Paziyletuz | Рәсмий канал
63.1K subscribers
25.2K photos
3.47K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
​​#Рәўият

🌙 СЫРЛЫ ТӨСЕК

Бир күни азан менен әкем мени изледи. Дәрҳал жетип бардым.
Әссәләму алайкум! Аға, аўҳалыңыз жақсы ма? Көз тиймесин, бүгин бираз тетиксиз! Мени сораған екенсиз, - дедим әкемниң жүзине тигилип.
Мине, мына жерге отыр, балам. Гәпиме қулақ сал, саған айтатуғын бир-еки сөзлерим ҳәм тапсыратуғын айырым ислерим бар. Енди ўақты келди, соларды айтып алыўым керек. Мен ҳәзир алдынғыдай емеспен. Көрип турыпсаң, жатып қалдым. Күн сайын күш-қуўаттан қалып баратырман. Сөйлеўге де димарым жоқ, - деп гүрсинди әкем.
Әкемниң жүзи қансыз, еки шекеси ишине батқан, узақ дәрт шеккенинен жүдә ҳалдан тайған еди. Даўысы зорға шығады. Әкемниң қасына отырғаннан кейин, қолынан әсте усладым.
Балам, ҳеш кимди бул дүньяға байлап қойған жоқ. Кудайдың маған берген өмиринен разыман. Заҳидликке әмел қылдым. Саўлатлы үй қурмадым, даңғырлаған ҳәўли, машина, жер-мүлик сатып алмадым. Ҳеш кимнен қарызым да жоқ. Өмиримде ҳеш жалған сөйлемедим... Өзимди гүна ислерден сақладым. Үй-руўзыгерди ҳадаллық пенен тербеттим. Шүкир, ҳеш аш қалмадық. Бир өмир жақсылыққа талпынып жасадым. Аллаҳға шүкир, сендей солиҳ перзентти берди. Жумысың басыңнан асып атырған болса да, наўқас әкеңе пәруана болдың, түнлери кирпик қақпай, басымда отырдың. Дәри-дәрмақ әпердиң.

Әкемниң сөзлеринен ишим музлай баслады. Кеўлиме әлле қандай қәўетер өрлей баслады.
Сеннен Аллаҳ разы болсын! - деп жыйнап қойған пул қалтасын қолыма берип, тапсырды: Мен қәбирге қойылып атырғанымда, мине, мына астымдағы төсек пенен бирге көмиў есиңнен шықпасын! - деп ишара қылды жатқан төсегин сыйпалап. Буның үстинде нақ жигирма жыл жаттым. Аллаҳтың зикрин тилден тусирмей усы ҳалымда таат-ибадат пенен бәнт болдым. Аллаҳ сабырлылар менен бирге. Саған айтажақ болғаным усылар еди. Енди бизлер бир-биримизди жақсы тусинип алған болсақ керек. Мени есик-терезеси жоқ жаңа үй өзине шақырып атыр.

Тәғдир екен, әкем таң атарда аманатын Ийесине тапсырды. Песинге шекем жаназасы оқылып, қәбирстанға алып барылды. Соң ўәсияты бойынша төсекти жылап имамға көрсетип, әкемниң гәплерин айттым.
Аллаҳ сизге шырайлы сабыр берсин, балам. Тилекке қарсы, ашшы ҳәм аўыр болса да, ҳақыйқатты айтыўым керек. Өлим ҳақ, өткинши дүньяда ҳәммемиз аманатпыз.... Пәний дүньядан, бақый дүньяға сапар қылыўшыға дүнья буйымы керек емес! Әкеңиз заҳид, данышпан адам еди... Бул гәпи менен шын дүньяға ҳәттеки төсекти де алып кете алмаслығын билдирмекши болған. Мәниси сол, инсан ҳадаллық ҳәм ҳәрекет пенен көп неъматларға ериседи. Бирақ, ҳәммеси жер бетинде қалады. Аллаҳ әкеңизден разы болсын. Жайы жәннет бағларында болсын! Аллаҳ мийримине алсын! - деп дуўа қылды имам.
Имамның қысқа ўаз-нәсиятынан көпшилик қатты тәсирленип, муңайды. Тастай қатып қалдым, тилиме сөз де келмей, жылай да алмас едим.
Маҳшарда көрискенше, аға! - деп үйге ески төсекти алып қайтар екенмен, қашан өлемен дегенше әкем сыяқлы инсан болып жасаўға иш-ишимнен ант еттим.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рәўият #рамазан_жақынласпақта #рамазанның_пазыйлети

Рамазанда жақсы әмеллердиң саўабы бир нешше есеге көбейтип бериледи

Рамазан ҳаққында Салман Фарсыйдан рәўият қылынған узын ҳәдисте: «Ким онда ықтыярлы тәризде бир жақсы ис қылса, тап бир парызды орынлағандай болады. Ким онда бир парызды орынласа, жетпис парызды ислегендей болады», делинген.
Ибн Ражаб раҳматуллаҳи алайҳи айтады: «Оразаның сонда да басқа әмеллерге қарағанда саўабы бир нешше есе көп болғаннан кейин, Рамазанның оразасы да басқа оразаларға қарағанда бир нешше есе үстем болады. Бул оның ўақтының шарапаты ҳәм ол Аллаҳ парыз қылған ораза болғаны ҳәм Ол бул оразаны Ислам қурылған сүтинлериниң бири қылғаны итибарынан».
Рамазанда жақсы әмел қылған адам тәбийий тәризде оны ораза тутқан ҳалда орынлайды. Бир әмелди ибадат ишинде қылыў оны басқа ўақыт қылыўдан көре пазыйлетли ҳәм саўаплы болады.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

🙄 Рамазан – Райян есигиниң гилти

      Жәннетке кириўдиң өзи үлкен бир бахыт. Бирақ сол жәннетке Аллаҳ тааланың айырықша итибарына ерисип, арнаўлы таярлап қойылған есигинен кириў және бир өзгеше бахыт.

     Имам Бухарий ҳәм Муслим Саҳл разыяллаҳу анҳудан
рәўият қылады:
   «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

   «Жәннетте бир есик бар, ол «Райян» деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутыўшылар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. «Ораза тутыўшылар қәне?» делинеди. Сонда олар турады. Олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Олар киргеннен кейин, ол жабылады. Кейин ҳеш ким оннан кирмейди», деди».


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #рәўият

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДӘРЕЖЕСИ!

      Муўса алайҳиссалам Рәббисине жалбарынып:
«Я Рәббим! Ҳеш бир бендеңди мени ҳүрметли қылғаныңдай ҳүрметли қылдың ба? Өйткени, Сен маған өзиңниң кәламыңды еситтирдиң», – деди.
       Сонда Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса! Мен сен менен сөйлескен ўақтымда арамызда жетпис мың перде бар еди. Бирақ, ақыр заман болғанында Мениң сондай бенделерим болады, Мен оларды Рамазан айы менен ҳүрметли қыламан, оларға Мен бул мүбәрек айда оғыры жақын боламан. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үммети ораза тутып, ерини ағарып, реңи сарғайып аўыз ашарға отырған пайытларда Мен сол перделерди көтеремен. Ҳәй Муўса! Рамазан айында қарны аш қалып, баўыры күйгенлерге Жәннет болсын. Мен оларды жамалымды көриўдей үлкен бахытқа жеткиземен”.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #рәўият

🙄ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.

Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.

Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #рәўият

АЛЛАҲ ТААЛА ОРАЗА ТУТЫЎШЫҒА ЕКИ НУР БЕРЕДИ

Рәўиятларда айтылады: Aллаҳ тaала Муўса алайҳиссаламға: «Ҳәй Муўса! Мeн Муҳаммадтың үмметине еки нурды бердим, олар сол еки нурды алса, оларға еки қараңғылық зыян жеткизбейди», дeди.
Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, ол еки нур не?» дeп сорады.
Aллаҳ таала: «Бириншиси Рaмaзанның нуры, екиншиси Қуранның нуры», дeди.
Муўса алайҳиссалам: «Я Рәббим, еки қараңғылық не?» дeп сорады.
Сонда Aллаҳ таала aйтты: «Бириншиси қәбир қараңғылығы, екиншиси Қыямет күниндеги қараңғылық».


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #рамазан_2024 #ораза

Ораза тутқан адам ушын Арштың астына дастурхан жайылады

       Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Ораза тутқан адамлардың аўзынан мушк аңқып турады ҳәм олар ушын Арштың астына дастурхан жайылады. Қыяметте адамлар есап-санақ қылынып атырғанда, ораза тутқан адамлар зыяпатта отырады».
       «Аллаҳтың көз көрмеген, қулақ еситпеген ҳәм инсанның ойына келмеген дастурханы бар. Оның дөгерегинде тек ораза тутқан адамлар ғана отырады».
      Сол ўақытта есап-санақ қылынып атырған адам: «Рәббимиз, биз есап берип атырмыз, неге олар зыяпатта отырыпты?» – деп сорайды. Оларға: «Олар ораза тутқанында, сизлер ораза тутпаған едиңиз», деп жуўап бериледи екен.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #рамазан_2024 #рамазанның_пазыйлети

Рамазан – мағфират айы

Рамазан айының ортасындағы он күни тек Рамазанның емес, ал сол жылдың «мағфират күнлери» болып есапланады.
Әбиў Фазл Рамазан пазыйлети ҳаққында Салман разыяллаҳу анҳудан қылған рәўиятта Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ол алды раҳмат, ортасы мағфират ҳәм ақыры дозақтан азат болыў пурсаты болған ай», деген.
Рамазанның ақырғы кешеси мағфират кешеси.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «О (Рамазан)ның ақырғы кешесинде ораза услаўшылардың гүналары кешириледи», деди. Олар: «Ҳәй Аллаҳтың Расулы, ол Қәдир кешеси ме?», деп сорады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: «Яқ, бирақ жумысшы жумысын орынлап болғаннан кейин сыйлығы – ҳақысы толық қылып бериледи», деди.
Имам Аҳмад
рәўият қылған.

👇
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Бир адам басқа аўылдағы достын жоқлап барды. Оның изинен Аллаҳ таала бир периштени гүзетиўши етип жиберди. (Периште) оннан:
– Қаяққа баратырсаң, – деп сорады.
– Усы аўылдағы достымның алдына, – деп жуўап берди киси.
– Онда саған қандайда бир пайда беретуғын нәрсе бар ма? – деди периште.
Ол:
– Яқ. Бирақ, мен оны Аллаҳ ушын жақсы көремен, деди.
Сонда периште:
– Мен саған Аллаҳ тәрепинен жиберилген елшимен. Достыңды Аллаҳ ушын жақсы көргениң сыяқлы Аллаҳ таала да сени жақсы көреди, – деди". (Имам Муслим рәўияты).

"Ең ҳүрметли үммет" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

     Өткен уламалардан бири айтады: «Жума күни намазлыгер менен шамның арасында дуўа қылғанымда Рәббим дуўаларымды қабыл ете бергенинен ҳәтте (Рәббимнен бир нәрсени сораўға) уялатуғын болып қалдым».

   Әзизлер, бүгин Жума. Дуўалар қабыл болып, гүналар кеширилетуғын күн. Әсиресе рәўиятта келгениндей намазлыгер менен шамның арасында кеўилимизге түйип қойған жақсы нийет, арзыў-тилеклеримизди, шаңарақларымыз аманлығын Аллаҳ тааладан дуўа етип сорайық. Аллаҳ дуўаларымызды, тилеклеримизди қабыл етсин!

📖 Бул сәтлерди гәниймет билип, үнемли пайдаланып қалайық!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

🙄 ШҮКИРШИЛИКТИҢ ҲӘМ САҚЫЙЛЫҚТЫҢ ЕҢ АҒЛА КӨРИНИСИ

    Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу дүнья буйымларына ҳеш қызықпайтуғын еди. Өзине жетерли болған нәрселер менен шекленер еди.
    Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳудың досларынан бири оның ески кийим кийип жүргенин көрип:
    «Сениң буннан басқа кийимиң жоқ па?! Бир неше күн алдын үстиңде жап-жаңа еки кийим көрген едим-ғо!» – деди.
    «Ҳәй бирәдарымның улы! Оларды өзимнен көре мүтәжирек адамға бердим», – деди.
    «Аллаҳға ант, әлбетте, сен өзиң оларға мүтәжсең», – деди жаңағы адам.
Сонда, Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу:
    «Аллаҳым, Өзиң кешир! Ҳәй достым! Әлбетте, сен дүньяны улығлайды екенсең. Мениң үстимдеги мына шапанды көрмей атырсаң ба?! Менде жума намазы ушын және биреўи бар. Мениң саўып ишетуғын ешким, минетуғын ешегим бар. Бизде бар неъматтан уллырақ неъмат бар ма?!» – деди.

📖 «Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият

Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу бир күни адамларға төмендегилерди айтты:

«Халилим Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам маған жети нәрсени ўәсият қылған:

🔹Ол маған мискинлерди жақсы көриўди ҳәм оларға жақынласыўды буйырған.

🔹Ол маған өзимнен төменге нәзер салыўымды, өзимнен жоқарыға нәзер салмаўымды буйырған.

🔹Ол маған биреўден бир нәрсе сорамаўымды буйырған.

🔹Ол маған силаи раҳм қылыўымды буйырған.

🔹Ол маған ашшы болса да, ҳақты айтыўымды буйырған.

🔹Ол маған Аллаҳ ушын маламатшының маламатынан қорықпаўымды буйырған.

🔹Ол маған «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи»ди көп айтыўымды буйырған», – деди.

Әбиў Зарр Fифарий разыяллаҳу анҳу Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның усы ўәсиятларының ҳәммесин әмелге асырып өткен.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM