керек ўақытта салдаманлы, керек ўақытта ҳәзилкеш бола алады;

• сөйлеген сөзине жуўап бере алады;

• айттыма-орынлайды, ўәде бериўи шәрт емес;

• ата-анасын алақанында абайлап-асырайды;

• ҳаялы ҳәм перзентлерине мийирбан болады;

• ҳаялын жат ер адамлардан қызғанады;

• мийирди де, қәҳәрди де өз орнында ислетеди;

• ҳаяллардың жумысына мурнын тыға бермейди;

• ҳәр нәрсени сөйлей бермейди;

• нашар адамға аўыр жүк көтертпейди;

• ҳеш қашан өсекке жақынламайды, өсек сөзлерди еситпейди;

• көше қапысы қағылса, өзи барып ашады. Ҳаялына яки қызына барып қапыны аш, демейди.

• ҳаялының шаңарағынан ҳеш нәрсе дәметпейди.

• ҳаялының ақшасын жумсамайды;

• тек ғана ҳаялы менен емес, бәлким ҳаял заты менен гәп таласып, отырмайды...

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Адамлар 4 түрли болады:
Ашкөз, қызғаншақ, кеңпейилли ҳәм сақый.

1⃣ Ашкөз - өзи де жемейди, биреўге де бермейди.

2⃣ Қызғаншақ - өзи жейди, биреўлерге бермейди.

3⃣ Кеңпейил - өзи де жейди, өзгеге де береди.

4⃣ Сақый - өзи жемей, өзгеге береди.

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

🔹Балаларыңыз бенен өзиңиз отырмасаңыз олар менен басқалар отырады.

🔹Балаларыңыз бенен өзлериңиз сәўбетлеспесеңиз, олар менен басқалар сәўбетлеседи.

🔹Балаларыңыз бенен өзлериңиз дәртлес болмасаңыз, оларға басқалар дәртлес болады.

❗️Балаларыңыз излейтуғын адам өзиңиз болың, олар басқаларды излемесин.

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Турмыс – ең жақсы муғәллим, ол сөйлей алмаса да жақсы түсиндиреди.
Турмыс – әдил төреши, онда ҳеш ким бузып ойнай алмайды.
Турмыс – уста тәрезиши, неге ылайық болмаңыз тек соны береди.
Турмыс – сондай қосықшы, адамларды қәлеген намасына ойнатады.
Турмыс – ақыллы данышпан,
сизге не жақсы, не жаман екенин еслетип турады.

Турмыс – бахыт ҳәм бахытсызлық...
...арзыў ҳәм әрман...
...муҳаббат ҳәм жек көриў...
...ҳүрмет ҳәм иллет...
...дана ҳәм надан...
...ақыбет ҳәм ғәплет киби жуплардың жыйындысы...

Турмыс – баҳаларыңыз жыйналып туратуғын күнделик...
...Ақырында баҳаларыңызға қарап я жәннет, я дозаққа жолланба аласыз...
Турмыс – кишигирим қыйтақ жер, оған қәлесеңиз гүл егесиз...
...қәлесеңиз тикензарға айландырасыз...

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Ҳеш ойлап көргенсиз бе?

Мал-дүньямыз артты, бирақ кеўил тынышлығымыз жоғалды.

Китапты аз оқыймыз, көп телевизор көремиз.

Көп сөйлеймиз, аз итибар беремиз.

Пул табыўды үйрендик, жумсаўды еплей алмадық.

Жобалар дүземиз, нәтийжелер көринбейди.

Танысларымыз көп, ҳақыйқый досларымыз аз.

Табысларымыз көп, негедур қуўанышымыз аз...

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Өмирдиң 14 ҳикмети

1. Инсан өмириндеги ең улкен душпаны оның өзи.

2. Инсан өмириндеги ең улкен ақмақлық жалған.

3. Инсан өмириндеги ең үлкен жеңилиў бул менменлик.

4. Инсан өмириндеги ең улкен қайғы көре алмаўшылық.

5. Инсан өмириндеги ең үлкен қәтелик өз өзин аңлай алмаўы.

6. Инсан өмириндеги ең үлкен айып бул жақсылықты билмеўи.

7. Инсан өмириндеги ең үлкен өкиниў өз қәдир-қымбатын кемситиўи.

8. Инсан өмириндеги ең үлкен байлық саламатлық ҳәм ақыл.

9. Инсан өмириндеги ең үлкен айралық үмитсизлик.

10. Инсан өмириндеги ең үлкен қарыз пәк сезимлер.

11. Инсан өмириндеги ең үлкен саўға адамгершилик.

12. Инсан өмириндеги ең үлкен кемшилик түсинбеўшилик.

13. Инсан өмириндеги ең үлкен жубаныш саўап ислер.

14. Инсан өмириндеги ең үлкен сезим өз-ара ҳүрмет.

👉 https://t.me/shaxtemir
#Сиз_ушын💛

Узақ жас көриў ушын биз әмел ете бермейтуғын пайдалы мәсләҳәтлер:

•Телефонда шеп қулақта сөйлесиң;

• Бир күнде еки рет кофе ишпең;

• Таблетканы суўық суў менен қабыл етпең;

• Саат 17:00 ден кейин тойып аўқатланбаң;

• Аўқатланыў рационыңызда майлы тамақларды азайтың;

• Азанда көбирек кеште кемирек суў ишиң;

• Қол телефонлары қуўатлағышынан (зарядник) узағырақ болың;

• Телефон арқалы узақ сөйлеспең;

• Уйықлаў ушын ең жақсы ўақыт кешки 22:00 ден азанда 06 :00 ге шекем болып табылады

• Медициналық емлеўден кейин дәрриў уйқыға жатпаң;

Енди бираз ойлап көриң, сизиң турмысыңыз қандай өтпекте, жақынларыңыздики ше..?

👉 https://t.me/shaxtemir