Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

3-МӘСЕЛЕ: "Қурбанлық ушын қой, ешки, қара мал яки түйе сойылады. Қой ҳәм ешкини бир адам, сыйыр ҳәм түйени бир адамнан жети адамға шекем қурбанлық қыла алады".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

1-МӘСЕЛЕ: "Қурбанлық күнлеринде бай, муқим (сапарда болмаған), мусылман, ҳүр-азат болған ҳәр бир инсанға қурбанлық қылыў ўәжиб" ("Мухтасарул Қудурий" китабы). Қурбанлықты ўәжиб қылатуғын байлық – күнделикли турмыс ушын зәрүр нәрселеринен тысқары 85 грамм алтын ямаса оның муғдарындағы мал-мүликке ийе болыўы".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

2-Мәселе: "Қурбанлықтың ҳүкими – бул дүньяда ўәжиб (ибадат)ты орынлаў ҳәм ақыретте Аллаҳ тааланың кеңшилиги менен үлкен сый-саўапларға ийе болыў есапланады ("Ғиясия"). Қурбанлық, егер бәрше шәртлер табылса, еркекке де, ҳаялға да ўәжиб болады" ("Бадаеъ").

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

4-МӘСЕЛЕ: "Шақсыз қойды қурбанлық қылыў дурыс. Шақының бир бөлеги сынған қойды да қурбанлық қылыўға руқсат берилген. Бирақ, шақы түбинен сынған болса, қурбанлыққа жарамайды. Жилли қойды сол ўақытта от-жем жеп турған болса, қурбанлық қылыў мүмкин.
Қотыр қойды
қурбанлыққа сойыў ушын қотырлық гөшке өтпеген ҳәм соның менен бирге от-жем жеп турған болыўы шәрт. Кери жағдайда ол қой қурбанлыққа өтпейди ("Фатаўаи Аламгирийя" китабы)".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

5-МӘСЕЛЕ: "Еки көзи көр ямаса бир көзи көр ҳайўанды қурбанлық ушын сойылмайды" ("Мухтасарул Қудурий"). Түйе, қарамал, қой ҳәм ешкилердиң еркеги де, урғашысы да, пишилгени де, пишилмегени де қурбанлық ушын шалынса, дурыс бола береди ("Ал-Ҳидая" ҳәм "Ал-Фатаўаи Аламгирийя" китаплары). Арық қой соятуғын жерге шекем жүрип бара алса, қурбанлыққа жарайды. Жүрип бара алмаса, қурбанлыққа сойылмайды".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

6-МӘСЕЛЕ: "(Инсанға) қурбанлық ўәжиб болыўы ушын қурбанлық күнлериниң бәршесинде бай болыўы шәрт қылынбайды. Ал, усы күнлердиң әўелинде кәмбағал болған адам (қурбанлықтың) ақырғы күнинде байға айланса да, оған қурбанлық ўәжиб болады ("Фатаўаи Аламгирийя" китабы)".

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

7-МӘСЕЛЕ: Нанбайдың алдында зәкат нисабы (85 грамм алтын ямаса оның) муғдарындай бийдай яки ун яки дузы болса, оған қурбанлық қылыў ўәжиб болады. Ижара есесине адамлардың кирлерин жуўып бериўши адам (қассар)дың алдында зәкат нысабы муғдарындай сабын яки силти* бар болса, оған да қурбанлық ўәжиб болады ("Муҳийтул Бунҳаний" китабы).

* Майда унтақ ақ зат, ағаштың күлинен алынады.

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

8-МӘСЕЛЕ: "Бай адамның балағатқа жеткен перзентлери зәкат бериўге қәдир болмаса, оларға қурбанлық қылыў  ўәжиб болмайды. Балағатқа жетпеген жас баланың байлығы зәкат нысабына жетсе, оның мал-мүлкинен әкеси қурбанлық қылыўы ўәжиб болады" ("Ҳидая" китабы).

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

10-МӘСЕЛЕ: "Бир қойды сатып алып атырғанда, қурбанлық нийети болмаса, оны сатып, орнына басқа қойды сатып алып қурбанлық қылыў мүмкин. Қурбанлық нийети менен сатып алынған қойды сойып атырған ўақытта нийет етпесе де, қурбанлықтан есаплана береди. Себеби сатып алыў ўақтындағы нийеттиң өзи жетерли болады" ("Ўажиз лил-Кардарий").

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

11-МӘСЕЛЕ: Қурбанлықты биреўден зыяда қылыў мүмкин. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр жылы еки қошқарды қурбанлық қылар еди. Ҳудайбия питими күнинде жүз түйени қурбанлық еткен. Еки қойды қурбанлық қылса, ҳәр екеўи де қурбанлықтан есапланады. ("Муҳийти Сарахсий" китабы). Қурбанлыққа қымбат болса да, семиз ҳәм сыртқы айып-нуқсанлары болмаған қой (түйе, қарамал ҳәм ешки) сойылыўы тийис ("Ал-фәтәўа ал-Кубро").

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

12-МӘСЕЛЕ: "Қурбанлықтың ўақты үш күн: Зулҳижжаның оныншы, он биринши ҳәм он екинши күнилери. Ең абзалы биринши күни қурбанлық қылыў, кейин екинши, соң үшинши күни есапланады. Егер қурбан ҳайытының күнинде гүман болып қалса, қурбанлықты үшинши күнге кешиктирмеў мустаҳаб болады".

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

13-МӘСЕЛЕ: "Бир адам өз атынан қурбанлық қылыўға ўәсият қылған, бирақ қой ямаса қарамал яки түйе сойыўды тайын етпеген болса, оның атынан бир қойды қурбанлық қылынады ҳәм оның ҳәммеси садақа қылынады. Бирақ бир адам өз атынан қурбанлық қылыўға басқа адамды ўәкил қылса, лекин қандай ҳайўан екенин тайын етпесе, ол жағдайда оның атынан қурбанлық қылыў дурыс болмайды. Яғный, бул жағдайда ўәкил қылыўшыдан сорап, ол айтқан ҳайўанды сойыўы лазым болады ("Бадаеъ" китабы).

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбанлыққа_тийисли_мәселелер

14-МӘСЕЛЕ: "Як қарамалдың бир түри болғаны ушын, оны да қурбанлық қылыў мүмкин. Жыртқышларды қурбанлық қылыў дурыс болмайды. Егер бир ҳайўан жабайы ҳәм үй ҳайўанынан туўылған болса, анасына қаралады. Егер анасы үй ҳайўаны болса, үй ҳайўаны ҳүкиминде болады. Кери жағдайда жабайы есапланады ҳәм оны қурбанлық қылыў мүмкин емес".

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM