Paziyletuz | Рәсмий канал
62.9K subscribers
25.3K photos
3.5K videos
33 files
30.8K links
Download Telegram
#Сораў_жуўап

Сораў: Шәўўәл айында тутылатуғын оразаның бир күни жума (күни)не туўры келип қалса не ислеў керек?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәўўәл оразасын избе-из тутып атырғанда оразаның бир күни жума күнине туўры келсе, зыяны жоқ. Бирақ, Шәўўәл оразасын бөлип-бөлип тутып атырғанда тек ғана жума күнинде ораза тутыў мәкруҳ. Жума күниниң я алдынан, я артынан және бир күнди қосып (ораза тутылса), мәкруҳ болмайды. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#Сораў_жуўап

ҲӘДИСТЕ "АЙДА ҮШ КҮН ОРАЗА ТУТ" ДЕЛИНГЕН ЕКЕН. УСЫ ҮШ КҮН АЙДЫҢ ҚАЙСЫ КҮНЛЕРИ?

Сораў: Ҳәдислерде ҳәр айда үш күн ораза тутылса, жыл бойы ораза тутқан есапланады делинген. Сораўым, усы саўапты алыў ушын айдың қайсы күнлери ораза тутыў керек?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутып жүрсе, жыл бойы ораза тутқандай болыўы ҳәдислерде айтылған:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабары жеткизилди. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сиз буны қыла алмайсыз. Сол себепли, ораза да тутың, аўзы ашық та жүриң. Уйқысыз да болың, уйқылаң да. Айда үш күн ораза тутың. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, еки күн аўзы ашық жүриң", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, бир күн аўзы ашық жүриң". Бул Даўыт алайҳиссаламның оразасы ҳәм бул ең абзал ораза", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Буннан абзалы жоқ", деди" (Имам Бухарий рәўияты). Ҳәдислерде келген үш күн ораза тутыў айдың қайсы күнлерине туўры келиўи ҳаққында бир қанша ҳәдислер келген. Атап айтқанда:

Муаза разыяллаҳу анҳу айтады: "Айша разыяллаҳу анҳаға: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр айдан үш күн ораза тутар еди ме?", дедим. Ол: "Аўа", деди. Мен: "Айдың қайсы күнлери ораза тутар еди?", дедим. Ол: "Қайсы күн болыўына итибар берместен ораза тутатуғын еди", деди. (Имам Муслим рәўияты).

Имам Термизий ҳәм имам Насаий раҳматуллаҳи алайҳлар Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссалам оған (Әбиў Заррға) "Егер бир айда ораза тутсаңыз айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери тутың", деген. Солай екен, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутмақшы болса ықтыяр өзинде болып, айдың қайсы күнлери тутса да ҳәдисте айтылғанындай жыл даўамында ораза тутқандай болады. Сондай-ақ, Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте баян етилгениндей қамарий айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери ораза тутса, және де абзал есапланады. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап
#әҳмийетли

Инсан қайтыс болғанынан кейин оның кийимлерин тарқатып жибериў керек пе?

🕌 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты,  Нѳкис қаласы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жаме мешити имам-хатиби

🎙 Жолаўшиев Айбек

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап
#әҳмийетли

Дуўа қылған ўақтымызда не ушын қолларымызды жүзимизге сүртемиз?

🕌 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты,  Нѳкис қаласы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жаме мешити имам-хатиби

🎙 Жолаўшиев Айбек

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап
#әҳмийетли

ТҮНДЕ ТЫРНАҚ АЛЫЎҒА БОЛА МА?

🕌 Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты,  Нѳкис қаласы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жаме мешити имам-хатиби

🎙 Жолаўшиев Айбек

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

🙄 МӘС ҲӘЛДА ҲАЙЎАН СОЙЫЎДЫҢ ҲҮКИМИ

Сораў: Бизлерде қассаплар мәс ҳалда жанлық сояды. Буның ҳүкими қандай болады?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Егер сиз айтқан қассаптан басқа қассап болмаса ҳәм бул адам мәс ҳалда жанлық сойып атырған ўақытта сойыўдың қағыйдаларын, тәсмия ("Бисмилләҳи, Аллооҳу әкбәр")ди түсинип толық айта алса, сойған жанлығын жеў мүмкин. Егер сойыў қағыйдаларын аңлай алмайтуғын дәрежеде болса, ол сойған ҳайўанды жеў дурыс емес. Улама Касаний раҳимаҳуллаҳ бул ҳаққында былай деген: "Сойыўшыдағы шәртлерден бири оның ақыллы болыўы. Соған көре, (ҳайўанды) шәрий сойыўға ақылы жетпейтуғын жас баланың жилли ҳәм мәс адамның шалған ҳайўанын жеп болмайды. Егер жас бала шәриятқа муўапық соя алатуғын болса, оның сойған ҳайўанын жеў ҳадал. Мәс адамның ҳүкими де сондай" ("Бадаиъус санаеъ" китабы).
Имканият дәрежесине қарап, пәкизе, ҳадал-ҳарамның парқына баратуғын, сойыў исин жақсылап үйренген қассапларға ҳайўан сойдырыў тийис.
Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап

🙄 ҚӘБИРСТАНДА АЎҚАТ ПИСИРИП ЖЕЎ МҮМКИН БЕ?

Сораў: Қәбирстанда аўқат писирип жесе бола ма?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Қәбирстанға барған адам сол жерде жатқанлардың ҳалынан ҳәм өзи де бир күни келип олардың қатарына қосылыўын ойлаўы керек. Олардың ҳақларына дуўа етиўи, истиғфар айтыўы мақсетке муўапық. Қәбирстан – жеп-ишетуғын, ойын-күлки қылатуғын, орын емес. Ҳәтте, ол жерде бәлент даўыста бақырыўдан да қайтарылған. Адамлар топланып, жәмәәт болып, зыяпат уйымластырыўлар мүмкин емес.
    Бурайда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Әлбетте, мен сизлерди қәбирлерди зыярат етиўден қайтарған едим. Енди зыярат етебериң. Өйткени, ол сизлерге ақыретти еслетеди!» Тағы бир рәўиятта: «Жаман сөз айтпаң!» деген. (Имам Муслим ҳәм Имам Термизий рәўиятлары).
    Муҳаммад әл-Хадимий әл-Ҳанафий «Бариқатул Маҳмудия» китабында айтады: «Қәбирлер алдында жеп-ишиў мәкруҳ есапланады. Сондай-ақ, күлиў де мәкруҳ. Себеби, усы сыяқлы жерлер өрнек алыў, ақыретти еслеў орны. (Қәбирстанда) аўқатланыў ҳәм күлиў болса, ақыретти еслеўге кери келеди. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап

Қәбирстанға қай тәризде барылса жақсы?

   Дүньялық сөзлерди сөйлемей, күлмей, тасбиҳ ҳәм таҳлил айтып, мәйитке Аллаҳтан мағфират тилеп барылса жақсы.

Қәбирстанда қай тәризде жүриледи?

  Тап тирилердиң арасында жүргендей кишипейиллик ҳәм әдеп пенен, ҳеш бир қәбирди баспай, өзи де ўақты келип олардай қәбирстанға келип жерленетуғынын, ол жерде болатуғын сораў ҳәм есапларды, қыямет күнин, жәннет ҳәм дозақты есине алып, терең ой жүритеди. «Аллаҳым, усы мәйитлерге рейим ет ҳәм гүналарын әпиў ет, мен әззи бендеге таўфиқ ҳәм ҳидаят берип, жақсы әмеллер қылыўды несип ет. Ҳәмме гүналарымды кешир», деп кеўлин жумсартып, көп дуўалар қылыўға қатты ҳәрекет етеди.

Қәбирлер қасына барып жеткеннен соң не қылынады?

   «Әссәәләму аләйкум йәә әҳләд дийәәри роҳималлооҳул мустақдимийнә миннәә ўәл мутә-әххирийна миңкум. Әңтум ләнәә сәләфун ўә наҳну ләкум холәфун ўә иннәә иншәә Аллооҳу бикум лааҳиқуўн нәс-әлуллооҳә ләнәә ўә ләкум аафияҳ».

Мәниси: «Ҳәй қәбирстан әҳли, сизлерге Аллаҳ тааланың сәлеми болсын, Аллаҳ таала дүньядан әўел кеткен сизлерге, кейинде қалған бизлерге рейим қылғай. Сизлер бизлерден алдынғы адамларсыз, бизлер соң қалған адамлармыз, әлбетте,  бизлер де сизлерге жолығамыз. Аллаҳ тааладан өзлеримиз ҳәм сизлер ушын саламатлық ҳәм тынышлық тилеп қаламыз».

Қәбирстанға бармастан үйде ямаса мешитте оқып бағышланған Қуранның саўабы оларға жете ме?

Әлбетте, жетеди.


📖 "Ибадати Исламия" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап

🙄 Суўға қол тығып көриў суўды напәк қылып қоймайды ма?

СОРАЎ: Ғусыл (шомылыў) ушын таярланған суўға қолды тығып көриў менен суў напәк болып қалмайды ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Суўға қол тығылған жағдайда егер қолда нажасат болмаса, бундай суў пәк есапланады. Ол менен таҳәрат, ғусыл қылыў да, бундай суўды ишиў (пайдаланыў) де мүмкин болады. Имам Фахруддин Қазихан "Фатаўаи Қазихан" китабындай былай деген: "Таҳәратсыз ямаса жунуб адам суў алыў ушын қолын ыдысқа тықса ҳәм қолында нажасат болмаса, суў напәк болмайды". Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап

CОРАЎ: ҚҮРБАНЛЫҚ ҚЫЛЫНАТУҒЫН ҲАЙЎАН НЕШЕ ЖАС БОЛЫЎЫ КЕРЕК?

💬
ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Қурбанлық қылынатуғын ҳайўан егер қой болса, ең кеминде бир жас, мал болса, ең кеминде еки жас, түйе болса, ең кеминде бес жас болыўы лазым. Тек қой алты айлық болып денеси бир жас қойдың денеси сыяқлы үлкен болса, сол алты айлық қойды да қурбанлық қылыў мүмкин. Сол ҳайўанлардың еркегин де, урғашысын да қурбанлық қылыў мүмкин (Әл-Фәтәўа әл-Ҳиндия). Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#сораў_жуўап

СОРАЎ: Қурбанлық қылмақшы адам курбанлық қылмастан оның пулын садақа қылса да болады ма?

💬
ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Қурбанлықтың орнына оның ақшасын садақа қылыў дурыс емес. Себеби, бул ибадат қан шығарыўға байланыслы.
Бул ҳайыт күнлери инсан қурбанлық қылыўдан да саўаплырақ әмелди орынлай алмайды.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “(Көп)Гүмис тенгелерди биреўге садақа қылыў, сол ҳайыт күни қурбанлық қылыўдың пазыйлетине тең бола алмайды”, деди. Уаллоҳу аълам.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

    Сораў: Егер қурбан ҳайытында қурбанлық қылып атырған адамның биреўден қарзы болса, қурбанлығы қабыл болмайды ма?

    💭Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Қурбанлық нысаб муғдарындағы мал-мүликке ийе адамға ўәжиб болады. Қурбанлық қылмақшы болған адам қолындағы қаржыдан қарызларын ажыратып таслайды, қалған пулы нисабқа жетсе, қурбанлық қылады. Жетпесе қылмайды. Қурбанлық қылмақшы болған адам биринши қарызын берип қутылғаны мақсетке муўапық. Бирақ, еле төлеў мүддети келмеген қарызлары болса, бул қурбанлықтың қабыл болыўына зыян қылмайды. Ўаллоҳу аълам.

    Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

 Сораў: Мен ғам-қайғыдан шығыўға шара таба алмай атырман, қандай дуўа оқысам болады?

 💬Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. «Ләə ҳаўла ўалә қуўўата илла биллаҳ» кәлиймасын көп айтып жүриң. Себеби Имам Табароний ҳәм Имам Ҳәким Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким: «Ләə ҳаўла ўалә қуўўата илла биллаҳ»ты айтса, тоқсан тоғыз дәртке даўа болады. Ең жеңили ғам-қайғы», деген. Ўаллоҳу аълам.

    Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

🙄 ИСЛАМДЫ ҚАБЫЛ ЕТКЕН ИНСАН

 Сораў: Христиан дининдеги инсан Ислам динин қабыл етсе саўабы қандай болады? Өтиниш, сол ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.

 💬Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Ислам динин қабыл еткен инсанның алдынғы гүналары кешириледи ҳәм тап анадан жаңа туўылғандай гүнасыз болады. Саҳиҳ ҳәдиси шәрийфлерде китап ийелеринен ким Пайғамбарымызға ийман келтирип мусылман болса, еки есе, яғный алдынғы дини ҳәм Ислам дининиң саўабын алыўы баян етилген. Таўфиқ Аллаҳтан.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Сораў_жуўап

🙄БАСҚАЛАРҒА САЎАП БАҒЫШЛАСА, ӨЗИНДЕ ДЕ СОЛ САЎАП ҚАЛАДЫ МА?

 Сораў: Инсан саўаплы әмел қылып, өткенлерге бағышлайды. Мине, усы әмелиниң саўабы өзинде де қалады ма?

💭Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, өзине де саўап қалады. "Ҳашиятут Таҳтаўий" китабында былай делинген: "Әҳли сунна ўәл жәмәә нәзеринде инсан қылған әмелиниң саўабын басқа инсанға бағышлаўы мүмкин. Бағышланған инсан тири яки мәйит болыўының әҳмийети жоқ. Бунда әмелди қылған инсанның саўабынан ҳеш нәрсе кемеймейди. Имам Табараний ҳәм Имам Байҳақий Ибн Умар разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлерден бириңиз нәпил садақа берсе, оның саўабын ата-анасына бағышласын. Сонда садақаның саўабы ата-анасына болады ҳәм өзиниң де саўабы кемеймейди", деген". Бул мәнидеги гәплер басқа дереклерде де келген. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM