Paziyletuz | Рәсмий канал
63.1K subscribers
25.2K photos
3.47K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#Жаңалықлар

Бүгин 16-июль Нөкис қаласы Қум аўыл мәкан пуқаралар жыйынында жаңа мешиттиң ирге тасын қойыў мәресими болып өтти. Мәресимде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, устаз Шамсуддин Баҳауддинов, уламалар ҳәм жасы үлкенлер менен биргеликте басланып атырған истиң қайырлы ҳәм берекетли болыўын тилеп Аллаҳ тааладан сорап дуўалар қылды ҳәм мешиттиң ирге тасын қойып берди.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
#жаңалықлар

Бүгин 27-сентябръ күни «Абу Муин Насафий илимий мийрасларының бүгинги күндеги әҳмийети» темасындағы халықаралық онлайн конференция болып өтти.

Конференция «Абу Муин Насафий» комплексин басқарыў ҳәм абаданластырыў дирекцияси, Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Өзбекстан Ислам академиясы менен шерикликте шөлкемлестирилген болып, онда тек ғана Өзбекстан емес, ал Россия Федерациясы, Азербайжан ҳәм де Орайлық Азия мәмлекетлеринен белгили уламалар, жетик илимпазлар, илимий-изертлеў орайлары басшылары ҳәм де диний тараў ўәкиллери қатнасты.

Халықаралық көлемде өткерилген конференция Қураны кәрийм тиләўаты, дуўалар менен басланды. Илажды Имам Бухарий илимий-изертлеў орайы директоры Ш. Зиёдов кирис сөз бенен ашты ҳәм модератор ретинде басқарып барды.

Бул өткерилген конференцияда Абу Муин Насафийдиң еле толық изертленбеген дөретпелерин илимий көзқарастан үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке таныстырыў бойынша пикирлер алмасты.
https://www.alberuniy.uz/yangilik/287

https://t.me/alberuniyuz
#Жаңалықлар #Бәркамал_әўлад_2022
#Фотохабар

ҚУТЛЫҚЛАЎ!

Усы жылы 27-28-май күнлери “Ҳидая” орта арнаўлы ислам билим журтында Республикамыз бойлап барлық жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары ортасында “Баркәмал әўлад-2022” спорт беллесиўлери болып жәми 11 жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билим журтлары арасында Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты 2 медаль менен сыйлы 3-орынды ийеледи.
Усы орында сыйлы орын ийелеген барлық талаба жасларды шын жүректен қутлықлап, келеси оқыўларында ҳәм жәмийетлик ислеринде табыслар тилеп қаламыз!

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!


👉telegram | instagram
#Жаңалықлар #Бәркамал_әўлад_2022
#Фотохабар

Қутлықлаў мәресиминен фотокөринислер
.

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!


👉telegram | instagram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар #видео_ролик

🕋 ӨЗБЕКСТАНЛЫ ЗЫЯРАТШЫЛАР ҲАҚҚЫНДА МАДИНА ҚАЛАСЫНАН «АХБОРОТ 24» БАҒДАРЛАМАСЫ УШЫН АРНАЎЛЫ ВИДЕО КӨРИНИС

https://t.me/paziyletuz
#жаңалықлар
Сондай-ақ, билим журтында тәлим алып атырған 4-курс талабалары менен олардың келешектеги Республикамыздың раўажланыўына өз тараўлары бойынша жумыс орынларына жайласыўы, бөлистирилиўи ҳаққында сәўбетлести ҳәм өзлеринен қызықтырылған сораўларға толық жуўапларын алып мазмунлы, тәсирли тәризде болды.
Келген мийманларымыз талабаларға келешектеги ийгиликли жумысларына табыслар тилеп ушырасыўды жуўмақлады.

Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
telegram| youtube| facebook| instagram

Интернет сайтымыз: alberuniy.uz
#жаңалықлар
Бул жарысқа Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қәнигелери топары бир команда, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы қәнигелик арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалына қәнигелигин арттырыў ушын Хорезм ўәлаяты ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аймағынан келген имам-хатиб ҳәм имам-найыблары топарынан еки команда, билим журты оқытыўшылары топары бир команда ҳәм хызметкерлер топарынан бир командаларынан ибарат болып улыўма бес команда бүгинги жарысқа қатнасты.
Командалар жәмлеген жарыс қызғын беллесиўлерге бай тәризде болып өтти. Киши футбол жарысы усы күнниң өзинде жуўмақланды ҳәм жарыс соңында жеңимпазларға дәрежелестирилген диплом саўғалар берилди.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#жаңалықлар
Бүгинги жарыста жеңимпаз болған командаға билим журты кубогы ҳәм 1-дәрежели диплом сондай-ақ, жарыстың екинши, үшинши орын алған командаларына 2-3 дәрежели диплом ҳәм саўғаларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының социаллық ҳәм диний шөлкемлер бойынша орынбасары Р.Нуразизов тәрепинен тапсырылды.
Соның менен бир қатарда командалар ишинде ойын ўақтында өзлериниң шеберлиги менен белсенди қатнасқан ойыншыларға ең жақсы дарўазашы, ең жақсы қорғаўшы, ең жақсы ярым қорғаўшы, ең жақсы ҳүжимши ҳәм ең жақсы ойыншы номинациалар белгиленип билим журты директоры Ж.Абдиразаков тәрепинен ҳүрмет жарлықлар ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Соңынан барлық жарыс қатнасыўшыларына алдағы жумысларында табыслар тилеп жарысты жуўмақлады.

Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар
      2024-жыл 02-май күни Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген Медресе кубогы жарысынан көринис.
Бул жарыста Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты командасы жеңиске еристи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#жаңалықлар
Илаж барысында билим журты 4-курс талабалары Мамасолиев Аҳмаджон ҳәмде Нажиматдинов Мухамматдин Қураны кәриймниң қыраат жѳнелисинде Ҳафстың Имам Асымнан ҳәмде Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан “Ижаза” алғанлығы мүнәсибети менен билим журты тәрепинен мақтаў жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. 
🟢Сондай-ақ, шаққан, зийрек талабалардың ата-аналарына да билим журты жәмәәти атынан алғыснамалар берилди. Байрам илажына келген ата-аналар да билим журтымызда өзлериниң бар билимлерин, тәлим-тәрбия берген устазларға миннетдаршылық билдирип, ҳақыларына дуўалар қылды.
🟢Илаж соңында билим журты талабалары тәрепинен Қуран тиләўат қылынып, саўабы Ўатанымыз, халқымыз, динимиз ушын усы елде хызмет еткен уламаларға, устазларға ҳәм басқа да марҳумларға бағышланды. 
🟢Усы тәризде «Хатмана – 2024» питкериў кешеси көтериңки руўхта жуўмақланды.

👨‍💻Билим журты баспасѳз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz             🟥youtube 
🌐instagram                🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар
Ашылыў кешесинен соң билим журты мәжилислер залында «Ғәрезсизлик - уллы неъмат» атамасында илаж өткерилди. Кеше мийманлары тәрепинен Ғәрезсизлик шарапаты менен диний тараӯына жаратылған имканиятлар ҳәм буның арқасында көплеген унамлы жетискенликлерге ерискенликлеримизди қатнасыӯшыларға айтып өтилди

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🧿alberuniy.uz              🟥youtube 
🌐instagram                 🌐facebook

Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар
😎Илаждан кейин талабалар өз топарлары менен белгиленген аудиторияларына кирип, Ҳәр бир топар бүгинги 1-жуплықтағы сабағын Өзбекстан мусылманлар басқармасы тәрепинен усыныс етилген бағдарлама тийкарында таярланған «Ғәрезсизлик сабағы» менен баслады.
Сабақта билим журтының барлық басқышындағы талабаларға алдыннан таярланған слайдлар ҳәм видеороликлер қойып берилип, оннан алынған жуўмақлар оқытыӯшысы менен биргеликте додаланды.
🎚Сондай-ақ, сабақ барысында оқытыўшылар тәрепинен ақырғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, диний-ағартыўшылық тараўдаларға қаратылған имканиятлар тийкарында ерисилген нәтийжелер ҳәм өткен жылғы билим журты тәрепинен ерисилген жетискенликлеримиз айтылып унамлы өзгерислер айрықша атап өтилди.

👨‍💻Билим журты баспасөз хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🧿alberuniy.uz              🟥youtube 
🌐instagram                 🌐facebook

Каналға ағза болың !
✈️alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM