Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#тәрбия

    Шаңарақ қурғанларға бахытлы шаңарақ ўәкиллеринен нәсиятлар

    Ҳәй ерли-зайыплар, муҳаббатыңызды даўамлы қылатуғын ҳәм де араңызда жақсы көриўди пайда ететуғын әмеллер:

ашық жүзли болыў;
сөзди шырайлы қылыў;
жақсылықты тән алыў;
жақсы гүманда болыў;
сыр сақлай алыў;
мәсләҳәтлесиў;
жағдайды итибарға алыў;
мүләйимлик пенен нәсият етиў;
сәлемди көбейтиў;
көп шағым етпеў ҳәм көп дәкки бермеў.

    "Шаңарақ — бахыт-саадат мәканы".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🙄 ШАҢАРАҚ ҚАШАН БУЗЫЛАДЫ? БИЛЕСИЗ БЕ?

✔️ Шаңарақ – қашан үйимизде жасап атырған жақынларымыздан көре басқалар ҳаққында көбирек қайғырып баслаған ўақтымызда бузылады.

✔️ Шаңарақ – қашан әпиўайы танысларымыз ҳәм досларымыз ушын түрли отырыс, кешелерди режелеп, түрли қутлықлаўларды жазып, ҳәр күни шаңарағымызды ҳүрмет етиўди умытсақ бузылады.

✔️ Шаңарақ – қашан шырайлы ыдысларды, кеселерди мийманларға шығарып, ал үйдегилеримизге шети сынған ыдыслар болса бузылады.

✔️ Шаңарақ – қашан басқалардың кеўлин алыў, разы етиўге ҳәрекет етип, анамызға хызмет етиўды бийҳуўда ис деп билгенимизде бузылады.

✔️ Шаңарақ – қашан досларымыз арасында яки социаллық тармақларда шаңарағымызға болған меҳир-муҳаббатымызды көз-көз етип, үйде бир кесе суў алып келиўге жарамағанымызда бузылады.

Шаңарақ – инсан ушын ең үлкен байлық. Солай екен, келиң оларға ғамхорлық етейик!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🎚 (Перзент) тәрбиялаў иси бурыннан қыйын болған ҳәм және де қыйынласты. Себеби, ҳәзирги ўақытта тәрбия шаңарақ, интернет, ғалаба хабар қураллары ҳәм жақын дослар арасында шерик болып қалды. Сол себепли де ата-аналардың тәсири баланы орап турған барлық тәреплерден күшли болған жоқары хабардарлыққа ҳәм түрли усылларға ийе болыўы керек болады. Кери жағдайда, олар жеңилип қалады. Себеби, интернет ҳәм түрлы (перзенттиң керексиз) дослары менен жақын сәўбети жақсы нәтийжелерге алып келмейди.

© Доктор Жасим Мутаўўаъ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тәрбия

    Ғәзеп етип, ашыўыңыз шыққан ўақытта перзентлериңизди ғарғап жибериўден абайлы болың. Олардың ҳақына тек ғана жақсы дуўа қылың. Сөзиңизди мудамы шийрин қылыўға ҳәрекет етиң. "Аллаҳ ҳидаят берсин! Аллаҳ жағдайыңды жақсыласын!" деп туўрылықты ҳәм жақсылықты сораң. "Аллаҳ сени күйдирсин, Аллаҳ жазаңды берсин", деген жаман дуўалардан сол жақсы. Сиздиң тилиңиз шийрин болса, балаларыңыз да сол тәрбияда ер жетеди.
    Сондай-ақ, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мал-мүлик ҳәм перзентлер ҳақына жаман дуўа қылыўдан қайтарған. Себеби сол сөзиңиз дуўалар қабыл болатуғын ўақытқа туўры келип қалса, Аллаҳ оны қабыл етеди ҳәм өзиңиз зыян көресиз.

    "Шаңарақ бахыт-саадат мәканы"

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#тәрбия

🌙 Перзент тәрбиясындағы қәтелердиң ақыбетлери:

🔹 Перзентиңиз көп өтирик сөйлейди ме? Демек, сиз оны ҳәдден тысқары қатты есап-санақ қылып, тергейсиз.

🔸 Перзентиңиз өзине исенбейди ме? Демек, сиз оны хошаметлемейтуғын екенсиз

🔹 Перзентиңиз сөйлесиўди билмейди ме? Демек, сиз ол менен сәўбетлеспейтуғын екенсиз.

🔸 Перзентиңиз урылық қылады ма? Демек, сиз оған саўға ҳәм инамлар бермейтуғын екенсиз.

🔹 Перзентиңиз қорқақ па? Демек, сиз оны көп қорғайтуғын екенсиз.

🔸 Перзентиңиз басқаларды ҳүрмет етпейди ме? Демек, сиз ол менен бәлент даўыста сөйлесер екенсиз.

🔹Перзентиңиз мудамы ғәзепленеди ме? Демек, сиз оны мақтамайтуғын екенсиз.

🔸 Перзентиңиз сықмар ма? Демек, сиз ол менен шерик болмас екенсиз.

🔹 Перзентиңиз басқаларға зулым етеди ме? Демек, сиз мудамы қопал мәмиле қылар екенсиз.

🔸 Перзентиңиздиң өзлигин аңлаўы күшсиз бе? Демек, сиз оған удайына дәкки бериў менен мәмиле қылар екенсиз.

📖 Доктор Ториқ ал-Ҳабибий.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Тәрбия

    Ҳәй ерли-зайыплар!

    Көп ашыўланыў, удайына жаманлай бериў, егер билип турып қылынбасада, ҳәр қандай нәрсениң ләззетин кетиреди. Бир-бириңиздиң жақсы ислериңизди мақтаң. Айыплардан көз жумың. Шырайлы сөздиң мысалы гилт сыяқлы. Ол менен әтирапыңыздағы адамлардың қәлбин ашасыз.

  "Шаңарақ бахыт-саадат мәканы"

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тәрбия

    Урыў баланың денеси, ақылы ҳәм руўҳына көп зыян жеткизеди. Кыямет күнинде Аллаҳ тааланың алдында жеткизген бул зыянларыңыз ушын қандай жуўап бересиз?!

"Шаңарақ бахыт-саадат мәканы"

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz    
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тәрбия

🙄 Имам ибн Кәсир раҳматуллаҳи алайҳ айтады:

"Балаларға жететуғын берекет, кеңшиликлер ата-бабаларының (жақсы) әмеллери менен болады. Ал, ата-бабаларға жететуғын берекет, кеңшиликлер перзентлердиң дуўалары менен болады".

📖 "Ал-бидая ўан-ниҳая" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Ата-ананың перзент тәрбиясындағы орынлары:

🔹 Перзент 5 жастан 8 жасқа шекем өмириндеги тийкарғы адам анасы, әке оған жәрдемши саналады.

🔸 Ал, 8 жастан 12 жасқа шекем ата-ана тең, бирдей дәрежеде болады.

🔹 12 жастан 16 жасқа шекем әке тийкарғы орында, ал ана жәрдемши ўазыйпасында болады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

1. Дене тәрбия.
Баланың денеси саламат тәризде үлкейип, раўажланыўы ушын зәрүр болатуғын пуқта ислеп шығылған, тең салмақлы аўқатланыў тәртиби сыяқлы барлық талапларды тәмийнлеў.

2. Саламатлық тәрбиясы.
Балаға ден-саўлықты сақлаўда, тийкарғы санитария-гигиена ислеринде лазым болған нәрселерди тәлим бериў, керекли дәри-дәрманлар менен тәмийнлеў, саламатлық ушын зәрүр усылларды үйретиў.

3. Ақылый тәрбия.
Баланы мәдениятлы қылыў ҳәм тәлимине итибар қаратыў ҳәм де ондағы жасырын қәбийлетлерди шығарыў ҳәм раўажландырыў ушын излениў.

4. Руўхый, психологик тәрбия.
Баланың турмысына сәйкес болған қоршаған орталықты жаратыў ҳәм оның өзине болған исенимин көтериў, күшейтиў.

5. Социяллық тәрбия.
Баланың социяллық байланыслары ҳәм дослары менен байланысы, мүнәсибетлеринде өзин қандай тутыўын гүзетиў ҳәм қәтелер жүзеге келетуғын болса, өз орнында туўрылаў.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

     Ҳәр исти өз ўақты - сәтинде исле. Кеше ерте еди, ертең кеш болады.

     Ҳеш қашан "ўақтым жоқ" деме. Бәрше уллы инсанларға да бир күнде 24 саат берилген, оннан көп емес.

     Илимли болыў ушын 10 түрли китап оқып шығыўдың өзи жеткиликли. Бирақ, сол 10 китапты табаман дегенге шекем 1000 түрли китапты оқып шығыў керек.

     Ҳәзирги ўақытта сизде бар болған нәрсеңизди қәдирлең.

     Бизиң турмысымыз - өзимиздиң таңлаўларымыздан ибарат: ушыратқан инсанлар, досларымыз, ўақтымызды бирге өткерген таныслар, оқыған китап-журналлар, ойлаған ой, қыялдағы пикирлерден турады.

     Кешеги күниңди бүгин тәкирарлап, өз имканиятларыңды набыт етпе.

      Адамның қандай тезликте ҳәрекетленип атырғаны әҳмийетли емес. Баслысы ол ҳәрекет етиўден тоқтап қалмаўында.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#аят #тәрбия

АЛЛАҲ ТААЛА ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ ПЕРЗЕНТ АТА-АНАНЫ ҚАЛАЙ ҲҮРМЕТЛЕЎ КЕРЕК ЕКЕНИН ӨЗИ ҮЙРЕТКЕН

   Аллаҳ таала мөмин-мусылман перзентлер ата-анасын қалай ҳүрмет етиўи керек екенин баян етип айтады:
   «Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет» (Исро сүреси, 24-аят)

   Қанат – ушыў ҳәм көтерилиў себепшиси. Аллаҳ таала бизлерге мысал ретинде мынандай деп буйырып атыр: Ата-анаңыздың алдында сизди басқалардың алдында уллылап турған себеплерди пәслетиң:

🔷Ҳәмелиңиз болса, естен шығарың;

🔷Бай болсаңыз, кәмбағал сыяқлы турың;

🔷Жолбасшы болсаңыз, умытың;

🔷Дәрежеңизди билдиретуғын медалларыңыз болса, шешип қойың;

🔷Шешен болсаңыз, үндемей турың…

   Ата-аналарымыздың алдында әпиўайы перзент болайық.


    «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл» (Исро сүреси, 24-аят)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🙄 Имам Шаўканий айтады:

"Егер бир адамның өз шаңарағы менен мәмилесинде жаман минезли, қопал ҳәм жақсылығы аз екенин, керисинше, шаңарағынан басқалар менен мәмиледе жумсақ фейил, минез-қулқы жақсы, шийрин сөзли болып атырғанын көрсеңиз, ҳеш бир гүмансыз, бул кимсе Аллаҳтың таўфиқынан маҳрум болғанын, ҳақ жолдан адасқанын билиң. Аллаҳ таала бундай иллетлерден сақласын!".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🙄 ӨЗ АРА ҲҮРМЕТ — ШАҢАРАҚТЫ БЕККЕМ ҚЫЛАДЫ

🥴 Дүньядағы ең ақмақ (надан) еркек — көпшиликтиң алдында өз ҳаялын жерге урып, оның кемшиликлерин ҳәммениң алдында айтыўшы ҳәм бәрқулла ҳаялының үстинен шағым етип жүриўши еркек.

🥴 Дүньядағы ең надан ҳаял — өз перзентлериниң алдында күйеўиниң қәдир-қымбатын аяқ асты етиўши ҳәм перзентлерин әкесине қайраўшы ҳаял...

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

Шаңарағының имканияты көтереди (қурбы жетеди) деген сылтаў менен бәрше талап ҳәм қәлеўлери әмелге асатуғын бала қайсы бир орында мүмкин емес нәрселер бар екенин, қашан мал-мүлик сарпланады, қашан қылынбайды сыяқлы нәрселерди билиўден, үйрениў ҳәм оның жуўапкершилигин сезиўден маҳрум болады. Буның нәтийжесинде ол жетикликтен маҳрум болады. Себеби, ҳәдден артық еркелеў жеке ҳәм ақылый жетикликке нуқсан болады, кемейтип жибереди.

📖 "Арнаўлы тәрбия бағдарламасы" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🙄 ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛАРҒА!

Ҳаялыңыз үйде неге бақырады?
Көп еркеклер ҳаяллары үйде бәлент даўыста бақырыўынан шағым етеди. Бирақ, олар бул бақырыўлар қәлбте жасырынып жатқан туйғылардың белгиси екенин билмейди. Ҳаял адамның бақырыўына әдетте төмендегилер себеп болады:


• Мойнындағы жуўапкершиликтен қысылып кетеди;
• Сүйикли яр, әдепли, жақсы перзентлер, азада үй, жумысларында табыс күтип атырған болады;
• Туйғысызлықтан қыйналып атырған болады;
• Итибарсыз таслап қойылғаны ушын қысылады;
• Гормонал өзгерислерди бастан өткизип атырған болады;
• Кеўли шөккен болады, сиз ол менен бахытлы екениңизди, ол сизге жеткиликли екенин билдирмеген боласыз;
• Сиз бүгин күниң қандай өтти, – деп сорамаған боласыз;


Билесиз бе, бул сораў бәрше шаршаўларды шығарып жибереди. Қәлбине қәтержамлық ҳәм тынышлық жибереди. Тынымсыз узақ мүддет үйде отырыў гейде ҳаялды қысып қояды. Ал, сиз бул жағдайға түсиўине жол қоймаўыңыз керек. Кеўилди ашатуғын қандай да бир ис қылың. Саўға бериң. Саўға муҳаббатты арттырыўы менен бир қатарда руўхты азықландырыўға да хызмет етеди. Нәтийжеде ол сизге ҳәм перзентлериңизге меҳир береди. Тек ғана оның орны бар екенин билдирип қойсаңыз болды. Жақсы сөзлер менен қәлбти ашың.

📕 Шайх Юсуф Хаттар Муҳаммад.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия

🔽 Бир саўдагер шайхқа жумыслары көплиги себепли балаларының тәрбиясы қыйын болып атырғанынан шағым қылды:

🔘 Шайх айтты:
Балаларыңа Қуранды үйрет. Қуран оларды тәрбия қылады.

Оларға намазды үйрет. Намаз оларды қорғайды.

Оларды садақаға үйрет. Садақа оларды пәклейди.

Олардың ҳақына жақсылар сәўбетин табыўды сорап дуўа қыл. Себеби, оларға сәўбетлес тәсир қылыўшы.

Балаларыңыз мойныңыздағы аманат есапланады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тәрбия #ҳикмет

"Көп ғана шаңарақлық машқалалар Қураны кәриймнен күнлик ўирдин (күнлик оқыйтуғын ўазыйпасын) оқымаў ҳәм оның мәнилерин түсиниўден узақласыў нәтийжесинде жүзеге келеди. Шаңарақ ағзаларыңыз бенен Қураннан ҳеш болмағанда бир бетти биргеликте оқып, оның мәнилерин үйрениўге ҳәрекет етиң".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM